Бизге берилген хабарларға көре, Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары бас басқармасы баслығы Ш.Даўлетяров ийелеп турған лаўазымынан босатылған..

рәсмий хабарларды күтемиз.

@zamanuz
Allambergenova Aydana Uzaqbergenovna— Ózbekstan Respublikası Sanitariya-Epidemiologiyalıq tınıshlıq hám jámiyet salamatlıǵı komiteti Qaraqalpaqstan Respublikası basqarmasınıń málimleme xızmeti baslıǵı lawazımına;

Yusupbaeva Zuxra Oralbaevna — Tashkent Informaciyalıq Texnologiyaları universiteti Nókis filialınıń málimleme xızmeti baslıǵı lawazımına tayınlandı.

@zamanuz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Өрт жүз берген орын «Хожели дийхан базары» ЖШЖ аймағына кирмейди

Социаллық тармақларда Хожели дийхан базарында өрт келип шыққаны ҳаққында хабарлар тарқалды.

Қарақалпақстан Республикаси Айрықша жағдайлар басқармасы мәлимлеме хызметиниң жазыўынша, Хожели районы «Мәденият» МПЖ, С.Матжанов көшеси бойында жайласқан Хожели дийхан базары ЖШЖ менен шегаралас ағып өтиўши «Таслы жап» каналының қорғаныў аймағына өзбасымшалық пенен салынған, жеңил конструкциялы саўда орынларында өрт келип шыққан.

Өрт ҳақкында 2024-жыл 14-апрель күни сәнесинде саат 01:39 шамасында Қарақалпақстан Республикаси Айрықша жағдайлар басқармасының "101" қысқа нөмерине шақырыў келип түскен ҳәм Хожели районы Айрықша жағдайлар бөлиминиң 2 өрт-қутқарыў экипажы тәрепинен өрт толық сапластырылған.

@zamanuz
Мойнақта жер нызамбузыўшылық жағдайы сапластырылды

Мойнақ районы «Мадели» АПЖ аймағында газди қайта ислеўши «ЕРИЕЛЛ» компаниясы тәрепинен Мойнақ районы тоғай хожалығына тийисли болған жерге улыўма майданы 460 кв.м қурылыс қурғаны анықланды.

Бул жағдай бойынша Кадастр агентлиги Мойнақ районы бөлими инспекторлары тәрепинен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 60-статясы 3-бөлимине тийкар ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылды ҳәмде тийисли ҳүжжетлер рәсмийлестирилип, нызамсыз жағдай сапластырылды.

Дерек: Qaraqalpaqstan kadastr

@zamanuz
Айтбаев Қабылбек Бахытбекович

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Капиталь қурылыс коммуникация, Жанылғы-енергетика, коммуналь хожалығы ҳәм абаданластырыў мәселелери бойынша секретариаты баслығы лаўазымына тайынланды.

@zamanuz
Нөкис қаласында 21-апрель күни электр энергиясы тәмийнатында  шеклеўлер болады


Тақыятас ЫЭС нан шығыӯшы жоқары кернеӯли 110 кВ "Орайлық" ҳаӯа узатыӯ тармағында реконструкция-модернизация жумыслары ѳткерилиӯине байланыслы 2024-жыл 21-апрель куни саат 09-00 ден 18-00 ге шекем Нѳкис қаласы аймағында электр энергиясы тәмийнатында  шеклеӯлер болатуғынлығын хабарлаймыз.
@zamanuz
Енди пуқараларымыз жол ҳақысын банк картасы арқалы төлей алады

Нѳкис қаласы ишинде ҳәрекетлениўши 40 дана автобусқа электрон тѳлемин қабыл етиўши стационар валидаторлар орнатылған болып, жолаўшылар банк картасы арқалы жол ҳақыны тѳлеўи мүмкин.

Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги мәлимлеме хызмети жазбақта.

@zamanuz
Биринши Қарақалпақстан IT Форумы өткерилди


Бүгин Нөкис қаласындағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде республикамызда дәслепки мәрте шѳлкемлестирилип атырған IT Форумының ашылыўы мәресими болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде барлық тараўды санластырыўға ҳәм бул процесске жасларды кеңнен тартыўға, IT ды кеңнен ен жайдырыўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтти. Айтып өтиў керек, бул бағдарда жаслардың билимлерин арттырыў мақсетинде IT академия ҳәм IT парклер шѳлкемлестирилмекте, резидентлерге бир қатар салық жеңилликлери ҳәм преференциялар берилмекте.

Жаратылып берилип атырған имканиятлар нәтийжесинде бул бағдарда Қарақалпақстанда да бир қатар илажлар әмелге асырылып атырғаны тараўға қаратылып атырған итибардың нәтийжеси есапланады. Қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаўда ҳәм олардың стартап жойбарларын әмелге асырыўда бүгингидей илажлардың орны әҳмийетли есапланады ҳәм дәслепки форумның өзи мың-мыңлап жасларды өзинде қамтымақта.

Бүгинги форум шеңберинде тараўда жумыс алып барып атырған кәрханалардың ѳнимлери ҳәм хызметлери, жаслардың стартап ҳәм инновациялық жойбарлары презентациялары, усы тараўда жоқары нәтийжелерге ерискен жерлеслеримиз ҳәм исбилерменлер қатнасыўында «Шеберлик сабақлары», робототехника кѳргизбеси, IT ҳәм шет тиллерине бағдарланған оқыў орайларының кѳргизбелери орын алған. Өткерилген ашылыў салтанаты даўамында Жоқарғы Кеңес Баслығы көргизбелер менен жақыннан танысты.

@zamanuz
Ипотека банкоматлары ўақытша ислемейди

АКИБ «Ипотека банк» Қарақалпақстан Республикасы филиалына тийисли банкоматлар 27-28-апрель күнлери филиалға тийисли Uzcad ҳәм Humo банкоматлары ўақытша ислемейди.

Zaman.uz сайтна мәлим болыўынша, банкоматларда гезектеги профилактика жумыслары алып барылады.

@zamanuz
Тайынлаў

Тлеумуратов Мирас Генжемуратович – Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министриниң орынбасары лаўазымына тайынланды.

М.Тлеумуратов усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасының Инвестицияларды тартыў, исбилерменлер менен ислесиў ҳәм олардың жумысын муўапықластырыў секторы баслығы лаўазымында жумыс алып барған.


@zamanuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
«Micro» компаниясы жас ѳспиримлер ушын арнаўлы Microlino Lite автомобилин ислеп шығарды

Швейцарияның «Micro Mobility Systems» компаниясы Jeneva автосалонында Microlino Lite электромобилин сатыўға шығарды.

Европа мәмлекетлеринде мопедлерде ҳәрекетлениў ушын арнаўлы лицензиясы бар болған 14 жастан үлкен ѳспиримлер бул машинаны сатып алыў ҳәм онда ҳәрекетлениў имкәниятына ийе болады.

Себеби, Microlino Lite электромобилиниӊ максимал тезлиги 45 км/саат пенен шекленеди.

Машинаныӊ узынлығы 2,5 метр, аўырлығы 600 кг. Бир мәрте электр менен қуўатландырылған Microlino Lite 100 км аралықты басып ѳтеди.

Ҳазирги күнде бул машинаныӊ баҳасы 156 евро екенлиги
айтылмақта.

@zamanuz
«Нөкис-Мойнақ-Нөкис» жөнелисиндеги авиақатнаўлар ўақты өзгермекте!

📑 Хабарыңыз бар 1-апрельден баслап ҳәптениң Дийшемби, Жума ҳәм Екшемби күнлери Мойнаққа авиақатнаўлар жолға қойылған еди.

Туризм саласында қолайлық жаратыў, жолаўшылардың талап ҳәм усынысларына байланыслы усы жылдың 3-май күнинен баслап пәрўазлар ўақтына өзгерис киритилди.

Дүйшемби:
Нөкис – Мойнақ: 🛫10:00 – 🛬10:35
Мойнақ – Нөкис: 🛫16:00 – 🛬16:35

Жума:
Нөкис – Мойнақ: 🛫10:00 – 🛬10:35
Мойнақ – Нөкис: 🛫16:00 – 🛬16:35

Екшемби:
Нөкис – Мойнақ: 🛫10:00 – 🛬10:35
Мойнақ – Нөкис: 🛫16:00 – 🛬16:35

❗️ Еслетип өтемиз 3-май сәнесине шекем пәрўазлар Нөкистен Мойнаққа жергиликли ўақыт пенен азанғы саат 9:00 де, ал Мойнақтан Нөкиске азанғы саат 10:05 те әмелге асырылады!

@zamanuz
Исаков Айдос - Өзбекстан Республикасы Орайлық Банкиниң Қарақалпақстан Республикасы бас басқармасы баслығы лаўазымына тайынланды.

Тайынлаўға шекем А.Исаков Өзбекстан Республикасы Орайлық Банки системасында бир қатар жуўапкершиликли лаўазымларда жумыс алып барған.

@zamanuz
Дрон жәрдеминде нызмасыз қурылма анықланды

Кадастр агентлиги Төрткол районы бөлими инспекторлары тәрепинен заманагөй дронлар жәрдеминде жер ҳәм кадастр қадағалаў илажлары даўам етпекте, өткерилген илажда район хожалық картасының 346-контурында "Ота юрт" АПЖ аймағында жасаўшы пуқаралар тәрепинен өзбасымшалық пенен улуўма майданы жәми 680 кв.м жер майданын ийелеп турақ жай салыў мақсетинде фундамент қуйғаны анықланды.

Бул жағдайларға тийисли тәртипте ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 60-статя 3-бөлимине тийкар ҳүжжетлер рәсмийлестирилип нызамбузыўшылық ҳәрекетин әмелге асырған шахсқа бул нызамсыз ҳәркеттиң ақибетлерин ҳаққында түсинтирилди.

@zamanuz
Мүтәж пуқараларға электр энергиясы ҳәм тәбийғый газдың тутыныў нормасынан асқан бөлеги компенсация етиледи

Энергетика тарифлериниң өзгерип атырғанлығы мүнәсибети менен мүтәж пуқараларға электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ ушын төлемлерди әмелге асырыўда жеңиллик бериледи.

Соннан, ысытыў мәўсими (ноябрь-февраль) даўамында мүтәж шаңарақлардың электр энергиясы ҳәм тәбийғый газдың тутыныўының базалық нормалардан асқан бөлеги компенсация қылып бериледи.

Бунда:

компенсация тәбийғый газ ушын базадан нормадан артықша тутынылған 250 куб/метрге шекем, электр энергиясы ушын 150 кВт cаатқа шекем усынылады;

“Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри”не киргизилген ҳәм “мәҳәлле жетилиги” жуўмағына бола анықланған мүтәж шаңарақлар компенсация ушын мүрәжат етиўи мүмкин болады;

“мәҳәлле жетилиги” тәрепинен қәлиплестирилетуғын мүтәж шаңарақлардың қосымша дизими тийисли мәҳәлледеги бирден-бир реестрге киргизилген шаңарақлар улыўмалық санынан 15 пайызынан аспайды;

@zamanuz
Жаңа авиа-жөнелис: НӨКИС - СТАМБУЛ - НӨКИС

✈️ Пәрўазлар 3-июньнен баслап ҳәр дүйшенби күни ушады.

Авиабилет баҳасы:
Нөкис - Стамбул 2 463 000 сўмнан басланады;
Нөкис - Стамбул - Нукус 4 582 000 сўмнан басланады;

Авиабилетлерди www.uzairways.com сайты, мобил қосымша, Uzbekistan Airways Sales филиалы ямаса авиакомпания агентлери арқалы сатып алсаңыз болады.

@zamanuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
2024/05/14 03:44:40
Back to Top
HTML Embed Code: