Telegram Web Link
❗️"Сонғы қоңыраў"ға пул жыйнаў, сейилге шығыў қадаған етиледи — министр

Мектеплерде оқыў жуўмақланып, "Сонғы қоңыраў" өткерилиўине байланыслы ҚР Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министри Гүлистан Кожабаева ескертиў менен шықты.

2023-2024-оқыў жылында питкериўши оқыўшы жаслар ушын «Сонғы қоңыраў» қағылады. Усы мүнәсибет пенен, мектептиң қурылыс оңлаў жумыслары, мәмлекетлик имтиханлар,  мектепке, директорға, оның орынбасарларына, оқытыўшыларға саўға бериў ямаса пул жыйнаў қадаған етиледи.

Сондай-ақ, питкериўшилер ресторан, кафе, үйлерде, кеўил ашар орынларда ҳәр түрли илажларды шөлкемлестириў, суў ҳәўизлеринде шомылыў ҳәм жеңил автомашыналарда сейил етиў қадаған етиледи.

Мектеплерде жоқарыда атап өтилген жағдайлар анықланса, нызам шеңберинде жуўапкершиликке себеп болады.

Министрлик илажларға пул жыйнаў жағдайлары ушырасып атырған болса (61) 222-94-45 ИСЕНИМ ТЕЛЕФОН номерине қоңыраў етип яки @QRmshmbministrligi_bot'қа мүрәжат жоллаў мүмкинлигин мәлим етти.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
🚙 Cobalt'тың жаңа версиясы шығыўы күтилмекте, бирақ баҳалар мәлим емес

Тез арада Өзбекстанда Chevrolet Cobalt автомобилиниң жаңаланған версиясын ислеп шығарыў басланыўы күтилмекте. Рәсмий дерекке көре, UzAuto Motors 2025-жылдан бул модел ушын шәртнама бериўди баслайды.

Жаңаланған Cobalt'тың ишки салоны ҳәм сыртқы көриниси қандай болыўы, баҳасы, кейинги жылда да ҳәзирги Cobalt ушын шәртнама бериў даўам етиўи ямаса етпеўине анықлық киритилмеген.

2022-жылда да тармақларда жаңаланған Cobalt сүўретлери тарқалған еди.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Qoraqalpog'iston respublikasi kasb egalariga 🏦Biznesni rivojlantirish banki ajoyib imkoniyatni taqdim etadi.

"Mening biznesim" ilovasida ro'yxatdan o'ting – kasbingiz bo’yicha kunlik buyurtmalarni qabul qiling!

Agar siz biron bir sohada mutaxassis bo'lsangiz (duradgor, bog‘bon, santexnik, dizayner, quruvchi yoki boshqa kasbda) va o'zingiz uchun ishlasangiz, "Mening biznesim" aynan siz uchun.

Bu qanday ishlaydi?
1️⃣"Mening biznesim" ilovasini Playmarket yoki Appstore dan yuklab oling va ro‘yxatdan o‘ting
2️⃣Soliq ilovasida o‘z-o‘zini band qilgan shaxs sifatida ro‘yxatdan o‘ting
3️⃣"Mening biznesim" ilovasida kasbingizni tanlang va buyurtmalarni qabul qilishni boshlang

Nima uchun "Mening biznesim"
- Respublika bo‘ylab keng mijozlar bazasi.
- Foydalanish qulayligi.
- Xavfsizlik.

🔗 Vaqtni behuda sarflamang! Bugun “Mening biznesim”ga qo'shiling va buyurtmalar olish imkoniyatini yarating
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Халық қуяш панеллери ҳаққында еситкен бе?

Жоқарыдағы видеода пуқаралар арасында қуяш панеллерине байланыслы өткерилген сораўнама сәўлеленген.

Тилекке қарсы, көпшилик пуқара қуяш панеллери, ол беретуғын жеңилликлер бойынша толық түсиникке ийе емеслиги, еситпегени, ҳәттеки оны орнатыў ҳаққында ойлап та көрмегени ҳаққында пикирлер билдирген.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Ташкентте излеўге берилген автомашина Нөкистен табылды

Жынаят ислери бойынша Ташкент қаласы судының 2023-жыл, 26-май күнги орынлаў ҳүжжетине тийкар, қарыздар Ю.А.дан мәмлекет пайдасына 115,8 млрд. сум өндириў белгиленген.

Алып барылған орынлаў ҳәрекетлери даўамында, қарыздардың атында Cobalt маркалы автотранспорт қуралы бар екенлиги анықланды. Бул автомашина қарыздар жасап атырған мәнзилде жоқ болғанлығы себепли оған излеў жәрияланған.

Нәтийжеде усы жылдың 30-апрель күни өткерилген оператив-излеў илажларының биринде қарыздарға тийисли автомашина Нөкис қаласынан табылып, жәрийма майданшасына қойылған.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
🌧 Бүгин Бозатаўда бақланған күшли жаўын

Мәлим болыўынша, киятырған 5 күнликте Қарақалпақстанда дерлик ҳәр күни күшли жаўын-шашынлар болып өтеди.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Адамларды Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметине киритиўди ўәде етип жүрген алдаўшы усланды

Хожелиде жасаўшы, 1983-жылы туўылған К.Ж. алдаў жолы менен өзге шахсты МҚХ шөлкемлерине жумысқа киритип қойыў есесине 11 мың АҚШ доллары талап етеди. Бирақ соралған пулды Нөкис қаласында алған ўақтында уйым хызметкерлери тәрепинен усланды.

Анықланыўынша, ол алдын 4 пуқараны МҚХ шөлкемлерине жумысқа киритиўди ўәде етип, алдаўшылық жолы менен олардан жәми 65 мың АҚШ доллары алғанлығы да мәлим болды.

Ҳәзир оған ӨзР Жынаят Кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылған.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Алимент төлеўден қашып жүрген тақыятаслы әке 4 жылдан соң таўық фермадан табылды

Тақыятаслы қарыздар әке алимент пулларын төлеўден бас тартып жүргенлиги себепли оған 2020-жылдың 12-март күни излеў жәрияланған. Ол 4 жылдан аслам излеўден кейин Үргениш районындағы таўық фермада ислеп атырған ўақтында табылды. Оған 15 сутка ҳәкимшилик қамақ жазасы қолланылған.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
❗️Айдаўшыларға шыққан қарар 3 айда тастыйықланбаса бийкарланады

Нызамшылыққа бола, егер сизге қарар нусқасы тапсырылмаған болса, сизиң жумыс орныңыз яки мәмлекет орынлаўшысына қарар жиберилмеген болса бундай қарар орынланбайды.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
📸 Қорықханадағы айырым ҳайўанлардың сүўретлери жәрияланды

Судочье-Ақбеткей мәмлекетлик буйыртпа қорықханасы айырым қуслар ҳәм кийик көринислери сәўлеленген фотоларды усынды.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
📹 Абу-Дабиде қарақалпақша қосыққа ойынға түсилди

Социаллық тармақларда «Линда Дэнс» аты менен көпшиликке таныс болған хореограф, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист Лида Сейтмуратова Бирлескен Араб Әмирлиги пайтахты Абу-Даби қаласында қарақалпақша қосыққа ойынға түсти. Мәлим болыўынша, ойын Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист Индира Атағуллаева тәрепинен сахналастырылған.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
2024/05/16 20:16:02
Back to Top
HTML Embed Code: