Telegram Web Link
❗️Қоңыратта кредит қаржылары есабынан сатып алынған 85 бас нәсилли қарамалды сатып жиберип, 2,5 млрд сомды талан-тараж еткенлер усланды

Қоңырат районында «А.В.» ЖШЖның жуўапкер шахслары коммерциялық банк филиалынан ажыратылған кредит қаржылары тийкарында сатып алынған 85 бас нәсилли қарамалды сатып жиберип, 2,5 млрд сомды өзлестириў жолы менен талан-тараж еткенлиги, сондай-ақ, 787,4 млн сом салықларды төлеўден қастан бас тартып келгенлиги паш етилди.

Буннан тысқары, банктиң әмелият бөлими жуўапкер шахслары кредит тәмийнаты сыпатында гиреўге қойылған 3,5 млрд сомлық көшпес мүлкти тийкарсыз гиреўден шығарып жибергенлиги мәлим болған.

Бул жағдайлар бойынша Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
↗️↗️↗️↗️↗️

📊 1-майдан баслап электр энергиясынан қанша көп пайдалансаңыз, сонша көп пул төлейсиз

📄 Ҳүкимет қарары менен, 1-майдан баслап 1 кВт/саат электр энергиясының баҳасы 450 сом болады. Енди электрден көп пайдаланғанлар көп пул төлейди, аз пайдаланғанлар аз төлейди. Яғный:

👁 айына 200 кВт/саатқа шекем – 450 сом;
👁 айына 201 кВт/сааттан 1 000 кВт/саатқа шекем – 900 сом;
👁 айына 1 001 кВт/сааттан 5 000 кВт/саатқа шекем – 1 350 сом;
👁 айына 5 001 кВт/сааттан 10 000 кВт/саатқа шекем – 1 575 сом;
👁 айына 10 000 кВт/саат ҳәм оннан жоқарысына – 1 800 сом етип белгиленбекте.

💳 Сондай-ақ, 2024-2025-жыл жылытыў мәўсиминде (ноябрь–февраль айларында) социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақларға 270 мың сом муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем пуллары бериледи.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
"Админреформа": Министрликлер қысқарыўы басшылардың бюджет қаржыларын көп сарыплаўын кемейтпеди

Қарақалпақстанлы бағдарламашы Атабек Муртазаев телеграмм каналында жаңа материал жәриялады. Онда 2022-жыл жуўмағында министрлик, шөлкемлер ҳәм ондағы лаўазымлар қысқартылғанына қарамастан, олардың мәмлекет бюджетинен жылдан-жылға көп қаржы сарыплап атырғаны ҳаққында сөз барады.

Толық оқыў 👇
https://kruz.uz/uz/news/show/367

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Click’ga ovoz bering!

“Yil brendi 2023” mukofotining
1️⃣“Moliya”
2️⃣ “IT”
yo’nalishlarida Click g'alaba qozonishiga o'z hissangizni qo'shing!

@makon_brand_bot havolasi bo’yicha o’ting va Click’ni tanlang!

Sizning ovozingiz biz uchun muhim!
Қарақалпақстанлы Шарофиддин Болтабоев Азия чемпионатында қола медальды ийеледи

Илиас Илиадис басшылығындағы Өзбекстан сайланды командасы Гонконгтағы Азия чемпионатында шерек финалда түркменстанлы дзюдошыларды 4:1 есабында жеңип шыққан болса, ярым финал беллесиўлеринде Монғолия сайланды командасына 3:4 есабында жеңилип қалды.

Ал, қола медалы ушын болған беллесиўлерде болса, Өзбекстан сайланды командасы қубла кореялы палўанларды 4:1 есабында жеңип шығып, улыўма командалық есапта үшинши орынды ийелеўге миясар болды.

Соны айтып өтиў орынлы, сайланды команда қурамында қарақалпақстанлы Шарофиддин Болтабоев та қатнасып, команда жеңисине өзиниң салмақлы үлесин қосты.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Республикада қуяш панеллерин ислеп шығарыў биринши кәрхана Қарақалпақстанда иске түсти

Нөкис қаласындағы «Нөкис электроаппарат» қоспа кәрханасы жыллық қуўатлылығы 150 МВт болған қуяш панеллерин ислеп шығарыў бойынша жаңа жойбарын иске түсирди. Бул жерде 30 дан аслам адам жумыс алып барып атырған болып, кәрхана толық қуўатлылықта жумыс баслаўы менен 150 ге жақын пуқаралардың бәнтлиги тәмийинленеди.

Кәрханың жаңа жөнелис бойынша жумыс баслаўы ушын үскенелер Қытай мәмлекетинен алып келинген. Ҳәзирги ўақытта ислеп шығарыў Корея технологиясы тийкарында әмелге асырылмақта.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚠️ Социаллық тармақларда балаларды өзин өлтириўге шақыратуғын видео пайда болды

❗️Социаллық тармақларда (YouTube) «Үйде периште болыўды қәлейсиз бе? деген мазмундағы видео тарқалған. Бул видео баланы суицидке (өзин өзи өлтириўге) шақырады.

🛑 Онда балаға «периште»ге айланыў ушын көрсетпелер берилген. Яғный, балаға ҳәмме уйқылағанда асханаға барып газдың қулақларын толық ашып шырпыны жақпастан қайтадан орнына барып жатыў айтылады.

Балаңыз телефонда не көрип атырғанын қадағалап турың!

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

Дерек

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
#Тарқатың

Свет хәм газге алдын ала пул салғанларға 2 ай қымбатлаған тарифлер қолланылмайды

Ҳүкиметтиң қарары менен 1-майдан баслап свет ҳәм газ ушын төлемлер қымбатлайды.

Бирақ, Министрлер Кабинетиниң қарары менен тастыйықланған Электр энергиясы ҳәм Тәбийий газден пайдаланыў қағыйдаларына бола, пуқара өз қәлеўи менен 2 айдан көп болмаған мүддет ушын электр энергиясы ҳәм тәбийий газге пулын алдын ала төлеп қойыўы мүмкин.

❗️Бунда тариф өзгерген жағдайда қосымша пул өндирилмейди.

☝️Демек, пуқара 1-майға шекем 2 ай пайдаланатуғын свет хәм газы ушын пулды алдын ала төлеп қойса, усы 2 айдың пулы 1-майға шекемги, яғный хәзирги күнги тарифлер бойынша есапланады.

Мағлыўмат ушын. Ҳәзирги тарифлер электр энергиясы ушын 1 кВт/саат=295 сум, тәбийий газ ушын 1 куб метр=380 сум.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

Дерек

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Varikozdan qiynalib ketdingizmi?

Undan og'riqsiz, kesmalarsiz va kafolat bilan qutilmoqchimisiz?

Operatsiyadan keyin darhol o'z oyog'ingizda uyga, ishga, o'qishga yoki bozorga ketmoqchimisiz?

Unda Sizni 25 va 27-aprel kunlari Nukusdagi Grand Med Servis klinikasida kutamiz. 

Qabulga yozilish uchun: 99 511-98-88

TELEGRAM | INSTAGRAM | FASEBOOK
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
500 әскер ҳәм қутқарыўшылар Уралға өткизилди

Қазақстанның Урал қаласы Жайық дәрьясындағы суў критикалық шегара 8,5 метрден асып кеткен. Бул қәўипли шеги есапланады.

Аймақта қутқарыўшылар дәрья бойлап дамбаларды және де көтерип, қутқарыў жумысларын әмелге асырмақта.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
❗️Үстирт платосынан динозавр изи табылғаны айтылмақта

Илимлер академиясының Қарақалпақстан бөлимине қараслы Қарақалпақ тәбийий пәнлер илимий изертлеў институтының геология лабораториясы меңгериўшиси Иззет Айымбетов усы хабарларға түсиник берди. Оның сөзлерине бола, Үстирт платосынан динозавр изи табылған.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
❗️ Ҳеш қашан iPhone менен камераны салыстырмаң — қәниге

Социаллық тармақларда «xusn1yt» аты менен белгили болған Ҳусниддин Гүлмирзаев iPhone телефонында ҳәм VS Conon R6 камерасында түсирилген фотолардың сапасын салыстырып көрди.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
⚡️⚡️ ЖАҢАЛЫҚ!!! Бул хабарды сиз бенен бөлиспесек болмайды

Өзбекстан бойлап сырлы ҳәм көпшилигиңизге мәлим болмаған мәнзиллерди реал фото-видеолар және анық локация менен бөлисип баратуғын канал силтемесин сизге усынбақшымыз.

Ағза болың!

Telegram
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Ақыретлегенлик ушын қандай жуўпкершилик бар?

Ақыретлеў, яғный, кимниңдур абырай ҳәм қәдир-қымбатын биле тура кемситиў 13 млн 600 мың сомға шекем жәрийма салыўға себеп болады.

Сондай-ақ, жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгингенлер 1 млн 700 мың сом жәрийма ямаса 15 суткаға шекем ҳәкимшилик қамаққа алыў менен жазаланыўы мүмкин.

👉 @KRuzuz Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Айдаўшылар газ “заправкалар”дың қайсысы ислеп атырғанын онлайн көриў имканиятына ийе болады

“Ҳудудгазтаъминот” тәрепинен ислеп шығылып атырған бул қосымша арқалы қай жерде, қандай тығылыслық (гезек) бар екенлиги ҳаққындағы мағлыўматлар 24 саат даўамында онлайн түрде узатылады.

Бүгинги күнде пүткил республика бойынша 1329 АГТКС болып, компания менен шәртнама дүзген барлық шақапшалар қосымшаға киритиледи.

“Қосымша усы жылдың гүз-қыс мәўсиминде иске түсиўи күтилмекте. Қыста айдаўшылардың қолында қосымша болады”,- дейди ӨзР Энергетика министрлиги мәлимлеме хызмети баслығы Ҳасан Тошхўжаев.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Тарқатың

❗️Даўыслы хабар: Алдаўшылықтың жаңа түринен абайлы болың

Рәсмий шөлкемлердиң мәлим етиўинше, пул өндириўде алдаўшылықтың жаңа түринен кең пайдаланылмақта.

Бунда сизиң даўысыңыз өзлестирилип, жасалма интеллект жәрдеминде қайта оқылады. Соң даўысыңыздан пайдаланған ҳалда жақынларыңыздан жәрдемге мүтәж екенлигин айтып, пул сорайды. Булардың ең көп жәбирлениўшилери болса үлкен жаслы инсанлар болмақта.

Жоқарыдағы видеода бундай алдаў түринен қалай сақланыў мүмкинлиги ҳаққында түсиник бериледи.

❗️Итибарлы болың! Хабар алмасыўда көбирек текст форматтан пайдаланыўға ҳәрекет етиң.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
❗️Темиржолшы етип жумысқа киргизиў есесине 4000 АҚШ доллары муғдарында пара алған қоңыратлы шахс қолға түсти

Төрткүл районында өткерилген оператив илаж даўамында пуқара Д.И.ди жаңадан қурылып атырған темир жол кәрханаларының бирине темиржолшы етип жумысқа киргизип бериўди ўәде еткен шахс (Қоңырат районында туўылған) қолға алынды. Ол буның есесине 4000 АҚШ доллары муғдарында пара талап еткен.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
⚡️Нөкистеги автобусларда пластик карта арқалы төлем системасы енгизилди

Халыққа қолайлық жаратыў мақсетинде жәмийетлик транспортта жол ҳақысын электрон система арқалы әмелге асырыў жолға қойылды.

Ҳәзирги ўақытта Нѳкис қаласы ишинде ҳәрекетлениўши 40 автобусқа электрон тѳлемин қабыл етиўши стационар валидаторлар орнатылған болып, жолаўшылар банк картасы арқалы жол ҳақыны тѳлеўи мүмкин.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Енди судтың атқарыў ҳүжжетлери электрон бериледи

Нызамшылыққа муўапық, усы жылдың 1-май сәнесинен:

суд ҳүжжетлери тийкарында атқарыў ҳүжжетлерин электрон формада бериў (жибериў, усыныў) тәртиби енгизиледи;

пуқаралардан қарыздарлықлары ушын өндириў қаратылыўы мүмкин болмаған ең кем кепилленген дарамат белгиленеди;

атқарыў исин жүргизиўдиң әпиўайыластырылған тәртиби почта қәрежетлери бойынша қарыздарлықты өндириўге қолланылады.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
❗️Әмиўдәрьяда дерлик 1.2 млрд қаржы талан-тараж етилгени анықланды

Әмиўдәрья районында 67-санлы улыўма орта билим бериў мектебине ҳәм 40-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине жылытыў қазанларын сатып алыў, сондай-ақ, дәслепки қурылыс-оңлаў жумысларын алып барыў ушын жеке меншик шериктиң банктеги есап бетлерине ажыратылған 1 млрд. 184 млн. 507 мың сом қаржы өзлестириў ҳәм растрата етиў жолы менен талан-тараж етилген.

Усы жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 167-статьясы, 3-бөлими, “а”-бәнти менен жынаят иси ашылған.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
2024/05/16 07:17:20
Back to Top
HTML Embed Code: