Telegram Web Link
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Avtomobil aliwdi oylap jursizba🤔?

Endi CHERY NUKUS avtosalonimizģa kelip, qalegen modeldegi avtomobilińizdi muddetli tólewge alip ketseniz boladi.🥳

TIGGO 2 PRO
ARRIZO 6 PRO
TIGGO 7 PRO.

🤗Qadirli haridarlarimiz ushin jane bir zor jańaliq
Hazirde qalegen avtomobilińizge
15 - 35 mlnģa 💰shekem shegirme qilip alip ketseńiz boladi. 

📱Bugin bizge baylanisqa shiģip,
🚘erten óz mashinanizģa iye boliń.

Maģliwmat ushin:
📞 (55) 106-01-01/ (77) 184-01-01
📍 Utepov koshesi 31/1 (orientir Kvadrat park)
🚙 Test-drive xizmeti bar

Реклама
❗️Ҳаўа райы салқынлайды

Ҳаўаның температурасы бүгин күндиз 36-41 дәрежени, 8-9-июль күнлери 33-38 дәрежени, 10-11-июльда болса 31-36 дәрежени қурайды.

Өзбекстанның қубла вймағында температура төменлейди ҳәм жумыс ҳәптесиниң ақырына келип температура 37-40 дәрежени қурайды.

Республика аймағының үлкен бөлегинде жаўын-шашын күтилмейди. Тек ғана Ферғана ойпатлығы ўәлаятларында, сондай-ақ, таў алды ҳәм таўлы аймақларда 9-10-июль күнлери қысқа мүддетли жаўын жаўыўы итималы бар.

👉 @Karakalpak24
❗️Абитуриентлер дыққатына

Жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерине кириў тест сынақлары 14-июльден басланады.

Имтиханлар 2 сменада өткериледи:
▪️ 1-смена - саат 08:00 де;
▪️ 2-смена - саат 15:00 де.

📅 Тест сынақлары 23-июльға шекем даўам етеди.

👉 @Karakalpak24
Әндижан мәмлекетлик университетиниң бир топар лаўазымлы шахслары қамаққа алынды

Ректор ҳәм 27 жыллық Бухгалтер басшылығындағы жынайы топар бюджеттен дерлик 54 МЛРД СУМды жеп қойған.

Университетте 27 жылдан берли бас есапшы лаўазымында ислеп келген шахс, ректор ҳәм және 11 адам жынайый реже дүзип, жәми 53,6 млрд сум мәмлекетлик бюджет қаржыларын талан-тараж еткен.

Олар түрли жоллар менен стипендия, коньтракт, хошаметлеў, жатақхана пуллары ҳәм басқа да қаржыларды өзлестирген. Буның ушын ҳәтте студентлердиң қолы, басқа да ҳүжжетлер қәлбекилестирилген.

👉 @Karakalpak24
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Konditsioner tanlashda asosan nimaga e'tibor berish kerak ?
Yozuviga yoki brendiga qarab emas motoriga qarab oling, asosiy sovitishi va isitishi uchun javob beradigan qismi bu agregat qismi !

Реклама
Қарақалпақстанның төрт районында туризм комплексин шөлкемлестириў ушын субсидия ажыратылады

Қарақалпақстан Республикасының Әмиўдәрья, Мойнақ, Тахтакөпир ҳәм Елликқала районларында зиплайн хызметлери ҳәм канатлы парк (тайпарк) экстремал туризм комплекси шөлкемлестирилиўи режелестирилмекте.

Қарар менен:

– таўлы ҳәм шөл аймақларында улыўма аралығы 200 метрден кем болмаған зиплайн экстремал туризм комплексин шөлкемлестириў қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў ушын 100 миллион сум;

– таўлы ҳәм шөл аймақларында 150 кв метрден кем болмаған канатлы парк (тайпарк) экстремал туризм комплексин шөлкемлестириў қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў ушын 80 миллион сум муғдарында бир мәртелик субсидия ажыратылады.

Таўлы ҳәм шөл аймақларында зиплайн ҳәм канатлы парк (тайпарк) экстремал туризм комплексин шөлкемлестирген исбилерменлик субъектлерине ажыратылатуғын субсидия Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги жанындағы Туризм комитетиниң Туризмди қоллап-қуўатлаў қоры қаржылары есабынан қаржыландырылады.

👉 @Karakalpak24
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
❗️Жәрийма баллары ҳаққында толық мағлыўмат берилди

12 жәрийма баллын жыйнаў аңсат емес - бул тек ғана қағыйдаларға қатаң әмел етпейтуғын, үзликсиз түрде қағыйдабузарлық ислейтуғын айдаўшыларға тән жағдай.

👉 @Karakalpak24
️"Ўақтынша дизимде турған пуқаралардың перзентлери ушын мектепке қабыллаўда шеклеў жоқ" — министрлик

Конституция ҳәм "Билимлендириў ҳаққында"ғы нызамға тийкарланып, ҳәр бир баланың билим алыў ҳуқықы кепилленген.

Сол себепли, ўақтынша дизимде турған пуқаралардың перзентлери де мектепке қабыл етиледи ҳәм ҳеш бир бала билимсиз қалмайды, - деп мәлим етти Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги.

👉 @Karakalpak24
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Дүнья мәмлекетлеринде неге ўақыт ҳәр қыйлы деп ойлайсыз?

Буның себеби жер шарын бөлип турыўшы мерилианлар. Меридианлар өзи не?

Бул сораўға жуўапты YouTube'тағы Айдын каналы таярлаған видеодан табасыз!

Толық видеоны төмендеги силтеме арқалы тамашалаң!

https://youtu.be/7NLG7fRjgbM?si=_EiIErEGc-KTHJtJ
❗️1-августтен баслап айлықлардың көбейиўи алимент төлеўшилерге де тәсир етеди ме?

✅️ ЖУЎАП:
Усы жылдың 1-август сәнесинен баслап айлықлардың көбейиўи жумыс ислейтуғын алимент төлеўшилерге де, ислемейтуғын алимент төлеўшилерге де тәсир етеди. Яғный, олар алдынғыға қарағанда көбирек алимент төлеўге туўра келеди.

Себеби, егер алимент төлеўши шахс бюджет шөлкеминде жумыс ислеўши хызметкер болса 1-августтен баслап оның айлығы 10 процентке көбейеди. Демек, ол айлығы көбейгенге шекем Шаңарақ кодексиниң 99-статьясында белгиленген тәртипте неше пул алимент төлеп киятырған болса, айлықлар көбейгеннен кейин айлығының артқан бөлегиниң белгили муғдарын төлеп киятырған алиментине қосып төлейди. Мәселен, алимент төлеўши 3 миллион сум айлық алады ҳәм еки перзенти ушын суд қарарына бола ҳәм Шаңарақ кодексиниң 99-статьясында көрсетилген муғдар бойынша усы 3 миллионнан үштен бир бөлегин, яғный 1 миллион сумын алимент етип төлейди дейтуғын болсақ, биринши августтан баслап болса оның айлығы 10 процентке көбейип 3 300 000 сум алады. Ол алдыннан ҳәр айда төлеп киятырған алиментине айлығының артқан бөлегиниң үштен бир бөлегин (100 000 сум) қосып төлей баслайды.

Енди ҳеш жерде жумыс ислемейтуғын алимент төлеўшилерге айлықлардың арттырылыўына не байланысы бар, олар бәрибир ҳеш жерде жумыс ислемейди-ғо деген сораўға келетуғын болсақ, Шаңарақ кодексиниң 140-статьясында бул сораўға жуўап бар! Бул статьяның мазмунына бола, жумыссыз болған алимент төлеўши Өзбекстандағы орташа мийнет ҳақынан келип шығып алимент төлейди. 1-августтен айлықлар асырылса Өзбекстандағы орташа мийнет ҳақы муғдары да көтериледи. Демек, жумыссыз алимент төлеўшилер августтен кейин алиментти артқан баҳада төлей баслайды. Айлықлар асқанынан кейин Өзбекстандағы орташа ис ҳақы муғдары қанша болады ҳәм соннан кейин жумыссыз алимент төлеўшилер анық қанша муғдарда алимент төлеўи керек екенлигин Миллий статистика комитети тәрепинен август айы жуўмақлары бойынша есапланған статистикалық мағлыўматлардан билип алыўымыз мүмкин болады.

👉 @Karakalpak24
2025-жыл 1-июльдан баслап:

🔹 ️Жасқа байланыслы ең кем пенсия - 918 000 сум;
🔹 ️Майыплық пенсиясы (минимал) - 1 012 000 сум.

Балалар напақасы:
🔹 3 жасқа шекем - 360 000 сум;
🔹 3-18 жас - 275 000 сум;
🔹 2-перзент ушын қосымша - 165 000 сум;
🔹 3 ҳәм оннан кейинги - 110 000 сум;
🔹 Материаллық жәрдем (айлық) - 420 000 сум;
Басқа пенсия ҳәм напақалар - арнаўлы қосымшаға муўапық белгиленеди.

2025-жыл 1-августтан:
️Бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң ис ҳақысы ҳәм стипендиялар 10% ға асырылады.

Базалық муғдарлар да өзгереди, 1-июльдан баслап:
🔸 ️Пенсия есаплаў ушын базалық муғдар - 471 000 сум.

1-августтан баслап:
▪️️Ең кем айлық мийнет ҳақы - 1 271 000 сум;
▪️Базалық есаплаў муғдары (БЕМ) - 412 000 сум.

👉 @Karakalpak24
Магистратураға қабыллаў басланды

2025-2026-оқыў жылы ушын мәмлекетлик ЖООлардың магистратурасына ҳүжжет қабыллаў басланды.

️Арзалар my.edu.uz арқалы 30-июльға шекем (соль күни де) қабыл етиледи.

Таңлаўда белгиленген талап дәрежесиндеги миллий ямаса халықаралық сертификатқа ие болғанлар қатнасыўы мүмкин.

👉 @Karakalpak24
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
❗️Беруний районы ҳәкими орынбасары 12 мың АҚШ доллары пара менен усланды

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети тәрепинен өткерилген оператив илаж даўамында Қарақалпақстан Республикасы Беруний районы ҳәкими орынбасары усланды.

Ол қызылмия (боян) тамырын қайта ислеўши ЖШЖ басшысынан 150 гектар жер ажыратыў есесине 12 мың АҚШ доллары алып атырған ўақтында қолға алынған.

Ҳәзирги ўақытта бул жағдай бойынша жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

👉 @Karakalpak24
Саида Мирзиёева дүняның абырайлы дизиминен орын ийеледи

2026-жылғы Зайед атындағы адамзат дослығы сыйлығының төрешилер қурамы ағзалары жәрияланды.

1 миллион долларлық сыйлықтың ийесин анықлаўшы төрешилер қурамы қурамына Өзбекстан президенти администрациясының баслығы Саида Мирзиёева, ЮНИСЕФ бас директоры Кетерин Расселл, Европа кеңесиниң бурынғы президенти Шарл Мишел ҳәм басқалар киргизилди.

👉 @Karakalpak24
Тергеўши айыпланыўшыға қандай сораўларды бериўи мүмкин емес?

1⃣Айыпты мойынлаўға мәжбүрлеўши сораўлар: Тергеўши айыпланыўшыны өз айыбын мойынлаўға мәжбүрлеўи яки басым өткериўи нызамсыз. Мәселен:
"Сен буны ислегенинди жақсы билемиз, мойынлай бер!"
"Ҳәммесин тән ал, сонда жеңилирек болады."


2⃣ Қорқытыў якт басым өткериў менен берилген сораўлар: Айыпланыўшыны қорқытыў, қәўетерге салыў яки руўхый басым астында жуўап алыў қадаған етиледи.
"Айтпасаң, аўыр жаза аласан!"
"Ҳәммесин тән алмасаң, шаңарақлық машқалалар болады."


3⃣Логикасыз яки кемситиўши сораўлар: Айыплаў, қорлаў яки айыпланыўшыны кемситиў мақсетинде берилген сораўлар нызам менен қадаған етилген.
"Сен бәрқулла өтирик сөйлейсең бе?"
"Саған исениў мүмкин емес, ақыры сен жынаятшысаң!"


4⃣ Провокациялық ҳәм шалғытыўшы сораўлар: Сораўлар анық ҳәм түсиникли болыўы керек, айыпланыўшыны шалғытыўшы тәризде сораў бериў нызамға қайшы.
"Сен ол жерде болмаған болсаң, онда не қылып жүрген едиң?"

Егер тергеўши усындай нызамсыз усыллардан пайдаланса, оның жоқары турыўшы басшысына яки бақлаўшы прокурорға жазба рәўиште шағым киргизиң.

Умытпаң, "Нызамды билмесеңиз, нызам Сизди билмейди!"

👉 @Karakalpak24
📣 ГРАНТ тийкарында Real school да оқыў мүмкиншилиги!

Ҳүрметли ата-аналар!
Перзентиңиз билимли, заманагөй ҳəм қәўипсиз орталықта оқыўын қəлейсиз бе? Ол жағдайда Real school сизге əжайып мүмкиншилик усыныс етеди!

🎯 ГРАНТ тийкарында қабыл ушын тест сынақлары төмендеги сəнелерде өткериледи:

📌 21-июль 9:00 - 2-класс оқыўшылары ушын
📌 23-июль 9:00 - 3-класс оқыўшылары ушын
📌 25 -июль 9:00 - 4-класс оқыўшылары ушын

📍 Мəнзил: Нөкис қаласы, А. Досназаров;
Бағдар: "Гоззал" остановка.
📲 Қосымша мағлыўмат ҳəм дизимнен өтиў:
@real_school_nks

📞 99 057 01 01

✍️ Орынлар саны шекленген.


Реклама
❗️Өзбекстанда 11-июльден IELTS имтиханын қағазда тапсырыў бийкар етиледи

10-июль күни болып өтетуғын имтиханлар қағазда ислеў әмел ететуғын соңғысы болады. Жоқарыдағы өзгерис IDP, British Council, Cambridge University Press& Assessment имтиханларына да тийисли. Қағазда тапсырыў бийкар етилиўи оператив себеплерге бола болғанлығы айтылмақта.

👉 @Karakalpak24
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
360° градус камералы патрул машинасы неше қағыйдабузарлықты анықлай алады?

Видеоны айдаўшы танысларыңызға жибериўди умытпаң.

👉 @Karakalpak24
❗️️«Илимпазлар бахыт гилтин тапты» ─ Daily Mail

Бул арзымаған нәрселерге де қуўаныў. Қуўаныў мийимизди дофамин менен қуўатландырып, стрессти кемейтип уйқыны да жақсылаўға жәрдем береди.

Изертлеўшилер 18 мың адамда бақлаўлар өткерген: олар бир-бирине жақсы сөзлер менен мүрәжат еткен, арзымаған саўғалар берген, тәбият қойнында көбирек болған ҳәм т.б. Бир жылдан соң олардың жағдайында унамлы өзгерислер жүз берген.

👉 @Karakalpak24
🚗 Hyundai Bukharada – Tucson modelini 2 yillik foizsiz bòlib tòlash bilan oling!

Tez va qulay rasmiylashtirish
Faqat pasport bilan
24 oygacha to‘lov muddati

📍 Bukhara shahridagi Hyundai dileriga tashrif buyuring va zamonaviy avtomobillarning egasiga aylaning!

📞 +998-55-520-11-66
📍Mustaqillik ko’chasi 55/1-A. Аvtomobil bozori ro’parasida

Instagram | Telegram

Реклама
2025/07/14 09:45:04
Back to Top
HTML Embed Code: