"BIZ KORRUPCIYAǴA QARSIMIZ!" atamasında ılajlar shólkemlestirilmekte
Mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw ministrligi tarawında ministrlik hám onıń aymaqlıq bólimleri, shólkemleri hám mákemeleri jumısınıń tiykarǵı jónelisleri menen tanıstırıw, áhmiyetli mashqalalardı tezlik penen sheshiw, korrupciyaǵa qarsı gúresiw sisteması nátiyjeliligin jánede asırıw, sonday-aq, korrupciyalıq is-háreketlerdi óz waqtında anıqlaw, olardı saplastırıw, aqıbetleri, keltirip shıǵarıwshı sebepleri hám shárt-sharayatların saplastırıw maqsetinde 2024-jıldıń
1-noyabrinen 1-dekabr sánelerinde «Korrupciyaǵa qarsı gúresiw aylıǵı» sheńberinde 15-sanlı ulıwma bilim beriw mektebinde 8-10 klass oqıwshıları arasında "BIZ KORRUPCIYAǴA QARSIMIZ!" atamasında jarıs shólkemlestirildi. Jarısqa oqıwshılar topar bolıp qatnasıp, 4 basqısh boyınsha óz ara bellesti. Jarıs juwmaǵında 4 basqısh boyınsha alǵan balları esaplanıp, jeńimpazlar mektep húrmet jarllıqları menen sıylıqlandı.
muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

«B2» алыў ушын не ислеў керек?
Халықаралық дәрежедеги бул сертификатты қолға киритиў ушын анық ҳәм толық жазып билиў, сондай-ақ күтилмеген темаларда жазып ҳәм сөйлеп билиў керек.
Бул дәрежеге жетиў ушын әлбетте тынымсыз оқыў, излениў ҳәм көп тер төгиў керек. Мойнақлы Әжинияз Турдыбаев инглис тили бойынша «B2» сертификатын алыў ушын ҳәмийше ҳәрекетте болды.
Ол Мойнақ районы «Қазақдәрья» аўыл пуқаралар жыйынындағы 14-санлы мектептиң 11-класс оқыўшысы. Ә.Турдыбаевтиң оқыў, билиў ушын төккен тери зая кетпеди. Ол жақында инглис тили бойынша «B2» халықаралық сертификатына ийе болды. Ол буның ушын устазы Айдарбек Төребековқа миннетдаршылық билдиреди.

📅16-17.11.2024
📍Ташкент қаласы
✍️Мойнақ спорты мәлимлеме хызмети!
Telegram | Instagram
📍Ташкент қаласы
🏵️Спорттың “Миллий Кураш” түринен ҳаял-қызлар арасында “Кураш Маликалары” Республика турнири болып өтти.
🤩Жерлесимиз ҳәм районымыздың спорт жүзи болып үлгерген Сабрина Узақбаева 87кг салмақта жеңимпаз болыўға мияссар болды.
🏆Споршымыздың үлкен жетискенликлери менен шын жүректен қутлықлап, жумысларына тасқын табыслар тилеймиз ҳәм тек жеңимпаз болып жүриў несип етсин!
✍️Мойнақ спорты мәлимлеме хызмети!
Telegram | Instagram
Көшпели қабыллаў: арзыўға қанат, мақсетке мәдет, машқалаға шешим болатуғын система
Мойнақ районы «Мәдели» АПЖ турғынлары менен ашық сәўбетте болыў, олардың машқалаларын тыңлаў ҳәм сапластырыў мақсетинде көшпели қабыллаў өткерилди.
Атап өтиў керек, соңғы жылларда «Мәдели» АПЖ аймағында көплеген қурылыс, оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылып, аўыл халқының жасаў шараяты жақсыланды.
Қабыллаўға район ҳәкими Б.Менглибеков, районлық Ишки ислер бөлими баслығы Ж.Юсупов ҳәм Президенттиң райондағы Халық қабыллаўханасы баслығы Д.Қәлимбетовлар қатнасты.
Қабыллаўда атап өтилген машқалалардың айырымлары сол орынның өзинде унамлы шешим тапқан болса, мүддет талап етилетуғын мәселелер қадағалаўға алынды.
Сондай-ақ, мәҳәлле турғынлары машқалалардың шешими бойынша ҳуқықый түсиниклерге де ийе болды. Бундай қабыллаўлар мәҳәллелер бойлап даўам етпекте.