Telegram Web Link
Президентимиздиң исбилерменлер менен ашық-айдын пикирлесиўи Қарақалпақстанда өткериледи

🖋Усы жылдың 30-май күни «Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен ашық-айдын пикирлесиўин шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы 200-санлы Президент қарары қабыл етилди.

Қарарда ҳүрметли Президентимиздиң исбилерменлер менен ашық-айдын пикирлесиўи Қарақалпақстан Республикасында өткерилиўи белгиленди.

❗️Қарар менен сондай-ақ:

🔷Қарақалпақстанда 2024-жыл август айында халықаралық бизнес-форумы шөлкемлестирилиўи, Өзбекстан Республикасының сырт мәмлекетлердеги елшилери менен биргеликте потенциаллы инвесторларды тартып, тийисли келисимлерди әмелге асырыў тәмийинленеди;

🔷Усы жылдың жуўмағына шекем Өзбекстан Республикасының сырт мәмлекетлердеги елшилери менен биргеликте «Қарақалпақстанда бизнес ислең» бағдарламасы шеңберинде ири сырт ел ислеп шығарыўшы компаниялары брендлерин тартыў илажлары көриледи.

❗️Соның менен бир қатарда, ҳүрметли Президентимиздиң исбилерменлер менен ашық-айдын пикирлесиўин нәтийжели шөлкемлестириў бойынша:

🔶Аймақларда исбилерменлердиң машқалаларын үйрениў ҳәм шешиў бойынша исши топарлар дүзиледи;

🔶Исбилерменлердиң мүрәжатлары ҳәм усыныслары күни-түн қабыл етилип, системалы машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша усыныслар ислеп шығылады, сондай-ақ, исбилерменлердиң өз алдына мәселелерин орнында тез шешиў шөлкемлестириледи;

🔶Ҳәр жылы 15-июльға шекем ашық-айдын пикирлесиў өткерилетуғын орын, мүддети ҳәм әмелге асырылыўы керек ис-илажлар бойынша усыныслар ислеп шығылады;

«Исбилерменлер менен ашық-айдын пикирлесиў» электрон платформасы иске түсириледи.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Шахтемир мәҳәллесиндеги Үлгили шаңарақ

Елиў жылдан аслам бирге хожалық болған Сапарбай аға Тазагүл апа биргеликте үш қыз ҳәм бир улдан он бир ақлық ҳәмде  төрт шаўлық көрип биргеликте аўызбиршиликте жасап келмекте.

Шыдам сабыр ҳәм бир-бирине үлкен исеним менен ғана шаңарақ беккем болады.

Шаңарақ уйтқысы ҳаял деп бийкарға айтпаған Тазагүл апа өмирде барлық қыйыншылықларға үлкен шыдам менен гүресип жәмийетте өз орынын табыўға еристи.

Тазагул апа перзентлер тәрбиясында китап оқытыўды қатаң талап еткен ҳәзирги күнде ақлықларына интизам менен қолланып келмекте.

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме  хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉 
@shimbayrk
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Бахыт ата - ананың пәтияларында

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉
@shimbayrk
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Шүкиршилик етип жасаӯ да өзгеше

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉
@shimbayrk
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Бийдай орымы алдынан көргизбели семинар болып өтти

Бүгин Әмиўдәрья районында быйылғы жылғы бийдай орымына бағышланған көргизбели семинар болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, мол зүрәәт жетистириўде алып барылып атырған әмелий илажлары ушын өз миннетдаршылығын ҳәм бийдайдан бийик қырман жаратылыўына тилеклеслик билдирди.

Онда Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, барлық район ҳәкимлери, тараў жуўапкерлери қатнасты.

Илаж алдынан жасы үлкенлер тәрепинен дийқанларымыздың алдында турған машақатлы ҳәм жуўапкерли ислеринде күш-қуўат, елимизде молшылық, дастурханымыз толы болыўын тилеп, қуран оқылды.

Семинарда даўам ететуғын орым-жыйын мапазында әмелге асырылатуғын жумыслар кеңнен түсиндирилди.

Атап өтиў орынлы, быйылғы жыл дийқан ҳәм фермерлеримиз ушын “Ғәлле жылы” болды, десек қәтелеспеймиз. Себеби, көп жыллық тәжирийбеден белгили – бәҳәр айларында жаўын-шашын муғдарының көп болыўы ҳәмде ғәлле өсип раўажланыўы ушын ҳаўа-райының оптимал келиўи – зүрәәттиң мол болыўына унамлы тәсир көрсетеди.

Быйылғы жыл зүрәәти ушын 63 мың гектарға егилген ғәлле майданларынан гектарына 30 центнер есабынан 189 мың тонна дән қабыллаў режелестирилмекте.
Жетистирилген бийдайды қысқа мүддетлерде шөлкемлескенлик пенен орып-жыйнап алыў бойынша талап етилетуғын қаржылардың есап-китаплары ислеп шығылған.

Орым-жыйым жумысларын шөлкемлескенлик пенен өткериў мақсетинде 202 отряд дүзилип, бул отрядларға 202 дана дән орыў Комбайнлары, 606 дана  дән тасыў Автомобиллери, 1 376 дана Транспорт тракторлары ҳәм тиркемелер, 105 дана жанылғы тасыў агрегатлары, 689 жуўапкер тараў қәнигелери бириктирилди. Жанылғы май материаллары резерви жаратылды.

Семинар жуўмағында бийдай орымы дәўиринде өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етиў, өнимниң зая болыўына жол қоймаў бойынша фермер хожалықларының басшыларына, ғәллекеш ҳәм механизаторларға кең түрде түсиник берилди.

Ўзб


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Jańa_Ózbekstan_jasları_birleseyik

Usı jıldıń 12-iyun kúni 19:30 da Shımbay rayonı Amfiteatrında barlıq jaslardı kútip qalamız.

Elimizge belgili Estrada juldızları miymanda boladı.


Shımbay rayonı hákimligi Málimleme xızmeti

Kanalımızǵa aǵza bolıń : 👉 
@shimbayrk
2024/06/10 06:15:26
Back to Top
HTML Embed Code: