❗️️Мусылманлар басқармасы: диний сораўларға ChatGPT арқалы жуўап алыў мүмкин емес
Өзбекстан мусылманлары басқармасы жанындағы Фатво орайы пуқараларды жасалма интеллект — ChatGPT арқалы диний сораўларға жуўап излемеўге шақырды.
Хабарда атап өтилиўинше, шәрияттың мәселелери тек ғана илимпазлар ҳәм қәнигелер арқалы шешилиўи керек. Себеби ChatGPT инсан тәрепинен жаратылған өним.
Айырым сораўларға болжаў ямаса тийкарсыз дереклер менен жуўап бериўи мүмкин.
Әҳмийетли мәселелерде исенимли уламаларға мүрәжат етиў усыныс етилмекте.
👉 @Karakalpak24

Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
YouTube'тағы Айдын каналы Топырақ қала ҳаққында қызықлы видео таярлапты!
Видеода сиз бул әййемги қала қашан қурылғаны, кимлер жасағаны ҳәм оның сырлы тарийхы менен танысасыз!
Сондай-ақ, қала не ушын әйне "Топырақ қала" деп аталғанының себеби де ашылады!
Тарийхқа қызығатуғын болсаңыз - бул видеоны өткерип жибермең!
Толық видео төмендеги силтемеде!
https://youtu.be/wGv71wN-41A?si=XBKaxdxK76SLA8ij

This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
❓Ыссы күнлери машинада нелерди қалдырыўға болмайды?
Жаздың ыссы күнлеринде автомобиль ишинде баклажка, гаджетлер ҳәм және "зажигалка"ны таслап кетиўге болмайды.
Жоқарыдағы видеода буның себеплери түсиндирилген.

❗️Жәрийма баллары ҳаққында әҳмийетли 10 факт!
1⃣ Жәрийма баллары 2025-жыл 1-июньнан баслап күшке киреди;
2⃣ Жәрийма баллары тек ғана ЖҲҚБ хызметкерлери тәрепинен рәсмийлестирилген ҳәкимшилик протоколлар бойынша есапланады;
3⃣ Жәрийма баллары "Е-jarimaball" модули арқалы инсан факторысыз автоматластырылған ҳалда есаплап барылады;
4⃣ Егер айдаўшылар 12 ай даўамында қағыйданы бузбаса, кейинги жылдағы биринши қағыйдабузарлығы ушын жәрийма баллары жазылмайды;
5⃣ Егер айдаўшылар ақырғы ҳуқықбузарлық ушын жәрийма баллары қолланылған ўақыттан баслап 6 ай даўамында қағыйдабузарлық ислемесе, оның жәрийма балынан 2 балл шегирип тасланады;
6⃣ Айдаўшылар жәрийма баллары ҳаққында өзлериниң мобил байланыс қуралларына келген "СМС" хабарлар арқалы хабардар етиледи;
7⃣ Айдаўшылардың жәрийма баллары 8 баллға жеткенде олар рәсмий түрде ескертиледи;
8⃣ Айдаўшылардың жәрийма баллары олар биринши мәрте қағыйдабузарлық ислеген ўақыттан баслап кейинги жыл усы күнге шекем 12 баллға жетпесе, жәрийма балларын есаплаў жаңадан басланады, яғный ҳәммеси өшип кетеди;
9⃣ Жәриймa баллары 12 баллдан асқан жағдайда айдаўшылардың ҳүжжетлери ҳәкимшилик жаза қолланыў ушын судларға жибериледи ҳәм бул ҳаққында оларға "SMS" хабар арқалы мәлим етиледи (12 баллдан асқанда, жеткенде емес);
🔟 Жәрийма балларынан наразы болсаңыз ДЙҲХХниң тийисли бөлимлерине, олардың қарарынан наразы болсаңыз жоқары турыўшы органларға (прокуратура) ямаса судқа шағым етиўиңиз мүмкин. Егер утып шықсаңыз жәрийма баллары бийкар етиледи.
Дерек: Нызамшылық

Rasmiy ish joyingiz yo‘qmi?
Hamkorbank oylik ish haqiga ega bo'lmagan ya'ni o‘zini-o‘zi band qilgan fuqarolarga ko‘maklashadi! Mikrokredit Plus krediti bilan rejalaringizni amalga oshiring.
💸 Miqdori — 300 mln so‘mgacha;
📆 Muddati — 5 yilgacha;
📉 Foiz stavkasi — yillik 28% dan boshlab;
🔐 Garov ta’minot uchun quyidagilardan biri talab etiladi:
- transport vositasi;
- turar yoki noturar joy.
📲 Sizga eng yaqin Hamkorbank ofisiga murojaat qiling va tezkor moliyaviy ko’makka ega bo’ling!
🌐 Batafsil: hamkorbank.uz
📞 Savollaringiz bormi? Biz bilan bog'laning:
+998913071740 (Tadjiyev Ajiniyaz)
+998976547557 (Azizbek)
+998977871146 (Shoxrux)
+998906508005 (Ajiniyaz)
📱Instagram | 📱Facebook | 📺 YouTube | 🕊Bot
Реклама

❓Кондиционерден қалай қәўипсиз пайдаланыў мүмкин?
Үй шараятында кондиционер салқынлығы балаларға, олардың дем алыў орнына туўрыдан-туўры бағдарланбаған болыўы керек.
Буннан тысқары температураны бирден емес, избе-изликте түсирип, 22-25 дәрежеде қойылыўы, ығаллық болса 40-60% әтирапында болыўы керек.
Кондиционер болып, бирақ хананы ығалландырып турыўшы үскенелер болмаса оның орнына ыдысларға суў қуўып қойыў ҳәм ханаларды ығал материал менен сыпырып турыў керек болады.
Жаздың ыссы күнлеринде кондиционерден зыянсыз, нәтийжели пайдаланыў бойынша жоқарыдағы видео арқалы толық таныссаңыз болады.

Интернетте қәўипсизлик күшейеди: жаңа нызам ҳаққында нелерди билиў керек?
Соңғы жыллары интернетте зыянлы контент: жалған хабар, нәшебентлик затлар ҳәм порнография рекламасы кескин артты. Мәселен, 2024-жылы наркотик затларға байланыслы коньтент 112 есеге, порнографиялық материаллар 5 есеге көбейген. Интернет үлкейген сайын, оның қәўип-қәтерлери де артып бармақта.
Соны есапқа алып, жаңа нызам жойбары ислеп шығылды. Оның тийкарғы мақсети - пайдаланыўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм интернетти қәўипсизлеў. Нызам платформалардан зыянлы коньтентти 24 саат ишинде өшириўди, аноним каналларды тәртипке салыўды ҳәм жалған мәлимлеме тарқатыўға қарсы илаж көриўди талап етеди.
Әпиўайы пайдаланыўшы ушын бул нени анлатады? Интернетте жеке мағлыўматларыңыз жақсырақ қорғалады. Жаслар ҳәм балалар зыянлы сайтлардан сақланады. Егер кимдур сиз ҳаққында жалған ямаса кемситиўши хабар тарқаца, оның үстинен нызамлы мүрәжат етиў имканияты пайда болады.
Тыныш ҳәм қәўипсиз интернет орталығы бәршемиз ушын зәрүр. Жаңа нызам әне усы мақсетте ислеп шығылған.

⚡️Алыс аймақтағы мектеплерде ислейтуғын оқытыўшыларға 50%ке шекем үстеме төленеди
Ҳүкиметтиң 2019-жыл 7-июндағы 471-санлы қарарына тийкар, алыс аймақларда жайласқан мектеплерде басқа аймақлардан келип ислейтуғын педагоглардың базалық тариф ставкаларына стажынан келип шығып төмендеги үстемелер төленеди:
➖6 айдан — 3 жылға шекемги стажы болған оқытыўшыларға 10%;
➖3 жылдан — 5 жылға шекемги стажы болған оқытыўшыларға 20%;
➖5 жылдан — 10 жылға шекемги стажы болған оқытыўшыларға 30%;
➖10 жылдан — 15 жылға шекемги стажы болған оқытыўшыларға 40%;
➖15 жылдан артық стажы болған оқытыўшыларға 50%.

Uzum Market va Uzum Tezkor’da faqat Uzum karta egalariga 30% gacha chegirmalar. Mahsulotlar va sevimli taomlaringiz uchun to‘lovni amalga oshirib, har bir buyurtmada tejang
Shoshiling, aksiya allaqachon boshlangan 🔥
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Майыплығы болған шахсларды жумысқа алған исбилерменлерге субсидия ажыратылады
️"Майыплығы болған шахслардың бәнтлигин тәмийинлеў системасын жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы президент пәрманы қабыл етилди.

✅ Пәрман менен тийкарғы мақсетлер етип төмендегилер белгиленди:
➖ Майыплығы болған шахслардың нәтийжели жумыс алып барыўы ушын арнаўлы хызметлер системасын енгизиў;
➖ Майыплығы болған жасларды заманагөй кәсиплерге оқытыў, олардың мийнет базарына кириўи ушын қосымша имканиятлар жаратыў;
➖ 2025-жылдың ақырына шекем 80 мың майыплығы болған шахстың турақлы бәнтлигин ҳәм мүнәсип дәрамат табыўын тәмийинлеў.
✅ 2025-жыл 1-июньнан баслап:
️➖ I ҳәм II топар майыплығы болған шахсларды жумысқа қабыл еткен исбилерменлик субектлерине 50 миллион сумға шекем субсидия ажыратылады;
➖ Субсидия сурдо аўдармашы, психолог ҳәм жолдаслық хызметин шөлкемлестириў қәрежетлерин қаплаў ушын ажыратылады;
➖ физикалық тәреплерге жолдаслық хызметин өзин-өзи бәнт еткен шахс сыпатында көрсетиўге рухсат бериледи.
➖ Сондай-ақ, "Бирден-бир миллий социаллық қорғаў" мәлимлеме системасында Мийнетке жарамлы майыплығы болған шахслардың электрон реестри жүргизиледи.
👉 @Karakalpak24
❗️Таўық гөшин турақлы жеў асқазан ракы ҳәм ерте өлимге алып келеди — изертлеў
Ҳәптесине 300 граммнан артық таўық гөшин жеў асқазан-ишек системасы ракы ҳәм ерте өлим қәўпин 27 процентке арттырады екен.
Илимпазлар буны 20 жыл даўамында 5000 адамда сынап көрди. Таўық гөшиниң қәўипсиз дозасы ҳәптесине 100 граммнан аз екенлиги мәлим болған.

Халық қабыллаўханаларының барлық хызметкерлери жумыстан босатылады
Халық қабыллаўханаларының барлық хызметкерлери бүгиннен баслап жумыстан босатылады ҳәм мәселени шеше алатуғын пидайы кадрлар менен толықтырылады. Бул ҳаққында бүгин, 16-июнь күни әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилиги, аймақларда жумыслардың барысы, халықты ойландырып атырған мәселелерге шешим табыў бойынша Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өткерилип атырған видеоселектор мәжилисинде мәлим етилди.
Мысал ушын, өткен жылы виртуал қабыллаўхана ҳәм халық қабыллаўханаларына жиберилген мүрәжатлардың 55 проценти унамлы шешилмеген. Мүрәжатлар шешилмегени ушын, социаллық тармақлар арқалы шығыўлар көбейген. Социаллық тармақлардағы ең көп мүрәжатлар ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм суд, ҳәкимликлер, билимлендириў, экология тараўларына туўра келеди. Мыңға шамалас мүрәжатларда Президенттиң жеке қабыллаўы соралған.
Системадағы кемшиликлер есапқа алынып, Халық қабыллаўханаларының барлық хызметкерлери бүгиннен баслап жумыстан босатылатуғыны ҳәм мәселени шеше алатуғын пидайы кадрлар менен толықтырылатуғыны атап өтилди.
Енди Халық қабыллаўханаларына ўәлаят ҳәм район ҳәкиминиң өзи басшылық ететуғыны белгиленди. Ҳәкимлер ҳәр күни жумысын усы жерде халықтың дәрти ҳәм тәшўишлерин тыңлаўдан баслайды.
Буның ушын ҳәкимлердиң ўәкилликлери кеңейтиледи. Мәселелерди шешиў ушын қосымша ресурс та бериледи.

"Халық қабыллаўханалары системасы да халықтың дәртин тыңлап, мәселелерди шешиў орнына мүрәжатларды мәмлекетлик шөлкемлерге бөлистириўши "диспетчер"ге айланып қалды," деди мәмлекет басшысы.
Мысал ушын, өткен жылы виртуал қабыллаўхана ҳәм халық қабыллаўханаларына жиберилген мүрәжатлардың 55 проценти унамлы шешилмеген. Мүрәжатлар шешилмегени ушын, социаллық тармақлар арқалы шығыўлар көбейген. Социаллық тармақлардағы ең көп мүрәжатлар ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм суд, ҳәкимликлер, билимлендириў, экология тараўларына туўра келеди. Мыңға шамалас мүрәжатларда Президенттиң жеке қабыллаўы соралған.
"Әсиресе, Ташкент қаласы ҳәм Бухарада лаўазымлы шахслар үстинен шағымлар көбейгенин ҳәкимлер қашан талықланған? Министрлер ҳәм ҳәкимлер мүрәжатларға шешим бермесе, адамлардың дәртин кимге айтсын? Ҳәр бир мүрәжат артында инсан тәғдири, оның дәрти ҳәм үмити турғанын умытпаўымыз керек!" деди Президент.
Системадағы кемшиликлер есапқа алынып, Халық қабыллаўханаларының барлық хызметкерлери бүгиннен баслап жумыстан босатылатуғыны ҳәм мәселени шеше алатуғын пидайы кадрлар менен толықтырылатуғыны атап өтилди.
Енди Халық қабыллаўханаларына ўәлаят ҳәм район ҳәкиминиң өзи басшылық ететуғыны белгиленди. Ҳәкимлер ҳәр күни жумысын усы жерде халықтың дәрти ҳәм тәшўишлерин тыңлаўдан баслайды.
"Ҳәкимлер бир нәрсени түсинип алсын, бүгин туўылған машқаланы кейинги күнге көшириўге жол қойылмайды. Мүрәжатты басқа уйымға жибермей соль жердиң өзинде шешеди," деди Президент.
Буның ушын ҳәкимлердиң ўәкилликлери кеңейтиледи. Мәселелерди шешиў ушын қосымша ресурс та бериледи.
👉 @Karakalpak24
❗️Аномал ыссы себепли поездлар тезлиги шекленеди
Өзбекстанда бақланып атырған кескин ыссы ҳаўа райы себепли жолаўшы поездларының тезлиги шекленеди. Бул ҳаққында "Өзтемиржолжолаўшы" АЖ баспасөз хызмети хабар берди.
Атап өтилиўинше, температураның көтерилиўи ақыбетинде жер үсти темир жолларының рельслери ҳәм олардың полат бөлеклеринде температура жүдә жоқары болатуғынын есапқа алып, жолаўшылар ҳәм поездлардың ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде поездлардың ҳәрекет тезлигине шеклеўлер орнатылады.
Қозғалыс тезлигине шеклеўлер орнатылған поездлар суўытыў системасының ислеў қуўатлылығы төменлейди. Сондай-ақ, тезлигине шеклеўлер орнатылған поездлар ҳәрекетлениў кестесинде көрсетилген ўақыттан кеш мәнзилге жетип барыўы мүмкин.
Еслетип өтемиз, алдынырақ усы жылдың 16-19-июнь күнлери Өзбекстан аймағына қубладан жүдә ыссы ҳаўа ағымлары кирип келиўи ҳәм айырым жерлерде ҳаўа температурасы 43-44 дәрежеге шекем көтерилиўи хабар берилген еди.

"Өзтемиржолжолаўшы" АЖ өз қарыйдарларынан аномал ыссылық себепли келип шығыўы мүмкин болған қолайсызлықлар ушын кеширим сорайды," делинеди хабарда.
Еслетип өтемиз, алдынырақ усы жылдың 16-19-июнь күнлери Өзбекстан аймағына қубладан жүдә ыссы ҳаўа ағымлары кирип келиўи ҳәм айырым жерлерде ҳаўа температурасы 43-44 дәрежеге шекем көтерилиўи хабар берилген еди.
👉 @Karakalpak24
❗️🧢 ️️Көшеге баскийимсиз шықпаң, ыссыда бул қәўипли!
Ҳаўа райы қәнигелери күндиз бас кийимсиз жүриў жүдә қәўипли екенлигин айтты. Ҳәзир Өзбекстанда ултрафиолет индекси жүдә жоқары дәрежеде.
Көшеде бас кийимсиз узақ ўақыт қалыў үлкен қәўип туўдырады, соның ушын көшеге шығыўдан алдын кепка кийиўди умытпаң.

Өзбекстанда жынысты өзгертиўге рухсат берилди ме?
Социаллық тармақларда "жынысын өзгертиўге рухсат берилди...," "енди ким жынысын өзгертсе, ол фамилия, ат ҳәм әке атын да өзгертиўи мүмкин..." мазмунындағы хабарлар тарқалмақта.
Бунда фамилия, ат ҳәм әке атын өзгертиў мәселеси бойынша төмендегилер мәлим етиледи.
Нызамшылыққа муўапық баланың туўылыўын дизимге алыў ўақтында оның жынысына байланыслы мағлыўматлар медицина мәкемеси тәрепинен берилетуғын медициналық гүўалық тийкарында жазылады.
Бирақ ҳәр жылы орташа 5-6 бала жынысы белгисиз жағдайда туўылыў жағдайы ушырасып турады, бунда дәслепки тексериўлер баланың жынысын "ул" ямаса "қыз" деп көрсеце де, кейин ала бала 5-10 жас, айырым жағдайларда болса 10-16 жастан асқанда баланың жынысы "ул" емес "қыз" екенлиги ямаса керисинше "қыз" емес "ул" екенлиги анықланбақта.
Усындай жағдайларда медицина мәкемесиниң жуўмағы менен жынысқа байланыслы мағлыўматларға дүзетиў киргизиледи.
Мағлыўмат ушын: бундай жағдайларда жынысын дүзетиў мүмкин екенлиги Шаңарақ кодексиниң 229-статьясында белгиленген болып, бул ҳуқықый нормальар жаңадан енгизилмеген, керисинше 1998-жыл 1-сентябрьден әмелде болып есапланады.
Бул бағдарда нызамшылық ҳүжжетлеринде айырым ҳуқықый бослықлар болған.
Мысал ретинде, 2008-жылы туўылған баланың жынсын анықлаў имканияты болмастан "ул бала" деп жазылған ҳәм ул баланың аты қойылған. Кейин ала бала 16 жасқа толғанында медициналық тексериўлерде оның жынысы "қыз" екени анықланып, медицина мәкемесиниң жуўмағына тийкарланып жынысына байланыслы мағлыўматларға дүзетиў киргизилген. Бирақ усы жуўмақ тийкарында оның фамилиясы, аты ҳәм әкесиниң атын қыз балаларға сәйкес түрде өзгертиў имканияты болмаған.
Бул ҳуқықый бослықларды сапластырыў мақсетинде Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 12-июньдағы 362-санлы қарары қабыл етилип, медицина мәкемесиниң жуўмағына тийкарланып жынысына байланыслы мағлыўматлар дүзетилгенде баланың фамилиясы, аты ҳәм әкесиниң атын жынысына сәйкес түрде өзгертиўи белгиленди.
👉 @Karakalpak24
Социаллық тармақларда "жынысын өзгертиўге рухсат берилди...," "енди ким жынысын өзгертсе, ол фамилия, ат ҳәм әке атын да өзгертиўи мүмкин..." мазмунындағы хабарлар тарқалмақта.
Бунда фамилия, ат ҳәм әке атын өзгертиў мәселеси бойынша төмендегилер мәлим етиледи.
Нызамшылыққа муўапық баланың туўылыўын дизимге алыў ўақтында оның жынысына байланыслы мағлыўматлар медицина мәкемеси тәрепинен берилетуғын медициналық гүўалық тийкарында жазылады.
Бирақ ҳәр жылы орташа 5-6 бала жынысы белгисиз жағдайда туўылыў жағдайы ушырасып турады, бунда дәслепки тексериўлер баланың жынысын "ул" ямаса "қыз" деп көрсеце де, кейин ала бала 5-10 жас, айырым жағдайларда болса 10-16 жастан асқанда баланың жынысы "ул" емес "қыз" екенлиги ямаса керисинше "қыз" емес "ул" екенлиги анықланбақта.
Усындай жағдайларда медицина мәкемесиниң жуўмағы менен жынысқа байланыслы мағлыўматларға дүзетиў киргизиледи.
Мағлыўмат ушын: бундай жағдайларда жынысын дүзетиў мүмкин екенлиги Шаңарақ кодексиниң 229-статьясында белгиленген болып, бул ҳуқықый нормальар жаңадан енгизилмеген, керисинше 1998-жыл 1-сентябрьден әмелде болып есапланады.
Бул бағдарда нызамшылық ҳүжжетлеринде айырым ҳуқықый бослықлар болған.
Мысал ретинде, 2008-жылы туўылған баланың жынсын анықлаў имканияты болмастан "ул бала" деп жазылған ҳәм ул баланың аты қойылған. Кейин ала бала 16 жасқа толғанында медициналық тексериўлерде оның жынысы "қыз" екени анықланып, медицина мәкемесиниң жуўмағына тийкарланып жынысына байланыслы мағлыўматларға дүзетиў киргизилген. Бирақ усы жуўмақ тийкарында оның фамилиясы, аты ҳәм әкесиниң атын қыз балаларға сәйкес түрде өзгертиў имканияты болмаған.
Бул ҳуқықый бослықларды сапластырыў мақсетинде Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 12-июньдағы 362-санлы қарары қабыл етилип, медицина мәкемесиниң жуўмағына тийкарланып жынысына байланыслы мағлыўматлар дүзетилгенде баланың фамилиясы, аты ҳәм әкесиниң атын жынысына сәйкес түрде өзгертиўи белгиленди.
👉 @Karakalpak24
Rasmiy ish joyingiz yo‘qmi?
Hamkorbank oylik ish haqiga ega bo'lmagan ya'ni o‘zini-o‘zi band qilgan fuqarolarga ko‘maklashadi! Mikrokredit Plus krediti bilan rejalaringizni amalga oshiring.
💸 Miqdori — 300 mln so‘mgacha;
📆 Muddati — 5 yilgacha;
📉 Foiz stavkasi — yillik 28% dan boshlab;
🔐 Garov ta’minot uchun quyidagilardan biri talab etiladi:
- transport vositasi;
- turar yoki noturar joy.
📲 Sizga eng yaqin Hamkorbank ofisiga murojaat qiling va tezkor moliyaviy ko’makka ega bo’ling!
🌐 Batafsil: hamkorbank.uz
📞 Savollaringiz bormi? Biz bilan bog'laning:
+998913071740 (Tadjiyev Ajiniyaz)
+998976547557 (Azizbek)
+998977871146 (Shoxrux)
+998906508005 (Ajiniyaz)
📱Instagram | 📱Facebook | 📺 YouTube | 🕊Bot
Реклама
Hamkorbank oylik ish haqiga ega bo'lmagan ya'ni o‘zini-o‘zi band qilgan fuqarolarga ko‘maklashadi! Mikrokredit Plus krediti bilan rejalaringizni amalga oshiring.
💸 Miqdori — 300 mln so‘mgacha;
📆 Muddati — 5 yilgacha;
📉 Foiz stavkasi — yillik 28% dan boshlab;
🔐 Garov ta’minot uchun quyidagilardan biri talab etiladi:
- transport vositasi;
- turar yoki noturar joy.
📲 Sizga eng yaqin Hamkorbank ofisiga murojaat qiling va tezkor moliyaviy ko’makka ega bo’ling!
🌐 Batafsil: hamkorbank.uz
📞 Savollaringiz bormi? Biz bilan bog'laning:
+998913071740 (Tadjiyev Ajiniyaz)
+998976547557 (Azizbek)
+998977871146 (Shoxrux)
+998906508005 (Ajiniyaz)
📱Instagram | 📱Facebook | 📺 YouTube | 🕊Bot
Реклама
Мектеплерде 1-классқа қабыллаў 20-июньнан басланады
Ата-аналар сол сәнеден баслап my.maktab.uz электрон платформасы арқалы дизимнен өтип, арза тапсырыўы мүмкин.
Балалар 7 жасқа толатуғын жылда мектепке қабыл етиледи.

❗️Абайлы болың! Алдаўшылықтың жаңа түри: ′Тойға мирәтнама"
️Жақынларыңызды ескертин: Алдаўшылар Телеграмда жаңа алдаўшылық схемасын ойлап тапты.
Белгисиз аккаунттан сизге хабар келеди, Сизге жақын адамыңыз атынан "ТОЙҒА МИРӘТНАМА" деп файл жибереди. Егер сиз ол файлды ашсаңыз, телеграммаңызға авторизция ушын номер ҳәм кириў кодын киргизиў соралады. Бул жумыстан соң автоматикалық түрде алдаўшылар пулларыңызды шешип алады ҳәм барлық контактларыңызға тап усы файлды жибереди.

❗️Қарақалпақстанның айырым аймақларында шегирткелер көбейгени айтылмақта
Соңғы күнлерде Төрткүл ҳәм қоңсы аймақларда көбейген шегирткелер букир шегиртке болып, ол тек ғана сексеўил менен азықланады ҳәм аўыл хожалығы егинлерине зыян жеткермейди.
Соған қарамастар, республика бойынша бул шегирткелерге қарсы арнаўлы химиялық илажлар көрилмекте. Бүгинги күнге келип, барлық аймақларда 11 арнаўлы отряд шөлкемлестирилген, ҳәр бир жағдай қадағалаўға алынған.
Пуқаралар шегиртке бойынша арнаўлы штабқа мүрәжат етиўи мүмкин. Барлық илажлар бийпул. Қәнигелер тәрепинен жумыслар жедел ҳәм исеним менен даўам еттирилмекте.
Республикалық штаб номери:
(61) 229-54-92