Telegram Web Link
Tiykarǵı pán olimpiadasınıń jeńimpaz oqıwshılarınıń ustazları múnásip sıylıqlandı

➡️ 2024-2025-jıl 27-30-mart kúnleri aralıǵında 11-klass oqıwshıları arasında Tiykarǵı pán olimpiadasınıń IV basqıshı ótkerilgen edi.

☄️ Bunda Qaraqalpaqstan Respublikasınan 3 oqıwshı I orındı, 4 oqıwshı II orındı, 3 oqıwshı III orındı, jámi 10 sıylı orınlardı iyelegen oqıwshılardıń ustazlarına aqshalay sıylıqlar tapsırıldı.


I orınǵa - 18 750 000,
II orınǵa - 13 125 000,
III orınǵa - 11 250 000 sum pulları tapsırıldı.


👏 Áziz Ustazlarımızdı bul jetiskenlikleri menen qutlıqlap qalamız, keleshekte bilimli oqıwshılardı jetistiriwde dawam eteberiwine tileklespiz!

Asosiy fan olimpiadasining g‘olib o‘quvchilari ustozlari munosib taqdirlandi

➡️ 2024-2025 yil 27-30 mart kunlari oralig‘ida 11-sinf o‘quvchilari o‘rtasida Asosiy fan olimpiadasining IV bosqichi o‘tkazilgan edi.

☄️ Bunda Qoraqalpog‘iston Respublikasidan 3 o‘quvchi I o‘rin, 4 o‘quvchi II o‘rin, 3 o‘quvchi III o‘rin, jami 10 ta faxrli o‘rinlarni egallagan o‘quvchilarning ustozlariga pul mukofotlari topshirildi.

I o‘ringa - 18 750 000,
II o‘ringa - 13 125 000,
III o‘ringa - 11 250 000 so‘m pullari topshirildi.


👏 Aziz Ustozlarimizni bu yutuqlari bilan tabriklab qolamiz, kelajakda bilimli o‘quvchilarni yetishtirishda davom etishlariga tilakdoshmiz!

Bizdi sociallıq tarmaqlarda baqlap barıń:
🔎Web   🌐 Instagram   🌐Facebook
Telegram   🌐Youtube
👍146👏3🔥2
Hoja.uz️
Tiykarǵı pán olimpiadasınıń jeńimpaz oqıwshılarınıń ustazları múnásip sıylıqlandı ➡️ 2024-2025-jıl 27-30-mart kúnleri aralıǵında 11-klass oqıwshıları arasında Tiykarǵı pán olimpiadasınıń IV basqıshı ótkerilgen edi. ☄️ Bunda Qaraqalpaqstan Respublikasınan…
Пән одимпиадасы жеңимпаз оқыўшылардың сыйлықлаў мәресиминде "Нурлы мәкән" мектеп - интернатының мүғәллими Абатты көрип, ол ушын жүдә қуўанып кеттим. Бәрекеллә Абат!

Каналға ағза болыў:@hoja_uz
👍185👏4
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
"Крысы" были, есть и будут пока будут их слышающие уши!

p.s. түсинген түсинди

Каналға ағза болыў:@hoja_uz
👍30🔥5
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Искусствода ел, тил,миллет, жер шегаралары болмайды!

Каналға ағза болыў:@hoja_uz
👍10514👏4
Hoja.uz️
📣 Хош хабар ! Нөкис қаласының МШҳМББ қараслы 12 - санлы МШҳМБШ тәрбияланыўшылары Ташкент қаласында, "Болажон" телеканалында болып өткен "Болажон шоу" конкурсына "Аязий" көркем - өнер топары менен қатнасып, "Mahorotli ijro" номинациясының жеңимпазы болды !…
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
"Болажон шоу" конкурсында даўыс жыйнаў басланыпты !!!

Ҳүрметли қарақалпақстанлылар !

"Перзенттиң жаты болмайды!" дейди дана халқымыз. Усы перзентлеримиз финал басқышына дейин барған екен, келиң аўызбиршилигимиз бенен нәрестелеримизге даўыс жыйнайық ! "Бирдиң абыройы, мыңның абыройы" !

Даўыс бериў ушын 4000 сўм төлеми бар екен. Патриотлық, Ўатан сүйиўшилик сезими бесиктен оянған "Аязий" балалар топарын қоллап - қуўатлайық !
Ол ушын жоқарыда видеода көрсетилген 77708 ге смс жоллап l45 санын жазасыз !

Перзентлеримиздиң "Болажан шоу" конкурсында жеңимпаз болыўына ҳәр биримиз үлес қосайық !

Каналға ағза болыў:@hoja_uz
👏4411🏆4👍1
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Интернет - социал тармақларда көбирек тарқатылса, көп даўыс жыйналыўына себепши болар едик.

Каналға ағза болыў:@hoja_uz
👍26
Forwarded from Hoja.uz️
Қарақалпақстан Республикасы илим ҳәм билимлендириў тарийхы мәмлекетлик мүзейи шөлкемлестирилмекте

Қарақалпақстан медицина институты аймағында халқымыз мийрасларының кем ушырасатуғын тарийхый объекти болған Қарақалпақстанның дәслепки жоқары оқыў орны - Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының биринши имараты жайласқан. Бул имарат қарақалпақ халқының илим ҳәм билимлендириў тымсалы ҳәм бесиги есапланады. Бул жерде өткен әсирдиң пүткил илимий элитасы, Қарақалпақстан Республикасының ири илимпазлары, белгили шахслары, академиклери ҳәм жазыўшылары, атап айтқанда, Марат Нурмуҳамедов, Ибрайым Юсупов, Төлепберген Қайыпбергенов, Сабыр Камалов ҳәм басқалар билим алды.

Жоқарыдағыларды есапқа алған ҳалда, илимпазлар естелигин мәңгилестириў мақсетинде Қарақалпақстан медицина институты тәрепинен ҳүрметли Президентимиздиң республикамызға болған сапарында Қарақалпақстан Республикасы илим ҳәм билимлендириў тарийхы мәмлекетлик мүзейин шөлкемлестириў бойынша усыныс билдирилген еди. Усыныс қоллап -қуўатланып, бүгинги күнде музей шөлкемлестириў бойынша тийисли жумыслар алып барылмақта.

Процесстиң ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы илим ҳәм билимлендириў тарийхы мәмлекетлик мүзейин шөлкемлестириў бойынша жәмийетшилик қадағалаўы топары дүзилген.

Қорақалпоғистон Республикаси Фан ва таълим тарихи давлат музейи ташкил қилинмоқда

Қорақалпоғистон тиббиёт институти ҳудудида жойлашган халқимиз меросларининг кам учрайдиган тарихий объекти ҳисобланган Қорақалпоғистоннинг дастлабки олий ўқув юрти - Ажиниёз номидаги Нукус давлат педагогика институтининг биринчи биноси жойлашган. Бу бино қорақалпоқ халқининг илм ва Фан тимсоли ва бешиги саналади. Бу ерда ўтган асрнинг барча илмий элитаси, Қорақалпоғистон Республикасининг буюк алломалари, таниқли шахслари, академик ва адиблари, хусусан, Марат Нурмуҳамедов, Ибрайым Юсупов, Төлепберген Қайыпбергенов, Сабыр Камолов ва бошқалар таҳсил олди.

Юқоридагиларни инобатга олган ҳолда, олимлар хотирасини абадийлаштириш мақсадида Қорақалпоғистон тиббиёт институти томонидан ҳурматли Президентимизнинг республикамизга ташрифида Қорақалпоғистон Республикаси фан ва таълим тарихи давлат музейини ташкиллаштириш бўйича таклиф киритилди. Таклиф қўллаб-қувватланиб, бугунги кунда музей ташкил этиш бўйича тегишли ишлар амалга оширилмоқда.

Жараённинг шаффофлигини таъминлаш мақсадида Қорақалпоғистон Республикаси Фан ва таълим тарихи давлат музейи фаолиятини ташкиллаштириш бўйича жамоатчилик назорати гуруҳи тузилди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
👍3215👏3
Forwarded from Hoja.uz️
Hoja.uz️
Қарақалпақстан Республикасы илим ҳәм билимлендириў тарийхы мәмлекетлик мүзейи шөлкемлестирилмекте Қарақалпақстан медицина институты аймағында халқымыз мийрасларының кем ушырасатуғын тарийхый объекти болған Қарақалпақстанның дәслепки жоқары оқыў орны - Әжинияз…
Қарақалпақстанымызда және бир тәрийхый ўақыяның гуўасы болыў алдындамыз. Усы күнге шекем дүньяға танымалы илимпаз, академик, тәрийхшы, мәмлекетлик ғайраткерлерин туўылған диярымызда оларды еслетиўши, келешек әўладқа мийрас етип қалдырыўшы ҳеш бир музей жоқ еди. Енди, мине, республикамыздың зыялы белсендилериниң усынысын ҳүрметли Президентимиз қоллап - қуўатлаўы менен, тәрийхый ҳүжжетке - Илим ҳәм билимлендириў музейин ашылыўына қол қойылды.
Өз гезегинде бул басламаның орынлаўына әмелий жәрдемге таяр ҚР Жоқарғы Кеңеси Баслығы А.Орынбаевқа халықтың шексиз миннетдаршылығын жеткизбекшимен !
Музей ашылыўына жанкүйер, пидайы инсан Орал Аминовна Атаниязованың қосқан үлкен үлесин атап өтиў менен мени жәмийетшилик қадағалаў топарына ағзалыққа ылайық көргенине өз миннетдаршылығымды билдиримен!

Ҳүрмет пенен Г. Каньязова.


P.s. Музей ушын экспонатлар жыйнаў исши топардың бас мақсетлериниң бири, бирақ халқымыз жақыннан жәрдемин көрсетип, өз үлесин қосады деп исенемиз ! Исши топар заманымыз И.В. Савицкийи болады !

Каналға ағза болыў: @hoja_uz
👍2617👏4
Hoja.uz️
Қарақалпақстанымызда және бир тәрийхый ўақыяның гуўасы болыў алдындамыз. Усы күнге шекем дүньяға танымалы илимпаз, академик, тәрийхшы, мәмлекетлик ғайраткерлерин туўылған диярымызда оларды еслетиўши, келешек әўладқа мийрас етип қалдырыўшы ҳеш бир музей жоқ…
Қарақалпақстан тәрийхында биринши Илим ҳәм Билимлендириў музейин шөлкемлестириў исши топары ағзасы екенлигимнен мақтаныш етемен ҳәмде қолымнан келген мийнетимди аямайман.
Музей шөлкемлестириў, оның экспонатлары бойынша ҳәр бир пикир ҳәм усынысларыңыз ушын миннетдар боламыз !

Ҳүрмет пенен Г. Каньязова

Каналға ағза болыў: @hoja_uz
👍346
Бул блогтың даўысын өширип, "пахтакешлер" менен ислесерсиз. Хош аллаяр айтысарда, аўыр сыртқы "штора" пердеси менен жеңил ишки "тюль" пердеси менен қоса ашылып "сквозняк" урып кетпесин !!!

Каналға ағза болыў: @hoja_uz
🤔335🔥2👏2😢1
❗️️Ишки жоллар ушын ҳәкимлер жуўапкер болады

Енди қала ҳәм аўыллардағы ишки жолларды тәртипке салыў жумыслары ушын ўәлаят ҳәм район ҳәкимлери жеке жуўапкер етип белгиленеди.

Каналға ағза болыў: @hoja_uz
👍37😁32
❗️Президент тапсырмасы:

Барлық шөлкем ҳәм мәҳәллелерде тийкарсыз орнатылған қадаған етиўши белгилер алып тасланады.
Тапсырмаға бола, уйым ҳәм министрлик хызметкерлери "парковка" етип алған аймақларға фото ҳәм видео камералар орнатылып, жазаның сөзсизлиги тәмийинленеди.
Мәмлекетлик хызметкерлер жәмийетлик транспортта жүриўге үлги болыўы керек.
Буннан былай Ҳүкимет дизиминде болмаған басшылардың хызмет машинасына жолда үстинлик берилмейди.

Каналға ағза болыў: @hoja_uz
👍442
Hoja.uz️ pinned a photo
2025/07/13 18:47:03
Back to Top
HTML Embed Code: