Telegram Web Link
RÁSMIY MÁLIMLEME

Sociallıq tarmaqtaǵı bir qatar málimleme dereklerinde tarqalǵan jınayat isleri boyınsha Qanlıkól rayonı sudınıń tergew sudyasına baylanıslı xabarlar boyınsha xızmet tekseriwi ótkerildi.

Qaraqalpaqstan Respublikası sudları sudyaları kvalifikaciyalıq kollegiyasınıń sudya A.Karajanovqa qarata ótkerilgen 2025-jıl 19-may kúngi xızmet tekseriw juwmaǵına kóre, Ózbekstan Respublikası Joqarǵı sudı Prezidiumınıń 2019-jıl 1-mart kúngi RS-15-19-sanlı qararı menen tastıyıqlanǵan «Kóshpeli sud májilislerin ótkeriw boyınsha metodikalıq usınıslar»dıń 2.14-bánti talaplarınan kelip shıǵıp, sudya A.Karajanov tárepinen Sudyalar ádebi kodeksi talaplarına ámel qılmaǵanlıǵı halatı óz tastıyıǵın tappadı.
__________
RASMIY AXBOROT


Ijtimoiy tarmoqdagi bir qator axborot manbalarida tarqalgan jinoyat ishlari bo‘yicha Qonliko‘l tumani sudining tergov sudyasiga oid xabarlar yuzasidan xizmat tekshiruvi o‘tkazildi.

Qoraqalpog‘iston Respublikasi sudlari sudyalari malaka hay’atining sudya A.Karajanovga nisbatan o‘tkazilgan 2025 yil 19 may kungi xizmat tekshiruvi xulosasiga ko‘ra, O‘zbekiston Respublikasi Oliy sudi Rayosatining 2019 yil 1 mart kungi RS-15-19-sonli qarori bilan tasdiqlangan "Sayyor sud majlislarini o‘tkazish bo‘yicha uslubiy tavsiyalar"ning 2.14-bandi talablaridan kelib chiqib, sudya A.Karajanov tomonidan Sudyalar odobi kodeksi talablariga amal qilmaganligi holati o‘z tasdig‘ini topmadi.

Sayt |Telegram | Facebook
😁1812👍3
15,7 млрд сумға мәсләҳәт сатып алған Экономика ҳәм финанс министрлиги сынға алыныпты.

Мәлим болыўынша, Экономика ҳәм финанс министрлиги 2025-жыл апрель айында Россия тәжирийбесин үйрениўге мәсләҳәт ушын «Яков и Партнёри» ЖШЖ менен 15,7 млрд. сумға (1,3 млн. АҚШ доллари) тиккелей шәртнамалар дүзген.

Қыпқызыл жынаятқо мынау. Бюджет пулларын талан-тараж етиу. Оның үстине туурыдан-тууры шәртнама дүзиуге болмайды. Келиспейтин затларғада жынаят исин ашып қайтарып пул төлеттирип атырсызларғо. Қуры сынға алып қоя бермей Қозғатыңлар буларғада. Я күшиңиз жетпейме?

https://www.tg-me.com/maman_advokat
👍518👏21
Hoja.uz️
15,7 млрд сумға мәсләҳәт сатып алған Экономика ҳәм финанс министрлиги сынға алыныпты. Мәлим болыўынша, Экономика ҳәм финанс министрлиги 2025-жыл апрель айында Россия тәжирийбесин үйрениўге мәсләҳәт ушын «Яков и Партнёри» ЖШЖ менен 15,7 млрд. сумға (1,3 млн.…
Қызыық, сонда бюджет пулларды қаяққа ҳәм қалай жумсайық деп "мәсләҳәт" алмақшыма екен?... Мениң түсинигим, Қаржы ҳәм Финанс министрлиги депутатлар тәрепинен қабыл етилген жыллық бюджетти ай, шерек, ярым жыллық, жыллыққа бөлип мәмлекетлик мәкемелерге тийисли статьялары (солай аталатуғын шығар) қаржыларын бөлип отырады,"тамом вассалом" .Мына шәртнаманың нызамлылығын точно тексериў керек деп ойлайман. Себеби, Россия Финанс министрлиги болсада бир гәп (бирақ олда нызамға қайшы), бир ЖШЖға өткерген, және бул Қаржы министрлигиниң жеке қаржы емес (!), ал джет, яғный халықтың пулы. Министрликтиң қаржысы сыймай атырған болса,республикамызға жиберсин ,бизде оны жумсар орынлар табылып қалады.

Каналға ағза болыў: @hoja_uz
👍507😁2🤔2
#Sensaciya
#Biziń_sonday_oqıwshılarımız_bar
#Nókis_qalası

OQÍWSHÍLARÍMÍZ USTAZLAR MIYNETIN AQLAMAQTA

☄️ Bıyılǵı 2024-2025-oqıw jılında Nókis qalası 46-sanlı ayırım pánler tereńlestirilip oqıtılatuǵın klassları bar ulıwma bilim beriw mektebiniń 160 tan aslam pitkeriwshi oqıwshıları milliy hám xalıqaralıq sertifikatlardı qolǵa kirgizdi.

🙂 Sonday-aq, 2 oqıwshısı sırt el JOO studenti bolıw baxtına miyasar boldı.

👏 Bul jetiskenlikler elimizde jaslarǵa jaratılǵan keń imkaniyatlar hám ustazlarımızdıń tınım bilmey úyretken miynetleriniń jemisi!

Maǵlıwmat ushın, álbette, bul maǵlıwmatlar kúnnen-kúnge jańalanıwı tábiyiy. Sebebi, ayırım oqıwshılarımız milliy hám xalıqaralıq sertifikatlardıń juwabın kútpekte.


#Sensatsiya
#Bizning_shunday_o‘quvchilarimiz_bor
#Nukus_shahri

O‘QUVCHILARIMIZ USTOZLAR MEHNATINI OQLAMOQDA

☄️ Bu yilgi 2024-2025-o‘quv yilida Nukus shahri 46-sonli ayrim fanlar chuqurlashtirib o‘qitiladigan sinflari bor umumiy ta’lim maktabining 160 dan ortiq bitiruvchi o‘quvchilari milliy va xalqaro sertifikatlarni qo‘lga kiritdi.

🙂 Shuningdek, 2 nafar o‘quvchisi xorijiy OTM talabasi bo‘lish baxtiga muyassar bo‘ldi.

👏 Bu yutuqlar yurtimizda yoshlarga yaratilgan keng imkoniyatlar va ustozlarimizning tinimsiz o‘rgatgan mehnatlari samarasidir!

️Ma’lumot uchun, albatta, bu ma’lumotlar kundan-kunga yangilanishi tabiiy. Sababi, ayrim o‘quvchilarimiz milliy va xalqaro sertifikatlar javobini kutmoqda.


Bizdi sociallıq tarmaqlarda baqlap barıń:
🔎Web   🌐 Instagram   🌐Facebook
Telegram   🌐Youtube
28👍2🤔1
Билип қойған жақсы.

"Жәрдем сораў сигналы" Канада ҳаял - қызлар фонды тәрепинен 14 - апрель 2020 жылы усыныс етилген болып, тез арада шаңарақтағы зорлыққа қарсы гүресиў шөлкемлериниң сигналы ретинде қабылланып, дүнья жүзи бойлап тарқап кетти.

Каналға ағза болыў: @hoja_uz
15👍10👏1
Вакф Қарақалпақстан бул видео ролигине емес,ал Жеңис инимиздиң ҳәрбир сөзине итибар берип тыңлап көриң.
"Биз - Күшлимиз.!" проекти шеңбериндеги онко - гемотологик перзентлеримиз ҳаққында, олардың кеселлик пенен қалай гүресип атырғанлығы ҳаққында кең жәмийетимиз еле онша билмесе керек. Усы нәрестелер менен ярым күниңизди өткерсеңиз, бул нәрестелерди қайтып умыта алмайсыз, көз алдыңыздан кетпейди. Саў балаға әпиўайы нәрсе, будар ушын үлкен жаңалық.
"Биз - Күшлимиз❤️!" проектин жәмийетке жар салмай, қолымнан келгенинше ислеп атырман. Көпшилик мәмлекетлик уйымлар,инсанлар қоллап - қуўатлап баслады, мыңнан бир рахмет !
Усы проект балалары менен байланыслы ўақыяларды жәмәәтке таныстырып баслаўды мақул көрдим.

👇👇

Каналға ағза болыў: @hoja_uz
48👍23🔥3🤝1
Каналға ағза болыў: @hoja_uz
16👍7🤝2
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Оқыу таярлық курсымызға, инглиз тилинен таярлау бойынша 12 жыллық тәжрийбеге ийе, Американың Webster университетинде оқыған, Дубай қаласында, Ташкенттеги Cambridge, Inter Nation, Корея университети Yeojuда муғаллим болып ислеген. Өзбекстан юстиция министрлиги хызметкерлерине сабақ берген. Юсел хәм Ташкент Orient Finance банклеринде ислеген достымыз Омарды жумысқа алдық . IELTS дәрежеси 8 ден жоқары. Кеше биринши сабақты өтти. Таза группа ашылды. Бәршеңизди күтип қаламыз.

Тел:90.700-77-22.

https://www.tg-me.com/maman_advokat
13👍4🤔1
МАМАН АДВОКАТ
Оқыу таярлық курсымызға, инглиз тилинен таярлау бойынша 12 жыллық тәжрийбеге ийе, Американың Webster университетинде оқыған, Дубай қаласында, Ташкенттеги Cambridge, Inter Nation, Корея университети Yeojuда муғаллим болып ислеген. Өзбекстан юстиция министрлиги…
"Бесиктен қәбирге шекем илим үйрен"

"Маман адвокат" каналында усы рекламаны көрип, дәрҳәл админи менен байланысып курсқа жазылажағымды билдирип, оқыў процесслерин сорадым. Жеке өзиме унаған жери инглиз тилин 0ден үйрениўгеде болар екен. Мен немис тилин өткеним ушын, инглиз тилиниң әлипбесинен баслаўым керек болады. "Маман адвокат" оқыў курсларында буныңда имкәнияты бар екен.
Шет елден келиўшилер саны республикамызда көбеймекте,сол себепли еркин сөйлесиўим ушын маған бул курс керек!
Оқыў, билим үйрениўдиң кеши жоқ!

Каналға ағза болыў: @hoja_uz
👍626💯5😁4
"Э йуқ, бэ йуқ минфин ишинен, мүддети бир жылға ғана зордан жеткен , "самал" белгисиз жерлерге рухсатсыз ылағып, ушып кеткен дейме?
Есиктен кирип, тесиктен шығып кеткен "самал"ды көрип, еситкенлер барма? Бар болса айтып жиберерсизлер, халықта хабардар болсын ...

Каналға ағза болыў: @hoja_uz
👍24😁14🤔54
Қәдирли Ўатанласлар!

Ең дәслеп, гүллән халқымызды футбол бойынша Өзбекстан сайланды командасының Азияның ең күшли командалары қатнасқан сайлап алыў ойынларында мүнәсип қатнасып, мәмлекетимиз тарийхында биринши мәрте жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизгени менен шын жүректен қутлықлаймыз.

Соны да айрықша атап өтиў орынлы, соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары менен барлық тараўлар қатарында спорт тараўына айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.

Усы тийкарда жасларымыз, спортшыларымыз арасынан елимиз байрағын дүньяға танытатуғын зәбердес перзентлер жетилисип шығып, халықаралық ареналарда мәмлекетимиздиң абыройын бәлентлерге көтермекте.

Жақындағана 17 жасқа шекемги футболшылар арасында Саудия Арабстанында өткерилген Азия кубоги финалында жас футболшыларымыз тарийхый нәтийжени қолға киргизген еди.

Бүгинги ойында да футболшыларымыз Өзбекстан футболында және бир тарийхый бетти ашты ҳәм жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизди.

Әзиз Ўатанласлар!

Сизлерди және бир мәрте футболшыларымыздың усындай тарийхый нәтийжени қолға киргизгени менен қызғын қутлықлап, жеңислеримиз еле де даўамлы болыўын тилеп қаламан.

Қадрли ватандошлар!

Аввало, бутун халқимизни футбол бўйича Ўзбекистон терма жамоасининг Осиёнинг энг кучли жамоалари иштирок этган саралаш ўйинларида муносиб иштирок этиб, мамлакатимиз тарихида илк бор жаҳон чемпионатига йўлланмани қўлга киритгани билан чин дилдан табриклаймиз.

Шуни ҳам алоҳида таъкидлаш жоизки, сўнгги йилларда ҳурматли Президентимизнинг алоҳида эътибори билан барча соҳалар қатори спорт соҳасига алоҳида эътибор қаратилиб, бу борада кенг кўламли чора-тадбирлар амалга оширилмоқда.

Шу асосда ёшларимиз, спортчиларимиз орасидан юртимиз байроғини дунёга танитадиган забардаст фарзандлар етишиб чиқиб, халқаро ареналарда мамлакатимизнинг обрў-эътиборини юксакларга кўтармоқда.

Яқиндагина 17 ёшгача бўлган футболчилар ўртасида Саудия Арабистонида ўтказилган Осиё кубоги финалида ёш футболчиларимиз тарихий натижани қўлга киритган эди.

Бугунги ўйинда ҳам футболчиларимиз Ўзбекистон футболида яна бир тарихий саҳифа очди ва жаҳон чемпионатига йўлланмани қўлга киритди.

Азиз юртдошлар!

Сизларни яна бир бор футболчиларимизнинг шундай тарихий натижани қўлга киритгани билан самимий табриклаб, ғалабаларимиз янада бардавом бўлишини тилаб қоламан.

Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы



Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube
👏2113
Әзиз ўатанласлар!

Инсаныйлық, сабыр ҳәм қанаат, шүкиршилик тымсалы болған мүбәрек Қурбан ҳайытын үлкен қуўаныш пенен күтип алып атырған сиз әзизлерди қутлы әййям менен шын жүректен қутлықлаймыз.

Бәршениң кеўли қуўаныш ҳәм жақсылық нурына толып турған усы қуўанышлы демлерде Қурбан ҳайытына мийнеткеш ҳәм кеңпейил халқымыз бенен бирге аманлықта жеткергени ушын жаратқан ийемизге шексиз шүкиршилик билдиремиз.

Бүгингидей тыныш турмысымыздың қәдирине жетиў, жәмийетимизде ҳүким сүрип атырған түрли миллет ҳәм диний конфессиялар арасындағы кеңпейилликти, бир-биреўге болған өз-ара ҳүрмет орталығын және де беккемлеў ҳәммемиздиң тийкарғы ўазыйпамыз.

Сиз әзизлерди Қурбан ҳайыты менен және бир мәрте қутлықлап, шаңарақ, дос ҳәм жақынлар менен бирге пайызлы ҳәм мазмунлы өткериўиңизди тилеймиз.

Иләйим елимиз тыныш, халқымыз аман болсын.

Азиз юртдошлар!

Инсонпарварлик, сабр-тоқат ва қаноат, шукроналик тимсоли бўлган муборак Қурбон ҳайитини катта хурсандчилик билан кутиб олаётган сиз азизларни қутлуғ айём билан чин дилдан табриклаймиз.

Барчанинг кўнгли қувонч ва эзгулик нурига тўлиб турган ушбу қувончли дамларда Қурбон ҳайитига меҳнаткаш ва бағрикенг халқимиз билан бирга омонликда етказгани учун яратган эгамизга чексиз шукроналар айтамиз.

Бугунги тинч-осойишта ҳаётимизнинг қадрига етиш, жамиятимизда ҳукм сураётган турли миллат ва диний конфессиялар ўртасидаги бағрикенглик, бир-бирига бўлган ўзаро ҳурмат муҳитини янада мустаҳкамлаш барчамизнинг асосий вазифамиздир.

Сиз азизларни Қурбон ҳайити билан яна бир бор табриклаб, оила, дўст ва яқинлар билан бирга файзли ва мазмунли ўтказишингизни тилаймиз.

Илоҳим юртимиз тинч, халқимиз омон бўлсин.


Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы



Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube
👍74
"Қурбан - Хайт мүбәрек!"

Каналға ағза болыў: @hoja_uz
👍10
Assalawma áleykum, húrmetli watanlaslar!

Aldı menen Sizlerdi, Sizler arqalı barlıq shańaraq aǵzalarıńızdı múbárek Qurban hayıtı menen shın kewilden qutlıqlayman. Qurban hayıtı — ullı bayram. Sol sebepli bul kúnde jaqınlarımızdı hám jası úlkenlerdi joqlap, olardıń jaǵdayınan xabar alıw, mútájlerge járdem kórsetiw bayramnıń kórkine kórik qosatuǵın ámellerden biri bolıp esaplanadı.

Bul áyyamda mámleketimiz tárepinen elimizdiń gúlleniwi, Watanımızdıń tınıshlıǵı, xalqımızdıń párawanlıǵı jolında alıp barılıp atırǵan barlıq iygilikli jumıslarda Jaratqannıń ózi mádádkar bolıwın sorap qalaman.

Qurban hayıtı jáne bir márte múbárek bolsın!
—————-
Assalomu alaykum, hurmatli yurtdoshlar!

Avvalo Sizlarni, Sizlar orqali barcha oila a’zolaringizni muborak Qurbon hayiti bilan chin qalbimdan tabriklayman. Qurbon hayiti - ulug‘ bayram. Shu bois bu kunda yaqinlarimiz va keksalarni yo‘qlash, ularning holidan xabar olish, ehtiyojmandlarga yordam ko‘rsatish bayram ko‘rkiga ko‘rk qo‘shadigan amallardan biri hisoblanadi.

Bu ayyomda davlatimiz tomonidan yurtimiz ravnaqi, Vatanimiz tinchligi, xalqimiz farovonligi yo‘lida olib borilayotgan barcha ezgu ishlarda Yaratganning o‘zi madadkor bo‘lishini so‘rab qolaman.

Qurbon hayiti yana bir bor muborak bo‘lsin!
11
🇺🇿Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги жәмәәти халқымызды Қурбан ҳайыт байрамы менен қутлықлайды!

Бәршеңиздиң нийетлериңиз әмелге ассын, дуўаларыңыз қабыл болсын ҳәм қәлбиңиз қуўанышқа толсын. Елимизге тынышлық, аўызбиршилик, беккем денсаўлық тилеймиз.

Қурбан ҳайыт байрамы мүбәрек болсын!
8
Qurbon hayiti muborak boʼlsin!

Qadrli hamyurtlar!

Qoraqalpogʼiston Respublikasi Sanitariya-epidemiologik osoyishtalik va jamoat salomatligi boshqarmasi sizlarni ezgulik, birdamlik va mehr-oqibat ramzi boʼlgan Qurbon hayiti bayrami bilan samimiy tabriklaydi.

Bu ulugʼ ayyomda barchangizga sogʼlik-salomatlik, tinchlik va farovonlik tilaymiz. Har bir oilada xushchaqchaqlik va fayz-baraka hukm sursin.

Kanalga obuna bolish: @qqses
3
Ҳүрметли Ўатанласлар!

Көп санлы мәҳәллелеслер! Нуранийлер, жаслар ҳәм белсендилер!


Сизди барлық мусылманлардың уллы ҳәм қәдирли әййямы – Қурбан ҳайыты менен шын-кеўилден қутлықлайман!

Ҳүрметли Президентимиз өз қутлықлаўында атап өткениндей, бул байрамның адамгершилик, аўызбиршилик, сақаўат ҳәм уллылық сыяқлы пазыйлетлери елимизде “Инсан қәдири ушын, инсан бахыты ушын” деген ийгиликли идея тийкарында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларға сәйкес.

Ҳақыйқатында да соңғы жылларда мәҳәллелеримизде бурын мисли көрилмеген жаңаланыўлар, көлемли абаданластырыў жумыслары алып барылмақта. Бунда әсиресе, «Мәҳәлле жетилиги»ниң қатнасында халықтың жәрдемге мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаў, кекселер, майыплығы болғанлар,  жаслар ҳәм ҳаял-қызларға айрықша ғамхорлық етиў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында салмақлы жумыслар көзге тасланды. Ең баслысы, буны пуқараларымыз өз турмысында терең сезинбекте.

Сондай-ақ, жақында болып өткен мәҳәлле баслығы сайлаўында да талабанлардың бул бағдардағы халықшыл басламалары, жоқары адамгершиликли пазийлетлерге тән мийнет жоллары есапқа алынды. Әлбетте, жаңадан сайланған мәҳәлле баслықлары өз мийнет жолында бүгинги қурбан ҳайытына үнлес «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында жумыс алып барып, халқымызға жоқары адамгершилик, мийрим-шәпәәт ҳәм жақсылық үлгилерин көрсетеди, – деп исенемиз.

Қәдирли Ўатанласлар!

Сизлерди муқаддес Қурбан ҳайыты менен және бир мәрте қызғын қутлықлай отырып, ҳәр бириңиздиң шаңарағыңызға тынышлық, беккем денсаўлық, ели-халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўдей ийгиликли ислериңизде мол табыслар, бийик шыңлар тилеймен.

Елимиз тыныш, аспанымыз ашық болсын!

Ҳүрмет пенен,
С.Турманов
Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы


Кanalǵa aǵza bolıw 👉 @QR_mahalle
7
2025/07/14 11:27:47
Back to Top
HTML Embed Code: