Telegram Web Link
#үлги #әлбетте_оқың

Шамсуддин Баҳауддинов тайынланған лаўазымларында оннан күтилген ислерден де артықша нәтийжелерге ериседи. Ол қазылық лаўазымына тайынланған ўақытта Қарақалпақстан аймағында мешитлер жүдә аянышлы жағдайда еди. Ҳәтте Нөкис қаласындағы бас мешит те толық питкерилмеген еди. Ал, районлардағы мешитлер болса, ишине адам кириўге қорқарлықтай дәрежеде гөнерген, қулап түсиў жағдайына келген еди. Көпшилик мешитлер искерлиги тамамланып, жабылыў алдында тур еди.
Бирақ, Шамсуддин Баҳауддиновтың хызметлери менен бул мешитлер жабылмады, керисинше олар толық оңлаўдан өткерилди, көпшилиги бузып жаңадан қурылды. Улыўма айтқанда Республикадағы бәрше мешитлерге итибар қаратылды ҳәм жәҳән талапларына сай көриниске алып келинди. Буннан тысқары Шамсуддин Баҳауддиновтың белсендилиги менен бир неше мешит жаңадан ашылды.

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#үлги #әлбетте_оқың

Сондай-ақ, Шамсуддин Бахауддинов ислам билим журты искерлигинде де өзиниң гиреўли орнын қалдырды. Халық тилинде медресе деп аталатуғын бул оқыў орны имаратын ири оңлаўдан өткерип, қолайлы ҳәм шырайлы оқыў имаратына айландырды. Тынып-тыншымаған жанкүйер пидайы инсан буның менен шекленбеди ҳәм сол имарат жанына талабалар жатақханасын, асхана, үлкен таҳәратхана, сондай-ақ заман талапларына сай спорт залы ҳәмде жазғы ашық футбол газонлы майданын қурып питкерди. Медресе әтирапындағы абадаланластырыўларды, талабалар ушын таярланған әжайып дем алыў орынларын айтпасақ та болады.

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
​​#НАМАЗ

5 ўақыт намаз оқыйтуғын адам бир күнде:
- 40 мәрте "Бисмиллаҳ"
- 40 мәрте "Фатиҳа сүреси"
- 80 мәрте "Ар-Роҳман"
- 80 мәрте "Ар-Роҳийм"
- 213 мәрте "Аллооҳу әкбәр"
- 120 мәрте "Субҳәәнә роббиял ъазийм"
- 240 мәрте "Субҳәәнә роббиял аъләә"
- 15 мәрте "Субҳәәнәкә"ни яғный "Сәне дуўасы"
- 40 мәрте "Сәмиъаллооҳу лимән ҳәмидәҳ"
- 40 мәрте "Роббәнәә ләкәл ҳамд"
- 40 мәрте "Әмийн (Я Аллаҳ! Дуўамды қабыл ет)"
- 33 мәрте "Зам сүре"
- 21 мәрте "Ташаҳҳуд"ты оқып Пайғамбарымызға салаўат
- 21 мәрте "Ташаҳҳуд"ты оқып Шәҳәдат кәлиймасы
- 26 мәрте Периштелер ҳәм мөминлерге сәлем
- 13 мәрте "Аллооҳумма әнтәс сәләәм
- 13 мәрте "Роббәнәә әәтинә" дуўасы
- 13 мәрте "Роббәнәә иғфирлий" дуўасы
- 15 мәрте "Аллооҳумма солли ўә сәллим"
- 15 мәрте "Аллооҳумма бәәрик" салаўаты
- 15 мәрте "Шайтан"нан пана тилейди.
🌙 Соны билиң, ең қайырлы әмелиңиз "Намаз" болады.


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#мақала

Мәзҳабсызлықтан сақланың! Толық.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Разов Бахрамаддин
#әҳмийетли

САЛАФИЙЛЕРДИҢ АЛЛАҲТЫ АСПАНДА ДЕП ДАЎАГЕРЛИК ҚЫЛЫЎДАҒЫ ПИКИРЛЕРИНИҢ САЙЫЗЛЫҒЫ

Ҳәзирги күнде муқаддес динимиз тиреги есапланған, ийман-итиқад мәселелерин өзинде жәмлеген ақида илиминде тилге алынатуғын айрым нәзик мәселелерди халықтың арасына алып шығып, адамлар арасында түсинбеўшилик келтирип шығарыўға урынып атырған кимселер баршылық. Оларды базылар таныса базылар таный бермейди. Олардың бул қылмысының артында әлбетте халық арасында алаўызлық келтирип шығарыў арқалы айрым жаман нийетлерин әмелге асырыў жатырыпты десек асыра айтқан болмаймыз. Сондай халқ арасына иритки салып, халықтың арасында түсинбеўшилик пайда қылыўға урынып атырғанлардың бири Садық Самарқандий есапланады. Оның видеолары тиккелей халықты жолдан азғырыўға, итиқадда адасыўға бағдарланған.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Баҳрамаддин Разов.

Даўамы: 👇

https://paziylet.uz/single?id=808

https://www.tg-me.com/ahli_sunna_wal_jamaa
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#әҳмийетли #ҳәдис

❗️ – Алымларымызды ҳүрметлеген, алымларымызды ақырет қылған, адымларымыздың ҳаққын билмегенлер үмметлик қатарынан шығыў қәўип-қәтери астында қалады.

🎤 Шайх Муҳаммад Содиқ Муҳаммад Юсуф раҳимаҳуллаҳ

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
2024/05/28 23:40:07
Back to Top
HTML Embed Code: