Telegram Web Link
Қарақалпақстанлы жасларға быйылғы жылда да қосымша квоталар ажыратылады

Президентимиздиң ғамхорлығы ҳәм итибары нәтийжесинде қарақалпақстанлы жасларға бир қатар имканиятлар жаратып берилмекте.

2022-жыл 31-августтағы 213-санлы Президент пәрманы менен Қарақалпақстан Республикасында турақлы жасайтуғын ҳәм де улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлерин тамамлаған жаслар ушын 2023-2024-оқыў жылында мәмлекет гранты тийкарында қосымша 3 мың квота, соның менен бирге төлемли-контракт тийкарында қосымша 6 мың 500 квота ажыратылған еди.

Пәрман менен қарақалпақстанлы 6500 жаслардың қосымша квота тийкарында мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына окыўға кириўи ҳәм жоқары билим алыўы ушын имканият жаратылыўы белгиленген болып, быйылғы жылда да қосымша квоталар ажыратылады.

👉 @Karakalpak24
Муғәллимлер үстеме алыўы ушын неше балл топлаўы керек?

Улыўма билимлендириў мәкемелери педагог хызметкерлериниң базалық ставкаларына директор фонды есабынан ҳәр айлық үстемелер жаңа оқыў жылы ушын өткен оқыў жылы жуўмақлары бойынша белгиленеди. Бунда педагоглар төмендеги балларды топлаўы керек.

65 — 70 балл топласа — 10 %;
71 — 75 балл топласа — 15 %;
76 — 80 балл топласа — 20 %;
81 — 85 балл топласа — 25 %;
86 — 90 балл тўпласа — 30 %;
91 — 95 балл топласа — 35 %;
96 — 100 балл топласа — 40 %.

👉 @Karakalpak24
☎️ «112» диспетчерлик хызмети шөлкемлестириледи

Ҳүкиметтиң тийисли қарары менен, ҳәдийсе ҳәм айрықша жағдайлар жүз бергенде қыстаўлы жәрдем көрсетиў ушын "112" қысқа номер арқалы пуқаралардың шақырыўларын қабыллаў ҳәм автоматластырылған түрде қайта ислеў имканын бериўши бирден-бир диспетчерлик хызмети шөлкемлестириледи.

"112" бирден-бир диспетчерлик хызмети ИИБ, АЖБ, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Социаллық қорғаў миллий агентлиги ҳәмде "Худудгазтәмийнат" АЖның қыстаўлы хызметлери мағлыўматларын узатыўдың бирден-бир тармағына бирлестирген ҳалда республиканың барлық аймақлары бойынша халыққа тез жәрдем көрсетиў искерлигин басқарыўдың бирден-бир системасы есапланады.

👉 @Karakalpak24
Қарақалпақ халық шайыры Әжинияз Қосыбай улының сүўрети жасалма интеллект арқалы соғылды

Дерек: Улпетов Марат

👉 @Karakalpak24
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Бүгиннен баслап күшли магнит бораны бақланады

Магнит бораны 1-июнға шекем даўам етиўи мүмкин. Бүгин шемби күнине өткер түнде ауралардың пайда болыў итималы жүдэ жоқары.

👉 @Karakalpak24
Pulmakon«CLEVER» микрокредит шөлкеми.
АВТОКРЕДИТ ХӘМ МИКРОҚАРЫЗ

2-СААТТА ШЫГАДЫ
Кредит 10 млн нан 300 млн га шекем бериледи

Кредит алыў ушын  Сиз тек ғана 2005-жылдан  төмен болмаған Автотранспорт НОТАРИУС арқалы ГИРЕЎге (ЗАЛОГқа) қойып, автомашинаңыздың жағдайына қарап кредит аласыз

АВТОКРЕДИТ ЕКЛЕМШИ БАЗАРДАН БЕРИЛЕДИ

6-айдан 1-1,5 ҳемде 2-жыл мүддетке.

БАСЛАНГЫШ ТӨЛЕМ ЖОҚ!!!

Ҳеш кандай басланғыш төлемсиз!
2010-жылдан төмен болмаған машынды сатып алсаңыз болады

КЕРЕКЛИ ҲҮЖЖЕТЛЕР:
Сатыушының ҳәм зайыбының паспорты;
Машинаның техпаспорты;
Сатыушының пластик картасы;
Сатып алыушының паспорты

10 млн   884   000
20 млн  1.767 000
30 млн  2.651 000
40 млн   3.534 000
50 млн  4.418 000
60 млн  5.301 000
70 млн  6.185  000
80 млн  7.068  000
90 млн  7.952  000
100 млн  8.835 000

Айма ай график бойынша төлеп барасыз

https://www.tg-me.com/OLX_NUKUS_GRUP

Телефон
+998930002221
+998977890782
+998907003777
Мәнзил: Нөкис қаласы, Ағаш базар жанындағы «Металл профиль» атлы бәндирги.

Реклама
Дыққат излеў!

Елликқала районы Гүлдирсин АПЖ ға турмысқа шыққан 20.10.2001 жылда туўылған Рахимбердиева Сахиба Рустам қызы 2024 жылы 24 май күни саат азанғы 08:30 ларда келин үйинен белгисиз тәрепке шығып кетип бийдәрек жойтылған.

Усы пуқараны көргенлер Елликқала районы Ишки ислер бөлиминиӊ +99 (861) 585-13-02 ямаса +99 (893) 201-00-01 номерлерине хабар бериўиӊизди сораймыз!!!

Усы пуқараны табыўда жақыннан жәрдем бергенлер сыйлықланады!

👉 @Karakalpak24
⚡️Бүгиннен айырым ҳаял-қызларға оқыўға кириўде жеңиллик бериўши усынысты алыўға арза қабылланып басланды

❗️Ҳүкиметтиң қарарына муўапық, жоқары оқыў орынларына қабыллаў квоталарына 4%лик қосымша грант тийкарында айырым категориядағы ҳаял-қызларды қабыллаў ушын усыныс (тавсиянома) бериледи.

🔰 Усыныс төмендеги ҳаял-қызларға бериледи:

✔️Кем тәмийинленген шаңарақтан шыққан ҳаял-қызлар;

✔️ Ата-анасынан бири ямаса екеўи де қайтыс болған ҳаял-қызлар;

✔️Өмирлик жолдасы қайтыс болған, ер жетпеген перзентлерин бир өзи тәрбиялап атырған социаллық қорғаўға мүтәж ҳаяллар;

✔️Майыплығы болған перзенти бар шаңарақлардан шыққан ҳаял-қызлар;

✔️Еки ҳәм оннан артық перзентлерин тәрбиялап атырған, басқа ағайинлеринен бөлек (ижарада) жасап атырған социаллық қорғаўға мүтәж жалғыз ҳаяллардың қызлары;

✔️Ата-анасының биреўи ямаса екеўи де I яки II-топар майыплығы болған социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақтағы ҳаял-қызлар.

☑️ Усыныс усы категорияларға туўры келетуғын шаңарақлардағы барлық ҳаял-қызларға бериледи.

📝 Усынысты алыў ушын ҳаял-қызлар жасаў жериндеги район (қала) шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлимлерине 30-майдан 8-июнға шекем xotin-qizlar.uz сайты арқалы электрон формада арза бериўи керек.

Усыныс 10-июнға шекем таярланады, бул ҳаққында ҳаял-қызлардың телефонына ямаса электрон мәнзилине хабар бериледи. Усыныстың өзи 15-июнға шекем бериледи.

⚠️ Квотаға түсиў ушын
талабан улыўма баллдың кеминде 30% ин топлаўы керек.

⌛️Усыныстың мүддети - 1 жыл болып, ол усыныста көрсетиледи.

☝️ Усыныс абитуриент сайлаған 5 бағдардың тек бириншисине қолланылады.

👉 @Karakalpak24
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🏠Уйиңизге яки офисиңизге әжайып жалюзилерди орнатыўды қәлейсизбе?

🪟 GRAND JALYUZI кәрханасы сизге арзан баҳада ҳәм де ҳәр қыйлы түрдеги әжайып жалюзилерин усынады.

Өлшеў ҳәм орнатыў қала ишинде БИЙПУЛ;
Жалюзилердиң сапасына кепиллик бериледи.

▪️Соның менен бирге ДИЛЛЕРЛЕРимизди бирге ислеўге шақырамыз.байланыс ушын +998334067777

🌍 Мәнзил: Нокис каласы (квадрат) строй базар алдында GRAND JALYUZI жалюзи дүканы.
👉 Бағдар: Строй Базарга кретигун даруаза алдында 3- Этажлы имарат   ГРАНД ЖАЛЮЗИ
📞 Мағлыўмат ушын
+998975087007
+998913897007

❗️ Бизде ҳәммеси ТЕЗ, АРЗАН ҳәм САПА бирлиги жоқары орынға қойылған!

www.tg-me.com/jalyuziGrand975087007
Каталог кориу👇

@grandjalyuzi_bot

📢📢📢📢📢

Натяжные потолки Фарус

Нукус 📍

+998995451500☎️
+998904242040☎️
+998932422040☎️

Кунгират📍
Тел
+998944514170☎️
+998941381500☎️

Реклама
Трамп қайтадан президент болса, Илон Маскты өзине мәсләҳәтши етип алмақшы

“The Wall Street Journal”ның жазыўынша егер Доналд Трамп президентликке қайта сайланса Илон Маск оған Экономика ҳәм иммиграция, илим-пәннен баслап АҚШ космик күшлерине шекем болған көплеген тараўларда мәсләҳәтши болыўы мүмкин.

👉 @Karakalpak24
Ҳәзирги ўақытта инсанлар не ушын уйқыға тоймай атыр?

Усы күнлерде көпшилик инсанлар көп уйқласа да уйқыға тоймай атырғанын айтпақта.

Қәнийге бул сораўға былай жуўап береди, ҳәзирги ўақытта ҳаўада кислород муғдары азайып, азот муғдары көбейип кеткенлиги себепли инсанлар уйқыға тоймай атыр.

👉 @Karakalpak24
🇺🇿🇷🇺 Доллар кусы түседи

Айтыўларына қарағанда, ендигиден былай доллар курсы түсип, рубл болса көтериледи, буған тийкарғы себеби Россия ҳәм Өзбекстан мәмлекетлери ортасындағы саўда-сатықта доллардан ўаз кешип атырғаны себеп болмақта.

👉 @Karakalpak24
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
2024-жыл 1-июннан баслап Өзбекстанда нелер өзгереди?

Мәмлекетлик бақшаларда тәрбияшылардың ис ҳақы асырылады;
Мийнет миграциясынан қайтқанларды жумысқа алғанларға 500 мың сўмнан субсидия бериледи;
Ендигиден былай шығынды дан қарыздарлық электр төлемлерине тәсир етеди.

👉 @Karakalpak24
❤️Перзентлериңиз жазғы дем алысты қызықлы ҳәм пайдалы өткериўин кәлейсиз бе?

✔️Сизлерди «OQIWLARDIN’ SULTANI» оқыў орайы

Почемучка (мектепке таярлық 6-7 жас);

Инглиз тили (7-12 жас);

Рус тили (7-12 жас);

Математика (7-12 жас);

Тез оқыў (Скорочтение 7 -12 жас );

Эмоционал интеллект (6-16 жас)
бойынша

билимлерин,

өзине исенимин,

жәмийетлик көнликпелерин

раўажландырыўшы курсларына мирәт етеди!

Қосымша мағлыўмат: @Baxit_jolindaman

Психолог қабыллаўы: @miyirgulnaubetovna

Тел. 97 788 79 44

Мәнзил: 27 мкр., Дослық каналы 20.
Бағдар “FOREST” рестораны

Реклама
Нөкис қаласында заманагөй Аквапарктың ашылыў салтанаты болып өтти

Бүгин Нөкис қаласы аймағында жаңадан қурып питкерилген заманагөй Аквапарк орайының ашылыў мәресими болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жаңа туристлик орынның ашылыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.

Улыўма 0,6 гектар майданда шөлкемлестирилген бул орынның қурылысына 6 млрд. сум қаржы жумсалып, бир ўақыттың өзинде 600 адамға хызмет етиў мүмкиншилигине ийе. Аквапаркте ықшам етип қурылған қара үйлер, балалар майданшалары, балалар ҳәм үлкен жастағылар ушын бассейнлер шөлкемлестирилген болып, халқымыздың, әсиресе, жасларымыздың мазмунлы дем алыўы ушын барлық қолайлықлар жаратылған.

Жойбар иске түсирилиўи менен 40 жаңа жумыс орынлары жаратылып, жаслардың бәнтлиги тәмийинленди.

👉 @Karakalpak24
Муғәллимлер үстеме алыўы ушын неше балл топлаўы керек?

Улыўма билимлендириў мәкемелери педагог хызметкерлериниң базалық ставкаларына директор фонды есабынан ҳәр айлық үстемелер жаңа оқыў жылы ушын өткен оқыў жылы жуўмақлары бойынша белгиленеди. Бунда педагоглар төмендеги балларды топлаўы керек.

65 — 70 балл топласа — 10 %;
71 — 75 балл топласа — 15 %;
76 — 80 балл топласа — 20 %;
81 — 85 балл топласа — 25 %;
86 — 90 балл тўпласа — 30 %;
91 — 95 балл топласа — 35 %;
96 — 100 балл топласа — 40 %.

👉 @Karakalpak24
Қарақалпақстан Республикасында усы жылдың август айында халықаралық бизнес форум өткериледи.

👉 @Karakalpak24
‼️Оқыўға қабыллаў басланыўына 5 күн қалды

Быйыл дәслепки рет қабыллаў “алдын тест, кейин таңлаў” тийкарында төмендеги еки басқышта әмелге асырылады:

1️⃣ Биринши басқыш: абитуриентлер 5-июньнан 25-июньға шекем (25-июнь күни де) тест ушын дизимнен өтеди. Бунда абитуриентлер тек тест тапсырылатуғын пәнлер комплекси, тәлим тили ҳәм тест тапсырыў аймағын ҳәм кириў имтиханлары қурамында кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан болса, бул имтиханды тапсыратуғын ЖОО таңлайды;

Яғный биринши басқышта ЖОО таңланбайды. Абитуриентлер тек қайсы пәннен, қайсы тилде, қайсы аймақта тест тапсырыўын белгилейди.

Имтиханлар июль-август айларында өткериледи.

2️⃣ Екинши басқыш: абитуриентлер тест толық жуўмақланғаннан кейин 15 күн даўамында ЖОО, бакалавриат тәлим бағдары ҳәм тәлим формасын таңлайды.

Яғный өзиниң алған балына қарай, тестлер өтип болғаннан кейин, қайсы жоқары оқыў орнының қайсы бағдарына тапсырыўын таңлайды. Ойлап алыў, анализ қылыў ушын 15 күн ўақыт болады.

Оқыўға кире алмағанлар не қылады?

Егер абитуриентлер жоқары оқыў орынларына кире алмаса, тестте топлаған балы менен колледж ҳәм (ямаса) техникумды таңлаўы мүмкин. Оқыўға кире алмағанлар ушын колледж ямаса техникум таңлаўға ЖООларға қабыллаўдың жуўмақлаўшы нәтийжеси жәрияланғаннан кейин және 10 күн мүддет бериледи.

👉 @Karakalpak24
2024/06/01 06:02:50
Back to Top
HTML Embed Code: