Telegram Web Link
️Социаллық тармақлар ҳәм "Телеграм" мессенджериндеги каналларда мисли Халық қабыллаўханалары орнына мүрәжатлар ўақытша Әдиллик ҳәм Прокуратура органлары арқалы қабылланыўына байланыслы материаллар тарқатылмақта. Бул хабарлар ҳақыйқатқа туўра келмейди.

👉 @Karakalpak24
Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Қашқадәря ўәлаятында энергия ресурсларынан нызамсыз пайдаланыў жағдайлары анықланды

Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Нөкис қалалық бөлими тәрепинен өткерилген тергеўге шекемги тексериўде "М.Q." ЖШЖ жуўапкер шахслары жаңадан қурылып атырған имаратта тәбийғый газ тармағына өзбасымшалық пенен жалғанып, 165,5 млн сумлық тәбийғый газден нызамсыз пайдаланғаны анықланған.

Сондай-ақ, Департаменттиң Көкдала районы бөлими тәрепинен өткерилген тергеўге шекем тексериўлерде "Ф.Б." фермер хожалығының баслығы Ш.Ф. ҳәм "Р." фермер хожалығының басқарыўшысы Ж.Т.лар коммерциялық мақсетлерде суў насосын улыўмалық пайдаланыўдағы электр тармағына өзбасымшалық пенен тиккелей жалғап жәми 182,9 млн сумлық электр энергиясынан нызамсыз пайдаланғаны анықланған.

Бул жағдайлар бойынша Жынаят кодексиниң 169-статьясы (урлық) менен жынаят ислери қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери өткерилмекте.

👉 @Karakalpak24
Rasmiy ish joyingiz yo‘qmi?
Hamkorbank oylik ish haqiga ega bo'lmagan ya'ni o‘zini-o‘zi band qilgan fuqarolarga ko‘maklashadi! Mikrokredit Plus krediti bilan rejalaringizni amalga oshiring.

💸 Miqdori — 300 mln so‘mgacha;
📆 Muddati — 5 yilgacha;
📉 Foiz stavkasi — yillik 28% dan boshlab;
🔐 Garov ta’minot uchun quyidagilardan biri talab etiladi:
- transport vositasi;
- turar yoki noturar joy.

📲 Sizga eng yaqin Hamkorbank ofisiga murojaat qiling va tezkor moliyaviy ko’makka ega bo’ling!

🌐 Batafsil: hamkorbank.uz
📞 Savollaringiz bormi? Biz bilan bog'laning:
+998913071740 (Tadjiyev Ajiniyaz)
+998976547557 (Azizbek)
+998977871146 (Shoxrux)
+998906508005 (Ajiniyaz)

📱Instagram | 📱Facebook | 📺 YouTube | 🕊Bot

Реклама
Хорезмде АЖМ хызметкерлериниң парахорлық ҳәрекетлерине шек қойылды

Хорезм ўәлаятында Айрықша жағдайлар хызметинде ислеўши 2 хызметкер пуқаралардан жумысқа киргизиў ҳәм айдаўшылық гүўалығын алып бериў бәнесинде пул талап еткени ушын усланды.

️Топыраққала районы АЖМ хызметкери пуқараны Хорезм АЖБне жумысқа жайластырыў есесине 1500 доллар талап еткен. Ол 400 доллар ҳәм 1,3 млн сум алған ўақытта усланған;
️Шовот районы АЖМ хызметкери болса айдаўшылық гүўалығын алып бериў ушын 1400 доллар ҳәм 1,3 млн сўм алған ўақытта усланған.

Екеўине Жынаят кодексиниң 168 ҳәм 211-статьялары менен ис қозғатылды. Тергеў жумыслары алып барылмақта.

👉 @Karakalpak24
Қамаққа алынғанлар 2 саат ишинде медициналық тексериўден өтеди

Енди тергеў қамақханасына жайластырыўдан алдын қамаққа алынған шахслар мәжбүрий медициналық тексериўден өтеди.

Жаңа тәртипке бола, усланған шахс қамақханаға келген ўақыттан 2 саат ишинде тексериўден өткерилиўи шәрт.

Егер денесинде жарақат ямаса зыян анықланса, бул жағдай рәсмий түрде дизимге алынып, шахсқа мәлим етиледи ҳәм прокурорға хабар бериледи.

️ Шахстың қәлеўине бола, адвокат та медициналық көрикте қатнасыўы мүмкин.

️Көриў нәтийжелери тийкарында арнаўлы медициналық мағлыўматнама дүзиледи.

👉 @Karakalpak24
⚡️Хош хабар

Жерлесимиз, талантлы опера қосықшысы Ақылбек Пиязов дүньяның ең белгили театрларынан бири ─ La Scala (Милан, Италия) сахнасына қабыл етилди.

Мағлыўмат ушын, 800 ге шамалас көркем өнер шеберлери қатнасқан таңлаўда тек ғана 12 қатнасыўшы сайлап алынды.

👉 @Karakalpak24
😀😀😀😀😀😀😀😀😀
AQUAVIT фильтрлерин Uzum nasiyada БАСЛАНГИШ ТОЛЕМСИЗ бөлип төлеўге алың!

6 айға өз-ара бөлип төлеўге алыўға болады;
«Uzum Nasiya» арқалы 6-12 айға бөлип төлеўге алыўға болады;
Пенсия, айлық, уход алатуғынлар бөлип төлеўге алыўға болады.

🔼Экологиялық таза өним;
💧 Водопровод суўын таза, минералға бай етип береди;
🚰 Жер кранның ашшы суўын мазалы етип береди;
📃 Сапа биринши орында;
🛠 15 жыл сервис хызмети бар;
3 жыл кепиллик бериледи.
⛳️Қала ҳәм районларға барып, орнатып бериў бийпул.

💫 Көшеден суў тасыў ески заманларда қалды. Үйиңизге AQUAVIT фильтрлерин орнатып, таза суў ишиң!

📞Телефон: 
+998913797981
+998991809045

Реклама
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Байсында метан шақапшасында Нехиа жарылды, бир адам қайтыс болды

Сурхандәря ўәлаяты, Байсын районында 28-июнь күни саат 07:15 лерде метан заправкада Nexia автомобильи жарылды.

Газ толтырыў процесинде жүз берген жарылыў нәтийжесинде бир адам аўыр жарақат алып қайтыс болған.

Ҳәзирги ўақытта жағдай бойынша сорастырыў жумыслары алып барылмақта. Рәсмий мағлыўмат ҳәзирше жәрияланбады.

👉 @Karakalpak24
Ертең жеке қабыллаў болады

Усы жылдың 29-июнь күни саат 10:00 де Қарақалпақстан Республикасы ИИМ имаратында Ишки ислер министри полковник Бахтияр Торебековтың Ишки ислер органларына байланыслы болған мәселелер бойынша жеке қабыллаўы өткериледи.

Мәнзил: Нөкис қаласы, А.Темур көшеси 112 жай

👉 @Karakalpak24
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Bul baǵdar tiykarınan oqıwǵa kesh bolsa da talpınıp atırǵanlar,balalar menen islewdi unatatuǵınlar,jumısta bolıp oqıǵısı kelgenler ushın arnalǵan.

Bizde hújjet qabıllaw baslandı!
Biz benen baylanısıń hám tolıq maǵlıwmat alıń!

77 104 00 12
77 105 00 12
77 106 00 12

Реклама
❓️1-июльдан баслап нызамшылығында нелер өзгереди?

Пенсия ҳәм напақалардың муғдарлары, сондай-ақ, балалар напақасы ҳәмде кем тәмийинленген шаңарақларға ажыратылатуғын материаллық жәрдем 10 процентке арттырылады.

Соның менен бирге төмендегилер белгиленди:

жасқа байланыслы пенсияның ең аз муғдары - айына 918 мың сум;
майыплық пенсиясының ең аз муғдары - айына 1 миллион 12 мың сум;
кем тәмийинленген шаңарақларға балалар напақасы айына: 3 жасқа шекемги ҳәр бир киши бала ушын - 360 мың сум, 3 жастан 18 жасқа шекемги ҳәр бир бала ушын - 275 мың сум, екинши бала ушын қосымша - 165 мың сум, үшинши ҳәм оннан кейинги ҳәр бир бала ушын - 110 мың сум.
3 жасқа шекемги ҳәр бир киши бала ушын - 360 мың сум;
3 жастан 18 жасқа шекемги ҳәр бир бала ушын - 275 мың сум.
екинши бала ушын қосымша - 165 мың сум,
үшинши ҳәм оннан кейинги ҳәр бир бала ушын - 110 мың сум;
кем тәмийинленген шаңарақларға материаллық жәрдем - айына 420 мың сум;
пенсияны есаплаўдың базалық муғдары - айына 471 мың сум.

Дерек: ️Нызамшылық

👉 @Karakalpak24
1-июньнан баслап Өзбекстан пуқаралары Қытайға визасыз барыўы мүмкин

Өз-ара келисимге муўапық, тәреплер мәмлекетлериниң пуқаралары еки мәмлекет аймақларына кириў, оннан шығыў ямаса транзит етиў ушын ҳәр бир өз алдына болыў мүддети 30 күннен аспаған мүддетке ҳәм ҳәр қандай 180 күнлик дәўир ишинде жәми 90 күннен артық болмаған мүддетке виза талапларынан азат етиледи.

👉 @Karakalpak24
⚡️Алыс аймақтағы мектеплерде ислейтуғын оқытыўшыларға 50%ке шекем үстеме төленеди

Ҳүкиметтиң 2019-жыл 7-июндағы 471-санлы қарарына тийкар, алыс аймақларда жайласқан мектеплерде басқа аймақлардан келип ислейтуғын педагоглардың базалық тариф ставкаларына стажынан келип шығып төмендеги үстемелер төленеди:

6 айдан — 3 жылға шекемги стажы болған оқытыўшыларға 10%;
3 жылдан — 5 жылға шекемги
стажы болған оқытыўшыларға 20%;
5 жылдан — 10 жылға шекемги
стажы болған оқытыўшыларға 30%;
10 жылдан — 15 жылға шекемги
стажы болған оқытыўшыларға 40%;
15 жылдан артық стажы
болған оқытыўшыларға 50%.

👉 @Karakalpak24
Қарақалпақстанның төрт районында туризм комплексин шөлкемлестириў ушын субсидия ажыратылады

Қарақалпақстан Республикасының Әмиўдәрья, Мойнақ, Тахтакөпир ҳәм Елликқала районларында зиплайн хызметлери ҳәм канатлы парк (тайпарк) экстремал туризм комплекси шөлкемлестирилиўи режелестирилмекте.

Қарар менен:

– таўлы ҳәм шөл аймақларында улыўма аралығы 200 метрден кем болмаған зиплайн экстремал туризм комплексин шөлкемлестириў қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў ушын 100 миллион сум;

– таўлы ҳәм шөл аймақларында 150 кв метрден кем болмаған канатлы парк (тайпарк) экстремал туризм комплексин шөлкемлестириў қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў ушын 80 миллион сум муғдарында бир мәртелик субсидия ажыратылады.

Таўлы ҳәм шөл аймақларында зиплайн ҳәм канатлы парк (тайпарк) экстремал туризм комплексин шөлкемлестирген исбилерменлик субъектлерине ажыратылатуғын субсидия Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги жанындағы Туризм комитетиниң Туризмди қоллап-қуўатлаў қоры қаржылары есабынан қаржыландырылады.

👉 @Karakalpak24
Ертең жаслар ушын жаңа имканиятлар жәрияланады

30-июнь — Жаслар күни мүнәсибети менен мийнети, ҳәрекети арқалы табысқа ерискен көп санлы жаслар мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланады.

Сондай-ақ, ертең, 30-июнь күни жаслар ушын жүдә үлкен жаңа имканиятлар жәрияланыўы күтилмекте.

👉 @Karakalpak24
🚨 1-августтан баслап жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғанлық ушын жәриймалар муғдары артады

️2025-жыл 1-август сәнесинен баслап Базалық есаплаў муғдары (БЕМ) 412 000 сум етип белгиленди. Сол себепли жәриймалар муғдары да артады:

Ремени тақпаў – 206 000 сум;
Техник көриксиз, медициналық топламысыз ҳәрекетлениў – 206 000 сум;
Ҳүжжетсиз айдаў – 412 000 сум;
Қамсызландырыў ҳүжжетисиз транспорт басқарыў – 412 000 сум;
Қызыл шырақта өтиў – 824 000 сум;
Нызамсыз парковка – 824 000 сўм;
Мәмлекетлик номерсиз автотранспорт басқарыў – 1 854 000 сум;
Тезликти +20 км/сааттан асырыў – 412 000 сум;
Тезликти +20-40 км/сааттан асырыў – 1 854 000 сум;
Тезликти 40 км/сааттан артық асырыў – 3 378 400 сўм;
Қарама-қарсы жолда ҳәрекетлениў – 3 749 200 сўм;
Мәс ҳалда транспорт басқарыў – 9 377 000 сум + 3 жылға шекем айдаўшылық ҳуқықынан айырыў;
Рухсатсыз кузовқа рең бериў (плёнка) – 9 377 000 сўм.

❗️Еслетпе: Жәриймалар базалық есаплаў муғдарына байланыслы, 1-августтан баслап БЕМ 412 000 сўм болады.

Дерек: Нызамшылық

👉 @Karakalpak24
🍕 Bellissimo Pizza'dan yubiley aksiya!

1+1 kombo: ikki hissa pepperoni va pishloqli pitsa atigi 69 000 so‘mga
10 yil mazali pitsa!
Faqatgina ilovada 25.06 dan 09.07 gacha.

👉 Ilovada buyurtma bering

Реклама
2025/07/06 18:17:24
Back to Top
HTML Embed Code: