Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлерине

Қәдирли дослар!


Бәринен бурын сизлерди 27-июнь - Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен қызғын қутлықлаймыз.

Жәмийетимизде демократиялық қәдириятларды қарар таптырыў, пуқараларымыздың мәлимлеме тараўындағы конституциялық ҳуқықларын тәмийинлеў, дүньяда ҳәм мәмлекетимизде жүз берип атырған социаллық-сиясий процесслер, ўақыя-ҳәдийселер ҳаққында оператив ҳәм дурыс мағлыўматларды жеткериўде сиз, ғалаба хабар кураллары хызметкерлериниң пидәйи мийнетиңизди халқымыз жақсы биледи ҳәм қәдирлейди.

Сизлердиң мийнетлериңиз себеп, мәмлекетимиз ғалаба хабар қураллары халқымыз турмысына  жақын болып, елимиздиң жаңа демократиялық көринисин қәлиплестириўде оғада әҳмийетли орын ийелемекте.

Биз жәмийетимизде ашық-айдынлықты тәмийинлеўде, өмир ҳәм кәсиплик тәжирийбеңизди жасларға үйретип, заманагөй пикирлейтуғын, Ўатан ҳәм халқымыздың мәпин муқаддес деп билген саламат ҳәм кәмил әўладты тәрбиялаўда сизлердиң мийнетиңизге сүйенемиз.

Сизлерди Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни менен және бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, машақатлы мийнетиңизде бәрҳәма табыслар тилеймиз.

Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы

👉 @Karakalpak24
🚀 0-0-6 aksiyamiz davom etmoqda, orzuyingizdagi smartfonni xarid qilishga ulgurdingizmi?

Honor, Redmi, Oppo va Tecno spark smartfonlari Elmakon do'konlarida o'z egalarini kutmoqda!

😍 Eng qulay shartlarda, boshlang'ich to'lov va foizlarsiz, oylik to'lov esa 283 900 so'mdan boshlanadi.

Batafsil:
📞 71-203-1203 | Elmakon Chat

Bizning saytimiz | Do‘konlarimiz

Реклама
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️ Сенатор алименттиң ең кем муғдарын көбейтиўди усыныс етпекте

Сенаторлар алименттиң ең кем муғдары (306 075 сўм) минимал тутыныў қәрежетлери муғдарынан 2 есе кем екенлигин сынға алды.

Соны есапқа алған ҳалда алимент муғдарын баланың жасы ҳәм барлық мүтәжликлеринен келип шығып қайта қарап шығыў бойынша нызамшылыққа тийисли өзгерис киргизиў кереклиги билдирилди.

👉 @Karakalpak24
Полша 4 күнлик жумыс ҳәптесине өтпекте

Полшада 30-июньнан баслап компаниялар, жергиликли ҳәкимият уйымлары ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлерде тест режиминде 4 күнлик жумыс ҳәптеси жумысы жолға қойылады. Басламаның мақсети хызметкерлердиң турмыс сапасын жақсылаў, мийнет базарын автоматластырыў ҳәм демографиялық өзгерислер машқалаларына бейимлестириў болып есапланады.

👉 @Karakalpak24
Ташкентте онлайн саўда платформасында 3 жасар баланы ким сатыўға қойғаны анықланды

OLX‘та 3 жасар баланың сатыўға қойылғаны тармақларда додалаўға себеп болды. Балалар омбудсманының анықлаўынша, буны баланың 13 жасар ағасы ислеген.

Ташкент қаласы Учтепа районында ата-анасы қарамағында жасаўшы жас өспирим 13 жасар И.А. киши жасар иниси 3 жасар А.М.ны шоқлығы ушын сыяқлы жаза бериў мақсетинде онлайн платформаға сатыў ҳаққында дағаза (өзи ашқан аккаунттан) жайластырған. Ол сатыў баҳасын 150 мың сум деп көрсеткен.

👉 @Karakalpak24
Hamkor ilovasi orqali Humo yoki Visa kartasini rasmiylashtirib, quyidagi qulayliklarga ega bo'ling:

Bank kartalarini BEPUL rasmiylashtirish;
Xalqaro pul o‘tkazmalarini qabul qilish imkoniyati;
Visa direct xizmati orqali pul o'tkazmalari;
Visa kartalaridan bank ofislarida BEPUL naqd pul yechish;
Hamkorbank Visa kartalari o'rtasida P2P BEPUL;
Ilova orqali mablag'larni oson boshqarish;
24/7 qo'llab-quvvatlash xizmati.

Hamkorbank kartasining yana bir asosiy afzalliklaridan biri:
Hatto rasmiy daromadingiz bo'lmasa ham karta orqali pul aylanmalarini amalga oshirib, kredit olish imkoniyatiga ega bo'lasiz.

BARCHA BANK PLASTIK KARTALARIDAN 30 MLN DAN YUQORI SUMMALARNI 0.5 % DAN NAQDLASHTIRIB BERADI

📥 Hamkor ilovasini hoziroq yuklab oling va bank kartalariga buyurtma bering: havola

📞 Savollaringiz bormi? Biz bilan bog'laning:
+998913071740 (Tadjiyev Ajiniyaz)
+998976547557 (Azizbek)
+998977871146 (Shoxrux)
+998906508005 (Ajiniyaz)

📱Instagram | 📱Facebook | 📺 YouTube | 🕊Bot

Реклама
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
"Манчестер Сити" клубы басшылары Өзбекстаннан жаңа клуб сатып алмақшы

"Манчестер Сити"ға ийелик етиўши City Football Group компаниясы өзиниң 13-клубин сатып алыў ҳәрекетинде жүр. Бул ҳаққында Миллий олимпиада комитети баслығының биринши орынбасары Отабек Умаров мәлим етти.

Умаровтың сөзлерине қарағанда, ҳәзирги ўақытта клуб басшылары Өзбекстан клубын сатып алыўға қызығыўшылық билдирген. Август айында Англияда жаңа мәўсим басланғанда Өзбекстан тәрепи ҳәм City Football Group жуўапкерлери арасында ушырасыў болып өтеди.

Ҳәзирше City Football Group қайсы клубты сатып алатуғыны анық белгисиз.

Еслетип өтемиз, CFG компаниясы ҳәзирге шекем "Манчестер Сити"дан тысқары Испанияның "Жирона," Италияның "Палермо," Францияның "Труа," Белгияның "Ломмел," АҚШтың "Ню-Ёрк Сити," Японияның "Ёкогама Маринос," Ҳиндстанның "Мумбай Сити," Австралияның "Мелбурн," Қытайдың "Шенжен Пен Сити," Уругвайдың "Монтевидео" командаларына ийелик етеди.

👉 @Karakalpak24
Алимент муғдарын арттырыў усыныс етилди

26-июнь күни Сенат мәжилисинде алимент төлемлери системасындағы машқалалар додаланды.

Ҳәзирде бир бала ушын алименттиң ең аз муғдары - 306 мың сум,
бул болса 2025-жыл ушын белгиленген минимал тутыныў қәрежетлеринен (669 мың сум) еки есеге аз.

Сенатор Орзигул Мойдинова алимент муғдарын баланың жасы ҳәм мүтәжликлерине қарап қайта көрип шығыў зәрүрлигин атап өтти.

👉 @Karakalpak24
💳 Пул керакми? "SQB Mobile" билан онлайн микрокарз — тез, осон ва ишончли!

Пул керак бўлса, навбат кутманг — SQB Mobile билан масала осон ҳал бўлади!

Онлайн ариза — уйдан чиқмасдан, бир неча дақиқада;
Маблағ дарҳол картага тушади;
Исталган таъминот тури — шартлар қулай ва тушунарли;
Йиллик фоиз ставкаси 29% дан;
100 миллион сўмгача — шахсий эҳтиёжларингиз учун етарли.

📲 SQB Mobile — сизнинг ишончли молиявий ёрдамчингиз!

Батафсил бу ерда — линк

Реклама
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни кең түрде белгиленди

Бүгин Қарақалпақстан көркем-өнер сарайында «27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни» мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, бүгинги байрам мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.

Дөретиўшилердиң кәсиплик байрамы мүнәсибети менен баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары тараўы хызметкерлерине «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист» ҳүрметли атақлары, «Ўатан пидайысы», «Үмит ушқыны» көкирек белгилери, өзлериниң юбилей сәнелерин белгилеп атырған газета-журналлар редакцияларына компьютерлер, бир топар тараў хызметкерлерине ҳәм блогерлерге Ҳүрмет жарлықлары менен баҳалы саўғалар тапсырылды.

Өткерилген байрам салтанаты мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

👉 @Karakalpak24
❗️Жәрийма баллары ҳаққында әҳмийетли 10 факт!

1⃣ Жәрийма баллары 2025-жыл 1-июньнан баслап күшке киреди;

2⃣ Жәрийма баллары тек ғана ЖҲҚБ хызметкерлери тәрепинен рәсмийлестирилген ҳәкимшилик протоколлар бойынша есапланады;

3⃣ Жәрийма баллары "Е-jarimaball" модули арқалы инсан факторысыз автоматластырылған ҳалда есаплап барылады;

4⃣ Егер айдаўшылар 12 ай даўамында қағыйданы бузбаса, кейинги жылдағы биринши қағыйдабузарлығы ушын жәрийма баллары жазылмайды;

5⃣ Егер айдаўшылар ақырғы ҳуқықбузарлық ушын жәрийма баллары қолланылған ўақыттан баслап 6 ай даўамында қағыйдабузарлық ислемесе, оның жәрийма балынан 2 балл шегирип тасланады;

6⃣ Айдаўшылар жәрийма баллары ҳаққында өзлериниң мобил байланыс қуралларына келген "СМС" хабарлар арқалы хабардар етиледи;

7⃣ Айдаўшылардың жәрийма баллары 8 баллға жеткенде олар рәсмий түрде ескертиледи;

8⃣ Айдаўшылардың жәрийма баллары олар биринши мәрте қағыйдабузарлық ислеген ўақыттан баслап кейинги жыл усы күнге шекем 12 баллға жетпесе, жәрийма балларын есаплаў жаңадан басланады, яғный ҳәммеси өшип кетеди;

9⃣ Жәриймa баллары 12 баллдан асқан жағдайда айдаўшылардың ҳүжжетлери ҳәкимшилик жаза қолланыў ушын судларға жибериледи ҳәм бул ҳаққында оларға "SMS" хабар арқалы мәлим етиледи (12 баллдан асқанда, жеткенде емес);

🔟 Жәрийма балларынан наразы болсаңыз ДЙҲХХниң тийисли бөлимлерине, олардың қарарынан наразы болсаңыз жоқары турыўшы органларға (прокуратура) ямаса судқа шағым етиўиңиз мүмкин. Егер утып шықсаңыз жәрийма баллары бийкар етиледи.

Дерек: Нызамшылық

👉 @Karakalpak24
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Аралдан авангардқа қарай: Қарақалпақстанда Чартақ пенен бахытқа саяхат🌊

Арал үстиндеги самал тарийх ҳаққында сыбырлайды.
Қумлы төбешиклер әййемги қалалар излерин сақлайды.
Бул жерлердиң ҳалқы жақсы биледи: бахыт суў көплигинде емес ал оның тазалығы ҳәм ҳәр биримиздин ишимиздеги руўхый күште

Бахыт иште -ҳәм оны ең узақ излеген жерде.
-
Oroldan avangard sari: Qoraqalpog'istonda Chortoq bilan baxtga sayohat 🌊

Orol ustidagi shamol hikoyalarni shivirlaydi, qumtepalarda qadimiy shaharlar izlari qoladi. Bu yerdagilar esa bilishadi: baxt suvning ko‘pligida emas, balki uning musaffoligi va har birimizda yashaydigan ruhning kuchidadir.

Baxt ichida - uni eng uzoq izlagan joyda ham.
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
❗️️"Телеграм" арқалы наркотик сатқан 5 адам қолға алынды

МҚХ ҳәм ИИМ менен биргеликте өткерилген оператив илажда Ташкент ўәлаятында "Телеграм" арқалы нәшебентлик затлардың саўдасы менен шуғылланған 5 шахс усланды.

Ҳәммесине жынаят иси қозғатылып, қамаққа алынды. Тергеў жумыслары даўам етпекте.

👉 @Karakalpak24
️Социаллық тармақлар ҳәм "Телеграм" мессенджериндеги каналларда мисли Халық қабыллаўханалары орнына мүрәжатлар ўақытша Әдиллик ҳәм Прокуратура органлары арқалы қабылланыўына байланыслы материаллар тарқатылмақта. Бул хабарлар ҳақыйқатқа туўра келмейди.

👉 @Karakalpak24
2025/06/28 06:34:00
Back to Top
HTML Embed Code: