Telegram Web Link
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Каналға ағза болыў:@hoja_uz
👍35😁28👏3😢21
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
🔸Dıqqat, dıqqat!

⚡️«Jaslar kúni» múnásibeti menen 30-iyun kúnı saat 19:00 de Nókis qalasında "Doslıq" kanalı boyındaǵı Jaslar maydanshasında gala-koncert bolıp ótedi.

Gala-koncertte jaslar arasında óziniń xit qosıqları menen tanılǵan hám elimizge belgili estrada wákilleri miymanda boladı.

Bársheńizdi mirát etemiz!


Esletpe: Húrmetli hám áziyz jaslar!
Ilaj dawamında shıǵındılarıńızdı arnawlı orınlarǵa taslawıńızdı usınıs etemiz!


🔹🔹🔹🔹🔹🔹🔹🔹🔹🔹🔹🔹

🔸Diqqat, diqqat!

⚡️"Yoshlar kuni" munosabati bilan 30-iyun kuni soat 19:00 da Nukus shahrida "Do‘stlik" kanali bo‘yidagi Yoshlar maydonida gala-konsert bo‘lib o‘tadi.

Gala-konsertda yoshlar orasida o‘zining xit qo‘shiqlari bilan tanilgan va yurtimizga mashhur estrada vakillari mehmon bo‘ladi.

Barchangizni taklif etamiz!


Eslatma: Hurmatli va aziz yoshlar!
Tadbir davomida chiqindilaringizni maxsus joylarga tashlashingizni tavsiya etamiz!


Biziń betlerimiz: || Bizning sahifalarimiz:
🕊Telegram | 📱Instagram | 📺YouTube | 📱Facebook
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
8👍3👏1🤔1
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Каналға ағза болыў:@hoja_uz
😁13👍42
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
"Биз - Күшлимиз!" проектинде онко - гемотологик наўқас балалардың ажағасы болып қалған Илхам инимизди қутлықлаймыз !
Шын мәнисинде наўқас балаларымызға ажаға болып қалды, себеби қолы бос болса болды, балалардың жағдайынан хабар алыўға келип турады. Наўқасқа тек дәри - уколлар емес, жақсы сөз, күле шырайда мәлҳәм болады.
Шыққан шыңларың бәлент бола берсин Илхам иним !

Каналға ағза болыў:@hoja_uz
61👍35
Соңғы жылларда Қарақалпақстанымызда футбол спорт түрине айырықша итибар қаратылып атырғанлығы себеп, футболшыларымыз жақсы нәтийжелер көрсетпекте. Спорттың басқа түрлеринде де жерлеслеримиз үлкен нәтийже көрсетпекте.
Соның менен қатар параспортшыларымызда (майыплылығы болған спортшылар) шахмат, шашка, голбол спорт түрлеринде Өзбекстан көлеминде танылмақта.
Жақында ғана голбол спорт түри бойынша Қарақалпақстан ашық чемпионаты болып өтти. "Спорт тынышлық елшиси" деген уран бар. Спорт - миллет, мәмлекет, халық таңламайды, спорт - бул тынышлық беллесиўи.Айырықша айтып өтким келеди, биринши ашық голбол чемпионатымызға Россия мәмлекетинен голболшылар биринши мәрте қатнасты.
Голбол - бул көзи әззи спортшылардың футболы. Көзлери әззи яки улыўма көрмейтуғын параспортшыларымыз голбол майданында тең болыўы ушын көзлерин әдеп пахта, лейкопластырь менен, оның үстине қара көринбес арнаўлы таўар очкилер менен жаўып үшке - үш болып ойнайды. Ойын ўақтында залда тынышлық сақланып, тықыр еткен сес шықпаўы талап етиледи. Себеби голболшылар тек шыңғырлаған арнаўлы топ сестине ҳәмде топ ушып киятырған самал бағытын еситиў менен ҳәрекетленип ойын ойнайды, басқа даўыслар оларды шалғытпаўы керек. Тайм 15 минутлық еки бөлектен ибәрат. Голболшылар қоллары яки аяқлары менен тапырлатып шалғытыў финтларын ислесе болады. Бул голбол спорт түри туўралы азғантай мағлыўмат.
Ашық чемпионатқа келсек : терме Қарақалпақстан командасы сыйлы үшинши орынға ийе болды.
Чемпионат қәўендери болған Нөкис қаламыздағы "Мебель орайы" дүкәнына өз миннетдаршылығымызды билдиремиз.

Каналға ағза болыў:@hoja_uz

Голбол бойынша Қарақалпақстанда Биринши (!) ашық чемпионат.
https://youtube.com/watch?v=AfxvcrL0fX0&si=F-9d5QNO68wozzRo
👏175
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Бизде емес, басқа елде 😁

Каналға ағза болыў:@hoja_uz
😁33😭8👍63🔥2💯1
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Эркабой Таджиев Тақыятастағы медицина бирлеспесинде жол қойылған кемшиликлерди сынға алды

Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Е.Таджиев Тақыятас районлық медицина бирлеспеси ҳәм оған қараслы 5 поликлиникадағы халыққа медициналық хызмет көрсетиў сапасын, коррупциялық жағдайлардың алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў бағдарындағы жумысларды үйренди. Анықланыўынша:

▪️ Бирлеспеде күнделикли тазалаў ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылмаған;
▪️ Бирлеспе имараты ҳәм пуқаралар күтиў орны оңлаўға мүтәж жағдайға келип қалған;
▪️ Наўқасларға бийпул дәрилер толық ҳүжжетлестирип тарқатылмаған;
▪️ «DMED» электрон системасы, «Бирден-бир электрон медициналық карта», «Электрон рецепт» ҳәм басқа да системаларға мағлыўматлар толық ҳәм өз ўақтында киргизилмеген;
▪️ Шыпакерлер система менен ислесиў бойынша толық мағлыўматқа ийе емес;
▪️ Шыпакерлер толық компьютер техника қураллары менен тәмийинленбеген;
▪️ Наўқасларға сапалы медициналық хызмет көрсетиў бағдарында жумыслар дурыс жолға қойылмаған.

Сондай-ақ, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм медицина бирлеспесиниң «исеним телефонлары» ҳаққындағы мағлыўматлар ҳәм коррупция жағдайына дус келгенде мүрәжат етиў тәртиби түсиндирилген банерлер көринетуғын жерге орнатылмағанлығы, мониторлар арқалы коррупция иллетине қарсы гүресиўди үгит-нәсиятлаўшы роликлерди берип барыў жолға қойылмағанлығы, бийпул дәрилер дизими түсиникли етип жазылып, ҳәммеге көринетуғын орынларға орнатылмағанлығы сыяқлы кемшиликлер үйрениў процесинде сапластырылды.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
👍208🤔4
Hoja.uz️
Эркабой Таджиев Тақыятастағы медицина бирлеспесинде жол қойылған кемшиликлерди сынға алды Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Е.Таджиев Тақыятас районлық медицина бирлеспеси ҳәм оған қараслы 5 поликлиникадағы халыққа медициналық хызмет көрсетиў сапасын…
Бәрәкелла Прокуратура !

Қарақалпақстан Республика Прокуроры Э. Тажиев жеке өзи медициналық бирлеспелерди қадағалап, көзден өткерип атырғаны алғысқа ылайық !
Ҳүрметли ҚР Прокуроры Э. Тажиев пенен ушырасыўға яки жеке қабыллаўына мияссар болғанымда айырым медицина тараўындағы жағдайларды көрсетип берер едим, мысалы ресроддом, ресдет. емлеўханаларындағы.

Каналға ағза болыў:@hoja_uz
👍65👏76🤔4
👇👇
6
Канал ботымызға жоллаў:

"Оразымбетов Сағынбай "Еркин Қарақалпақстан" газетасы арнаулы хабаршысы
тел.хххххх

Сауалларыма жууап излеймен...

Усы жылдың май-июль айларында Өзбекстан Республикасының "Пуқаралар жыйыны баслығын сайлау хаққында"ғы Нызамына мууапық, мәмлекетимиздиң барлық аймақларында үлкен сиясий мапаз-мәхәлле баслықларының сайлауы болып өтти.
Кегейли районында да жәми 16 ауыл хәм мәкан пуқаралар жыйыны баслықлары усы сайлау мапазында жаңадан 5 жыл мүддетке сайланды. Усындай сайлаулардың бири 3-май күни райондағы "Ийшан қала" АПЖ аймағында өткерилип, онда АПЖ баслығы лауазымына еки талабан-Айбек Романов ( бурынғы баслық) хәм Сәрсен Мәмбетназаров (талабан) өз кандидатураларын қойған еди. Сиз төмендеги сүуретте сайлауда жеңип шыққан С.Мәмбетназаров хәм хәкимлик сайлаудың жуумағы бойынша берген дизимде оның аты-фамилиясы көрсетилгенин көрип турсыз (сүурет хәм мағлыумат Кегейли районы хәкимлигиниң "kegeyli.uz" рәсмий каналында 3-май күни саат 23:15те жәрияланған). Ал, екинши сүуретте болса, 12-июнь күни район хәкимлигиниң мәжилислер залында район хәкими А.Камалов басшылығында 5 жыл мүддетке жаңадан сайланған 16 өзин-өзи басқарыу уйымлары баслықларына рәсмий түрде хызмет гүуалықлары менен көкирек белгилерин тапсырыу мәресимин көрип турсыз ( сүурет Кегейли районы хәкимлигиниң "kegeyli.uz" рәсмий каналында 12-июнь күни саат 16:07де жәрияланған). Ең қызығы, бул сүуретте "Ийшан қала" АПЖ баслығына көпшилик дауыс алып сайланған С.Мәмбетназаровты емес, ал, аз дауыс алып, сайлауда жеңилген бурынғы баслық А. Романовтың турғанын көрип, хайран қалмаслыққа илажың жоқ. Бул сонда қалай болғаны? АПЖға өзи ким баслық болып сайланды? Ямаса 3-май күни райондағы "Ийшан қала" АПЖда өткерилген сайлау бийкар етилген бе? Егер бийкар етилген болса, қайта сайлау қашан өткерилген? Тилекке қарсы, бул сауалларыма Кегейли районы хәкимлигиниң рәсмий телеграм каналын гүзетип, түйирли жууап таба алмадым. Сонлықтан бул жағдайды өзимше болжап көрдим. Бириншиси-жаңа баслыққа қысым өткерилген хәм ол лауазымынан бас тартқан. Деген менен бунда да тағы сауал пайда болады. Егер ол бас тартқан болса, неге жаңадан сайлау өткерилмеген? Екиншиси-жаңадан сайланған баслықтың лауазымынан өз ерки менен босауына денсаулығы себеп болған шығар. Буған да тағы бир сауал пайда болады: бир айдың ишинде оған баслық болыу ушын тосқынлық ететуғын қандай жасырын ауырыу келген? Жууап және жоқ. Үшиншиси-егер мениң жоқарыдағы болжауларымның екеуи де хақыйқатлыққа тууры келмейтуғын болса, яғный, хәкимият оған қысым жасамаған, жаңа баслық ауырыуы себепли жумыстан босамаған болса, жаңадан сайланған С.Мәмбетназаров арадан бир ай өтип, баслық болыудан бас тартатуғын дәрежеде жумысын ислей алмайтуғын болса, онда неге сайлауға кандидатурасын қойған? Неге ол басқа талабанлардың жолын байлаған? Төртиншиси-ең үлкен сауалым: жаңадан сайланған баслық егер өз ықтыяры менен босаған болса, неге жаңадан сайлау өткериуге болмайды? Нызамның қай жеринде жаңадан сайланған баслық лауазымын атқарыудан бас тартса, АПЖның бурынғы баслығы қайта сайлау өткерилмей лауазымында қалады деген қағыйдасы бар  екен?" (фото ҳәм текст автордыки)

"Жол жүрсең жетерсең, изленсең табарсаң" дейди дана халқымыз,бирақ газета арнаўлы хабаршысы сораўлары жуўап излемекте екен. Бул келтирилген сораўларға сиз не дер екенсиз
Кегейли районы ҳәкими А. Камалов ?

"Еркин Қарақалпақстан" газетасының арнаўлы хабаршысы сораўларына жуўап излеп, таўалмай атырған болса....

Рәсмий жуўап бересиз деген үмиттемиз Кегейли районы ҳәкими А. Камалов!

Каналға ағза болыў:@hoja_uz
27😢13👍10
"Перзент - өмирдиң гүли" дейди дана халқымыз. Еки алдын ҳәттеки суў ишкиси келмей "солып" баратырған Мэйфуымыз (Мийрбек) көз - тилден аўлақ болсын күле шырай берди. Барлығы ең әўели Жаратқанның, соң сиз, баўырман халқымыздың дуўа - тилеклери шарапаты менен жәнеде Инфекциология емлеўханасы докторы Алишердиң дурыс емлеп баслағаны арқасында. РАХМЕТ ! (Мэйфудың маған жиберген фотосы)


P.s. түпирип қараңлар,көз тийип қалмасын 😊

Каналға ағза болыў:@hoja_uz
👏5623🥰9👍3😁1
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Каналға ағза болыў:@hoja_uz
👍1615🔥2
2025/07/13 13:28:45
Back to Top
HTML Embed Code: