Telegram Web Link
МӘДЕНИЯТ КӘРЎАНЫ – ҚАРАӨЗЕКТЕ.

⚡️Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 25-декабрьдеги ПҚ-406-санлы қарарына тийкар, елимиз бойлап кең көлемли "Мәденият кәрўаны" илажлары шөлкемлестирилмекте.
Бул иләж Қараөзек районы орайындағы дем алыў бағында болып, онда Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы ансамбли қосықшыларының атқарыўында театрластырылған концерт бағдарламалары жанлы ҳаўазда атқарылып, умытылмас сахналық көринислер қойып берилди.
Өткерилген кеўил ашар ҳәм ағартыўшылық иләжлар бәршеде заўық бағышлады.

Ўзбекча:👉https://gov.uz/oz/qaraozek/news/view/68022

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.

➡️@QaraozekHakimligi
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#видеоролик

#жаслар_бәнтлиги

⚡️Ҳүрметли Президентимиздиң ПҚ-153-санлы қабыл етилген қарары тийкарында Қараөзек АПЖ да 42 жасқа егислик жер майданлары ажыратып берилди.
--------
#yoshlar_bandligi

⚡️️Ҳурматли Президентимизнинг ПҚ-153-сонли қабул қилинган қарори асосида Қораўзак ОФЙ да 42 ёшга экинзор ер майдонлари ажратиб берилди.

➡️@QaraozekHakimligi
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ бесинши сессиясы басланды

Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Ҳүкимет ағзалары, Республика тараў басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнасып атыр.

Дәслеп Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Ресубликасының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып бармақта.

Сессия «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы туўрыдан-туўры эфирде жарытып барылады.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube
Сессияныӊ күн тәртибиндеги дәслепки мәселе «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы болып, бул мәселе бойынша  Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы Алишер Атажанов баянат жасады.

Сессияның күн тәртибиндеги дәслепки мәселе бойынша қарар қабыл етилди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе «Қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы болып, бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң Санаат, қурылыс, транспорт ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитети баслығының орынбасары Жалғасбай Бердиханов баянат жасады.

Атап өтиў орынлы, мәмлекетимизде энергия турақлылығын тәмийинлеў, қайта тиклениўши энергия дереклерин ҳәм энергия үнемлеўши технологияларды еңгизиў, тараўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў механизмлерин жетилистириў бағдарында исенимли қәдемлер тасланды ҳәм салмақлы нәтийжелерге ерисилди. Бул бағдарда үлкен потенциалға ийе болған Қарақалпақстан ушын электр энергиясын ислеп шығарыў бойынша үлкен мақсетли режелер белгилеп алынған.

Бул нәтийжелерге ерисиўде ең дәслеп, тараўдың ҳуқықый тийкарын жетилистириў талап етилиўи оғада әҳмийетли болып, усы мақсетте «Қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы нызамы ислеп шығылды.

Күн тәртибиндеги бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе онкологиялық кеселликлерди ерте басқышта анықлаў, аналықты ҳәм балалықты қорғаў, сырт ел компанияларының дәрилерин тийкарсыз буйырыў жағдайларына шек қойыў, тараўда бюджет қаржыларының мақсетли жумсалыўын тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигине жиберилген Парламентлик сораўының нәтийжеси туўралы болып, бул мәселе бойынша Денсаўықты сақлаў министрлиги М.Қурбанов шығып сөйледи.

Буннан соң күн тәртибиндеги мәселе толық қарап шығылып, депутатлар тәрепинен арнаўлы қарар қабыл етилди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube
Күн тәртибинде «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасы тийкарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигине парламентлик сораў жибериў туўралы кейинги мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң Бюджет, экономикалық реформалар, инвестициялар ҳәм инновация мәселелери комитети баслығы Бердибек Сейтназаров баянат жасады.

Бул мәселе де толық қарап шығылып, қарар қабыл етилди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube
2025/07/13 22:46:24
Back to Top
HTML Embed Code: