️Президент пәрманына бола:

2025-жыл 1-сентябрьден:

улыўма орта билим бериў шөлкемлери директоры лаўазымының базалық тариф ставкасы 20 процентке;

улыўма орта билим бериў шөлкемлери директоры орынбасары лаўазымының базалық тариф ставкасы 15 процентке;

➖️ I ҳәм II топарға кириўши мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми директорлары лаўазымларының базалық тариф ставкалары тийислисинше III ҳәм IV топардағы улыўма орта билимлендириў шөлкеми директоры орынбасары лаўазымының базалық тариф ставкаларына теңлестириў арқалы арттырылады.

👉 @Karakalpak24
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
❗️Нөкис қаласында қағыйдабузарлықларды анықлаўшы камералар иске түсти!

Нөкис қаласының ең көп қатнаўлы орынларының бири – А. Досназаров ҳәм Шымбай гүзары көшелериниң кесилиспесинде жол қағыйдабузарлықларын анықлаўшы арнаўлы радарлар иске түсти.

👉 @Karakalpak24
Абитуриентлер саны соңғы 7 жылда ең төмен дәрежеге түсти

Абитуриентлердиң гендер қурамы төмендегише:
ер адамлар - 346 мың 299 адам;
ҳаяллар - 386 мың 112 адам.

Соңғы 7 жылдағы абитуриентлер санына нәзер тасласақ, 2025-жылда дизимнен өткенлер саны ең төмен көрсеткишти қурамақта:
▪️2019-жыл - 1 млн 66 мың 925 адам;
▪️2020-жыл - 1 млн 484 мың 85 адам;
▪️2021-жыл - 948 мың 211 адам;
▪️2022-жыл - 1 млн 214 мың 232 адам;
▪️2023-жыл - 1 млн 18 мың 7 адам;
▪️2024-жыл - 894 мың 279 адам;
▪️2025-жыл - 732 мың 411 адам.

👉 @Karakalpak24
🥵 CHILLA BOSHLANDI!
🔹 MEDIAPARK'dan siz va oilangiz uchun qulaylik!

😉 Sizlar uchun konditsionerlar hamda sovutkichlarga chegirmalar e'lon qildik! Faqatgina 30-iyungacha!

Masalan:
Artel MARVARID 12-talik Inverter konditsioneri — oyiga atigi 254 000 so‘mdan
Artel ECO FROST sovutkichi — oyiga 186 000 so‘mdan
12 talik Shivaki ELEGANT Inverter konditsioneri  — oyiga 261 000 so‘mdan, to‘g‘ri kelmoqda.

🔴 Undan tashqari do‘konlarimizda noutbuklarga 70% gacha, televizorlarga  50% gacha chegirmalar mavjud.

Va eng muhimi:
💳 Boshlang‘ich to‘lovsiz, penyasiz qulay muddatli to‘lov
🚛 O‘zbekiston bo‘ylab yetkazib berish — mutlaqo bepul!

😀😃😁😅🤣🥲
Savollaringiz uchun 👉 @MEDIAPARK_SUPPORT
TelegramInstagram | Do'konlarimiz

Реклама
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Мийнет дем алысы пулы қашан төлениўи керек?

Мийнет кодексиниң 233-статьясына тийкар Ҳәр жылғы мийнет дем алысы ўақты ушын ҳақы төлеў жәмәәт шәртнамасында, ишки ҳүжжетлерде ямаса мийнет шәртнамасында белгиленген мүддетлерде, бирақ дем алыс басланыўынан алдын ақырғы жумыс күнинен кешиктирмей әмелге асырылады.

Кешиксе компенсация төленеме?

Әлбетте төлениўи керек. Мийнет кодексиниң 333-статьясына тийкарланып Жумыс бериўши мийнет ҳақыны, дем алыс төлемлерин, мийнет шәртнамасы бийкар етилгендеги төлемлерди ҳәм (ямаса) хызметкерге төлениўи керек болған басқа да төлемлерди төлеў мүддетин бузған жағдайда, оларды төлеў мүддетинен кейинги күннен баслап ҳақыйқый есап-санақ етилген күнди өз ишине алған мүддетке шекем ҳәр бир кешиктирилген күн ушын Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң соль ўақытта әмелде болған қайта қаржыландырыў ставкасынан келип шыққан ҳалда процентлер (пуллы компенсация) менен бирге төлеўи шәрт.

👉 @Karakalpak24
2025-жыл 1-июльдан баслап:
▪️Жасқа байланыслы ең кем пенсия - 918 000 сум;
▪️Mайыплық пенсиясы (минимал) - 1 012 000 сум.

Балалар напақасы:
▪️3 жасқа шекем - 360 000 сум;
▪️3-18 жас - 275 000 сум;
▪️2-перзент ушын қосымша - 165 000 сум;
▪️3 ҳәм оннан кейинги - 110 000 сум;
▪️Материаллық жәрдем (айлық) - 420 000 сум;
❗️Басқа пенсия ҳәм напақалар - арнаўлы қосымшаға муўапық белгиленеди.

2025-жыл 1-августтан:
️Бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң ис ҳақысы ҳәм стипендиялар 10% ға асырылады.

1-августтан баслап:
▪️️Ең кем айлық мийнет ҳақы - 1 271 000 сум;
▪️Базалық есаплаў муғдары (БЕМ) - 412 000 сум.

👉 @Karakalpak24
AQUAVIT NUKUS - Суў фильтрлери

🏠🚰 Суў тармағының хлорлы суўын тазалайды!

🕳Жер кранның ашшы суўын душшы қылып береди!

🤝Баҳасы келисимли, төлемди бөлип төлеў имканияты бар!

⚠️Кепиллик мүддети 1 жыл!

📃 Сапа биринши орында

🛠 15 жыл сервис хызмети бар;

🚚Қала хәм районларға жеткерип орнатып бериў  бийпул.

☎️Толық мағлыўмат ушын:
+998913797981
+998991809045

Таза суў саламатлық гиреўи – ишкен суўыңыз таза болсын!

Реклама
☀️ Ыссы ҳаўада өзиңизди сақлаў ушын әҳмийетли усыныслар

"Өзгидромет" мағлыўматына бола, усы ҳәптеде Өзбекстан бойлап ҳаўаның температурасы 40-44°С қа шекем көтерилиўи мүмкин.

Бундай шараятта төмендегилерге әмел етиў усыныс етиледи:

10:00 ден 17:00 ге шекем қуяшта жүрмеў, сая-салқын жерде болыў;

Пахта гезлемесинен тигилген жеңил, жарық кийимлер ҳәм бас кийим кийиў;

Қуяштан сақлаўшы көзәйнек тағыў;

Күнине кеминде 3 литр суйықлық ишиў (бирақ муздай ишимликлерден сақланың);

Душ қабыллаў ямаса бет-қолды ығал гезлеме менен сыпырып турыў;

Газленген, алкоголь ҳәм энергетик ишимликлер, кофе ҳәм майлы тағамлардан сақланың;

Қуяшта аўыр физикалық мийнет пенен шуғылланбаң - бул жүрек ҳүрижине алып келиўи мүмкин.

👉 @Karakalpak24
Өзбекстанда кадастр паспортларын бериў мүддетлери узайтырылды


Жаңаланған тәртипке бола:

көп квартиралы турақ жайлардағы квартиралар ушын ─ 5 жумыс күнине шекем (алдын 3 жумыс күнине шекем еди);

жеке тәртиптеги турақ жай ушын ─ 8 жумыс күнине шекемги мүддетте таярланады (алдын 5 жумыс күнине шекем еди).

👉 @Karakalpak24
❗️ҚМУдың офис менеджери студенттиң “НБ”ларын жабыў ҳәм имтиханнан өткерип бериў ушын 2,5 млн сум алғанда қолға алыныпты
 

Департаменттиң Шоманай районлық бөлими, МҚХ ҚРБ ҳәм ҚР ИИМ тәрепинен өткерилген гезектеги оператив илаж даўамында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң офис менеджери А.Н. хызмет лаўазымынан пайдаланған ҳалда пуқара П.Қ.ның исенимине кирип, жоқары лаўазымдағы басшылар арқалы оны бир миллион сум есабынан бир ҳәпте даўамында оқыўға келмегени ушын, сондай-ақ, бир ярым миллион сум есабынан имтиханлардан өткерип бериўди ўәде етип, Нөкис қаласы Ш.Абдиров көшеси бойында жәми еки ярым миллион сум пулды алып атырған ўақтында айғақлы дәлиллер менен жынаят үстинде қолға алынды.

Жағдай бойынша А.Н.ға Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, ҳәзирги ўақытта дәслепки тергеў, сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

👉 @Karakalpak24
📌BIR KU’NDE VARIKOZDAN QUTILIN’

👉Eger sizin ayaqlarinizda qaqsaw, kok tamirlardin barligi, janede isiklerdin bar boliw jagdaylari ushrassa albette bul varikoz belgileri

👉Varikoz azabinan sharshadiniz ba? Flebolog  doktor menen tek gana 1 kun ishinde:

✔️awiriwlarsiz inovacion operaciya
✔️tez ham qawipsiz reabilitaciya
✔️qanigeli doktrlar qadagalawi

Bir gana ayaq ushin 5 mln sum. Al eger ekinshi ayaqtada varikoz bolsa - ekinshisi toliqlay biypul!
Bul Tashkentten kelgen flebologlar bahagalarina qaraganda 40 % arzan degeni

📲Hazirden biypul konsultaciyadan paydalanin  @flebolog_nukus

💊varikoz endi omirbaqiy mashqala emes

📞+998913037999
💬Telegram     📱Instagram     📱Facebook

Реклама
❗️Айлықтың ярымы кредитке кетип атыр ─ Орайлық банк халық қарыз төлей алмай қалыўынан қәўетер билдирди

2024-жылы Өзбекстан халқының улыўма қарыз жүги, яғный айлық дәраматына салыстырғанда кредит муғдары орташа 34 процентти қурады. Банктен қарыз алғанлардың көпшилиги айлығының ярымын кредит төлеўге жумсамақта.

Бул категориядағы адамлардың қарызлары улыўма кредитлердиң 40 процентине тең. Мәмлекетте машқалалы кредитлер үлесиниң артып барыўы аўыр финанслық қәўип сыпатында көрилмекте.

👉 @Karakalpak24
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
❗️Жәрийма баллары ҳаққында толық мағлыўмат берилди

12 жәрийма баллын жыйнаў аңсат емес - бул тек ғана қағыйдаларға қатаң әмел етпейтуғын, үзликсиз түрде қағыйдабузарлық ислейтуғын айдаўшыларға тән жағдай.

👉 @Karakalpak24
️1-июльден баслап паспорт ҳәм «права»ны алып жүриў шәрт емес

Усы жылдың 1-июль сәнесинен баслап шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжетлердиң my.gov.uz порталындағы электрон формасы рәсмий түрде тән алынады.

Банк, нотариус, аэропорт, вокзал сыяқлы орынларда қағаз көширмелери талап етилмейди – телефоныңыздағы рәсмий электрон нусқа жеткиликлии болады.

👉 @Karakalpak24
МҚХ тәрепинен 2 тонна 135 кг нәшебентлик қураллары өртеў жолы менен жоқ етилди

26-июнь - Халықаралық нәшебентликке қарсы гүресиў күни мүнәсибети менен Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳәм басқа да ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен конфискацияланған 2 тонна 135 кг 188 гр нәшебентлик қураллары өртеў жолы менен жоқ етилди.

Соннан:
- 99 кг 882 гр героин,
- 202 кг 555 гр опий,
- 415 кг 124 гр гашиш,
- 395 кг 739 гр марихуана,
- 613 кг 94 гр каннабис өсимлиги,
- 153 кг 15 гр көкнар масағы ҳәм сабаны,
- 57 кг 847 гр мефедрон,
- 29 кг 603 гр а-ПВП,
- 5 кг 750 гр спайц,
- 5 кг 544 г катинон ҳәм басқалар.

👉 @Karakalpak24
YouTube 16 жасқа шекемги өспиримлер ушын жаңа шеклеўлерди енгизбекте

️2024-жыл 22-июльдан баслап YouTube ғәрезсиз түрде жанлы эфир алып барыў ушын ең кем жас шегарасын 16 жасқа көтермекте.

13-15 жастағы жас өспиримлер енди тек ғана үлкен жастағы адамның жолдаслығында стрим қылыўы мүмкин.

Басқа жағдайда:
Жанлы чат, пикирлер ҳәм айырым функциялар олар ушын жабылады.
YouTube бул қарарды рәсмий түрде түсиндирмеген, бирақ бундай илаж жас пайдаланыўшыларды жеке мағлыўматлардың тарқалыўы, зыянлы чат сөйлесиўлери ҳәм басқа онлайн қәўиплерден қорғаў мақсетинде қабыл етилгени айтылмақта.

👉 @Karakalpak24
2025/06/27 03:28:41
Back to Top
HTML Embed Code: