❓Мийнет дем алысы пулы қашан төлениўи керек?
Мийнет кодексиниң 233-статьясына тийкар Ҳәр жылғы мийнет дем алысы ўақты ушын ҳақы төлеў жәмәәт шәртнамасында, ишки ҳүжжетлерде ямаса мийнет шәртнамасында белгиленген мүддетлерде, бирақ дем алыс басланыўынан алдын ақырғы жумыс күнинен кешиктирмей әмелге асырылады.
❓Кешиксе компенсация төленеме?
Әлбетте төлениўи керек. Мийнет кодексиниң 333-статьясына тийкарланып Жумыс бериўши мийнет ҳақыны, дем алыс төлемлерин, мийнет шәртнамасы бийкар етилгендеги төлемлерди ҳәм (ямаса) хызметкерге төлениўи керек болған басқа да төлемлерди төлеў мүддетин бузған жағдайда, оларды төлеў мүддетинен кейинги күннен баслап ҳақыйқый есап-санақ етилген күнди өз ишине алған мүддетке шекем ҳәр бир кешиктирилген күн ушын Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң соль ўақытта әмелде болған қайта қаржыландырыў ставкасынан келип шыққан ҳалда процентлер (пуллы компенсация) менен бирге төлеўи шәрт.
👉 @Karakalpak24

❗️Егер кимдур жол-транспорт ҳәдийсесин ислеп, ўақыя орнынан қашып кетсе, оған қарсы (ҲЖҳК)ниң 137-статьясы тийкарында төмендеги шаралар көриледи:
Ҳәкимшилик Жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң 137-статьясы бойынша жуўапкершилик:
➖ 1. Әпиўайы жағдайда:
Егер шахс жол-транспорт ҳәдийсесин ислеп, ўақыя орнынан қашып кеце (жарадар болмаған ямаса зыян аз болса):
➖ БЕМниң 15 есеси (базалық есаплаў муғдары) муғдарында жәрийма салынады.
(2024-жылда БЕМ = 340 000 сум болса, 15 × 340 000 = 5 100 000 сум жәрийма);
️ ✅ 2. Егер жәбирлениўши дене жарақатын алса яки материаллық зыян жеткерилсе:
➖ БЕМниң 30 есесине шекемги жәрийма (10.200.000 сўм әтирапында), яки Транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан 1 жылға айырыў, яки 15 суткаға шекем ҳәкимшилик қамақ жазасы;
Еслетпе: Қашып кеткен шахс егер өз ықтыяры менен кейин ала өзин тән алса, бул жағдай жеңиллестириўши фактор сыпатында баҳаланыўы мүмкин.
Жәбирлениўши болса — тез жәрдем шақырыў, ўақыя орнын таслап кетпеў ҳәм ЖПХ хызметкерлерин күтиў шәрт.
Егер сиз гүўа болсаңыз, номер ҳәм автомобилди еслеп қалың, ҳуқық қорғаў уйымларына хабарласың.

This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
❓Мултирадар машинасына қызылда өтиў рухсатпа ?
01 | 894 WKA Мәмлекетлик белгисине ийе мултирадар машинасы светофордың қызыл шырағында ҳәрекетленбекте ҳәмде жолдың А поласасында турғанын көриў мүмкин.

Huawei келешек автомобилин таярлап атыр - онда алдынғы айна орнына үлкен ақыллы дисплей болады
Айдаўшы көзиниң қасындағы айнада тап ойынлардағыдай тезликти, навигацияны, жол шараятын ҳәм автопилот системасының ислеўин көрип турады.
Бундай дисплейге ийе биринши автомобиль Хpeng G7 болады, ол 11-июньда таныстырылыўы күтилмекте.

❗️1-августтан баслап категориялар бойынша педагог хызметкерлер айлығы қанша болады?
Хабарыңыз бар, Президент пәрманына бола, 1-августтан мийнет ис ҳақылар муғдары 10 процентке арттырылыўы белгиленди. Оған бола, август айынан педагоглар 1 ставка сабақ ушын категориялар бойынша төмендегише айлық алады:
Жоқары категория – 5 142 053 сум.
Қолға тийиўи: 4 522 477 сум
Биринши категория – 4 653 151 сум.
Қолға тийиўи: 4 094 476 сум.
Екинши категория – 4 175 834 сум.
Қолға тийиўи: 3 674 734 сум.
Қәниге – 3 729 906 сум.
Қолға тийиўи: 3 282 317 сум.

Бир айлық әскерий хызмет төлеминиң муғдары 10%ке асырылады
Республикада усы жыл 1-августтан мийнетке ҳақ төлеўдиң ең аз муғдары 10 процентке арттырылып, 1 млн 271 мың сумға жеткерилди. Бул өзгерис мобилизациялық шақырыў резерви (1 айлық әскерий хызмет) төлемине тәсир етеди.
Солай етип төлем муғдары 8 млн 897 мың сўмға жетеди.
👉 @Karakalpak24
Республикада усы жыл 1-августтан мийнетке ҳақ төлеўдиң ең аз муғдары 10 процентке арттырылып, 1 млн 271 мың сумға жеткерилди. Бул өзгерис мобилизациялық шақырыў резерви (1 айлық әскерий хызмет) төлемине тәсир етеди.
Солай етип төлем муғдары 8 млн 897 мың сўмға жетеди.
👉 @Karakalpak24
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Jámi: 320 SERTIFIKAT🤩🤩🤩🥳✅
“Qaraqalpaq tili” páninen oqıwshılarımız noyabr, dekabr, aprel aylarında sertifikat ushın test sınaqlarına qatnasıp 320 (96%) oqıwshı, sonnan:
5 oqıwshı A+ dáreje
50 oqıwshı A dáreje
115 oqıwshı B+ dáreje
72 oqıwshı B dáreje
48 oqıwshı C+ dáreje
30 oqıwshı C dárejesindegi
sertifikatlardı alıwǵa miyassar boldı😊
Sizdi de qaraqalpaq tili hám ádebiyatı páninen 8-iyun kúni baslanatuǵın kursımızǵa shaqırıp qalamız😊
Ornıńızdı bántlew ushın 👉 @Blok_repetitorlar_1
Videonı jaqınlarıńızga jiberip qoyıń✈️✈️✈️
☎️ 77 025 08 08
97 355 38 83
https://www.tg-me.com/blok_repetitorlar
Реклама

Жәрдемге мүтәж шаңарақларға жыл даўамында газ ҳәм электр энергиясы ушын компенсация бериледи
2025-жыл 1-майдан Өзбекстан бойлап жәрдемге мүтәж шаңарақларға газ ҳәм электр энергиясы ушын компенсация төлеў әмелияты жолға қойылған еди. Енди компенсация тек ғана қыс мәўсиминде (ноябрь-февраль) емес, ҳәр айда төлеп бериледи.
Жәрдемге мүтәж шаңарақлар ушын 1-июньнен баслап арза тапсырыў басланды.
Компенсациялар төмендеги категорияларға тийисли шаңарақларға бериледи: Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри ҳәм Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақлар - бунда шаңарақ ағзаларына туўра келетуғын айлық дәрамат 669 мың сомнан аз болыўы керек.
Сондай-ақ, еки реестрге де кирмеген, бирақ мүлки аз ҳәм айлық дәраматы ҳәрбир ағзасына 1 млн сомнан аз болған шаңарақлар да усы жәрдемнен пайдалана алады.
2025-жылы улыўма есапта 1 трлн 330 млрд сом муғдарында компенсация ажыратылыўы жобаластырылған.

❗️Машиналарды қуяшта қалдырмаң
Егер машинаңыз 27 градус ыссыда қалса, оның салонындағы температура еке есеге көтериледи.
Мәлим болыўынша, қуяш нурларынан пайда болған ыссылық автомобиль ишинде тез топланып, узақ ўақыт қуяш тиккелей түсетуғын жерде қалдырылған автомобильдиң салонында температура 55-60 градусқа шекем көтерилиўи мүмкин.

⚡️Waqtìnan burìn 7 oqìwshì 189 ball!
2025 oqìw jìlìnda BBM Nukus biologiya oqìw orayìnda 7 oqìwshì 5 pànnen 100% lik Milliy sertifikat alìp waqtìnan burìn 189 ball toplap Med institutqa grant boldì. Soniñ ishinde 1 oqìwshìmìz - Muratbaeva Gùlziyra 7 pànnen 100%lik sertifikat alìwg'a eristi.Bul oqìwshìlardì hàm ata-analarìn jàmààtimiz atìnan qutlìqlaymìz!
Telegram: @nukus_biologiya
Instagram: bbm_nukus_biologiya
Tel:📞 975000655

️Сыртқы тәлимге қабыллаў тамамланыўы себепли жеке меншик университетлерде коньтракт баҳасы көтерилиўи күтилмекте
Сыртқы билимлендириўге қабыллаўдың сапластырылыўы жеке меншик университетлер ушын үлкен финанслық соққы болыўы күтилмекте.
Әсиресе, олардың тийкарғы бөлеги - 70% тен асламы - әйне сыртқы билимлендириўден дәрамат алып атырғанын есапқа алсақ, бул өзгерис төмендеги нәтийжелерге алып келиўи мүмкин:
➖ ️Контракт баҳаларының артыўы - қәрежетлерди қаплаў ҳәм жумысты сақлап қалыў ушын жеке меншик ЖООлар коньтракт суммаларын арттырыўға мәжбүр болады;
➖ Студентлер санының азайыўы - әсиресе, ислеп атырған ямаса имканияты шекленген жаслар жоқары билимлендириўден шетлетилиўи мүмкин;
➖ Кешки ҳәм аралықтан оқытыўға талап артыўы - себеби енди альтернатив бағдар сыпатында тек усы формалар қалады;
ЖООлар қайта шөлкемлестирилиўи - айырым жеке меншик университетлер өз билимлендириў формаларын ямаса бизнес модельлерин өзгертиўге мәжбүр болады.

❗️️Мүтәж шаңарақларға газ ҳәм электр ушын компенсация - арзалар қабыллаў басланды
2025-жыл 1-майдан баслап мүтәж шаңарақларға газ ҳәм электр энергиясы ушын жыл даўамында компенсация төлеп бериледи. Енди төлемлер тек ғана қыста емес, ҳәр айда әмелге асырылады.
✅ Арза тапсырыў 1-июньнан басланды.
➖ Компенсация социаллық қорғаў ҳәм Кәмбағаллық реестриндеги шаңарақлар (айлық дәрамат ҳәр бир ағзаға 669 мың сумнан аз болса);
➖ Реестрде болмаған, бирақ мал-мүлки аз ҳәм айлық дәраматы ҳәр бир ағзасына 1 млн сумнан аз болған шаңарақларға бериледи.

Rasmiy ish joyingiz yo‘qmi?
Hamkorbank oylik ish haqiga ega bo'lmagan ya'ni o‘zini-o‘zi band qilgan fuqarolarga ko‘maklashadi! Mikrokredit Plus krediti bilan rejalaringizni amalga oshiring.
💸 Miqdori — 300 mln so‘mgacha;
📆 Muddati — 5 yilgacha;
📉 Foiz stavkasi — yillik 28% dan boshlab;
🔐 Garov ta’minot uchun quyidagilardan biri talab etiladi:
- transport vositasi;
- turar yoki noturar joy.
📲 Sizga eng yaqin Hamkorbank ofisiga murojaat qiling va tezkor moliyaviy ko’makka ega bo’ling!
🌐 Batafsil: hamkorbank.uz
📞 Savollaringiz bormi? Biz bilan bog'laning:
+998913071740 (Tadjiyev Ajiniyaz)
+998976547557 (Azizbek)
+998977871146 (Shoxrux)
+998906508005 (Ajiniyaz)
📱Instagram | 📱Facebook | 📺 YouTube | 🕊Bot

⚡️Алыс аймақтағы мектеплерде ислейтуғын оқытыўшыларға 50%ке шекем үстеме төленеди
✅ Ҳүкиметтиң 2019-жыл 7-июндағы 471-санлы қарарына тийкар, алыс аймақларда жайласқан мектеплерде басқа аймақлардан келип ислейтуғын педагоглардың базалық тариф ставкаларына стажынан келип шығып төмендеги үстемелер төленеди:
➖6 айдан — 3 жылға шекемги стажы болған оқытыўшыларға 10%;
➖3 жылдан — 5 жылға шекемги стажы болған оқытыўшыларға 20%;
➖5 жылдан — 10 жылға шекемги стажы болған оқытыўшыларға 30%;
➖10 жылдан — 15 жылға шекемги стажы болған оқытыўшыларға 40%;
➖15 жылдан артық стажы болған оқытыўшыларға 50%.

❗️️Егер бир жыл ишинде 12 балл топланса, айдаўшы ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылады
Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 21-марттағы қарарына муўапық, жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде жәрийма баллары системасы енгизилмекте. Бул система 2025-жыл 1-майдан баслап күшке киреди.
✅ Егер бир жыл ишинде 12 балл топланса, айдаўшы ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылады.
Айдаўшы бир жыл даўамында қағыйдабузарлық ислемесе, кейинги дәўирде биринши рет ислеген қағыйдабузарлығы ушын жәрийма балы есапланбайды.
Барлық жәрийма баллары "Е-jarimaball" электрон системасы арқалы автоматикалық түрде жүргизиледи, инсан факторы араласпайды.
Егер айдаўшы:
➖ 6 ай даўамында қағыйдабузарлық қылмаса, оның 2 баллы есаптан шығарылады;
➖ 8 балл топласа, ол бул ҳаққында СМС арқалы ескертиледи;
➖ жәрийма баллары есабынан наразы болса, суд арқалы шағым етиў ҳуқықына ие.
Жолдың қарама-қарсы бағдарына шығып кеткен айдаўшылар ушын болса 2 балл белгиленди.
Жәрийма баллары насаз транспорт қуралынан пайдаланғанда, қараўтылған айналы машина айдағанда, ҳәдден тыс тезликти асырыў, қызыл шыраққа бойсынбаў, қарама-қарсы жөнелиске шығыў, ЖТҲ орнын таслап кетиў сыяқлы жағдайлар ушын бериледи.
️👉 @Karakalpak24

❗️«Пулыңызды көбейтип бериўшилер»ге исенбең!
Ақырғы ўақытларда пулыңызды көбейтип беремиз деп адамлардың исенимине кирип, пулларын өзлестирип алыўшылар көбейип кетти.

❓Жыл атамаларын билесиз бе?
1991-жыл — "Алишер Наўайы" жылы;
1992-жыл — "Шыпакерлер" жылы;
1993-жыл — "Ахмед Яссавий" жылы;
1994-жыл — "Мырза Улуғбек" жылы;
1995-жыл — "Ибн Сино" жылы;
1996-жыл — "Амир Темур" жылы;
1997-жыл — "Инсан мәплери" жылы;
1998-жыл — "Шаңарақ"жылы;
1999-жыл — "Ҳаял -қызлар" жылы;
2000-жыл — "Саламат әўлад" жылы;
2001-жыл — "Аналар ҳам балалар" жылы;
2002-жыл — "Кекселер қәдирлеў" жылы;
2003-жыл — "Абат мәҳалле" жылы;
2004-жыл — "Мийрим-шәпәәт" жылы;
2005-жыл — "Саламатлық" жылы;
2006-жыл — "Қәўендерлик ҳәм шыпакерлик" жылы;
2007-жыл — "Социаллық қорғаў" жылы;
2008-жыл — "Жаслар" жылы;
2009-жыл — "Аўылды раўажландырыў ҳәм абаданластырыў" жылы;
2010-жыл — "Баркамал әўлад" жылы;
2011-жыл — "Киши бизнес ҳәм исбилерменлик "жылы;
2012-жыл — "Беккем шаңарақ" жылы;
2013-жыл — "Абат турмыс" жылы;
2014-жыл — "Cаламат бала" жылы;
2015-жыл — "Кекселерди қәдирлеў" жылы;
2016-жыл — "Саламат ана ҳәм бала" жылы;
2017-жыл — "Халық пенен сәўбет ҳәм инсан мәплери" жылы;
2018-жыл — "Жедел исбилерменлик, инновацион идеялар ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў" жылы;
2019-жыл — "Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажландырыў" жылы;
2020-жыл — “Илим-мәнаўият ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў" жылы;
2021-жыл — "Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў"жылы;
2022-жыл — "Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле" жылы.
2023-жыл — "Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў" жылы.
2024-жыл — "Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў" жылы.
2025-жыл — "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм жасыл экономика" жылы.