Telegram Web Link
Дүньяда биринши мәрте адамның еки қолы басқа адамға көширип өткерилди

Сүўреттеги ҳинд художниги аварияға ушырап, еки қолынан айырылады. Хирурглар оған қол көширип өткериўге қарар етеди.

Өлиминен соң донорлыққа ыразылық берген ҳаялдың қоллары усы сүўретши еркекке табыслы көшириледи.

Ҳиндистанда медицина қай дәрежеде раўажланғанын көрсетиўши факт..

👉 @Karakalpak24
❗️Штаты қысқарыўы себепли жумыстан босап атырған хызметкер еки айлық компенсациядан тысқары жумыс орнынан және бир орташа айлығын алыўы мүмкин

Мийнет кодексиниң 161-статьясына бола, жумыс бериўши хызметкерди штат қысқарыўы себепли жумыстан босатыў ҳуқықына ийе.

Хызметкердиң жумыстан босатылыўы ҳаққында жумыс бериўши оны кеминде еки ай алдын ескертеди.

💰Бунда жумыс бериўши усы еки айлық мүддетти күтип отырмастан хызметкерди сол күнниң өзинде жумыстан босатып, оған еки айлық орташа ис ҳақысын бериў ҳуқықына ийе.

☝️Кодекстиң 100-статьясына тийкар, хызметкер жумыстан босағаннан кейин 30 календарь күн ишинде бәнтликке көмеклесиў орайында жумыс излеўши ретинде дизимнен өтсе, ол пуқара алдынғы жумыс орнынан және бир орташа айлығын алыўға ҳақылы.

👉 @Karakalpak24
Ипотека кредитлери бойынша субсидияға арзалар қабыллаў 10-июльдан басланады

2025-жыл ушын белгиленген мақсетли көрсеткишлер шеңберинде ипотека кредитлери бойынша субсидия хабарнамаларының пайдаланылмаған бөлеги есабынан арзалар 2025-жыл 10-июль күни саат 09:00 ден баслап қабыл етиледи.

Субсидия алыў:

️Мәмлекетлик хызметлер орайларына тиккелей мүрәжат етиў арқалы;
электрон тәризде my.gov.uz порталы арқалы әмелге асырылады.

Арза бериўши ҳәм оның жақын туўысқанларының (бунда жақын туўысқанлар арзада көрсетилген жағдайларда) орташа дәрамат муғдары төмендеги шеклерде болыўы зәрүр:

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда 3,12 млн сумнан - 9,24 млн сумға шекем;
Ташкент қаласында 3,12 млн сумнан - 10,63 млн сумға шекем.

👉 @Karakalpak24
Магистратураға қабыллаў елеге шекем ашылмады

9-класс питкериўшилери ушын техникумларға қабыллаў даўам етпекте. Бүгинги күнге шекем 91 мың 594 арза келип түскен. Қабыллаў 20-июльге шекем (соль күни де) даўам етеди.

Академиялық лицейлерге де арза қабыллаў даўам етпекте. Бүгинги күнге шекем 41 мың 243 арза келип түскен. Қабыллаў 10-июльға шекем (соль күни де) даўам етеди.

👉 @Karakalpak24
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
❗️Фермерлерге үш есе көп салық салыныўы мүмкин

Биринши оқылыўда бир топар депутатлар жойбарға қарсы болды, бирақ ҳүжжет концептуаллық жақтан қабыл етилген.

👉 @Karakalpak24
❗️Дыққат, хабарландырыў

Нөкис каласы аймағында жайласқан Ерназар Алакөз көшеси менен Қ.Айымбетов көшеси кесиспесиндеги Д=500мм болған орайлық ишимлик суў тармағында реконструкция жумыслары алып барылыўына байланыслы 2025-жыл  4-июль күни азанғы саат 09:00 ден түнги саат 18:00 ге шекем ишимлик суў жеткерип бериў ўақтынша тоқтатылатуғынлығын мәлимлеймиз.

👉 @Karakalpak24
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
️"Басламалы бюджет"тиң 2-мәўсими 15-июльдан басланады

"Басламалы бюджет" процесслериниң 2025-жылғы 2-мәўсими 15-июльдан басланып, 31-август күни ақырына шекем даўам етеди.

Бунда:
1⃣ Жойбар киргизиў басқышы - 15-июль-3-август;
2⃣ Саралаў басқышы - 4-18-август;
3⃣ үгит-нәсиятлаў басқышы - 19-21-август;
4⃣ Даўыс бериў басқышы - 22-31-август күнлери өткериледи.

Жеңимпазлар 1-сентябрь–Ғәрезсизлик байрамы күни жәрияланады.

👉 @Karakalpak24
Ипотека кредитлери бойынша субсидияға арзалар қабыллаў 10-июльдан басланады

Субсидия алыў ушын төмендеги усыллардан бирин таңлаған ҳалда арза бериў мүмкин:

🔹 Мәмлекетлик хызметлер орайларына тиккелей мүрәжат етиў арқалы;

🔹 Електрон тәризде my.gov.uz порталында усы силтеме арқалы.

👉 @Karakalpak24
🏡 Orzu qilgan uyingizga ega bo‘lish vaqti keldi!

Ipoteka — bu umrboqiy qarz emas, balki o‘z uyingizda baxtli va hotirjam hayot uchun katta imkoniyat.
Tashvishlaringizni сhetda qoldiring, biz barchasini oson va tez hal qilib beramiz!

Shartlar quyidagicha:
Foiz stavkasi — 17% dan boshlab birlamchi;
Foiz stavkasi — 22.5% dan boshlab ikkilamchi;
Boshlang'ich to‘lov — 15% dan boshlab;
Muddati — 20 yilgacha.

📍 Ariza berish uchun o'zingizga yaqin bo'lgan bank ofislarimizdan biriga murojaat qiling!

Ipoteka krediti orqali birlamchi va ikkilamchi bozordan nafaqat uy-joy sotib olishingiz, shuningdek, uy-joyni ta'mirlash uchun ham ipoteka kreditlarini olishingiz mumkin.

🌐 Batafsil: hamkorbank.uz
📞 Savollaringiz bormi? Biz bilan bog'laning:
+998913071740 (Tadjiyev Ajiniyaz)
+998976547557 (Azizbek)
+998977871146 (Shoxrux)
+998906508005 (Ajiniyaz)

📱Instagram | 📱Facebook | 📺 YouTube | 🕊Bot

Реклама
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Нөкистен Ақтаў қаласына  турақлы авиақатнаўлар жолға қойылмақта

Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасына тийкар Қарақалпақстанның туризм потенциалын еле де арттырыў, халқымызға авиа хызмет көрсетиў сапасын еле де жақсылаў мақсетинде CENTRUM AIR авиакомпаниясы тәрепинен «Нөкис – Ақтаў – Нөкис» авиақатнаўы жолға қойылды.  

Авиакомпанияға тийисли ҳаўа кемесиниң дәслепки рейси «Ақтаў-Нөкис» жөнелиси бойынша өз пәрўазын әмелге асырыў ушын Нөкис аэропортына келип қонды. Яғный, пәрўазлар 3-июль күнинен баслап әмелге асырыла баслады.

👉 @Karakalpak24
Өзбасымшалық пенен қурылған жайды легалластырыў мүмкин

2024-жыл 5-августта қабыл етилген нызамға (ӨРН-937) муўапық, егер сиз жерди ямаса ондағы имаратты ҳүжжециз қурып алған болсаңыз, енди оны легалластырыў имканияты бар.

Бир мәртелик төлем муғдары төмендегише белгиленген (төлемлер 1-августтағы БЕМ баҳасы бойынша):

Ташкент қаласында - 5 БЕМ (1 БЕМ = 412 000 сум, демек 2 060 000 сум)

Нөкис ҳәм ўәлаят орайларында - 3 БЕМ (1 236 000 сум)

Ўәлаятларға қараслы басқа қалаларда - 2 БЕМ (824 000 сум)

Аўыллық ҳәм басқа да елатлы пунктлерде - 1 БЕМ (412 000 сум)
Басқа жағдайларда - аукциондағы орташа баҳа тийкарында.

Жеңилликлер де бар:
▪️1 ҳәм 2-топар майыплары төлемнен азат етиледи.
▪️Алдынғы "амнистия" ўақтында жер ҳақысын төлегенлер - төлемнен азат етиледи.
▪️Социаллық қорғаў реестриндеги шахслар - 50% шегирме алады.

👉 @Karakalpak24
Кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханы бар абитуриентлер ушын рухсатнамалар шықты

my.uzbmb.uz сайтындағы жеке кабинет арқалы жүклеп алыўыңыз мүмкин.

Әпиўайы жөнелислерге ҳүжжет тапсырған абитуриентлер ушын руқсатнамалар да таярланбақта.

Мағлыўмат ушын: Кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар республика бойынша 52 жоқары билимлендириў мәкемесинде өткериледи.

👉 @Karakalpak24
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Шембилик не? Мәжбүрий мийнет не?

Бул ҳаққында ролик арқалы мағлыўматқа ийе болың.

@Karakalpak24
Айлардың қарақалпақша атларын билесиз бе?

Дәлиў Январь
Ҳүт Февраль
Ҳамал Март
Сәўир Апрель
Жаўза Май
Саратан Июнь
Ҳәсет Июль
Сүмбиле Август
Мийзан Сентябрь
Ақырап Октябрь
Қаўыс Ноябрь
Жедди Декабрь

👉 @Karakalpak24
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Банкомат картаны жутып жиберсе не ислеў керек?

Банкомат картаны жутып жибергенде, карта ийесине қанша мүддетте ҳәм қандай тәртипте қайтарылыўы керек? Видеода усы ҳаққында сөз барады.

👉 @Karakalpak24
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Бозатаў ҳәм Қоңырат районларын байланыстырыўшы понтон көпири иске түсти

Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен Бозатаў районын ҳәм арқа районларды тиккелей Қоңырат районы менен байланыстырыўшы понтон көпирди орнатыў бойынша жумыслар басланған еди.

Қысқа ўақыт ишинде әмелий жумыслар алып барылып, «Аспантай» АПЖ «Порлытаў» елаты аймағынан өтип турған «Әмиўдарья» дәрьясына понтон көпири қурып берилип, пайдаланыўға тапсырылды. Усы тийкарда еки жағалық арасында туўрыдан-туўры байланыс орнатылды.

👉 @Karakalpak24
TBC Kredit — o‘zini o‘zi band qilganlarni tushunadigan yechim

O‘z biznesingizni yuritayotganingizda sizda qog‘ozbozlik va uzoq cho‘ziladigan jarayonlarga na ortiqcha vaqt, na ortiqcha resurs bo‘ladi. Sizga keraklisi — oddiy, tezkor va aniq yechim. TBC Kredit esa aynan shunday ishlaydi:

- hech qanday garov, kafillik yoki daromad haqida ma’lumotlarsiz;
- kredit bo‘yicha javob atigi 1 minutda;
- hammasi - ilovaning o‘zida, hech qayerga borish shart emas.

TBC UZ ilovasini yuklab oling, ariza topshiring va 1 minutda javob oling.

Реклама
Ипотека кредитлери бойынша субсидияға арзалар қабыллаў 10-июльдан басланады

2025-жыл ушын белгиленген мақсетли көрсеткишлер шеңберинде ипотека кредитлери бойынша субсидия хабарнамаларының пайдаланылмаған бөлеги есабынан арзалар 2025-жыл 10-июль күни саат 09:00 ден баслап қабыл етиледи.

Субсидия алыў:

️Мәмлекетлик хызметлер орайларына тиккелей мүрәжат етиў арқалы;
электрон тәризде my.gov.uz порталы арқалы әмелге асырылады.

Арза бериўши ҳәм оның жақын туўысқанларының (бунда жақын туўысқанлар арзада көрсетилген жағдайларда) орташа дәрамат муғдары төмендеги шеклерде болыўы зәрүр:

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда 3,12 млн сумнан - 9,24 млн сумға шекем;
Ташкент қаласында 3,12 млн сумнан - 10,63 млн сумға шекем.

👉 @Karakalpak24
️Президент пәрманына бола:

2025-жыл 1-сентябрьден:

улыўма орта билим бериў шөлкемлери директоры лаўазымының базалық тариф ставкасы 20 процентке;

улыўма орта билим бериў шөлкемлери директоры орынбасары лаўазымының базалық тариф ставкасы 15 процентке;

➖️ I ҳәм II топарға кириўши мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми директорлары лаўазымларының базалық тариф ставкалары тийислисинше III ҳәм IV топардағы улыўма орта билимлендириў шөлкеми директоры орынбасары лаўазымының базалық тариф ставкаларына теңлестириў арқалы арттырылады.

👉 @Karakalpak24
Рәсмий жумыс орны болмаған пуқараларға да кредит алыў имканияты ашылмақта

2025-жыл 23-июньнан баслап Өзбекстанда "Алтернатив скоринг" системасы енгизиледи.

Бул система арқалы рәсмий дәраматы жоқ пуқаралардың финанслық тәртиби төмендеги нормальар тийкарында баҳаланады:
▪️ ақырғы 12 айда банк карталары арқалы әмелге асырылған төлемлер;
▪️ коммунал хызметлер ушын төлемлер;
▪️ Мәжбүрий орынлаў бюросы мағлыўматлары.

️Банклер әне усы мағлыўматлар тийкарында кредит бериў ямаса бийкарлаў ҳаққында қарар қабыл етеди.

Яғный, рәсмий жумыс орнына ие болмаған, бирақ төлем тәртиби жақсы болған пуқаралар да енди кредит алыў имканиятына ие болады!

👉 @Karakalpak24
2025/07/06 05:19:40
Back to Top
HTML Embed Code: