#Көшпели_қабыллаў

Бүгин, Нөкис районы ҳәкими З.Зайтов ҳәм районлық Халық қабыллаўханасы баслығы Қ.Гулманов пенен биргеликте 1-секторға қараслы «Ақтерек» мәкан пуқаралар жыйынында режеге тийкар көшпели қабыллаўы өткерилди.

Қабыллаў даўамында аймақ турғынларының түрли тараўларға байланыслы машқалалары менен бирге пикир ҳәм усыныслары тыңланды.

Қабыллаў жуўмағында келип түскен мүрәжатларды белгиленген мүддетлерде үйренип шығыў ҳәм орынланыўын тәмийинлеў бойынша тийисли жуўапкер басшыларға тапсырмалар берилди.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://www.tg-me.com/Aqmangituz
БМШ Бас Ассамблеясының 1993-жыл 20-декабрьдеги резолюциясы бойынша, 1994-жылдан баслап ҳәр жылы 3-май – Жәҳән баспасөз еркинлиги күни сыпатында белгиленип келинеди.

Еркин сөз, еркин баспасөз – жәмийет раўажланыўының ең әҳмийетли шәртлеринен бири. Ҳәр қандай процессте қалыс ҳәм ҳақ сөз айта алыў инсаннан жеделлик, пикирлеў, үлкен жуўапкершилик талап етеди.

Сөз еркинлигин әмелге асырыў ҳәм қорғаў жолында белсендилик көрсетип атырған, бул арқалы мәмлекетте демократиялық өзгерислер ҳәм реформаларды тәмийинлеўге айрықша үлес қосып атырған Қарақалпақстанлы баспасөз ҳәм ҒХҚ хызметкерлерин усы сәне мүнәсибети менен қызғын қутлықлаймыз.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
📣📣📣ХҮРМЕТЛИ ЖАСЛАР❗️

🖇18-30 жастағы жаслар ушын ажайип имканият!!!

📣📣Ақтерек, Қырантаў, Тақыркөл, Бақаншақлы, Кердер, Дарсан мәҳәлледеги аймағынан жаслар ушын егислик жер майданлары E-auksion да шығарылмақта.

Бул жерлер жаслар ушын бир қанша жеңилликлер менен
30 жыл мүддетке берилмекте.


Ҳүрметли жаслар бул имканияттан сизде пайдаланбақшы болсаңыз көрсетилген номерлерге қоңырау етсеңиз болады

📞Мағлыумат ушын:
Дарсан 996001996
Кердер 994556889
Тақыркөл 996879292
Бақаншақлы 973559591
Қырантаў 995837788
Ақтерек 994507558

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://www.tg-me.com/Aqmangituz
📣#DIQQAT_DIQQAT

#Bes_baslama_olimpiadası
#Futbol
#Jaslar_isleri_agentligi
#MQX_KUBOGI

🏆 Futbol boyınsha Mámleketlik qaýipsizlik xızmeti kubogı

Húrmetli rayonımız turģınları, jasları, sizlerge bùgin 3-may kúni bolıp ótiwi rejelestirilgen Mámleketlik qaýipsizlik xızmeti kubogı oyınları Nókis rayonı aymaǵında jaylasqan sport mektebinde bolıp ótetuģınlıģın esletip ótemiz.

🔹Bunda sıylı 3-orın ushın Aqmanģıt PPJ jasları menen Baqanshaqlı APJ jasları, al sıylı 1-orın ushın bolsa Taqırkól APJ jasları menen Tóktaw MPJ jasları óz-ara bellesedi

📍Mánzil : Nókis rayonı Sport mektebi

Baslanıw waqtı : 3-may saat 17:00

⚽️Futbol ıqlasbentlerin 3-may kúni bolıp ótetuģın bellesiwde jaslarımızdı qollap quwatlawģa shaqırıp qalamız

Nókis rayonı hákimligi Málimleme xızmeti
https://www.tg-me.com/Aqmangituz
🔰2024-jılı 3-may kúni “Ulgili mákán” puqaralar jıyını aymaǵındaǵı 19-sanlı mektepte “Úsh awlad” ushırasıwı shólkemlestirildi. Ushırasıwda Nuranıy qorı bólimi baslıǵı J.Qaypov, Avganstan urıs qatnasıwshıları O.Tóreniyazov, Mayor U.Allayarov, Watan qorǵawshılar Nókis rayonı nuranıylar keńesi baslıǵı A.Qadirbergenov hámde Respublika Ruwxıylıq hám aǵartıwshılıq orayı rayonlıq bólimi baslıǵı N.Toimbetovlar qatnasıp, oqıwshı-jaslar hám mektep muǵallimleri menen sáwbetlesti.

❇️Ilaj dawamında mektep oqıwshı-jasları tárepinen tayarlanǵan koncert baǵdarlaması qoyıp berildi.

❇️Ushrasıw sońında oqıwshılar ózleriniń qızıqtırǵan sorawlarına juwap aldı.

Nókis rayonı hákimligi Málimleme xızmeti
https://www.tg-me.com/Aqmangituz
#Bes_baslama_olimpiadası
#Futbol
#MQX_KUBOGI

🏆Bes baslama olimpiadası sheńberindegi "Ózbekistan Respublikasi Mámleketlik Qáwipsizlik Xizmeti Kubogı"nıń futbol oyınları Nókis rayonlıq basqıshı óz juwmaǵına jetdi.

Turnir juwmaǵına kóre nátiyjeler tómendegishe juwmaqlandı :

🥇1-orın Tóktaw MPJ jasları

🥈2-orın Taqırkól APJ jasları

🥉3-orın Aqmanǵıt PPJ jasları iyeledi.

💐Jeńimpaz bolǵan jaslarımızǵa keyingi basqıshlarda áwmet tilep qalamız

Nókis rayonı hákimligi Málimleme xızmeti
https://www.tg-me.com/Aqmangituz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
JAŃA ÓZBEKSTANDA INSAN AZIZ

Nókis rayonı hákimligi Málimleme xızmeti
https://www.tg-me.com/Aqmangituz
⚡️⚡️⚡️Айрықша жағдайлар басқармасы ескертеди

Ҳүрметли пуқаралар, самал тезлигиниң кескин дәрежеде күшейиўине байланыслы пуқараларымыздан сергекликти асырыўын, перзентлериңизди кеўилсиз жағдайларди келтирип шығарыўшы ўақиялардан сақлаў мақсетинде итибарсиз (қараўсыз) қалдырмаўын, автомобиллерди тереклер яки ушып кетиўи итимал болған бастырмалардың астына ҳәм басқада қәўипли орынларға  ( электр линиялары, тереклер, там бастырмалары астына) коймаўын сорап қаламыз.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://www.tg-me.com/Aqmangituz
2024/05/04 20:23:39
Back to Top
HTML Embed Code: