Telegram Web Link
❗️Машиналарды қуяшта қалдырмаң

Егер машинаңыз 27 градус ыссыда қалса, оның салонындағы температура еке есеге көтериледи.

Мәлим болыўынша, қуяш нурларынан пайда болған ыссылық автомобиль ишинде тез топланып, узақ ўақыт қуяш тиккелей түсетуғын жерде қалдырылған автомобильдиң салонында температура 55-60 градусқа шекем көтерилиўи мүмкин.

👉 @Karakalpak24
🏡 Orzu qilgan uyingizga ega bo‘lish vaqti keldi!

Ipoteka — bu umrboqiy qarz emas, balki o‘z uyingizda baxtli va hotirjam hayot uchun katta imkoniyat.
Tashvishlaringizni сhetda qoldiring, biz barchasini oson va tez hal qilib beramiz!

Shartlar quyidagicha:
Foiz stavkasi — 17% dan boshlab birlamchi;
Foiz stavkasi — 22.5% dan boshlab ikkilamchi;
Boshlang'ich to‘lov — 15% dan boshlab;
Muddati — 20 yilgacha.

📍 Ariza berish uchun o'zingizga yaqin bo'lgan bank ofislarimizdan biriga murojaat qiling!

Ipoteka krediti orqali birlamchi va ikkilamchi bozordan nafaqat uy-joy sotib olishingiz, shuningdek, uy-joyni ta'mirlash uchun ham ipoteka kreditlarini olishingiz mumkin.

🌐 Batafsil: hamkorbank.uz
📞 Savollaringiz bormi? Biz bilan bog'laning:
+998913071740 (Tadjiyev Ajiniyaz)
+998976547557 (Azizbek)
+998977871146 (Shoxrux)
+998906508005 (Ajiniyaz)

📱Instagram | 📱Facebook | 📺 YouTube | 🕊Bot

Реклама
Интернетте қәўипсизлик күшейеди: жаңа нызам ҳаққында нелерди билиў керек?

Соңғы жыллары интернетте зыянлы контент: жалған хабар, нәшебентлик затлар ҳәм порнография рекламасы кескин артты. Мәселен, 2024-жылы наркотик затларға байланыслы коньтент 112 есеге, порнографиялық материаллар 5 есеге көбейген. Интернет үлкейген сайын, оның қәўип-қәтерлери де артып бармақта.

Соны есапқа алып, жаңа нызам жойбары ислеп шығылды. Оның тийкарғы мақсети - пайдаланыўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм интернетти қәўипсизлеў. Нызам платформалардан зыянлы коньтентти 24 саат ишинде өшириўди, аноним каналларды тәртипке салыўды ҳәм жалған мәлимлеме тарқатыўға қарсы илаж көриўди талап етеди.

Әпиўайы пайдаланыўшы ушын бул нени анлатады? Интернетте жеке мағлыўматларыңыз жақсырақ қорғалады. Жаслар ҳәм балалар зыянлы сайтлардан сақланады. Егер кимдур сиз ҳаққында жалған ямаса кемситиўши хабар тарқаца, оның үстинен нызамлы мүрәжат етиў имканияты пайда болады.

Тыныш ҳәм қәўипсиз интернет орталығы бәршемиз ушын зәрүр. Жаңа нызам әне усы мақсетте ислеп шығылған.

👉 @Karakalpak24
Майыплығы болған шахсларды жумысқа алған исбилерменлерге субсидия ажыратылады

️"Майыплығы болған шахслардың бәнтлигин тәмийинлеў системасын жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы президент пәрманы қабыл етилди.

Пәрман менен тийкарғы мақсетлер етип төмендегилер белгиленди:

Майыплығы болған шахслардың нәтийжели жумыс алып барыўы ушын арнаўлы хызметлер системасын енгизиў;

Майыплығы болған жасларды заманагөй кәсиплерге оқытыў, олардың мийнет базарына кириўи ушын қосымша имканиятлар жаратыў;

2025-жылдың ақырына шекем 80 мың майыплығы болған шахстың турақлы бәнтлигин ҳәм мүнәсип дәрамат табыўын тәмийинлеў.

2025-жыл 1-июньнан баслап:

I ҳәм II топар майыплығы болған шахсларды жумысқа қабыл еткен исбилерменлик субектлерине 50 миллион сумға шекем субсидия ажыратылады;

Субсидия сурдо аўдармашы, психолог ҳәм жолдаслық хызметин шөлкемлестириў қәрежетлерин қаплаў ушын ажыратылады;

физикалық тәреплерге жолдаслық хызметин өзин-өзи бәнт еткен шахс сыпатында көрсетиўге рухсат бериледи.

Сондай-ақ, "Бирден-бир миллий социаллық қорғаў" мәлимлеме системасында Мийнетке жарамлы майыплығы болған шахслардың электрон реестри жүргизиледи.


👉 @Karakalpak24
#Тайынлаў

Айназаров Оразалы Мақсетбай улы - Кегейли районы ҳәкиминиң Экология ҳәм Аралбойы аймағын раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары лаўазымына тайынланды.

Тайынлаўға шекем О.Айназаров Қарақалпақстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлигиниң сектор баслығы лаўазымында жумыс алып барған.

👉 @Karakalpak24
🔥 Úlken assortiment hám islep shıǵarıwshı bahasındaǵı gilemlerdi Ózbekstan boylap jaylasqan SAG rásmiy dúkanlarınan satıp alıwıńız múmkin.

🏷 Gilemler bahası kvadrat metri ushın 50.000 sumnan baslap, 1 mln sumǵa shekem dawam etedi.

Gilemler dizaynı hám bahaları menen tanısıp barıw ushın:

👉 Usı kanalǵa jazılıń

📞 1365

Реклама
❗️Президент мектеплериниң кириў имтиханларының биринши басқышы 6-июль күни болып өтеди.

Имтихан ўақты ҳәм мәнзили ҳаққындағы мағлыўмат талабан тәрепинен my.gov.uz ямаса ariza.piima.uz сайтларына киргизилген телефон номерлерине смс-хабарнама арқалы мәлим етиледи.

Президент мектеплерине кириў имтиханларының биринши басқышы математика пәнинен 30 тапсырма (тест түринде) өткериледи.

Талабанларға тапсырмаларды орынлаў ушын 60 минут ўақыт бериледи.

Талабанларға тапсырмаларды орынлаў ушын белгиленген ўақыттан (60 минут) тысқары, кириў имтиханының жуўаплар бетин белгилеў ушын қосымша ўақыт берилмейди.

Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятының имтиханлары Ташкент қаласында болып өтеди. Қалған аймақлардың имтиханлары өз аймақларында болады.

👉 @Karakalpak24
Жасларға бағышланған күн кең түрде белгиленбекте

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мәмлекетимиз жаслары менен ушырасыўы өткерилди. Онда мәмлекетимиздиң барлық регионларынан, соның ишинде Қарақалпақстаннан видеобайланыс арқалы жаслар қатнасты.

Ушырасыў жуўмақланғаннан соң көп миллетли халқымыздың дослық символына айланған Гиннестиң рекордлар китабына киргизилген Нөкис қаласындағы Қара үйде өз жөнелислери бойынша жоқары нәтийжелерге ерисип атырған бир топар жасларды сыйлықлаў мәресими өткерилди.

Онда бир топар белсенди жасларға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы қарары менен  «Ўатан пидайысы» ҳәм «Үмит ушқыны» көкирек белгилери тапсырылды.

👉 @Karakalpak24
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Баланың жаманы болмайды, тек ғана оларға мотивация керек - Президент

Президент Шавкат Мирзиёев барлық мәҳәлле басшыларына жаслардың тәрбиясы менен шуғылланыўды тапсырды.

👉 @Karakalpak24
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
YouTube'тағы Қара шай каналы әжайып видео таярлапты!

Видеода сиз Наманганның тек ғана миллий тақыялар қалай тигилетуғынын емес, ал ҳәр бир нағыс нени аңлатыўын билип аласыз!

Сондай-ақ, усталардың пышақ соғыў процеслери менен де танысасыз!

Төмендеги силтеме арқалы толық видеоны көриң!

https://youtu.be/faTvTzRcm2w?si=k80WW3dyq13dR_0E
1-июльдан баслап нелер өзгереди?

Пенсиялар ҳәм напақалар сондай-ақ, кем тәмийинленген шаңарақларға балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем төлемлериниң муғдарлары 10 процентке арттырылады;

Үй сатып алыўда ескроу системасы енгизиледи. Шәртнамалар тек ғана мәмлекетлик дизимнен өткен қурылыс обектлери бойынша дүзиледи;

Майыплық пенсиялары проактив түрде тайынланады;

Денсаўлықты сақлаў тараўында жаңа модел енгизиледи. "Медицинада 90 күнлик өзгерислер" бағдарламасы әмелге асырылады;

Билимлендириўдиң сапасын тәмийинлеў миллий агентлиги шөлкемлестириледи. Агентлик сыртқы сапа қадағалаўын әмелге асырыўшы арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым есапланады;

️Жеке меншик қадағалаў системасы механизмлери қәлиплестириледи. Жеке тәртиптеги турақ жайлар ҳәм киши көлемдеги турақ жай емес имарат ҳәм обектлерди қурыў және реконструкциялаў жумыслары бойынша қурылыс қадағалаўы жеке меншик сектор тәрепинен алып барылады;

️Айырым мәмлекетлик хызметлер ҳәм функциялар жеке меншик секторға өткериледи;

️Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен мәмлекетлик хызметкерлердиң маманлығын арттырыў ҳәм қайта таярлаўдың жаңа тәртиби енгизиледи;

"Ел-журт үмити" қоры стипендиатларына халықаралық шөлкемлер, сырт ел мәкемелери ҳәм ири компанияларда стажировка өтеўине рухсат бериледи;

Нызамшылық

👉 @Karakalpak24
1-августтан баслап:

️Ўәлаят ҳәм район ҳәкимликлеринде ис ҳақы асырылады, хызметкерлерге жумысына қарап айлық үстеме ҳәм қосымша бонус бериледи.

👉 @Karakalpak24
Rasmiy ish joyingiz yo‘qmi?
Hamkorbank oylik ish haqiga ega bo'lmagan ya'ni o‘zini-o‘zi band qilgan fuqarolarga ko‘maklashadi! Mikrokredit Plus krediti bilan rejalaringizni amalga oshiring.

💸 Miqdori — 300 mln so‘mgacha;
📆 Muddati — 5 yilgacha;
📉 Foiz stavkasi — yillik 28% dan boshlab;
🔐 Garov ta’minot uchun quyidagilardan biri talab etiladi:
- transport vositasi;
- turar yoki noturar joy.

📲 Sizga eng yaqin Hamkorbank ofisiga murojaat qiling va tezkor moliyaviy ko’makka ega bo’ling!

🌐 Batafsil: hamkorbank.uz
📞 Savollaringiz bormi? Biz bilan bog'laning:
+998913071740 (Tadjiyev Ajiniyaz)
+998976547557 (Azizbek)
+998977871146 (Shoxrux)
+998906508005 (Ajiniyaz)

📱Instagram | 📱Facebook | 📺 YouTube | 🕊Bot

Реклама
⚡️Қытай—Қырғызстан—Өзбекстан темир жолы қурылысы басланды

"Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан" халықаралық темир жолының кең көлемли қурылысы рәсмий түрде басланды. Бул ҳаққында Kaktus.media басылымы хабар берди.

Бул темир жол тек ғана транспорт жолы емес, ал Шығыс ҳәм Батыс мәмлекетлерин байланыстыратуғын стратегиялық әҳмийетли "көпир" ўазыйпасын атқарады. Орайлық Азия ҳәм Жақын Шығыс мәмлекетлери, соның ишинде Түркия ҳәм оннан кейин Европа Аўқамы менен бирге ислесиўди жолға қойыў жойбары аймақлараралық байланысларды беккемлеўге, транспорт бағдарларын диверсификация етиў ҳәм аймақтың халықаралық транспорт ҳәм транзит сыпатында бәсекеге шыдамлылығын асырыўға жәрдем береди.

👉 @Karakalpak24
2025/07/14 13:44:07
Back to Top
HTML Embed Code: