Telegram Web Link
Ассалаўма әлейкум!
Мен Хожели районынан Абдижемилова Насиба боламан!
Сораўым: Айжамал апа, атамыздың "Жоллыдан сәлем" қосығында сиз өз образыңызды көрдиңизбе? Сизге қосық қандай тәсир еткен?
Ассалаўма әлейкум!
Мен Шахи Раметова.
Сораўым: Биз билемиз Шайырдың балалығы Шымбайда өткен. Оның қосықларын оқып биз аўылға барғандай боламыз!
Солай екен атамыздың ул-қызларының да балалығы сол Шымбайда өткенбе?
Ассалаўма әлейкум!
Мен Қоңырат районлық 36-санлы мектеп оқыўшысы Муратбаева Сабина боламан!
Сораўым: Айжамал апа, сизиң руўыңыз қандай? Балалығыңызда шаңарақ ағзаларыңыз бенен өткерген қайсы жаңа жыл елеге дейин есиңизде қалған? Жаңа жылда қандай саўғалар күткенсиз?
Тулға перзентисең уллы Туранның,
Халқыңнан куш ғайрат,жолға-нур алдың,
Сөзин жазып Гимн атлы уранның,
Елиңе саўғаға тартқан шайырсаң.

Уббинияздың сени көргени дәўлет,
Өмиринше сабақ,-Сиз қурған сәўбет,
Сениң әрманыңа жетисип нәўбет,
Руўхың шад болып кеткен шайырсаң.
(У.Аширбеков.Ўатан топырағы"Шайырсаң")

Гимн қабыл етилген күни Ибрайым аға менен Нажматдин аға Мухамметдинов екеўи қатты қуўанып келип ағамның үйинде белгилегени еле есимнен кетпейди.тОларды көргенимиз, пәтиясын алғанымыздың өзи биз ушын бир бахыт!
Сораўым: Айжамал апа, Гимнниң дөретилиўинен хабарыңыз бар ма, шайырдың сол ўақыттағы кейпияты қандай еди? Әлбетте сондай қосықтың жаратылыўы да өз-өзинен болмайды...
Қараөзек районынан Аширбекова Зульфия
Ассалаўма әлейкум Айжамал апа, Жансәўле қарындасым!
Мен Алтынбек Ерлепесов!
Сораўым: Сиз атамыздың неше қосығын яд алғансыз?
Усы ўақытқа шекем дөретиўшилигинде неше қосық бар екенлигин санап көргенсизбе?
Жуўап ушын алдыннан рахмет!
Ассалаўма әлейкум!
Мен Шымбай районынан Арал Жолдасбаев боламан.
Басқа районларға барғанда көпшилик маған төмендеги сораўды береди:
Ибрайым Юсуповтың әкесиниң аты ким?
Жуўап ушын алдыннан рахмет!
Ибрайым Юсупов
Voice message
Өткен онлайн сәўбеттеги сораўға жуўап!😊👍
Ассалаўма әлейкум!
Мен Нөкис районлық 32-санлы мектеп муғаллими Қутлымуратова Гаухар боламан!
Сораўым: "Өмирзая жулдызы" қосығының дөрелиў тарийхын билесизбе?
Ассалаўма алейкум!
Мен Хожели районынан Алланиязов Бахыт боламан!
Сорауым: Ибрайым атамыздың жолынан жүрип қосық жазып турған перзентлери барма?
Айжамал апа, сизиң тарауыңыз қандай?
2025/06/29 17:13:48
Back to Top
HTML Embed Code: