Telegram Web Link
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Super #Tezkor

"OMAD SHOU" tele-musobaqasining 332-sonidan mahsus lavha‼️

"OMAD SHOU" tele-musobaqasi endilikda 2 haftada 1 marta bo'ladi‼️

Koʻplab mijozlarimizning fikr mulohazalarini inobatga olgan holda endi ishtirokchilarimiz soni 6 dona qilib belgilandi‼️

Endi barabanda 3 quti yoʻlagi boʻladi va bu qutilar ichida koʻplab avtomobillarni yutib olishingiz mimkin

Jesco va Else tea mahsulotlaridan har kuni 1 donadan harid qilib 5400 qisqa raqamiga 2 dona bo'lsa ham kod yuborib koʻplab avtomabillar yutib olishingiz mumkinligini unutmang‼️

Chunki 2 dona promo kod yuborib ham Random dasturi orqali g'olib aniqlaganda "OMAD SHOU"da ishtirokchi aylanishingiz mumkin‼️

Omad shou rasmiy ilovasi‼️👇
Android uchun

Реклама
❗️Өзиниң ийелигинде болмаған үй-жайларды меншиклестириўдиң тек қана еки жолы бар

Пуқаралық кодексиниң 187-статьясына тийкарланып,

мүлк ийеси болмаган, бирақ көшпес мүлкке он бес жыл даўамында яки басқа мүлкке бес жил даўамында өзиники сыяқлы ҳадал, ашық ҳәм үзликсиз ийелик еткен шахс бул мүлкке мүлк ҳуқықын алады.

Көшпес ҳәм басқа мүлкке мәмлекетлик дизимнен өткерилиўи шәрт болған мүлк ҳуқықы усы мүлкке ийелик етиў ҳуқықын жүзеге келтириўши мүддет себепли алған шахста әне сондай дизимнен өткерилген ўақыттан баслап жүзеге келеди.

Ким не дегенинде де узақ жыллардан берли мүлк ҳуқықы болмаған жер участкаларын меншиклестириўдиң тек еки жолы бар! Бириншиси жоқарыдағы 187-статьяда келтирилген норма болса, екиншиси ҳәмме билген ҳәм ҳәзирде әмелдеги "Өзбасымшалық пенен иелеп алынған жер участкаларына және оларда қурылған имаратлар менен обектлерге болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында"ғы 937-санлы Нызам нормасы. Бул екинши норманы халық тилинде көпшилик "акция" деп те атайды. Усы еки норма талабынан басқаша формада айтарлықтай ҳүжжети болмаған мүлклерди меншиклестириўдиң әмелде имканияты жоқ.

👉 @Karakalpak24
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Konsta — Nukusda, chiptalar — payme tickets'da

Tez orada, 21 iyun kuni Nukusda Konsta‘ning konserti bo‘lib o‘tadi.

Uning istagi — ko‘pchilik gapirishdan tiyiladigan mavzular haqida kuylash. Siz ham bu payt uning yonida bo’ling, shunda haqiqat ovozi yanada balandroq yangraydi.

Nukus. Yoz oqshomi. Samimiy musiqa!

Manzil: Amfiteatr.
Vaqt: 19.00.

Chiptalarni payme tickets’da xarid qiling 🎟

Реклама
Транспорт басқарыўшысы қай жерде қандай тезлик пенен ҳәрекетлениўи керек?

Нызамшылыққа бола, транспорт қураллары тезлигин:

халық пунктлеринде саатына 70 километрден;

мектеп ҳəм мектепее шекемги билимлендириў шөлкемлери əтирапындағы жолларда 300 метрге шекемги аралықта саатына 30 километрден;

турақ-жай массивлери ҳəм турақ-жай имаратлары арасындағы жер участкасында саатына 20 километрден;

Нөкис ҳəм Ташкент қалаларында, ўәлаятлар ҳəм районлардың орайларында, сондай-ақ, қала аймақларында транспорт қуралларының тезлигин саатына 60 километрден көтермей ҳəрекетлениўге рухсат етиледи.

👉 @Karakalpak24
❗️Шахстың абыройы ҳәм ар-намысын кемситиўши мағлыўматларды Интернетке тарқатқан пуқараға 136 млн сумға шекем жәрыйма салынады

Жынаят кодексиниң 140-статьясына көре, шахстың абыройы ҳәм ар-намысын қастан кемситиўши мағлыўматлар баспадан, ғалаба хабар қуралларында ямаса Интернетте тарқатылса, бул шахс жынайый жуўапкершиликке тартылып, оған төмендеги жазалардан бири қолланылады:

БЕМның 200 есесинен (68 млн сумнан) 400 есесине (136 млн сумға) шекемги муғдарда жәрийма;
240 сааттан 300 саатқа шекем мәжбүрий жәмийетлик жумыслар;
1 жылдан 2 жылға шекем тәртип дүзетиў жумыслары жазасы.


👉 @Karakalpak24
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қаңҳа ҳәм Даван мәмлекетлери ҳаққында еситкенсиз бе?

YouTube'тағы Жәйҳун каналы бул ҳаққында видео таярлапты!

Видеода сиз сырлы мәмлекетлердиң келип шығыўы, басқарыў системасы ҳәм мәдений мийрасы ҳаққында билип аласыз!

Төмендеги силтеме арқалы толық видеоны тамаша етиң!

https://youtu.be/icZ3wPp96KU?si=uHz7H-CULgOUMhWa
🚨 1-августтан баслап жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғанлық ушын жәриймалар муғдары артады

️2025-жыл 1-август сәнесинен баслап Базалық есаплаў муғдары (БЕМ) 412 000 сум етип белгиленди. Сол себепли жәриймалар муғдары да артады:

Ремени тақпаў – 206 000 сум;
Техник көриксиз, медициналық топламысыз ҳәрекетлениў – 206 000 сум;
Ҳүжжетсиз айдаў – 412 000 сум;
Қамсызландырыў ҳүжжетисиз транспорт басқарыў – 412 000 сум;
Қызыл шырақта өтиў – 824 000 сум;
Нызамсыз парковка – 824 000 сўм;
Мәмлекетлик номерсиз автотранспорт басқарыў – 1 854 000 сум;
Тезликти +20 км/сааттан асырыў – 412 000 сум;
Тезликти +20-40 км/сааттан асырыў – 1 854 000 сум;
Тезликти 40 км/сааттан артық асырыў – 3 378 400 сўм;
Қарама-қарсы жолда ҳәрекетлениў – 3 749 200 сўм;
Мәс ҳалда транспорт басқарыў – 9 377 000 сум + 3 жылға шекем айдаўшылық ҳуқықынан айырыў;
Рухсатсыз кузовқа рең бериў (плёнка) – 9 377 000 сўм.

❗️Еслетпе: Жәриймалар базалық есаплаў муғдарына байланыслы, 1-августтан баслап БЕМ 412 000 сўм болады.

Дерек: Нызамшылық

👉 @Karakalpak24
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Uzum Marketda artikullarni qarshi oling 🔥

Bu nima va nima uchun kerak? Artikul — harf va raqamlardan iborat maxsus kombinatsiya bo‘lib, u orqali kerakli tovarni tez topishingiz mumkin.

Ularni qayerdan topish mumkin va qanday foydalaniladi? Qulaylik uchun Uzum Market o‘zining ijtimoiy tarmoqlarida zo‘r tovarlarning artikullarini ulashadi. Foydali tovarlarni boy bermaslik uchun postlarimizni kuzatib boring.

Masalan, UM1033663 artikulini nusxalab oling, Uzum Market ilovasini oching, qidiruv oynasiga shu artikulni kiriting va "Qidirish" tugmasini bosing. Tayyor!

➡️ Xaridlarga ⬅️

Uzum Market Telegram-kanaliga obuna bo‘ling.

Реклама
Россияда мигрантларға байланыслы жаңа талап енгизиўди усыныс етилмекте

Россия Мәмлекетлик думасында мигрантларды медициналық қамсызландырыўы болмаған жағдайда мәмлекеттен депортциялаўды нәзерде тутыўшы нызам жойбары усыныс етилди.

Оған бола, егер сырт ел пуқаралары ямаса мигрантлар медициналық қамсызландырыўға ийе болмаса, оларды мәмлекеттен шығарып жибериў илажы қолланылыўы мүмкин.

Жойбар додалаўлары еле даўам етпекте. Нызам қабыл етилсе, Россиядағы мигрантлар медициналық қамсызландырыўды рәсмийлестириўге мәжбүр болады.

👉 @Karakalpak24
UzAuto Motors май айында контрактация ашылған ўақтында шәртнама алынып, төлеми өз ўақтында төленбеген
"Malibu" автомобилин және сатыўға шығарған.

👉 @Karakalpak24
Трамп Иранға жуўмақлаўшы ултиматум қойды

АҚШ президенти Доналд Трамп Иранға жуўмақлаўшы ултиматум қойды ҳәм оның ядро обектлерине соққы бериўге рухсат берди.

Трамптың тийкарғы баянатлары:

▪️Иран аспаны пүткиллей Америка қадағалаўы астында, мәмлекеттиң өзи болса ҳаўа ҳүжиминен "қорғаўсыз" қалды;

▪️"Сөзсиз капитуляция" талабының мәниси әпиўайы - Теҳран тәслим болыўы керек;

▪️Иран менен сөйлесиўлер перспективалары ҳаққында: еле де кеш емес, еле ҳеш нәрсе питпеген ҳәм көп жаман нәрселер жүз бериўи мүмкин;

▪️"Еле ҳеш нәрсе уттық деп айта алмайман, бирақ биз прогресске еристик. Келеси ҳәптеде, итимал оннан бурынырақ "үлкен ислер болады."

▪️Путинниң Жақын Шығыстағы сөйлесиўлерде дәлдалшылық етиў усынысы ҳаққында: "Мен бул усынысты кейинге қалдырдым"

👉 @Karakalpak24
❗️Сымсыз наушниклер инсан ушын зыянлы

Сымсыз наушниклерде Bluetooth электромагнит толқынларын мийге жүдә жақын тарқатады, бул болса қәўипли, деп жазбақта «Mk.ru».

Плеханов атындағы РИУ информатика кафедрасының доценти Александр Тимофеев бул нурланыўды микротолқынларға теңлестирди. Инсан саламатлығына бул тек ғана зыян келтиреди.
«Нерв системасының белсендилиги де электромагнит токларына ийе, тәбияттағы магнит тербелислеринен қыйналыўшылар саны болса күн сайын өсип атыр», -деди қәниге.

Ол әсиресе «оригинал наушниклер»диң қәлбекилеринен абайлы болыўға  шақырды.

👉 @Karakalpak24
❗️Қарақалпақстанда муғаллимлерди мәмлекетлик аттестациядан өткериў ушын пара алған шахслар усланды

Нөкис қаласындағы улыўма билим бериў мектебиниң оқытыўшысы усы мектеп директорының орынбасарының тапсырмасына тийкарланып, кәсиплик сертификат алыў бойынша сынақларынан өткерип бериў есесине Шымбай районында ислейтуғын кәсиплесинен 1000 АҚШ долларын алған ўақтында МҚХ ҳәм ЖҚХД хызметкерлери тәрепинен айғақлы дәлиллер менен усланды.

Тергеўге шекемги тексериў даўамында, директор орынбасары 100 ден аслам оқытыўшыларды мәмлекетлик аттестациядан өткериў ушын ҳәр биринен 1000-1500 АҚШ доллары муғдарында пул алып, бул ҳаққында өзиниң жеке блокнотлары ҳәм қағазларында жазып келгенлиги мәлим болды.

Сондай-ақ, бул нызамсыз иске Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң Педагоглардың билимин ҳәм маманлығын баҳалаўды шөлкемлестириў секторының бас методисти де байланыслы екенлиги анықланып, ол муғаллимлерден мәмлекетлик аттестациядан өткериўге жәрдем бериў есесине жыйналған 10450 АҚШ долларын ықтыярлы түрде тапсырды.

Соның менен бирге, оқытыўшыларды жеке тексериўден өткерместен, тест процесине мобил байланыс қураллары менен кириўине шараят жаратып берген Миллий гвардия хызметкериниң де өз ўазыйпасына суўық қанлылық пенен қатнас жасағаны мәлим болды.

Анықланыўынша, олар пара сыпатында алынған пулларды өз-ара бөлискен.

Жағдай бойынша бул шахсларға Жынаят кодексиниң 210-статьясы 2-бөлими "г" бәнти менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

👉 @Karakalpak24
Hamkor ilovasi orqali Humo yoki Visa kartasini rasmiylashtirib, quyidagi qulayliklarga ega bo'ling:

Bank kartalarini BEPUL rasmiylashtirish;
Xalqaro pul o‘tkazmalarini qabul qilish imkoniyati;
Visa direct xizmati orqali pul o'tkazmalari;
Visa kartalaridan bank ofislarida BEPUL naqd pul yechish;
Hamkorbank Visa kartalari o'rtasida P2P BEPUL;
Ilova orqali mablag'larni oson boshqarish;
24/7 qo'llab-quvvatlash xizmati.

Hamkorbank kartasining yana bir asosiy afzalliklaridan biri:
Hatto rasmiy daromadingiz bo'lmasa ham karta orqali pul aylanmalarini amalga oshirib, kredit olish imkoniyatiga ega bo'lasiz.

BARCHA BANK PLASTIK KARTALARIDAN 30 MLN DAN YUQORI SUMMALARNI 0.5 % DAN NAQDLASHTIRIB BERADI

📥 Hamkor ilovasini hoziroq yuklab oling va bank kartalariga buyurtma bering: havola

📞 Savollaringiz bormi? Biz bilan bog'laning:
+998913071740 (Tadjiyev Ajiniyaz)
+998976547557 (Azizbek)
+998977871146 (Shoxrux)
+998906508005 (Ajiniyaz)

📱Instagram | 📱Facebook | 📺 YouTube | 🕊Bot

Реклама
❗️2294 бос жумыс орнына таңлаў жәрияланды

Қоңырат районы аймағында самал электр станциясын қурыў жойбары бойынша бар болған бос жумыс орынлары көргизбеси өткерилиўи режелестирилген.

Онда «ACWA Power» жойбары шеңберинде бас кесип алып ислеўши «HDEC» компаниясы Қарақалпақстан Республикасында самал электр станцияларын қурыў ҳәм иске түсириў жойбары шеңберинде жергиликли пуқараларды төмендеги жумыс орынлары бойынша бирге ислесиўге шақырады:

Жәми жумыс орынлары 2294

1. Врач 8 орын (инглис тилин билиў ҳәмде стаж талап етиледи);
2. Мийирбийке 16 (инглис тилин билиў ҳәмде стаж талап етиледи);
3. Инженер электрик 20;
4. Инженер қурылысшы 30;
5. Администратор 40(инглис тилин билиў ҳәмде стаж талап етиледи);
6. Аўдармашы 50;
7. Тазалаўшылар (уборщики) 50;
8. Асхана хызметкери (рабочий кухни) 50;
9. Жәмийетшилик пенен байланыс бойынша қәниге 50;
10. Қәӯипсизлик ҳәм қоршаған орталықты қорғаӯ бойынша инженер 80;
11. Қараӯыллар (охранники)100 (инглис тилин билиў ҳәмде стаж талап етиледи);
12. Механизаторлар, айдаӯшылар, арнаўлы техника операторлары 200;
13. Автомобиль айдаўшылары 300;
14. Ҳәр қыйлы бағдардағы исшилер (рабочие разных специальностей) 1300 орын.


Еслетпе! Айырым маманлықлар бойынша жумыс стажы, тил билиў дәрежеси менен байланыслы арнаўлы талаплар бар.

Егер сиз жаңа жумыс орынларына жайласыўды ҳәм бул бойынша толығырақ мағлыўмат алыўды қәлесеңиз усы жылдың 21-июнь күни саат 09:00 де шахсыңызды тастыйықлаўшы ҳүжжетлериңиз бенен келип, хабарласыўыңызды сораймыз.

Мәнзил: Нөкис қаласы, И.Каримов көшеси, номерсиз жай, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы имараты (бағдар: Министрлер Кеңеси имараты жанында)

Локация

👉 @Karakalpak24
🚨 1-августтан баслап жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғанлық ушын жәриймалар муғдары артады

️2025-жыл 1-август сәнесинен баслап Базалық есаплаў муғдары (БЕМ) 412 000 сум етип белгиленди. Сол себепли жәриймалар муғдары да артады:

Ремени тақпаў – 206 000 сум;
Техник көриксиз, медициналық топламысыз ҳәрекетлениў – 206 000 сум;
Ҳүжжетсиз айдаў – 412 000 сум;
Қамсызландырыў ҳүжжетисиз транспорт басқарыў – 412 000 сум;
Қызыл шырақта өтиў – 824 000 сум;
Нызамсыз парковка – 824 000 сўм;
Мәмлекетлик номерсиз автотранспорт басқарыў – 1 854 000 сум;
Тезликти +20 км/сааттан асырыў – 412 000 сум;
Тезликти +20-40 км/сааттан асырыў – 1 854 000 сум;
Тезликти 40 км/сааттан артық асырыў – 3 378 400 сўм;
Қарама-қарсы жолда ҳәрекетлениў – 3 749 200 сўм;
Мәс ҳалда транспорт басқарыў – 9 377 000 сум + 3 жылға шекем айдаўшылық ҳуқықынан айырыў;
Рухсатсыз кузовқа рең бериў (плёнка) – 9 377 000 сўм.

❗️Еслетпе: Жәриймалар базалық есаплаў муғдарына байланыслы, 1-августтан баслап БЕМ 412 000 сўм болады.

Дерек: Нызамшылық

👉 @Karakalpak24
Доллар бир жыл алдынғы дәрежесине түсип бармақта

АҚШ долларының баҳасы сезилерли түрде төменлеўде даўам етеди. Бүгинги биржа саўдаларына бола, ертең де доллар дерлик 60 сумға арзанлайды ҳәм 2024-жылдың 31-июльинен берли биринши мәрте 12 500 сумлық қунға түседи.

Ертең доллар курсы 12 550 сум әтирапында болыўы күтилмекте. 31-июльде курс баҳасы 12 541 сум әтирапында еди.

👉 @Karakalpak24
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
❗️Путин Өзбекстанлы мигрантлар ҳаққында сөйледи.

👉 @Karakalpak24
2025/07/01 08:16:41
Back to Top
HTML Embed Code: