Telegram Web Link
Бүгин, 2024-жыл 3-декабрь Президенттиң Мойнақ районындағы Халық қабыллаўханасы имаратында район ҳәкими ҳәм секторлар басшыларының пуқаралар қабыллаўы шөлкемлестирилди.
_

Бугун, 2024 йил 3-декабрь куни Президентнинг Мўйноқ туманидаги Халқ қабулхонаси биносида туман ҳокими ва секторлар раҳбарларининг фуқоралар қабули ташкил этилди.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Қарақалпақстан Республикасы бойынша 3664 исбилерменлик ушын жер участкалары мүлк ҳәм ижара ҳуқықы менен саўдаға шығарылды !!!
e-auksion.uz
🔷Нөкис қаласы 185 (көриў)
🔷Әмиўдәрья районы 18 (
көриў)
🔷Беруний районы 313 (
көриў)
🔷Бозатаў районы 266 (
көриў)
🔷Қараөзек районы 382 (
көриў)
🔷Кегейли районы 161 (
көриў)
🔷Қоңырат районы 336 (
көриў)
🔷Қанлыкөл районы 309 (
көриў)
🔷Мойнақ районы 318
көриў)
🔷Нөкис районы 289 (
көриў)
🔷Тақыятас районы 100 (
көриў)
🔷Тахтакөпир районы 176 (
көриў)
🔷Төрткүл районы 263 (
көриў)
🔷Хожели районы 164 (
көриў)
🔷Шымбай районы 101 (
көриў)
🔷Шоманай районы 163 (
көриў)
🔷Елликқала районы 120 (
көриў)

социаллық
тармақларда:
Telegram | Facebook | Instagram | Youtube
Тийкарғы мақсет - пуқаралар қәўипсизлигин тәмийинлеў

Мойнақ районы ҳәкими, биринши сектор басшысы Бахтияр Менглибековтың аймақларда көшпели қабыллаўлары даўам етпекте. Буннан мақсет - халық пенен ашық сәўбетлесиў, олардың машқалаларын аймаққа шыққан ҳалда үйрениў ҳәм оларды сапластырыў сондай-ақ халықтың разылығына ерисиўден ибарат.

Нәўбеттеги көшпели қабыллаў «Ҳәким ата» АПЖ аймағында өткерилип, оған Халық қабыллаўханасының райондағы басшысы Д.Қәлимбетов қатнасты.

Көшпели қабыллаўда мәҳәлле турғынлары турақ жайларының ысытыў мәўсимине таярлығы ҳәм бул мәўсимде қәўипсизлик қағыйдаларын сақлаў бойынша  қағыйдалар атап өтилди.

Сондай-ақ, ҳаўа райы температурасынан келип шыққан ҳалда турақ жайды қыздырыў дереклерин басқарыў арқалы энергия ресусларын артықша сарпланыўының алдын алыў ҳәм гүз-қыс мәўсимин зыян көрместен өткериў, энергия үнемлеўши үскенелерден нәтийжели пайдаланыў бойынша тараў қәнигелери тәрепинен көрсетпелер берилди.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Терек егип, бағ жаратыў - ийгилик ҳәм уллылықтың белгиси

Тереклерге меҳир бериў, оларды тәрбиялаў ең ийгиликли ҳәм қайырлы ис есапланады. Нәл егип, бағ жаратыў, қоршаған орталықты таза ҳәм азада сақлаў халқымыздың әсирлер даўамында қәлиплесип киятырған миллий қәдириятлары саналады.

Елимиз бойлап даўам етип атырған «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде Мойнақ Мәмлекетлик тоғай хожалығы тәрепинен Мойнақ районындағы Шеге аўылында мийўели бағ жаратылмақта. Бүгин бағ жаратыў жумыслары басланып, буған район ҳәкими Б.Менглибеков ҳәм районлық Ишки ислер бөлими баслығы, үшинши сектор басшысы Ж.Юсуповлар қатнасты.

Терек егиў Ҳүрметли Президентимиз басламасы менен Мойнақ районында улыўма миллий ҳәрекетке айланды. Мәмлекетимизде кең көлемде «Жасыл мәкан» жойбары шеңберинде терек егиў бойынша әҳмийетли 40 күнлик өткерилип, терек егиў жумыслары нәтийжели алып барылмақта.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Имканияты шекленген пуқаралар - меҳир ҳәм итибар қушағында

Мойнақ районында «3-декабрь - Халықаралық майыплар күни» мүнәсибети менен байрам илажы өткерилди.

Имканияты шекленген пуқараларды байрам менен қутлықлаў мақсетинде Мойнақ районы ҳәкимлиги, Инсан социаллық хызметлер орайы, Майыплар ҳәм Көззи әззилер жәмийетлери, руўхыйлық ағартыўшылық бөлиминен жуўапкерлер қатнасты.

Район орайындағы пайызлы орынлардың биринде районымыздағы майыплығы болған пуқаралар ушын байрам дастурханы жайылып, районлық Мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен концерт бағдарламасы шөлкемлестирилди.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
2025/07/01 05:53:11
Back to Top
HTML Embed Code: