Forwarded from Raxima Omarova
Aysánem jalt qaradi oniñ kòzinen kòpten kùtken ùmit ushqini barliği kórinip turar edi. Bul dawisti ol qansha intiqliq penen kùtse de bir qorqinish bar edi. Baxadir bolsa bir Aysànemge bir mashinnan shaqirģan adamģa qaradi
Forwarded from Нурмағамбет Джиенбаев
Айсанем... Буны және бир мәрте еситсем екен, және бир мәрте тәкирарламаспа екен... Жағымлы сес...
Ауа, кеуилдеги жараның еми — усы дауыс еди. Өз-өзине исенбеген Айсанем машина ишиндеги отырған инсанға жалт қарады.
Оған бойын атып, қатты қушақлағысы келип, машинаға барып қалғанын да сезбей қалды.
Бирақ, буның имкани жоқ екенлиги оны тоқтатты. Сол турған жеринде қатып қалған қызға не болып атырғанын биле алмай турған Бахадыр аң-таң болып, қолындағы гитарсын қушақлауы менен үнсиз тигилиуин дауам етер еди.
Қызды бийлеп алған қыяллар хап заматта алыс-алысларға алып кетти. Ол, еле қыял жетегинде...
—Айсанем, деген дауыс және еситилди. Қыз дәрриу өзине келди. Машина ишинен үстине күл рең клеткалы костюм-шалабар кийген, мойнындағы жиңишке ғана қызыл галстугы жарасқан орта бойлы, бийдай рең, писте мурынлы жигит әсте ғана түсти.

Forwarded from Madina Xajiyeva
Bu tovush uning yarasini yangilab qo'llariga titroq soldi...Qachonlardir "sendan chiroyli,sendan aqlli,oliy ma'lumotli qizni topaman"Deb ketgan ,o'zgani qo'lidan tutib oila qurgan o'sha armoni edi
#birgelikte\_jazamiz
Ассалаўма әлейкум, канал ағзалары.
Кеше сизлер менен “Муҳаббат қосығы” атлы гүрриңди биргеликте жазыў бойынша челлендж өткерип едик.
Мине, бүгин сол челленджде қатнасқан досларымыз гүрриңниң даўамын жазды. Бәрше қатнасқанларға миннетдарлық билдиремен.
Сол гүрриңди барлық қатнасқан авторлары менен итибарыңызға усынамыз. Мениңше жаман гүрриң болмады)))

Муҳаббат қосығы
(гүрриң)
Олар октябрь айының салқын самаллы бир күнинде тосаттан ушырасып қалды. Бул ушырасыў олардың өмириндеги ең есте қалатуғын ушырасыў болатуғынын екеўи де билмейтуғын еди.
Айсәнем сәл алдын институтта муғаллими сабақтан шығарып жибергени ушын ары келип, бәндиргиде көзиниң жасын тыя алмай отыр еди. Тап оның ишки сезимлерин түсингендей, оны аяғандай аспанды қара булыт басып, гүлдирмама гүмбирлеп тур еди. Айсәнем бәндиргиге биреўдиң келгенин сезди, бирақ оған бурылып қарамады.
- Неге тәбият түнерип тур десем, бир гөззалдың дәртин көтере алмай атырған екенғо, - деди бийтаныс.
Айсәнем оған көз қыры менен қарады. Үстинде қара тери курткасы, ийнине гитара илип алған узын бойлы, ири денели бийтаныс жигит оған күлип қарап тур еди. Айсәнем жуўап бермей, жүзлерине тамған жасларын сыпырып таслап, “сен кемис едиң” дегендей терис бурылып алды.
- Атым Баҳадыр, - деди бийтаныс жигит Айсәнемнен көзин үзбей, оның қылығына итибар бермей.
Айсәнем үндемеди. Жигит ийниндеги гитараны бәндирги отырғышына сүйеп қойды ҳәм “Мүмкин бе қасыңызда отырсам?” деп гәп баслады. Айсәнем қасындағы бос орынға қарады да, басын әсте ийзеди. Баҳадыр да әсте оның жанына отырып, Айсәнемнен ҳал-аўҳал сорамақшы болды.
- Өмирде ең арзан ҳәм ең қымбат нәрсе не екенин, билесиз бе? Көз жаслары. Арзаны – әйтеўир нәрсеге төгилип, қымбаты – ең аўыр жағдайда көзде қатып калыўы, - деди Баҳадыр.
Қыз үнсиз жигитке қарады да, көзлерин оннан алып қашты. Гүздиӊ әжайып жамғыры олардыӊ жүзлерин жуӯар, жамғыр менен ескен гүздиӊ жағымлы самалы қыздыӊ мойылдай кара шашларын ойнатар, бул жипек шашлар болса Бахадырдиӊ жүзлерин еркелер еди. Жолдан өтип атырған машиналар даўысы, жаўынның жерге түсип атырғандағы тысыр-тысыр сеси қосылып, әжайып бир симфония пайда етер еди.
- Қара булытлар қуяш жүзин ўақтынша ғана тосқан. Бирақ бәрибир қуяш және нур шашады. Инсанның арзыў-үмитлери де гә қараңғылық, гә жақтылықта жасайды, - деди Баҳадыр.
Бираз үнсизликтен соң, Баҳадыр гәп баслады:
- Атыңыз ким болады, жақсы қыз?
Қыз бираз үндемей турды да, билдирмей жутынып, қырылдаған даўыс пенен әсте "Айсәнем" деп жуўап қайтарды.
- Айсәнем? Атыңыз буншама шырайлы? Усындай болып отырғаныңызға атыңыз ылайық емес-ғой, - деп жигит күлимсиреп қойды, оның кеўилин жибитпекши болып.
Айсәнем үнсиз отырар еди. Оны қандайда бир сезим шулғап алған, не туўралы сөйлеўин билмей уялып отырар еди.
– Гейде инсан өзин бийик имараттан қулап киятырып, аспан менен жердиң ортасында ҳаўада тоқтап қалғандай сезеди екен. Мейли, гәпиме итибар бермең. Оннанша бир нама шертип бересиз бе? Тыңлап, барлық қапашылықларым самаллар менен ушып кетсин.
– Әлбетте шертип беремен, – деди Баҳадыр күлимлеп. – Бирақ ҳәзир емес. Сизге басқа усынысым бар.
Баҳадырдыӊ гүзги жамғырлар ҳаққындағы ойлары, кеӯлине әллеқандай сезимлерди уялатты. Ҳәм әсте орнынан турды да Айсәнемге:
– Жамғыр да бираз тынғандай болды. Жамғырдан соӊ ҳаӯа әжайып болады. Усындай жағымлы жамғырлы ҳаӯада бағқа сейил етиӯге мирәт етсем, қарсылық етпессиз, – деди күлимлеп.
Қыз да разышылық билдиргендей, орнынан турды да, әсте бағ тәрепке қәдем таслады. Буны күтпеген жигит албырағанынан қыздыӊ изинен жуӯырды. Кетип баратырып, дәрриӯ изине қайрылды да умытып баратырған гитарасын алып, Айсәнемниӊ изине жетип алды.
Жигит Айсәнемниң изинен жүрип барар екен оның ойында қандайда бир өзгеше сезимлер айланар еди, қыялында гитарадан инсанның кеўилин, жүрегин тербеўши әжайып нама еситилип турар еди.
Сәл ентиккен ҳалда Баҳадыр гәп баслады:
– Сизиң неге бундай қапа болғаныңызды таўып көрсем. Үстиңизде өзиңизге жарасқан форма, демек сиз студентсиз, ал бул қапашылық болса бир профессор сизге төмен баҳа қойғанынан, – деди Баҳадыр Айсәнемниң жүзине күлки жуўыртыў мақсетинде. Бул гәпке екеўи де күлип жиберди. Сол гезде Баҳадыр бәҳәрде ашылған лаладай жайнап, әлемниң бар уўайым-қайғысын умытқан Айсәнемниң жүзине қарап, әжеп бир сезимди сезди. Бул сезим улыўма басқаларына уқсамайтуғын, түсиндирип болмайтуғын сезим еди. Қыяллары узақ-узақларға, келешектиң шийрин қыялларына тутасатуғын еди.
Баҳадыр қаншама урынса да Айсәнем бир мәрте жымыйыўдан басқа

ҳеш нәрсе айтқысы келмеди. Бахадырдың айтқан гәплериниң бирин еситсе, бирин еситпей, кеўилиндеги капашылық сезимлерин жеңе алмады. Жигит қыздың ойында нелер жүз берип атырғанлығын билгиси келип турды да сораўға батына алмады. Себеби, оның кеўил жарасы тез арада питпестей сезилип турар еди. Ол Айсәнем менен сәўбетин үзип қойғысы келмей бир нәрселер демекши болды, бирақ сәўбетти даўам еттириўге гәп табалмады. Баҳадырдың ойынан шийрин қыяллар избе-изликте жәмленер еди. Баҳадыр олар жүрип баратырған жол таўсылмаўын, Айсәнемниң қасында узағырақ болыўды ойлар еди.
Лекин қыздың қыяллары узақта еди. Ол әлле бир иске аспаған арзыў-әрманлар яки қандай да бир өткен иске өкиниш қушағында еди. Ол қәдемин тезлетти ҳәм жигиттен узақласпақшы болды. Сол ўақта олардың жанына бир машина келип тоқтады ҳәм “Айсанем!” деген даўыс еситилди. Қулағы ербең еткен Айсанем машинаға жалт қарады. Әлбетте, буны күтпеген еди ол. Қызға тынышлық бермей, иш-етин жеп турған кеўил жарасы усы жағымлы даўыстан сәл болса да шыпа тапқандай болды. Ол бул жағымды хаўазды, жанға жағымлы сести көп күткен еди. Лекин, буны күткеннен ҳеш қандай пайда таппайтуғынын сезсе де, бир еситиўди көптен күткен еди. Бул даўысты ол қанша интизарлық пенен күтсе де бир қорқыныш бар еди. Баҳадыр болса бир Айсәнемге, бир машинадан шақырған адамға қарады.
Қызды бийлеп алған қыяллар ҳәп заматта алыс-алысларға алып кетти. Ол, еле қыял жетегинде... “Айсанем!” деген даўыс және еситилди. Қыз дәрриў өзине келди. Машина ишинен үстине күл рең клеткалы костюм-шалабар кийген, мойнындағы жиңишке ғана қызыл галстугы жарасқан орта бойлы, бийдай рең, писте мурынлы жигит әсте ғана түсти.
Бул бир ўақытлары “Сеннен сулыў, сеннен ақыллы, жоқары мағлыўматлы қызды табаман!” деп өзге бир ярдың қолынан услап кеткен сол әрманы еди.
Yusup Seydullaev
Kuandikov Ilhambek
Madina Xajiyeva
Гүлмира Палўанова
🎓📚KOJAXOVA NADIRA🎓📚
Raxima Omarova Rambergenovna
Qallibekova Jamiyla
Нурмағамбет Джиенбаев
ЖАҲАНГУЛ

Forwarded from Nodirabegim
Пушкиннинг "Евгений Онегин" шеърий романининг қораламаси. Пушкин ҳуснихати, таҳрири ва кўз олдида акс этаётган қаҳрамонлар сиймоси...
П.С. Биз компютерда ҳарф териб, ишимиз анча осонлашган, лекин барибир қоғоз-қаламнинг ўрни бўлак.
@mittihaqiqatlar

Бир күни муғаллим тахтаға төмендегилерди жазды:
9 х 1 = 7
9 х 2= 18
9 х 3 = 27
9 х 4 = 36
9 х 5 = 45
9 х 6 = 54
9 х 7 = 63
9 х 8 = 72
9 х 9 = 81
9 х 10= 90
Жазып болып оқыўшыларға қарады. Оқыўшылар биринши көбейтиўдеги қәтеге күлип атырған еди. Муғаллим оларға: "Мен оны билип турып қәте жаздым. Себеби мен бүгин сизлерге бир жүдә әҳмийетли нәрсени үйретпекшимен. Бул нәрсе инсанлардың сиз бенен қандай қатнаста болыўы. Егер итибар берген болсаңыз, мен кейинги тоғыз көбейтиўди дурыс жаздым. Бирақ ҳеш ким буған итибар бермеди, тек қәтемниң үстинен күлип отырды. Әтирапыңыздағы көпшилик адамлар әне сондай. Олар егер миллион мәрте дурыс ис қылсаң да итибар бермейди, бир ғана қәте қылсаң, олар үстиңнен күлип, сынға алады.
Фейсбуктан алынды

Кеше биреў "Қарақалпақстанда тоғай нызамлары ҳүким сүреме?" дегендей болдыма?
Дурыс айтқан екен сол адам. Бирақ елде емес, медиамызда тоғай нызамы ҳүким сүреди екен.
"Король Лев" мультфилминде Симба ҳәм Скар айқасын, Скарға сыртланлар жәрдем берип келгенин, ақыры соңында оның өзине топылғанын ҳәммемиз көргенбиз, сондай-ақ, тәбият ҳаққындағы көп көрсетиўлерде де Африка тоғайларында арысланлар ҳәм сыртланлар, олардың қарама-қарсылықлары ҳаққында көп берилген.
Олардың қарама-қарсылығында бир әдалатсыз жери бар, яғный арыслан жалғыз қалса, қартайса, әззиленсе ямаса наўқасланса сыртланлар топар-топар болып топылып, оны жеңбекши болады. Сыртланлар ҳеш қашан жекпе-жек айқаспайды.
Ҳәзирги медиа орталықта да "сөз еркинлиги" деп қышқырып, қандай жол менен болса да өзлериниң ҳақыйқатшыллығын, ўатансүйиўшилигин, батырлығын көрсетпекши болып жүргенлер сол сыртланларға ямаса гүресте гирлеў жолы менен утатуғын палўанларға уқсайды. Оларға ҳадал жол менен жеңиўдин кереги жоқ, жеңис болса болды.
25-июль күни тарқалған жалған хабардан кейин makan.uz, kruz.uz, kar24.uz сайтлары түнде прокуратураға алып кетилгени айырым "палўанлар"ға зор сылтаў болды. Барлығы медиа майданда "ўай-ўай сөз еркинлигин буўып атыр!" деп бақырысып-шақырысып, шаўлап атыр. Ҳәтте Ташкентке де жетип барыпты булардың шаўқымы. Соған мәс болып, йошып жүр енди. Бизлер жеңдик, деп бир-бирин қутлықлап та атырған шығар.
Мейли ким не жазса, өзиниң ерки. Бирақ, адам бәрибир ҳәр бир сөзин ҳүждан тәрезисинде өлшеп, адамгершилик, инсап пенен айтыўы керек емеспе?
Қәне, ким makan.uz ямаса басқа журналист я блогердиң мақала жазыўына тосық болып атыр?
Жоқарғы Кеңес ҳаққында да, Министрлер Кеңеси ҳаққында да, министрликлер, басқармалар, ҳәкимликлер ҳаққында да қәлегенин жазып атырған жоқпа?
"Оларға тиймең, олар халықтың машқаласын шешип берип атыр", деп шаўқым салып атырғанлар, сол машқаланы тек өзлери шешип атырма? Ҳеш бир ҳәкимлик я мәкемениң жәрдемисиз бе? Пуқараның машқаласын көтерип шыққаны ушын биреў қолын қағып жиберип атырма? Егер азырақ инсабы болса, өзлери айтсын.
Бирақ пүткил елдиң басына сынақ түсип "Алла, өзиң яр болғайсаң!" деп жағасын услап отырғанда сол күнги жалған хабарды тарқатыў қаншелли дурыс?
Сол жалған хабарды тарқатыў, тири адамды өлди деп шығарыў (басқа деректен алған жағдайда да) кәсиплик этиканы бир шетке жылыстырып қояйық мейли, ҳеш болмаса адамгершиликке жатама?
Өзлери тән алмаса да, сол хабарды тарқатқанлардың бәри аудиториясын көбейтиў ушын ғана тарқатты. Оннан басқа нийети жоқ еди олардың.
Мәселен, Kar24.uz сайты сол жалған хабарды баспады. Оның редакторы қәлемейме аудиториясын кеңейтиўди? Ол да қәлейди. Бирақ бундай жол менен емес. Сол сайттың редакторы Қумар Бегниязова басқалардай арзан пиарға бойын тасламады. Профессионал!
Бүгин gazeta.uz да сол журналист ҳәм блогерлеримиз бенен сәўбет шығыпты. Сәўбеттеги бир эпизодқа итибар қаратайық: "Лолагул Каллыханова объяснила, что 5 июля Makan.uz давал опровержение пресс-секретаря Жокаргы Кенеса Байрама Айтмуратова о заражении Мусы Ерниязова коронавирусом. Но 17 июля на видеоселекторном совещании президент сам сообщил о состоянии Мусы Ерниязова, а ближе к вечеру Министерство здравоохранения подтвердило информацию о заражении коронавирусом («Газета.uz» 2 июля также пыталась получить подтверждение этого, но в Нукусском штабе по борьбе с коронавирусом, Министерстве здравоохранения Каракалпакстана и в Жокаргы Кенесе заявляли, что информация не соответствуют действительности).
👉«Тогда у меня уже не осталось доверия к пресс-секретарю Жокаргы Кенеса."👈 (https://www.gazeta.uz/ru/2020/07/27/journalists-karakalpakstan/)
Енди сол 5-июль күнги материалды оқың:
"Makan.uz сайтының телеграмдағы бот мәнзилине усы жылдың 4-июль сәнесинде пуқара Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығы Муса Тажетдинович Ерниязов Covid-19 вирусын жуқтырып алғаны ҳаққында мағлыўмат жоллады.
Makan.uz сайты бул мағлыўматтың қаншелли дәрежеде ҳақыйқат екенлигин анықластырыў ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баспасөз хаткери Байрам Айтмуратовқа телеграм арқалы хабарла
сты. Жоқарғы Кеңес баспасөз хаткери

Газета.uz
Главредов трех СМИ Каракалпакстана вызвали ночью в прокуратуру
Из-за перепоста новости о смерти председателя Жокаргы Кенеса Мусы Ерниязова главредов трех изданий Каракалпакстана Makan.uz, Kruz.uz и Kar24.uz ночью вызвали в прокуратуру. Руководителя Makan.uz Лолагул Каллыханову забрали из дома сотрудники правоохранительных…
бизге, Муса Тажетдинович Covid-19 жуқтырғаны туўралы мыш-мышлар тийкарсыз екенин ҳәм М.Ерниязов бул вирус пенен кеселленбегенин мәлим етти. Сондай-ақ, Жоқарғы Кеңес баслығы кеше, 4-июль күни жумыста болғанын қосымша қылды.
👉Makan.uz’ға дереги бүгин, яғный, 5-июль күни азанда Муса Тажетдинович үйиниң алдындағы гүллерге қарап жүргенин көргенин хабарлады.👈
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хаткери пуқаралардан ҳәзиргидей қыйын-қыстаўлы ўақытта тийкарсыз хабарларды тарқатпаўды сорады"
Лалагүл Қаллыханова,
журналист" (http://makan.uz/jamiyet/12563-i.html)
Мен Лалагүлди өтирикшиликте айыплайжақ емеспен. Тек, Жоқарғы Кеңес баспасөз хаткерине исеними қалмаған журналисттиң өзиниң дерегине де исеними қалмадыма екен, Жоқарғы Кеңес баспасөз хаткери мың өтирикши болғанда да 25-июль күнги жалған хабарды да биринши соннан сорағанында болмаспа еди, repost.uz дың хабарын берди не, баспасөз хаткериниң хабарын берди не, бәрибир өзлери бүгин қайта-қайта тәкирарлап атырғанындай "деректи басқа жерден алған" болар едиғо, деген сораў мени ойландырып атыр.
Сол журналист ҳәм блогерлерди сөз еркинлигин қорғап шыққаны ушын жәбирленген қаҳарманға айландырып атырғанлар бир гәпти айтарда сәл басты ислетсе жақсы болар еди. Олар сөз еркинлигин қорғағаны ушын емес, нызамда белгиленген жаңа тәртип бойынша, карантин дәўиринде жалған мағлыўматты тарқатқаны ушын сораў-жуўапқа тартылды. Бул жерде сөз еркинлигине қол қатыў болған жоқ, үлкен паника көтерип, трагедия қылыўдың кереги жоқ.
Ал устаз журналистлерди "заказ" материал жазғанлықта айыплап атырғанлар болса сол журналистлер заказ алып атырғанлығы ҳаққында бирде бир факт келтире алама екен. Мейли, фактти қоятурайық. Күнде ҳәр қыйлы жақсы-жаман, ырас-өтирик хабар тарқатып, аудиториясын соның есабынан кеңейтип, реклама қойғаны ушын табыс таўып атырған сол айырым интернет журналистлери менен блогерлер неге енди көбиси газетада ислейтуғын сол устаз журналистлеримиздиң аҳўалы карантин дәўиринде қыйын болып атырғанын, бирақ "көпке келген той" деп, тисин-тисине қойып, шыдап жүргенин, ҳәзир олардың кеўилине заказ материал жазыў сыймай турғанын сезбесе? Тек, оларда айырым жас интернет журналистлери менен блогерлеримиздиң сөзинде ғана бар, ал өзлеринде жоқ бир нәрсе бар - ол да болса ўатансүйиўшилик, жақсы күнде де, жаман күнде де ел менен бирге болыў, ҳүждан ҳәмири менен ис көриў сезими күшли.
Жасларды ҳаўлықпаға берилмеўге, сынаўлы күнде жалған хабарларды тарқатыўдан абайлы болыўға шақырып, ақылландырған сол устаз журналистлеримизди заказ алды дегенлердиң бул гәпти бети бүлк етпей қалай айтты екен? Оларды күшикке теңеген Бахтияр Қәдирбергеновқа улыўма ҳайран қалдым, айтарға сөз жоқ.
Бул гәплерим оларға грамм тәсир етпеслигин, олар өз билгенинен қалмайтуғынын билсем де, айтып атырман. Тек бир жақсы нийет, бир күни инсап берер, бул ислери надурыс екенлигин сезинер деп үмит етип қаламан.
Б.Айтмуратов, журналист

Informaсiyalɩq portal
Муса Ерниязов Covid-19 жуқтырғаны ҳаққындағы мыш-мышлар тийкарсыз
Makan.uz сайтының телеграмдағы бот мәнзилине усы жылдың 4-июль сәнесинде пуқара Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығы Муса Тажетдинович Ерниязов Covid-19 вирусын жуқтырып алғаны