Telegram Web Link
☎️ Сиз билиўиңиз керек болған қысқа телефон номерлери

Ҳуқыққорғаў уйымларының исеним номерлери:

🔹 1198 – Салық комитети
🔹 1108 – Бажыхана комитети
🔹 1007 – Бас прокуратура
🔹 1008 – Әдиллик министрлиги
🔹 1107 – Мәжбүрий орынлаў бюросы
🔹 1102 – Ишки ислер министрлиги
🔹 1050/101 – Қутқарыў хызмети (АЖМ)
🔹 1000 – Президент виртуал қабыллаўханасы
🔹 1101 – Айрықша жағдайлар министрлиги
🔹 1253 – Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги
🔹 1096 – Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкил (Омбудсман)

Сондай-ақ, ҳәмме билиўи зәрүр болған исеним номерлери:

🔸 101 – өрт өшириў хызмети
🔸 102 – милиция
🔸 103 – тез медициналық жәрдем хызмети
🔸 104 – газ хызмети
🔸 1050 – қутқарыў хызмети
🔸 1157 – тәбиятқа зыян жеткериў жағдайлары ҳаққында хабар бериў ушын
🔸 1159 – Тутыныўшыларың ҳуқықын қорғаў агентлиги Call-орайы
🔸 1001 – ҳаўа райын билиў ушын байланыс хызмети
🔸 1004 – анық ўақытты билиў ушын байланыс хызмети
🔸 1054 – «Суўсаз» МУК авария хызмети
🔸 1069, (78) 140-19-19 – дәрихана ҳәм дәри-дармақларды табыў ушын байланыс хызмети
🔸 1347 – ыссылық ҳәм ыссы суў тәмийнатындағы машқалалар бойынша мүрәжат етиў ушын
🔸 1009 – барлық шөлкемлер мәнзили, телефон номерлерин ҳәм басқа мағлыўматларды усыныўшы байланыс номери.

👉 @Karakalpak24
❗️Автомашина кондиционеринен пайдаланыў бойынша 6 мәсләҳәт

1️⃣ Кондиционерди иске қосыўдан алдын салонды 3-5 минут самаллатың.

2️⃣ Суўық ҳаўа ағымын айдаўшы ҳәм оның жанындағы жолаўшының көкирек тәрепине қаратпаң. Суўық ҳаўа алдынғы айна (лобовой), қаптал айналар ямаса жоқарыға бағдарланған болыўы керек.

3️⃣ Сырттағы ҳаўа ҳәм кондиционерден шығып атырған ҳаўаның температурасы 7…10 дәреже парықланыўы керек.

4️⃣ Ыссы ҳаўада кондиционерди иске қосқаннан кейин алдын белгили бир температураға қойыў керек, кейин ала әсте-ақырын температура түсириледи.

5️⃣ Узақ сапарға кондиционерли машинада жолға шыққаныңызда ҳәр ярым саат–бир саатта автомобиль салонын самаллатып турың.

6️⃣ Кондиционер жақсы ислеўи ушын оның фреон дәрежесин өлшең ҳәм салондағы фильтрди, әлбетте, алмастырың.

👉 @Karakalpak24
❗️Таксистлер ушын жаңа тәртип: салықты агрегаторлар төлейди

2025-жыл 2-июльден:
️Жыллық дәраматы 100 млн сумнан асқан өзин-өзи бәнт еткен таксишилердиң салықлары агрегаторлар тәрепинен услап қалынады.

Бул арқалы айдаўшылар салық есабатлары менен әўере болмайды.

Ҳәзирги ўақытта 208 агрегатор арқалы 430 мыңнан аслам айдаўшы хызмет көрсетпекте. Усы жылы олар арқалы мәмлекетке 89,6 млрд сум салық төленген.

👉 @Karakalpak24
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Жаслар күнине - байрам, илҳам ҳәм көркем-өнер кешеси!

Шымбай районында болып өткен гала-концерт жаслар ушын умытылмас мәўритлер, жарқын сезимлер ҳәм бийтәкирар көркем-өнер байрамына айланған екен. Ҳәттеки қоңсы районлардың жаслары да концертке мийман болып келген.

Концерт даўамында сахнада мәмлекетимиздиң қәбилетли көркем-өнер шеберлери, жас талант ийелери ҳәм сүйикли жулдызлары өзлериниң шығыўлары менен ҳәммеге үлкен қуўаныш бағышлаған.

⚡️Ең тийкарғысы райондағы бир қатар спортшылары, мәденият ҳәм илим-пән олимпиадасы жеңимпазлары ҳәм де теңлеслери арасындағы белсенди жаслар район ҳәкими тәрепинен сыйлықланған.

Ашық аспанымызға, тыныш елимизге усындай байрамлар ҳәм гала-концертлер жарасады.

📌Мине жасларды қоллап-қуўатлаў.
Халықтың мәдений дем алыўын шөлкемлестирсе Шымбай районынан басқа районлар көрип үйрениўге болады екен.

Мәмлекетимиз басшысының жасларға жаратып берип атырған имканиятларын мине усындай етип шетки жерлерге жетип барыўын тәмийинлеў зәрүр.

👉 @Karakalpak24
❗️Пенсияны пластикте алатуғынлардың пенсиясына 1% қосымша пул төленеди

Президенттиң 07.04.2022-жылдағы ПҚ-198-санлы қарарына бола, Пенсия қоры тәрепинен төленетуғын барлық түрдеги пенсиялар, напақа, компенсациялар ҳәм бала пулы (уход) және материаллық жәрдем (пособия) пулын банк пластик картасында алыўшыларға ҳәр айда сол пенсия ямаса напақа пулының 1% муғдарында қосымша пул бериледи.

Бунда пенсия ҳәм напақа алыўшыға пластик картада төлеў тек ғана оның разылығы менен әмелге асырылады.

👉 @Karakalpak24
🔰 Пенсияға шығыў бойынша жеңилликлер

Нызамға бола, жасқа байланыслы пенсияға еркеклер 25 жыллық стажға ийе болса – 60 жаста, ҳаяллар 20 жыллық стажы болса – 55 жаста шығыўы мүмкин.

➡️ Мийнет стажы кеминде 15 жыл болып, оның кеминде 7 жыл 6 айында жер астындағы жумысларда, мийнет шараяты жүдә зыянлы ҳәм жүдә аўыр жумысларда толық жумыс күни даўамында ислеген пуқаралар 10 жыл алдын, яғный еркеклер 50 жаста, ҳаяллар – 45 жаста пенсияға шығыўы мүмкин.

➡️ Мийнет шараяты жүдә зыянлы ҳәм жүдә аўыр жумысларда – еркеклер кеминде 5 жыл, ҳаяллар кеминде 3 жыл 9 ай ислеген хызметкерлерге пенсия жасы усындай жумысларда ислеген ҳәр бир жылына тең рәўиште қысқартырылады.

➡️ Штатлар қысқарыўы ямаса кәрхананың жабылыўы себепли жумыстан босатылған ҳәм жумыссыз деп табылғанда:
еркеклер – 58 жасқа толғанда ҳәм стажы кеминде 25 жыл болғанда;
ҳаяллар – 53 жасқа толғанда ҳәм стажы кеминде 20 жыл болғанда пенсия алыў ҳуқықына ийе. (Халық ушын)

👉 @Karakalpak24
Hamkor ilovasi orqali Humo yoki Visa kartasini rasmiylashtirib, quyidagi qulayliklarga ega bo'ling:

Bank kartalarini BEPUL rasmiylashtirish;
Xalqaro pul o‘tkazmalarini qabul qilish imkoniyati;
Visa direct xizmati orqali pul o'tkazmalari;
Visa kartalaridan bank ofislarida BEPUL naqd pul yechish;
Hamkorbank Visa kartalari o'rtasida P2P BEPUL;
Ilova orqali mablag'larni oson boshqarish;
24/7 qo'llab-quvvatlash xizmati.

Hamkorbank kartasining yana bir asosiy afzalliklaridan biri:
Hatto rasmiy daromadingiz bo'lmasa ham karta orqali pul aylanmalarini amalga oshirib, kredit olish imkoniyatiga ega bo'lasiz.

BARCHA BANK PLASTIK KARTALARIDAN 30 MLN DAN YUQORI SUMMALARNI 0.5 % DAN NAQDLASHTIRIB BERADI

📥 Hamkor ilovasini hoziroq yuklab oling va bank kartalariga buyurtma bering: havola

📞 Savollaringiz bormi? Biz bilan bog'laning:
+998913071740 (Tadjiyev Ajiniyaz)
+998976547557 (Azizbek)
+998977871146 (Shoxrux)
+998906508005 (Ajiniyaz)

📱Instagram | 📱Facebook | 📺 YouTube | 🕊Bot

Реклама
Өзбекстанда халықтың үштен бир бөлегинде кеминде бир кредит бар. Еки ҳәм оннан артық кредит алып атырғанлар көбейип бармақта.

2025-жыл 1-июнь жағдайына бола физикалық шахслардың:
🔹73 проценти - 1;
🔹16 проценти - 2 еўден;
🔹11 проценти - 3 ҳәм оннан артық кредитке ийе.

Бир неше кредит алыўшылар саны жылдан-жылға артып бармақта.

👉 @Karakalpak24
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
❗️"Тенге Банк"тен алдаўшылар 90 мың доллар пулды урлады

Бир неше шахслар банк кассасына клиент сыпатында барып, банк картасында бар 90 000 АҚШ долларын нақластырыў мақсетинде посттерминалға жалған мағлыўмат киргизиў жолы менен 90 000 АҚШ долларын алып кеткенлиги анықланған.

Тезлик пенен оператив-техникалық илажлар әмелге асырылып, бул ҳәрекетлерди ислеген жынайый топардың барлық ағзалары қолға алынған.

👉 @Karakalpak24
"Ливерпул" ҳүжимшиси Диогу Жота аварияға ушырап қайтыс болды.

Португалиялы футболшы 28 жаста еди. Оның әкеси авария Испанияда жүз бергенин хабар еткен.

Футболшы социаллық тармақлардағы бетлеринде июнь айы ақырында өткерилген тойынан фотосүўретлерди бөлискен еди.

👉 @Karakalpak24
🔥Bunaqasi hali bo‘lmagan – Kia Sonet atigi 5%dan boshlang‘ich to‘lov bilan!

Boshlang'ich to'lov:
Classic- 9.995.000 so'mdan
Luxe-11.145.000 so'mdan
Prestige-12.495.000 so'mdan
Taklif Davr Bank bilan hamkorlikda taqdim etiladi.

🔥Afzalliklari
-1.5 litrli ishonchli atmosferli dvigatel (100km ga 6.2 litr)
-Bagajnik hajmi 392 litr
-Orqa ko'rinish kamerasi va iqlim nazorat


📞 Batafsil ma’lumot +998555001331 telefon raqami orqali yoki kia.uz saytida.

Реклама
Көздиң рак кеселлиги ҳаққында билесиз бе?

Қәнийгелердиң пикиринше, ҳәр күни қараңғы бөлмеде ярым саат телефон ислеткен адамның көзлеринде рак кеселлиги келип шығыўы бақланып атыр.

Буның нәтийжесинде көз қызарып пердени орап алады, сол пердени алып таслаў имкансызлығы ушын бул дәрт даўасыз болып қалмақта.

👉 @Karakalpak24
"Анорбанк" баслығы Францияда урлап кетилди

Белгили Le Monde басылымының жазыўынша, Өзбекстандағы "Анорбанк" баслығы 48 жасар Қаҳрамонжон Олимов Франция пайтахты Париж қаласында урлап кетилген ҳәм Ницса қаласы жанындағы бир жер төледе услап турылған ҳәм азат етиў ушын пул талап етилген, пулдың белгили бир бөлеги төленгеннен кейин ол азат етилген.

Басылымның жазыўынша бул факт жынаят иси сыпатында рәсмийлестирилген: кимдур гүманланыўшы сыпатында қолға алынған.

👉 @Karakalpak24
Каракалпак 24
"Анорбанк" баслығы Францияда урлап кетилди Белгили Le Monde басылымының жазыўынша, Өзбекстандағы "Анорбанк" баслығы 48 жасар Қаҳрамонжон Олимов Франция пайтахты Париж қаласында урлап кетилген ҳәм Ницса қаласы жанындағы бир жер төледе услап турылған ҳәм азат…
"Анорбанк" баслығын азат етиў ушын 10 млн доллар талап етилген

Мәлим етилиўинше, ол 23-июнь күни мәмлекет пайтахтының салтанатлы аймағында урланған, үш еркек оған топылып, қол-аяғынан услап, мойнынан буўып, Мерцедес фургонында Нисса жанындағы вилланың жер төлесине алып кеткен. Ол жерде таяқланған, өлтириў менен қорқытылған.

Қаҳрамонжон Олимов оны урлағанлардан бирин таныған - бурынғы бизнес-шериги болған. Ол Олимовты банктеги үлесин тартып алыўда айыплап, оннан 10 миллион доллар талап еткен.

Хабарда айтылыўынша, Олимовта көплеген көгериўлер ҳәм жарақатлар дизимге алынған. Компенсация пулының бир бөлегин төлегеннен кейин босатып жиберген. Буннан кейин Ниссадағы вокзалға келип, Парижге поездда жетип барған ҳәм полицияға хабар берген.

1-июль күни Франция полициясы Түркия пуқарасы болған гүманланыўшылардан бирин қолға алған. Қаҳрамонжон Олимовтың өзи Ташкентке қайтып келген.

👉 @Karakalpak24
Uzum Marketda Chillia mavsumi 🏖

Yilning eng issiq davri — yoz uchun kerakli narsalarga qaynoq chegirmalar bilan boshlanadi. Hovuzlardan tortib kiyimlargacha — barchasini uydan chiqmasdan super narxlarda buyurtma qiling.

➡️ Xaridlarga ⬅️

Реклама
Шембиликке хызметкердиң айлығынан услап қалыў мүмкинбе?

Әдетте, шембилик мүнәсибети менен хызметкерлердиң бир күнлик мийнет ҳақы услап қалыныўына әдетленип қалынған.

“Яғный ҳеш ким хызметкерлерден сорап та отырмайды, бухгалтерлер бәри 1 күнлик мийнет ҳақын өткереди, тамам. Көпшилик хызметкерлер болса, буны сезбейди де! Бирақ, бир затты умытпаўымыз керек, шембилик мүнәсибети мийнет ҳақысынан услап қалыныўы қәлеўли, ҳеш қандай мәжбүрий емес!”, — дейди Хушнудбек Худойбердиев.

Мийнет кодексине тийкар, хызметкердиң жазба разылығы болмай турып оның мыйнет ҳақысынан услап қалыныўы мүмкин емес.

👉 @Karakalpak24
Қоңыратта абаданластырыўға жумысқа киргизип бериўди ўәде еткен шахс усланды

Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Қоңырат районы бөлими, МҚХ ҳәм ИИМ хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илажда Абаданластырыў басқармасы жәрдемши хызметкерлер бөлими хызметкери Г.А пуқара А.О.ның исенимине кирип, оны Нөкис қалалық абаданластырыў басқармасына жумысқа жайластырып қойыўы есесине 10 млн сум пулды алған ўақтында айғақлы дәлиллер менен усланған.

Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң 168-статьясы (алдаўшылық) ҳәм 28, 211-статьясы (пара бериў) менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери өткерилмекте.

👉 @Karakalpak24
Sovg’alar sizni kutmoqda! Chunki MEDIAPARK — 10 yoshda!
📅 3–13-iyul kunlari MEDIAPARK sizni:
💰 50% gacha chegirmalar bilan
🎁 Har bir xaridga sovg‘a bilan
🏆 Va har kuni OLTIN QUYMAsi bilan quvontiradi!

Qanday qatnashasiz? Juda oddiy:
🔹 3 500 000 so‘mdan ortiq xarid amalga oshiring (naqd yoki bo‘lib to‘lashda — farqi yo‘q)
🔹 MEDIAPARK ilovasida ro‘yxatdan o‘ting
🔹 YUTUQLI BARABANni aylantiring — va sovg‘angizni darhol qabul qiling!

Har bir xaridor — yutadi!
🏅 Asosiy sovrin — har kuni OLTIN QUYMAsI!

Shoshiling, bayram faqat 13-iyulgacha davom etadi!
👉 Batafsil: mediapark.uz

Savollaringiz uchun 👉 @MEDIAPARK_SUPPORT
📱 Telegram | 📱 Instagram | 📱 Site

Реклама
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
️️️🔥 Өзбекстанды ҳақыйқый ыссы қаплап алды

Өзгидромет мағлыўматларына бола, республика аймағының үлкен бөлегине ыссы ҳаўа ағымы кирип келди, бул пүткил мәмлекет бойлап сезиле баслады.

Бүгин ушын прогноз: орайлық ҳәм арқа аймақларда +43°C дәрежеге шекем, қубла ҳәм шөл аймақларда +47°C дәрежеге шекем. Ҳәтте таўларда да ҳаўа +36°C қа шекем ысыйды.

👉 @Karakalpak24
Буны ҳәмме билиўи керек: Бизиң денемиз қалай жумыс ислейди?

6.00 — денениң толық тетиклесиўи ушын кортизол дәрежеси артады.
7.00 — мелатонин ислеп шығарылыўы тоқтайды.
9.00 — жынысый гормонлар ислеп шигарылыўы ең актив дәрежеге жетеди.
10:00 — ақылый искерликтиң ең жоқары шыңы.
14:30 — ҳәрекетлерди муўапықластырыў ушын ең қолайлы ўақыт.
15:30 — әдетлерди қәлиплестириўдиң ең жақсы ўақты.
17:00 — булшиқ етлердин еластиклиги ҳәм жүрек-қан тамыр системасы актив ислейтугин ўақыт.
19:00 — қан басымы ҳәм дене температурасы ең жоқары дәрежеге көтерилетуғын ўақыт.
21:00 — денени уйқыға таярлаў ушын мелатонин ислеп шығарыла баслайды.
22:00 — ас синириў системасы "тынышланады," себеби дене уйқыға таярланады.
2.00 — терең уйқы ўақты.
4:00 — ең төмен дене температурасы белгиленетуғин ўақыт.


👉 @Karakalpak24
2025/07/13 20:41:22
Back to Top
HTML Embed Code: