Telegram Web Link
❗️Ҳиндстанда жолаўшы самолёты апатқа ушрады

Аҳмадобод қаласы аэропорты жанында Аир Индианың Лондонға ушып баратырған самолёты апашылыққа ушырады.

Дәслепки мағлыўматларға бола, оның бортында 242 адам болған.

Ҳәзирше қурбанлар ҳаққында рәсмий мағлыўмат жоқ.

👉 @Karakalpak24
❗️Жалған хабар!

Базы социал тармақларда "МЧС ке жумысқа аламыз, айлық 3 млн сум, 4 орын қалды" деген мазмундағы хабар жайластырылған.

Бул хабардағы мағлыўмат Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасына байланыслы емес. Басқарма тараўына талабанларды жумысқа қабыллаў бойынша хабарлар тийисли тәртипте расмий ғалаба хабар қураллары ҳәмде социал тармақлар арқалы жәрияланады.

Өз гезегинде пуқаралардан социал тармақларда жалған ҳәмде расмий тастыйықланбаған мағлыўматларды тарқатпаўды сораймыз.

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы Мәлимлеме хызмети

👉 @Karakalpak24
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Енди ҳәмме өзиниң аймағында таксишилик етеди

Ендигиден былай ўәлаяттан Ташкентке барып таксишилик етиўге болмайды.

👉 @Karakalpak24
ХДП Ташкенттеги такси шеклеўлерин Конституцияға қайшы, деп баҳалады

Халық демократиялық партиясы Ташкент қаласында жөнелиссиз такси жумысына қойылған шеклеўди нызамшылыққа қайшы, деп тапты ҳәм бул тәртипти бийкарлаў басламасы менен шықты.

Партия фракциясы Транспорт министрин Олий Мажлиске шақырды.

"Жөнелиссиз таксилерге шеклеў енгизиўге ҳеш қандай ҳуқықый тийкар жоқ. Бул жағдай Конституциялық нормальарға қайшы келмекте," - делинеди ХДПның рәсмий мүнәсибетинде.

Бул мәселе жәмийетшилик арасында да үлкен додалаўлар ҳәм наразылықларға себеп болмақта.

👉 @Karakalpak24
🏡 Orzu qilgan uyingizga ega bo‘lish vaqti keldi!

Ipoteka — bu umrboqiy qarz emas, balki o‘z uyingizda baxtli va hotirjam hayot uchun katta imkoniyat.
Tashvishlaringizni сhetda qoldiring, biz barchasini oson va tez hal qilib beramiz!

Shartlar quyidagicha:
Foiz stavkasi — 17% dan boshlab birlamchi;
Foiz stavkasi — 22.5% dan boshlab ikkilamchi;
Boshlang'ich to‘lov — 15% dan boshlab;
Muddati — 20 yilgacha.

📍 Ariza berish uchun o'zingizga yaqin bo'lgan bank ofislarimizdan biriga murojaat qiling!

Ipoteka krediti orqali birlamchi va ikkilamchi bozordan nafaqat uy-joy sotib olishingiz, shuningdek, uy-joyni ta'mirlash uchun ham ipoteka kreditlarini olishingiz mumkin.

🌐 Batafsil: hamkorbank.uz
📞 Savollaringiz bormi? Biz bilan bog'laning:
+998913071740 (Tadjiyev Ajiniyaz)
+998976547557 (Azizbek)
+998977871146 (Shoxrux)
+998906508005 (Ajiniyaz)

📱Instagram | 📱Facebook | 📺 YouTube | 🕊Bot

Реклама
Шавкат Мирзиёев Ҳиндстандағы авиа апат мүнәсибети менен Драупади Мурму ҳәм Нарендра Модиға кеўил билдириў хатын жоллады

Өзбекстан Президенти қайтыс болғанлардың жақынларына сабыр-тақат ҳәм шыдамлылық, жарақатланғанлар тез арада саўалып кетиўин тиледи.

Сондай-ақ Өзбекстан сыртқы ислер министрлиги бул апатта қайтыс болғанларың арасында Өзбекстан пуқаралары жоқ екенлигин мәлим етти.

👉 @Karakalpak24
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан жасыл энергия, аўыл хожалығы өндирис ҳәм туризм орайына айланады

Бул ҳаққында "Boston Consulting Group" басқарыўшы директоры ҳәм үлкен шериги Рза Нуриев Ташкент инвестиция форумында айтып өтти.

▪️️Аймақта 10 ГВт дан артық самал энергиясын ислеп шығарыў бойынша жойбарларды иске түсириў режелестирилмекте.
▪️️Аўыл хожалығы шарўашылық ҳәм қайта ислеўге бағдарланады. 10 жыл ишинде гөш ҳәм сүт ислеп шығарыўды 3 есеге арттырыў режелестирилген.
▪️️Туризм де дыққат орайында - сырт ел операторлары менен шәртнамаларға қол қойылған. Туристлер ағымының 50% ке артыўы күтилмекте.

👉 @Karakalpak24
❗️Автомашина кондиционеринен пайдаланыў бойынша 6 мәсләҳәт

1️⃣ Кондиционерди иске қосыўдан алдын салонды 3-5 минут самаллатың.

2️⃣ Суўық ҳаўа ағымын айдаўшы ҳәм оның жанындағы жолаўшының көкирек тәрепине қаратпаң. Суўық ҳаўа алдынғы айна (лобовой), қаптал айналар ямаса жоқарыға бағдарланған болыўы керек.

3️⃣ Сырттағы ҳаўа ҳәм кондиционерден шығып атырған ҳаўаның температурасы 7…10 дәреже парықланыўы керек.

4️⃣ Ыссы ҳаўада кондиционерди иске қосқаннан кейин алдын белгили бир температураға қойыў керек, кейин ала әсте-ақырын температура түсириледи.

5️⃣ Узақ сапарға кондиционерли машинада жолға шыққаныңызда ҳәр ярым саат–бир саатта автомобиль салонын самаллатып турың.

6️⃣ Кондиционер жақсы ислеўи ушын оның фреон дәрежесин өлшең ҳәм салондағы фильтрди, әлбетте, алмастырың.

👉 @Karakalpak24
❗️Ишимлик суўы тәмийнатына тийисли машқала ямаса авариялық жағдай жүзеге келгенде кимге мүрәжат етемиз?

☎️ “Қарақалпақ суў тәмийнаты” ЖШЖның 24/7 режиминде жумыс алып барыўшы диспетчерлик номери: 91 226-51-67 

Қала ҳәм районлық диспетчерлик хызмети телефон номерлери:

📞 Нөкси қаласы: 61-222-88-92 
📞  Әмиўдәрья районы:  61-515-45-98 
📞  Беруний районы:  97-357-58-05
📞  Қараөзек районы: 95-601-66-72
📞  Кегейли районы:  61-421-29-44
📞 Қоңырат районы: 61-312-12-85
📞  Қанлыкөл районы: 55-105-07-41
📞  Мойнақ районы: 61-322-22-61
📞  Тахтакөпир районы: 61-435-19-67
📞  Төрткүл районы: 61-532-27-52
📞  Хожели районы:  61-554-81-15
📞 Шымбай районы: 61-444-02-87
📞  Шоманай районы: 55-101-09-10
📞  Елликқала районы:
55-106-19-05           
📞  Нөкис районы: 55-101-65-46
📞  Тақыятас районы: 95-601-71-44
📞  Бозатаў районы:  95-601-01-31

👉 @Karakalpak24
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Риштанда белгили керамика таярлайтуғын жерди билесиз бе?

Егер сизге керамиканың қалай таярланыўы қызықлы болса, YouTube'тағы Қара шай каналы таярлаған видеоны тамаша етиң!

Видеода сиз әўладтан әўладқа өтип киятырған гүлалшылық сырлары менен де танысасыз!

Толық видео төмендеги силтемеде!

https://youtu.be/fpf_3OnqrWY?si=Szogw0kv8lInR2X3
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
️АҚШлы инвесторлар 2035-жылға шекем Қарақалпақстанды түпкиликли өзгертиўге жәрдем береди.

👉 @Karakalpak24
Өзбекстанда Volkswagen автомобильлери ислеп шығарылады

Volkswagen компаниясы "Өзавтосанаат" қурамындағы "Alyans Auto" менен биргеликте Өзбекстанда SKD усылында автомобильлер ислеп шығарыўды баслайды.

Компонентлер немис компаниясының Қытайдағы өндирислик базасынан жеткерип бериледи. Ғалабалық ислеп шығарыўды баслаў 2025-жылдың IV шерегине мөлшерленген.

👉 @Karakalpak24
❗️Өзбекстанда 2025-жыл 1-июньнан баслап жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғаны ушын жәрийма баллы система енгизилди

Бул шара тәртипти жақсылаў, жол-транспорт ҳәдийселери
санын кемейтиўге қаратылған.

Тийкарғы қағыйдалар:

Балларды топлаў:
Ҳәр бир қағыйдабузарлық ҳәрекети ушын айдаўшы белгили муғдардағы балл алады.
Бир қағыйдабузарлық ушын максимал 2 балл бериледи.

Баллардың әмел етиў мүддети:
Баллар биринши қағыйдабузарлық жүз берген күннен баслап бир жыл даўамында есапқа алынады.
Усы мүддеттен соң олар бийкар етиледи.

Ҳуқықлардан айырыў:
Егер бир жылда 12 баллдан асып кеткен болса, айдаўшы кеминде 6 ай мүддетке автомобиль айдаў ҳуқықынан айрылады.

Имтиханды қайта тапсырыў:
Автомобил айдаў ҳуқықынан айырыў мүддети жуўмақланғаннан соң, айдаўшы праваны тиклеў ушын теориялық ҳәм әмелий имтиханларды қайта тапсырыўы керек болады.

Дерек: Нызамшылық

👉 @Karakalpak24
Euronews Ташкентте офис ашыўды режелестирмекте

Европаның ири хабар агентликлеринен бири – Euronews Өзбекстанда өз ўәкилханасын ашыўды режелестирмекте.

Euronews — 160 тан аслам мәмлекетте эфирге узатылатуғын көп тилли хабар каналы есапланады.

👉 @Karakalpak24
Uzum karta bilan to‘lovda 30% gacha chegirmalar

Uzum Market yoki Uzum Tezkorda buyurtmalar berasizmi? Ajoyib yangilik — endi yanada ko‘proq tejashingiz mumkin.

Xaridlar va yetkazib berishlar uchun Uzum karta bilan to‘lovni amalga oshirib, 30% gacha foydaga ega bo‘ling.

🟣 Shopingni boshlash
🔵 Taom buyurtma qilish

Реклама
Сырт елде жумыс ислеп жүргенлердиң шаңарақ ағзаларына қандай жәрдемлер бериледи?

Президенттиң 2022-жыл 1-марттағы Пәрманына муўапық, ҳәр жылы Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясы қаржылары есабынан:

бағыўшысы сырт елге жумыс ислеўге кеткен кем тәмийинленген шаңарақларға БЕМның 2 есеси (660 мың сум) муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем бериледи;

сырт елге жумыс ислеўге кеткен пуқаралардың кем тәмийинленген шаңарақ ағзасы болған ямаса «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»нен биреўине киргизилген, майыплығы болған шаңарақ ағзаларына дәрилер, майыплық арбалары, еситиў аппаратларын ҳәм ортопедиялық өнимлерди сатып алыў ушын БЕМның 5 есеси (1 млн 650 мын сум) муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем бериў;

сырт елге жумыс ислеўге кеткен пуқаралардың Өзбекстанда олар менен бирге жасаўшы пенсия жасына жеткен ямаса I ҳәм II топар майыплығы болған шаңарақ ағзаларына Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясына тийисли санаторий ҳәм профилактикалық емлениў орынларына бир мәртелик бийпул жоллама бериў;

кем тәмийинленген шаңарақ ағзасы болған ямаса «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»нен биреўине киргизилген сырт елге жумыс ислеўге кеткен пуқаралардың балаларына лагерлерге бийпул жолламалар бериў.

Бул материаллық жәрдемлер ҳәм емлениў орынларына бир мәртелик бийпул жолламаларды алыў ушын усыныслар – ҳәким жәрдемшиси тәрепинен, ал лагерлерге жоллама алыў ушын усыныслар – жаслар жетекшиси тәрепинен бериледи.

Бул материаллық жәрдемлерди ҳәм жолламаларды алыўға арза бериў ушын төмендеги шәртлер белгиленген:

сырт елге жумыс ислеўге кеткен пуқаралар «Labor migration» бағдарламалық комплексинде дизимнен өткен болыўы;

арзаларды Кәмбағаллықты қысқартырыў ҳәм бәнтлик министрлигине «Labor migration» бағдарламалық комплекси арқалы электрон түрде бериў керек.

Кәмбағаллықты қысқартырыў ҳәм бәнтлик министрлиги арзаларды 5 күн ишинде қарап шығып, жәрдем алыўшы пуқаралардың дизимин Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясына береди.

👉 @Karakalpak24
2025/07/04 04:17:55
Back to Top
HTML Embed Code: