Бир өмирлик бахыт кепиллиги

Бир киси данышпаннан:
"Перзентим қуўаныўы ушын не саўға етейин?" деп сорады.
Данышпан: "Егер қант берсең, бала бир күн қуўанады, ертеңине дәмин умытады. Ойыншық алып берсең, бир ҳәпте қуўанады. Тулпар ат мингизсең, бир ай қуўанады. Сен перзентим қуўансын десең, китап алып бер, сонда ол бир өмирге бахытлы болады..." депти.

Дерек: @kitapqumar_16

@SIZLER_USHIN
👍63
💐Ассалаўма әлейкум!

🌸Қайырлы таң, қәдирданларым!

Басланып атырған жаңа ҳәпте сизлер ушын табыслы келсин, ҳәрбир күниңиз қуўанышлы өтсин!


@SIZLER_USHIN
👍8🥰2
ОҚЫТЫЎШЫЛАР НЕГЕ КЕСЕЛ БОЛАДЫ?

Шыпакерлер оқытыўшыларды кәсиплик кеселликлерге алып баратуғын бир неше себеплерди атап көрсеткен:


1. Сөйлеўдеги артықша жүк.

Инсан ҳәр күни орташа 16 мың әтирапында сөз ислетер екен. Оқытыўшыларда болса бул көрсеткиш бир неше есе көп. Олар “Қайырлы күн, балалар, дәптерлерди аламыз” деўден баслап “Енди үй ўазыйпасын жазып аламыз” дегенге шекем норманы әдеўир асырып қояды. Оқыўшылар ушын бул әпиўайы ғана даўыс сыяқлы болса да оқытыўшы ушын күтә үлкен жүк есапланады.


2. Жоқары дәрежедеги стресс ҳәм психик басым.

Орташа алғанда, ҳәрбир оқытыўшы күнине 4 сааттан сабақ өтеди. Ҳәрбир класста орташа 25 оқыўшы болады. Бул болса оқытыўшының ҳәр күни 100 оқыўшы менен үзликсиз байланыста болыўын аңлатады. Буған педагогикалық кеңес, ата-аналар жыйналысы ҳәм дөгерек шынығыўларын қосатуғын болсақ, оқытыўшы ҳәр күни қаншелли көп стрессти бастан кешириўи анықласады. Соның менен бирге, күн бойы байланыста болған ҳәрбир инсанның өзине муўапық сезимлери, кеширмелери, ой-пикирлери бар ҳәм оқытыўшы булардың ҳәммесин өзине қабыл етип алады. Сезимлердиң бундай ағымына кирип қалған оқытыўшы күн даўамында қаншелли үлкен психик басым астында жүриўин ойда саўлелендириў қыйын емес.


3. Гиподинамия ямаса әпиўайыластырып айтқанда, кем ҳәрекет қылыў.

“Үй-оқытыўшылар бөлмеси-класс бөлмеси-үй” арасындағы жуўыра-жуўырлар көп ўақыт алмайды. Оқытыўшының күнлик тийкарғы ўақты сабақта тик турыў ямаса стулда отырыў менен өтип кетеди. Сол себепли аяқ қан тамырларында машқалалар жүзеге келеди.


4. Таза ҳаўаның кемлиги.

Тән алыў керек, тәнепис ўақтында оқытыўшылар бөлмеси ямаса класс бөлмесиндеги әйнеклерди самаллатыў ушын мудамы ашып қоя бермеймиз. Айырым оқытыўшылар самаллаўдан қорқады ямаса ҳаўа алмастырыўды естен шығарып қояды. Нәтийжеде микроблар жыйналған ҳәм ығаллық төменлеп кеткен дем жетпейтуғын бөлмеде отырып ислеўге туўра келеди.


5. Көзлердиң үзликсиз зорығыўы.

Дәптерлерди түнги тексериў қаншелли көп күш талап етиўин оқытыўшылардың өзлери жақсы биледи. Телефон, компьютерде узақ телмирип отырыў болса биринши нәўбетте көзлерге унамсыз тәсир өткереди. Сол себепли 40 жасқа барар-бармастан көпшилик оқытыўшылардың көриў қәбилети төменлеп кетеди ҳәм көзәйнек тағыўға туўра келеди.

ӨЗИМИЗДИ АСЫРАЙЫҚ, УСТАЗЛАР...

Демалыс күнлери өзиңиз ушын да ўақыт таўып бир саяхатларға шығып келиң ямаса 10 күн санаторияда саламатлығыңызды тиклеп алың устазлар!!!

@SIZLER_USHIN
5🔥2
💫💫💫

Жигитти сынасаң ҳәмел берип көр,
Желқомлы кемеге самал берип көр.
Халқының алдында өзин жойтпаса,
Бахытлы өмирден дәме берип көр.

Ҳаялды сынасаң шырай берип көр,
Алтын-гүмис, дүнья, сарай берип көр.
Нәпсиге қул болып, өзин сатпаса,
Бахытлы өмирден дәме берип көр.

Жораңды сынасаң жаўға шығып көр,
Төбеси көринбес таўға шығып көр.
Оққа өзин тутып, қалқаның болса,
Бахытлы өмирден дәме берип көр.

Иниңди сынасаң кесел болып көр,
Атыңнан жығылып, мешел болып көр.
Қол-қанатың болып сүйеўге келсе,
Бахытлы өмирден дәме берип көр.

©Турғанбай Қарлыбаев

@SIZLER_USHIN
👍71👏1
🐏 ҚУРБАНЛЫҚ

Әжайып гүрриң

Қурбан ҳайты алдынан орта шаңарақ баслығы жанлық алыў ушын базарға барды. Семиз кеўилдегидей қойды сатып алды. Жанындағы жолдасына:
- Бул қойды мениң үйиме алып барың! Мениң зәрүр жумысларым бар. Үлгермей қалыўым мүмкин, - деди.

Жолдасы қойды алып достысының үйи тәрепке кетти. Мәнзилге жеткенде достысының үйи менен қоңсысының үйи жүдә уқсас болғаны ушын алжастырып ҳәм Алланың ҳикмети менен қоңсысының үйине қойды таслап кетти. Қыялынан көтерилип, жанлық кимдики екенлигин де айтпай кетти.

Ол қойды берген шаңарақ жүдә кәмбағал жасар еди.
Үй ийелери:
- Эй Алла, кимниңдур кеўилине салыпты да бизге садақа етипти, - деп қуўанды.

Қой ийесиниң ҳаялы қоңсысын көрип:
- Булардың өзи төмен жағдайда жасаса, қойға қаяқтан пул тапты екен, - деди.

Кеш түсти. Шаңарақ баслығы жумыстан қайтты. Перзентлери, ҳаялы оны әдеттегидей күтип алды. Үйде қурбанлық жоқ еди.

Ҳаялынан:
- Достым қой алып келиўи керек еди, бүгин сатып алған едим, қәне? - деп сорады.
Ҳаялы:
- Аўа, айттым - а-а-а? Қоңсымыз қой алғанын көрдим, достыңыз соған таслап кетипти-дә! Барың, қойымызды әкелиң! - деди.
Ол киси:
- Олардың перзентлери сүйинген шығар. Мен қалай олардың қуўанышын тартып алайын? - деди.

Ертеңине таң атыўы менен ол киси тағы базарға барды. Қараса, бир сатыўшы қойын жайластырып атырған екен.
- Эй Алла, сол кисиниң биринши қарыйдары болайын, маған арзаныраққа жақсылаў қой бергей, - деп әсте бара баслады.

Оның алдына келгенинде билесиз бе сатыўшы не деди?

- Жолда киятырғанымда бахытсыз ҳәдийсеге дус келдик. Аллаға шүкүр, мен де, жаныўарларым да аман қалдық. Саў-саламат қалғанымызға шүкирлик етип Алла ушын биринши келген қарыйдарға ең жақсы қойымды бийпул бериўге қарар еттим. Қәне бирадар, сайлаң! Қәлегениңизди алың! - деди.

Ол киси:
- Субҳаналлаҳ, Аллаҳым, буншама мийирмансаң, - деди.

@SIZLER_USHIN
👍91🔥1
Халқымызға тән мийрим-шәпәәтлик ҳәм кишипейиллик белгиси болып келген Қурбан ҳайт байрамы бәршеңизге қутлы мүбәрек болсын!

@SIZLER_USHIN
👍5
Ассалаўма алейкум,қәдирданларым!

Қурбан ҳайт байрамы мүбәрек болсын
Қәлбиңизге Алланың нуры жаўсын
Ийман,инсап,саўап берип кеўилиңизге
Бахыт,қуўаныш,әўмет жолдасың болсын

Аспанымыз ашық,елимиз тыныш болсын
Турмысымыз параўан,ел абат болсын
Меҳир-мүриўбетке кеўиллер
толып
Жақсы тилеклериң әмелге ассын.

Өмиримизге мазмун,сән кирип
Бир-биримизге исеним артсын
Қуўаныштан жүзлеримиз нур жайнап
Жақсы дуўаларға қоллар жайылсын

Көзлериңиз ҳеш жаманлық көрмесин
Исиң бәрҳа алға қарап өрлесин
Табысларың табысларға уласып
Несийбеңиз күннен күнге мол болсын.

Ҳайттан ҳайтқа аманлықта жетейик
Үлкен үмит пенен оны күтейик
Қурбан ҳайтқа жеткениме шүкир деп
Ағла тилеклерди инам етейик,-

деп тилек билдириўши
нураный устаз Қызларгүл Худиярова.

@SIZLER_USHIN
👍8


Бир мәрте Мэрилин Монро Эйнштейнге усылай деген еди:
"Биз перзентли болыўымыз мүмкин. Ол да мендей гөззал, сиздей ақыллы болар еди".

Буған салыстырмалылық теориясының атасы жуўап берди:
"Мен ҳәмме нәрсе керисинше болыўынан қорқаман: ол мениң гөззаллығым ҳәм сизиң ақыл-зәкаўатыңызды мийрас етип алады".

Сонда ҳешким (сынаўлар кейин өткерилген) Мэрилин Монроның IQ дәрежеси 168 екенлигин, бул "барлық дәўирлердиң ең уллы данасы"нан сегиз балл жоқары екенлигин билмес еди.

Мэрилин Монро (Норма Жан Бейкер, 1926-1962) ышқыпаз китапқумар еди. Оның үйинде мыңға жақын китаптан ибарат китапханасы болып, ол көп ўақтын әдебият, қосық, спектакл ҳәм философияны оқыў менен өткерер еди.

Оның руўхы, өмирге болған үлкен қызығыўшылықтан тысқары, билимге қумарлық ҳәм тойып болмайтуғын қызығыўшылық пенен толған еди.

Мине булар әжайып ҳаялдың әжайып сөзлери:

"Өмиримдеги ең жақсы ўақыялардан бири бул мен ҳаялман. Буны бәрше ҳаяллар сезиниўи керек".

"Ийтлер тислемейди. Адамлар - аўа."

"Мен бәҳәрди сезип атырман. Мен өзимди ыссы қызыл гүздей сезип атырман."

"Қапа болғаныңызда күлиң. Жылаў жүдә аңсат".

"Балалығымда ҳешким маған шырайлы екенлигимди айтпаған. Бәрше балаларға гөззаллығын айтыў керек, ҳәтте гөззал болмаса да".

"Биреў менен бахытсыз болғаннан көре, жалғыз болған абзал."

"Мен үлкен дүньяда сүйетуғын адамды табыўға ҳәрекет ететуғын кишкене қызбан".

"Мен исенген адамды ҳешқашан тәрк етпегенмен".

"Мен ҳешқашан ҳешкимди алдамағанман".

"Егер мен бәрше қағыйдаларға бойсынсам, ҳеш нәрсеге ерисе алмаған болар едим".

"Еркекти сүйиў оның менен жасаўдан аңсатырақ".

"Басыңызды көтериң, оны бәлент тутың ҳәм күлимсирең, өйткени өмир гөззал нәрсе ҳәм сизде күлимсиреў ушын жүдә көп себеплер бар".

@SIZLER_USHIN
6👍6
💫💫💫

"Басыңызды көтериң, оны бәлент тутың ҳәм күлимсирең, өйткени өмир гөззал нәрсе ҳәм сизде күлимсиреў ушын жүдә көп себеплер бар".

©Мэрилин Монро

@SIZLER_USHIN
👍3🔥32
ЖАЛОЛИДДИН РУМИЙ ҲИКМЕТЛЕРИ

Өз мәртебеңнен асырып сөз айтыў саған зыян келтиреди.
* * *
Ҳәркимниң ҳәрекети ийелеп турған орнына байланыслы.
* * *
Қолыңнан келмейтуғын жумысты сөйлеме.
* * *
Ҳәрким ҳәр нәрсени өз геўдеси шеңберинде турып бақлайды.
* * *
Өзи төмен қалайынша бийик тутады сени.
* * *
Ким көп шийрин жесе, ашшы өлер.

@SIZLER_USHIN
🔥5
🌿🌿🌿

Бир киси түйесин сатты. Сатып алғанлар түйени қассапханаға сойыўға апарды. Түйе қассапханаға кирмеди. Қайсарлық етип аяқ тиреп алды. Барлық урыныслар бийкар кетти. Тәжирийбели бир киси келип қалып түйениң ийесин шақырып келиўин, тек ол түйени қассапханаға алып кире алыўы мүмкинлигин айтты.
Түйениң ийеси келди. Жиптен услап әсте қассапхана тәрепке тартты. Түйе әсте жүриўди баслады ҳәм қассапханаға кирди. Қассаплар тез пышақларын таярлап түйени соймақшы болды. Бирақ, түйениң ийеси оларға деди: "Дослар! Маған исенип мениң изиме ерген ҳайўанға мен қалай етип қыянет етемен?! Өйткени бул түйе маған исенди ғой!"
Түйениң ийеси олардың разылығы менен пулды қайтарып берди ҳәм түйени алып кетти. Кейин өзине жанын исенип тапсырғанларға улыўма қыянет етпеўге ант ишти!

Сизге исенгенлерге қыянет етпең. Алдамаң оларды. Қыянет бул ар-намыссызлық, ҳарамылық ҳәм қәсийетсизлик болып табылады.

@SIZLER_USHIN
👍1063
Ассалаўма әлейкум!

Бүгинги басланып атырған жаңа күниңиз пайызлы ҳәм берекетли болсын! Сиз ҳәм жақынларыңызды жақсы кейпият тәрк етпесин.

@SIZLER_USHIN
👍83
💫💫💫

Ҳақыйқатлық - бул ҳадаллықта, билимге умтылыўда, әдил болыўда. Ҳақыйқат - бул өзин табыў, жалғанға қарсы шығыў ҳәм туўры жолдан жүриў.

@SIZLER_USHIN
👍62
💫💫💫

Басқалардан абзал болыўды емес, алдыңғы ҳалыңнан абзаллаў болыўды қәле! Ақыл басқалар менен машғул болғанда киширейип, өз ийеси менен машғул болғанда үлкейеди.

©Шекспир

@SIZLER_USHIN
👍74
💫💫💫

Сөйлеўден алдын ойла. Ойлаўдан алдын китап оқы.

@SIZLER_USHIN
👍81
⚡️⚡️⚡️

Уялы телефон оғада күшли қурал есапланып, ол:

1. Стационар телефонды өлтирди.

2. Телевизорды өлтирди.

3. Компьютерди өлтирди.

4. Саатты өлтирди.

5. Камераны өлтирди.

6. Радионы өлтирди.

7. Шырақты өлтирди.

8. Айнаны өлтирди.

9. Газета, журнал ҳәм китапларды өлтирди.

10. Видеоойынларды өлтирди.

11. Қалта шыжланын өлтирди.

12. Стол календарын ямаса күнделикти өлтирди.

13. Пластик карталарды өлтирди.

14. Ең жаманы болса сонда, көплеген (некелерди) өлтирди.

15. Көплеген шаңарақларды өлтирди.

16. Жасларымыздың тәрбиясын өлтирди.

17. Аз-аздан көзлеримиз нурын да өлтирип атыр.

Қант, басым ҳәм жүрек урыўын өлшеп берсе де, бул бизиң омыртқа бағанамызды ҳәм мойын омыртқамызды өлтирип атыр, ақылымызды өлтирип атыр.

Ол келешек әўладты жоқ етиў басқышында турыпты. Егер өзимизди қадағаламасақ, ол бизиң руўхымызды да өлтиреди.

@SIZLER_USHIN
💯14🔥3😢31😁1


Ҳәр күни азанда бир саат ўақтыңызды жеке раўажланыў мәселелерине бағышлаң. Медитация менен шуғылланың, жаңа күниңиз қалай өтиўин көз алдыңызға келтириң, музыка тыңлаң, ямаса жақсы китап оқың. Бул қысқа ўақытты жаңа күниңиз ушын руўхыңызды күш-қуўат ҳәм ғайратқа толтырыў ушын сарплаң. Ҳәптесине бир мәрте қуяш шығыўын бақлаң ямаса тәбият қушағында болың. Күнниң жақсы кейпиятта басланыўы руўхыңыздың жаңаланыўына ҳәм жумысыңыздың нәтийжели болыўына себеп болады.

@SIZLER_USHIN
👍12🔥3
#Пайдалы_мағлыўмат

Бир стакан пияз суўына бир стакан пал араластырылады. Таяр болған араласпаны бир қасықтан 3 мәҳәл аўқаттан алдын яки кейин ишилсе, еслеў қәбилетиниң пәсейиўиниң алдын алады, бас аўырыўынан қутқарады.

@SIZLER_USHIN
👍72
💫💫💫

Қанша ҳәрекет етпе, инсанлар нәтийжелериңе қарап жуўмақ шығарады.
Қанша нәтийже көрсетпе, Алла ислеген ҳәрекетиңе қарап сыйлықлайды.

@SIZLER_USHIN
👍96
💫💫💫

Бул дүньяға жақсы жасаў ушын келмегенимди аңлап жеткенимнен бери, жақсы жасап атырман.

@SIZLER_USHIN
9🔥9
2025/10/21 16:25:30
Back to Top
HTML Embed Code: