Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы
Photo
Быйыл «Қарақалпақ тил ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының қабыл етилгенлигине 35 жыл толады
1-декабрь - Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн. Сәне мүнәсибети менен Мойнақ районы Мәденият орайы имаратында байрам кешеси шөлкемлестирилди.
Байрам салтанатында Мойнақ районы ҳәкиминиң орынбасары Бәҳәргүл Жамалова ана тилимиздиң турмысымыздағы әҳмийети, ҳуқықый тийкарлары ҳәм тарийхы ҳаққында атап өтип, жыйналғанларды байрам менен қутлықлады.
Соннан соң ана тилимизди жәмийетимиз ҳәм жаслар санасына таза ҳәм сап ҳалында жетиўине қосқан үлеси ушын бир қатар педагог оқытыўшылар ҳүрмет жарлығы менен сыйлыкланды.
Байрам кешеси районлық Мәденият бөлими хызметкерлери, 2-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби оқыўшылары қатнасында таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.
muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Билесиз бе, пул мәселеси қашан да ҳәммени қызықтырады. Енди усы ҳаққында азырақ пикир жүргизейик.
Қара күн ушын пул жыйнаў: Пул инсанлар ушын мүтәжликлерин питкериў, арзыў-әрманларын әмелге асырыў ушын пайдаланатуғын қурал деўге болады. Пул менен ислесер ўақытта инсанлар өз характери ҳәм балалықтан қәлиплескен әдетлерине қарай ис тутады.
Пулды қәдирлеў, оны ысырап етпеў кереклигин ҳәммемиз жақсы билемиз. Айырым ҳаяллардың үйиндегилерден жасырынша пул сақлайтуғын әдети бар екенлиги ҳешкимге сыр емес.

Көп жағдайларда бундай етиўине ҳаялдың турмыс шараяты, оның мүтәжликлери ушын бәрҳама қәрежет ажыратыла бермегенлигине қыйналып, ямаса, турмыстағы ҳәр түрли жағдайлар ушын керек болады деп, усындай жол тутады. Негизинде, бул жаман әдет емес, себеби ҳаяллар бәрибир сол шаңарақтың абырайы ушын ҳеш нәрсени аямайды.
Тек... тек... мәселениң басқа бир тәрепи бар, соған жүдә итибарлы болып қараў керек. Бул дегени - пул жыйнаў барысында жақсы нийет етиў! Егер сиз пулды бийкарға ысырап етпей, тежеп услап, күнделикли қәрежеттен аўысқанын жыйнаўға қарар етсеңиз, онда жыйнайтуғын пулыңызды жақсы күнлерге, мысалы қаладан үй алыўға, машина алыўға, ямаса үйиңизге керекли буйым алыўға дегендей жақсы нийет етиң. Қара күниме деп пул жыйнаўға нийет етпек түўе, оны ойлаўдың өзи дурыс емес!
Не ушын ондай?
Себеби инсанның ойлаған ҳәр бир пикири, әсиресе, ол қайта-қайта ойланылса, ол әмелге асыўға, яғный, тек сөзден материаллық формаға өте баслайды. Қара күнлер дегенде кеўирге аўыр тийетуғын, басына мүсийбет түскен күнлерди түсинемиз. Басына бундай күн түскен инсанның көпшилиги "Бундай күнди душпаныма да раўа көрмеймен," дейди. Сиз өзиңизге раўа көресиз бе? Ондай күнлердиң, ҳәтте, бир минутын да көз алдыңызға келтириў аўыр.
Дурыс, өмир дегенимиз ақ қағаз бетиндеги туўры сызықлар сыяқлы емес. Арасында қыйыншылықлар да ушырасып турады. Тек, ҳәрдайым жақсы нийетте жүретуғын адамларда қыйыншылық пенен бирге оның шешими де жеңиллеў келеди, машқаласы қыйыншылықсыз шешиледи.
Усы жерде бир неше усынысларды келтирсек болады:
1. Ҳәр қашан пулға қатыслы финанслық мақсетиңиз унамлы ҳәм анық болсын.
2. Усы мақсетиңизди әмелге асырыў барысында өзиңизде унамлы өзгерислер болып атырғанын ойлаң ҳәм өзиңиз де әлпайым ҳәм ашық кеўилли болың.
3. Умытпаң!
Пул - жүдә күшли энергия қуўатына ийе. Оның энергиясынан жақсы мақсетлер ушын пайдаланың!
Топлаған: Гүлайым Қуўанышбаева, ҚМУдың әмелиятшы студенти.

⚡️TOP-100 jaslar jetekshileriniń reytingine kirgen qaraqalpaqstanlı jetekshiler hám olardıń ata-anaları xoshametlendi
Máhállelerdegi jaslar jetekshileriniń 2024-jıl 3-sheregi iskerligi boyınsha qaraqalpaqstanlı 7 jas TOP-100 lik reytinginen orın iyeledi.
Quwanarlısı, bul 7 jas ishinen rayonımızdıń Jayxun MPJ jaslar jetekshisi Ayapbergenov Renat hám onıń anası xoshametlendi.
Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarması baslıǵı orınbasarı Maxset Tursınov jaslar jetekshilerine jáne olardıń ata-anasına Máhállelerde jaslar menen islesiw máselelerin muwapıqlastırıw boyınsha Respublikalıq komissiya baslıǵı Q.Quranbaev hám Jaslar isleri agentligi direktorı A.Sadullaev atınan alǵısnamalardı tapsırdı.

⭐️Usı jıldıń 29-noyabr kúni Qaraqalpaqstan Respublikası Nókis qalasında “Jıldıń eń úlgili máhálle jaslar jetekshisi” tańlawınıń Qaraqalpaqstan Respublikası basqıshı bolıp ótti.
Bul tańlaw Máhálle sistemasınıń keleshegin qurıp atırǵan haqıyqıy liderler ortasında ótkerildi. Tańlawǵa rayonlardan kelgen eń úlgili máhálle jaslar jetekshileri 10 jónelis boyınsha óz bilimleri, tájiriybeleri hám kreativ ideyaları menen qatnastı.
Usı tańlawǵa rayonımız atınan Jayxun MPJ jaslar jetekshisi Ayapbergenov Renat "Qabıletli hám intellektual jetik jaslar menen nátiyjeli jumıs islegen eń úlgili máhálle jetekshisi" jónelisi boyınsha qatnasıp, sıylı 2-orındı iyelewge miyassar boldı.
Renattı bul jetiskenligi menen qutlıqlap onıń keyingi waqıtlarda jumıslarında tabıslar tilep qalamız 👏👏👏

Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти
Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында 1-декабрь – Қарақалпақстан Республикасының “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызамы қабыл етилгенине 35 жыл толыўы мүнәсибети менен байрам салтанаты өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам менен қутлықлады.
Толық оқыў
—
Қорақалпоқ тилига давлат тили мақоми берилган кун муносабати билан байрам тантанаси бўлиб ўтди
Бугун Бердақ номидаги Қорақалпоқ давлат академик мусиқали театрида 1 декабрь - Қорақалпоғистон Республикасининг "Давлат тили ҳақида"ги Қонуни қабул қилинганининг 35 йиллиги муносабати билан байрам тантанаси ўтказилди.
Унда Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев сўзга чиқиб, йиғилганларни байрам билан табриклади.
Тўлиқ ўқиш
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube