Telegram Web Link
Hám soniń menen birge "Men oqiǵan ana mektebime Kitap sawǵa etemen" akciyasi da shólkemlestirildi. Bunda Shimbay Agrosanaat kásip óner kolledji Oqıw isleri boyınsha direktor orinbasarı Orazbay Tórebaev, Tariyx oqıw orayı basliǵı Jaras Ibatov hám IBRAYIM YUSUPOV kanalı adminstratori Islam Xamidullaevlar miymanda boldi. Hám ózleriniń tayarlap kelgen Kitapların mektebimiz kitapxanasiniń fondin toltiriw maqsetinde bir qatar ádebiy kitaplar sawǵa etti.
👍1
Shimbay rayonı 11-sanlı mektep
"Men oqiǵan ana mektebime Kitap sawǵa etemen" akciyasi Shimbay Agrosanaat kásip óner kolledji Oqıw isleri boyınsha direktor orinbasarı Orazbay Tórebaev (Kesheden kórinis)
Shimbay rayonı 11-sanlı mektep
"Men oqiǵan ana mektebime Kitap sawǵa etemen" akciyası
Tariyx oqıw orayı basliǵı Jaras Ibatov (Kesheden kórinis)
Shimbay rayonı 11-sanlı mektep
"Men oqiǵan ana mektebime Kitap sawǵa etemen" akciyası
Qońırat Ximiya Sanaat kásip óner kolledji oqıwshısı,IBRAYIM YUSUPOV kanalı adminstratori Islam Xamidullaev
(Kesheden kórinis)
👍2
Tariyx oqıw orayı baslıǵı Jaras Ibatov birinshi ústazları Patima Saytniyazova apamız benen
Ибрайым Юсупов
Photo
Нөкис районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 4-санлы мектепте 20 асирдиң ақыры ҳәм 21 әсирдиң басындағы қаракалпак әдебиятының кос байтереги И.Юсупов ҳәм Т.Қайыпбергеновтын 90 жыллығына арналған кешеси болып өтти.Кешеге суйикли шайырымыз И.Юсуповтың қызы А.Юсупова, Узбекистан Миллий тикланиш демократия партиясы Нөкис район кеңес баслығы Бахтияр Кошетеров ҳәм Узбекистан Миллий тикланиш демократик партиясы Нөкис район кеңес депутаты Пазыл Адиловлар қатнасып.Кешеде еки сөз шебериниң дөретиўшилигин айтып ҳәм сахналық көринислер,аяқ ойынлар менен даўам еттирди. Кеше даўамында 8-класс оқыушымыз Руфат Атагуллаев шайырдың сууретин салып келген мийманларды тән қалдырды.А.Юсупова суўретке өз тилеклерин жазып берип кетти.
Бизге Нөкис районлық билимлендириў бөлимине қараслы 4-санлы мектепте болып өткен байрам кешесинен #Reportaj жоллаған Гүльназ апамыздың Ибрайым Юсупов атамыз бенен бирге түскен суўретлери
Шоманай районында 25-33 жас аралығында "Аязий билимданлары" таңлаўы болып өтти.
Районлық басқышта 23-мектеп қаракалпақ тили муғаллими 1-орынды алды.Республика басқшына жоллама алды.
👍1
Қос қахарманға

(Ибрайым Юсупов хәм Төлепберген Қайыпбергеновтың 90 жыллығына арналады)

Тәңирим ұсыннан тоқсан бұрын
Қарақалпақ елине төгип нұрын
Ибрайымдай ұллы шайырды берди
Сайрасын деп жаңа заманның жырын.

Халық сизди "Сөз зергери" дер екен
Шынында да хәр сөзиңиз зер екен
Баба рұухың менен бизди қоллап тұр
Құтлы болсын тоқсан жыллық мерекең.

Алтын сөзлериңиз бенен еле сиз
Халық ишинде өмир сүрип келесиз
Бүгин Әжинияздың қосығын айтып
Сизди қайта тирилтемиз көресиз.

Сөзиңизде болжанған келесимиз
Сизден алдық, көп сизге бересимиз
Бүгин аспандағы жұлдыз үңилип
Ұсы жерге келеди елесиңиз

Сизден нәр алып жас әулад қәлеми
Сиз жүрген соқпаққа басамыз табан
Сиз бизлерге жаллаған "Таң сәлеми"
Келди. Қәтержам болың "Байғұс бабам"

Қәлем менен әжелди де ұтарсыз
"Сөз құсын бәрха ұшардан атарсыз"
Бүгин бизди көрип рұухың шад болып
Қалайда ата бир аунап жатарсыз.

Шайырға хасла, хеш ким пұл бермеген
Қосықшыға бергендей гүл бермеген
Хеш ким пышақтың сабы алтынлығын
Жойтпай тұрып билиуге үлгермеген

Айтың! Халық мехриниң дәми қандай
Билмедим шайырдықтың заңы қандай
Жарқыраған белги тағып өттиңиз
Атыңызды айтқанда танығандай.

***

Илахий сөз жеткизетин халыққа
Қарекеңе "Секретар"сыз, елшисиз
Қарны тойар торға түскен балыққа
Сиз "Қарақалпақсыз тәуекелшисиз"

Сиз жәхәнди гезген серли саййатсыз
Сизсиз проза - мисли қолсыз, аяқсыз
Сиз өзлигин жойтқанға жол көрсеткен
Тарийх атлы жарқыраған майақсыз

Халықты сүйуди баслы заң қылып
Енди халық сизди суйер мәнгилик
Себеби сиз өмир бойы өттиңиз
"Қарақалрақ" - деп дүнийаға жаңғырып

Кимлер сизди оқыса жыйнап есин
Өз тарийхын аңлап, толысты ойы
Мейли сизди кимлер не десе десин
Қаракеңниң сиз нағыз Толстойы

Смайлов Абдирашид
https://www.tg-me.com/joinchat-AAAAAEI1zHGnTnIRFhpGFw
МУСТАҚИЛЛИҚ МАЙДАНЫНАН ӨТКЕНДЕ

Бүгин Əмиў болып аққым келеди.
Арғымақ ат болып шапқым келеди.
Бүгин өңирине өзбек ағамның
Кеўлимнен гүл үзип таққым келеди.
Наўайы, Бердақлар дəстан биткенде,
Бабур тəрки ўатан қылып кеткенде,
Машраб ғаззеллери пəряд еткенде,
Ойға алған мақсетине жеткен бе?
Бабалар руҳы кешти ойымнан,
Мустақиллиқ майданынан өткенде.
Ақмал, Аллаярлар атылып кеткенде,
Жаўлар Қадрийди қатл еткенде,
Шарафатлы инсан уйқысын бузып,
Қəбиринен шығарып алып кеткенде...
Бəри көз өңимнен өткендей болды,
Мустақиллиқ майданынан өткенде.
«Ақ алтыннан таудай қырман питкенде,
Оны жат кəрўанлар алып кеткенде,
Сен ойшаң сүйенип аўыр кетпенге,
Үнсиз турысларың елеслеп кетти,
Мустақиллиқ майданынан өткенде…
Сениң руўҳыңдағы мəртлик, даналық
Жаңа дəўран жолын тапбағы лазым.
Бийик инсанлығың дүнья тəн алып,
Жəҳəн минберинен шықсын ҳаўазың.
Кеўил талўас етип, илҳам йош урар,
Мийрим суўы менен толғандай Арал,
Есер бир əжайып жағымлы самал,
Мустақиллиқ майданынан өткенде.
Өзбекстан - Күншығыстың Шолпаны,
Көп қыйын жоллардан өтерсең асып.
Бинияд таўып азат инсан əрманы,
Жолыңды жақтыртар ығбал қуяшы.
«Қутлы қəдемиңе ҳəсанат!» дийип,
Қан-қардаш халықлар қол берип қолға,
Қара қалпағымды шалқайта кийип,
Жаныңда бараман бул уллы жолда!

22-август, 1992-жыл, Ташкент.

📄https://www.tg-me.com/joinchat-AAAAAEI1zHGnTnIRFhpGFw
"A'debiyatimizdin' qos bayteregi" atamasindag'i a'debiy kesheler jurtimizdin' barliq oqiw orinlarinda dawam etip atir. Nawayi wa'layati Kenimax rayonina qarasli 41-sanli uliwma bilim beriw mektebinde de "A'debiyatimizdin' qos bayteregi" atamasindag'i a'debiy keshe bolip o'tti. Bul a'debiy keshe usi mekteptin' qaraqalpaq tili ha'm a'debiyat pa'ni mug'allimi Turexan ag'a Eshnazarov basshilig'inda boldi. Turexan ag'a a'debiy keshede tu'sirgen foto su'wretlerin bizge usindi.
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Azamat Nuratdinov
@qqshayirlar kanali.
2025/07/11 21:48:06
Back to Top
HTML Embed Code: