Telegram Web Link
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#ҚУТЛЫҚЛАЎЛАР_МАРАФОНЫ

НӨКИС ҚАЛАСЫ, 16-САНЛЫ МЕКТЕП ОҚЫЎШЫЛАРЫНАН! 😊

Каналымызға ағза болың👇
http://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov
​​#ҚУТЛЫҚЛАЎЛАР_МАРАФОНЫ

"Máńgi qálbimizde"

Hár bir dóretpeńde tereń máni bar,
Qar suwınday tatlı,tabılmas hasla,
Júreklerdi tez eritip,tez puwlar,
Jalt etip jandırar,oqısań bárha.

Siz bir misli qaraqalpaq xalqına,
Allam bergen sónbeytuģın bir ushqın.
Al biz sizge umtılıwshı bir ģana,
Perzentińbiz,uluğlawshı hár sóziń.

Qosıqlarıń máńgi qalıp júrekte,
Tıńlawshıģa lázzet berer sol demde,
Turmıs táshwishlerin bir umıtarsań,
Siz jaratqan dóretpeni kórgende.

Qatarımdı,aldı-artım baqlasam,
Shaydasıdur olar poeziyanıń,
Hesh bir bende tabalmadım,qarasam,
Qosıqlarıń tolıp-tasıp aytpaģan.

Insan ushın júrek sırların,
Shertiwshi bir misli tar ediń.
Qaraqalpaq,qara xalıqtıń,
Maqtanıshı,mańızı ediń.

Hátte ózim ana baxtın sezgende,
Háyyiw menen ana watandı birge,
Ilahiy kúsh,ana mehrin túygende,
Ayttım"Qaratal"dı,"Búlbil uyasın".

Mine altı jasqa tolar palapan,
"Kegeyliniń boyında"nı sorar hár qashan!...

Qaraqalpaq poeziyasınıń bayteregi,Ózbekstan qaharmanı I.Yusupov bugin 91-jasta.Atamızdıń hár bir shıģarmasın júregimizdiń tórinde qásterleymiz.Atamızdıń ruwhları shad bolıp,qalģan òmirin ulları ,qızları,aqlıqlarına bergen bolsın.Siz máńgisiz poeziya jırshısı...

Ibatova B.
05.05.2020.

Каналымызға ағза болың👇
http://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#ҚУТЛЫҚЛАЎЛАР_МАРАФОНЫ

ҚОҢЫРАТ РАЙОНЛЫҚ 31-САНЛЫ МЕКТЕПТИҢ ҚАРАҚАЛПАҚ ТИЛИ ҲӘМ ӘДЕБИЯТЫ ОҚЫТЫЎШЫСЫ ТӨРЕБАЕВА ЗАМИРА ҲӘМ ОҚЫЎШЫЛАРДАН САЎҒА!

Каналымызға ағза болың👇
http://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#ҚУТЛЫҚЛАЎЛАР_МАРАФОНЫ

З.ЮСУПБАЕВА
ТИТУ Нөкис филиалы студенти атқарыўында шайыр И.Юсуповтың "Ана жүреги" қосығы (монолог)

Каналымызға ағза болың👇
http://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#ҚУТЛЫҚЛАЎЛАР_МАРАФОНЫ

ДАМИР БИЙИМБЕТОВ
Шымбай районылық 4-санлы мектептиң жаслар жетекшиси.
"Билимли елдиң жаслары" каналы администраторы.

Каналымызға ағза болың👇
http://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov
#ҚУТЛЫҚЛАЎЛАР_МАРАФОНЫ

ТАХТАКӨПИР РАЙОНЫНАН:
СУЛТАН УЗАҚБАЕВ

"ҚАЛДЫ"

Кеўлиме дәрт салып, көзге жас әйлеп,
Аспаннан бар жулдыз ақты да түсти.
Халық шуўлап қалды шайырын излеп,
Шайыр өлди, сөзи жүректе қалды.

Ибрайым халқымның зибаны еди,
Алладан берилген инамы еди,
Елимниң саўлатлы минары еди,
Бәрше жасын төгип азалы қалды.

Қаратал бәҳәрде бөртигин ашар,
Әлемге сән берер, кеўилиң тасар,
Гүз келип жапырақлар сарғайып атар,
Оның сөзи, лекин, мәңгиге қалды.

Үлги алса ылайық қосықларынан,
Өтерсең жалғанның тосықларынан,
Алжассаң өмирдиң сынақларынан,
Жолыңды жарытар шырасы қалды.

Қарақалпақ-ол саҳраның бүлбүли,
Маңызын шақ, қайда жатар төркини?
Сол бүлбилдиң қанат қаққан бул бири,
Бүлбил ушты, жерде мазары қалды.

Зыяратлап сениң қәбриңе бардым,
Пинҳамы саўалдың жуўабын таўдым,
Дийқан шаўып таслар мийўасыз нәлин,
Ал, оның бил аты тарийхта қалды.

Каналымызға ағза болың👇
http://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#ҚУТЛЫҚЛАЎЛАР_МАРАФОНЫ

Азизбек Дабылов.
Қарақалпақ мәмлекетлик университети Қарақалпақ филологиясы ҳәм
журналистика факультети 1-басқыш студенти.

Каналымызға ағза болың👇
http://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov
​​#ҚУТЛЫҚЛАЎЛАР_МАРАФОНЫ

Журналист: Гулсара Сапарова.

"Ибрайым аға"
Кимлер шешен болса, өзиң бирисең,
Бүлбүлге тил питсе нағыз өзисең!
Жүрек талўас етсе илгир көзисең.
Илхам булағысаң Ибрайым аға!

Терең сезим, тынық кеуил данышпан,
Қосық оқыганында шайқалды аспан.
Ықлас пенен қосықларыңды тыңласам.
Кеулим елжиремей тура алмаспан.

Ҳалық салган жолдан арба айдадың,
Ойлы-шукыр жерин өзиң оңладың.
Дигиршигин қәлем менен майладың,
Халык ушын туўылдыңыз Ибрайым аға!

Бес суңқарды бир оқ пенен түсирдиң,
Қайраўдағы жалғыз ғазды ушырдың.
Жүректи тырнаған тасты түсирдиң,
Сөз жүйеси келгенде Ибрайым аға!

Хәр бир сөзиңиз теберик әўладларға,
Нақыл қылып жырладық жүрек зарына.
Өшпес орын қалдырып, кеттиңиз адебиятқа,
Тилиңиз алмас, сөзиңиз поллаттан еди Ибрайым аға!

Каналымызға ағза болың👇
http://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#ҚУТЛЫҚЛАЎЛАР_МАРАФОНЫ

ЕШНИЯЗОВ АЗИЗБЕК.
Шымбай районлық 36-санлы мектептиң 8-класс оқыўшысы.
​​#ҚУТЛЫҚЛАЎЛАР_МАРАФОНЫ

(5-may shayir I.Yusupov tuwilǵan kúnine arnayman)

"Ibrayim Yusupov" atama

Du'nyag'a keldin'iz ma'kan Shımbayda
"Azat awılında" besinshi mayda
Arnap qosıqlar jazıp elim Shımbayg'a
Xalıqtın' alg'ısın aldı Ibrayim ata

O'zbekstanimizdin' belgili qaharmanısan'
Qaraqalpaq elimnin' shan'ı-dan'qısan'
Qolına qa'lem alıp xalqın jırlagan
Biz ushın aziz bolg'an Ullı shayırsan'

Ullılıg'ın' sonshelli dan'qın' ba'lentte
O'zin' joqsan' biraq ruwxın' ju'rekte
Jazg'an qosıqlarin'ız teren' manige iye
Keleshek a'wladlar oqıp kelmekte

Do'retiwshilik jolında tınıp-tınshımay
"Xalıq shayırı" degen hu'rmetti aldin'
Sol xalıqqa ılayıqli bolg'anday
Milleti Qaraqalpaq gimnin jazdın'

Bu'lbu'l edin' xalıq kewlin sayrag'an
Júreginde hújdan otı lawlaǵan
Sayrag'anda kewilde a'rman qalmag'an
Shayır edin' watanına pidayı bolg'an

Qosıqları bar dan'qı ko'klerge jetken
So'zleri apiwayı, biraq ju'rekti shertken
Ba'lent pa'rwaz emes haqiyqattı megzetken
Ibrayim atamızg'a ha'wesim kelgen

Ko'p ellerde bolıp-ko'pti ko'rgensiz
Sol ellerdin' tariyxin oqip bilgensiz
Ko'rgeninin' ba'rin xatqa tu'sirgen
XX asir zamanının' bayteregisiz.

Ashshı-dusshı o'mir degen qin'g'ır joldın'
Sınag'ına shıdam berip, suwday toldın'
Ha'tte du'nyanı sıydıradı kewil jolın'
Shayır dese shayırlardın' piri boldın'

Ilham kelse qolına alıp gu'lqa'lem
Aralımdı tolqınlatqın' keledi
Bir qosig'in'izdin' o'zi bir du'nya a'lem
Bunı sizdi oqıg'anlar jaqsı biledi.

A'melge asar ele aytqan niyetlerin'iz
"Bul jer ele zor boladı"degen siyaqlı
Du'nya turg'ansha turar ele miynetlerin'iz
Sebebi, Ibrayim atanı su'yip oqıydı xalqı.

05.05.2020
Berdimuratov Salawat

Каналымызға ағза болың👇
http://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov
#ҚУТЛЫҚЛАЎЛАР_МАРАФОНЫ

"Ma’n’gilik so’z"
(I.Yusupov 91 jasta)


Qara taldi’ maqtap so’yletken o’zin’,
Ha’r jazg’an qosi’g’i’n’, alti’nday so’zin’.
Bu’gin aqsham tu’stin’, shayi’r, yadi’ma,
Kewlimdi biyledi sag’i’ni’sh sezim.

Tawlardi’n’ arti’nan qi’yqi’wlar g’azlar,
Ju’regim shi’damay u’zile jazlar.
Ko’zime u’yrilip keledi bir jas,
Ayag’i’m asti’nda qap-qara taslar.

Qi’yi’nshi’li’q zaman edi sol waqta,
Qaran’g’i’ mektepte ko’rinbes taxta.
Boyi’ pa’s o’jire aynasi’ qara,
Sonda ta’lim aldi’ bir uzi’n bala.

«Ayt, sen A’jiniyazdi’n’ qosi’qlari’nan»,
-Bul qosi’q ruwxi’ma nur boli’p pitti.
Ju’regim eljirep ag’ar edi qan,
So’zlerin qaldi’ri’p,
Ibrayi’m ketti…


Азизбек Дабылов.
Қарақалпақ мәмлекетлик университети Қарақалпақ филологиясы ҳәм
журналистика факультети 1-басқыш студенти.

Каналымызға ағза болың👇
http://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#ҚУТЛЫҚЛАЎЛАР_МАРАФОНЫ


#ҚУТЛЫҚЛАЎЛАР_МАРАФОНЫ

Қоңырат районы 34-санлы мектеп жәмәәти қызғын қутлықлайды!

Каналымызға ағза болың👇
http://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov
​​#ҚУТЛЫҚЛАЎЛАР_МАРАФОНЫ

"Шайырсаң"
(Ибрайым Юсуповқа)
91 жыллығы мүнәсебети менен.


"Жайхун жағасындағы байтеректен",
Иош алып сахрайы сөзди зер еткен,
"Ушардан атқан" сөзлериң жүректе,
Ал китабың қолда болған шайырсаң.

Оны қатты уққаныңды жек көрип,
Өмир талай қыйнап, шылым шектирип,
"Хәр кимниң өз заманы бар" деп турып,
Заманыңнан алда болған шайырсаң.

Артқа муңлы, алға үмитли қарап,
Тарийх жиби менен "Шөгирме" қурап,
"Жоқ жойтқан жоқшыдай саламан сорақ",
Деп бир өмир жолда болған шайырсаң.

Тириңде хызметте жууырып-жорттың.
Көз жумсаң әкедей жолды жарыттың.
"Кеуилин табыуды ойлап" халықтың,
Керегинде қул да болған шайырсаң.

Смайлов Абдирашит
Жазылған сәне:2020-жыл 5-май

Каналымызға ағза болың👇
http://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov
​​#ҚУТЛЫҚЛАЎЛАР_МАРАФОНЫ

"SHAYIR EDIN'IZ"

SHAYIR EDIN'IZ BA'RSHE O'RNEK ALATIN
QOSIQLARIN'IZ BENEN TAN' QALDIRATIN
JU'REKLERDI JILATIP HAYRAN QALDIRATIN
SIZDI IZLEB TAWALMADIM USTAZIM.

DA'RYADAY TOLIB-TASIB AG'AR EDIN'IZ
MIYWESI TAWSILMAS BIR BAG' EDIN'IZ
SIZ KETTIN'IZ TEN'IZDE QURIB QALDI,
MIYWELI BAG'LARDA SHO'L BOLIB QALDI

POEZIYA JANIRINDA U'LKEN SARAY QURIB
OG'AN A'PIWAYI XALQTI PATSHA-XAN QILIB,
XALQTIN' JIRLARIN QAG'AZG'A SALIB
OLARDIN' ALG'ISIN ALIB KETTIN'IZ.


SULTANBEK ADILBEKOVICH
2020-5-5

Каналымызға ағза болың👇
http://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov
Ibrayim-1.m4a
5.5 MB
#ҚУТЛЫҚЛАЎЛАР_МАРАФОНЫ

СМАЙЛОВ АБДИРАШИТ
радиоға берген интервюи.
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#ҚУТЛЫҚЛАЎЛАР_МАРАФОНЫ

УТЕПБЕРГЕНОВ ЕРНИЯЗ.
Нөкис қәнийгелестирилген
Олимпия резервлери мектеп интернатының 8-класс оқыўшысы.
Ассолому алейкум хурметли Аязий доретиушилигинин ыкласбентлери.
Барше адебият тарауынын талант ийелерин усы канал аркалы Каракалпак халык адебиятынын уллы байтереги болган И.Юсуповтын 91- жыллыгы менен кутлыклайман.
Уллы инсаннын олмес доретиушилигин келешек жасларымыз арасында Аязий избарсарларынын санын халыкка корсетиуде белсендилик корсетип усы каналды жарыткан И.Хамидуллаевка улкен алгыслар билдирип каламан.
Хамийше бизин мамлекетимиздин усындай талантлы жасларынын келешеги уллы болатугынлыгына исенемен.
Хурмет пенен Ж.Алиева.
Ассалаума алейкум азиз Ибрайым Юсупов каналы ыкласбентлери хам шолкеместириушилери! Мине бугин уллы байтерегимиз Озбекстан хам Каракалпакстан халык шайыры, Озбекстан кахарманы Ибрайым Юсупов 91 жаста. Уллы шайырымыздын калеминен дореген хар бир косыгы бизин калбимизден терен орын алган. Усы каналда Ибрайым Юсуповтын 91 жыллыгына арналып откерилген челленджге катнаскан окыушылардын шайырдын косыкларын айтыуларынын ози бунын айкын кориниси болып табылады. Мен усы каналды шолкемлестирген жасларымыз Ислам Хамидуллаев хам Жансауле Хамидуллаеваларга оз миннетдаршылыгымды билдиремен хам алдагы уакытларда да усындай уллы тулгаларымызды окыушы жасларымыздын арасында кеннен танытып, озимиздин миллий адебиятымызга болган кызыгыушылыгын арттырып барыуда улкен- улкен табыслар тилеймен.
Шымбай районы ХББ не караслы 40- санлы улыума орта билим бериу мектебинин окытыушысы Ш.Алланиязова
Ибрайым Юсупов- бул инсанның мүбәрек атын еситиуден жүрегим елжиреп кетеди, себеби бул уллы кәмил шахс мени "МЕН" еткен өмиримниң қахарманы. Кишкенелигимнен шайырдың қосықларын ядлап өмиримниң өз карерама ерисип улғайдым, әсиресе биз жаслардың миллий идея тийкарында Уатанға садық хәм кәмил перзентлер болып жетилисиуимиз ушын жазылған тәкирарланбас қосықлары өмирден ләззетленип жасауымыз ушын мотивация- куш-ғайрат береди. Уллы инсаныйлық пәзыйлетлер үлкен сабыр хамде Уатанымыз рауажланыуы ушын пидайылық туйғысына ийе болған хаммемиздиң суйикли шайырымыз дәуиримиздиң хәр қандай уақтында да әдеуир жоқары хүрметке ылайықлы хәм уллы науқыран келешегимиздиң қурыушылары ушын үлги бола алған хақыйқый кәмил инсан бола алды! Биз шайыр ағамыз хаққында қанша жақсы пикир хәм мақтаулар билдирсекте, усы мақтаулар хәм пикирлердиң шег-шегарасы жоқ екенлигин, бул уллы инсанды тәрийиплеу хеш қашан жуумақланбаслығын түсинип жетемиз. Бугинги мубарек сәне менен хәммеңизди және бир мәрте қутлықлайман, пурсаттан пайдаланым канал администраторларына өз рахметимди айтаман, уллы рус жазыушысы Константин Дмитриевич айтқанындай: "Егер жаслық нийети, талпыныслары болмағанда инсан өмири бир орында тоқтап қалған болар еди!" дегениндей, усындай куш-жигериңизди халық ийгилиги жолында жумсап, тынымсыз изленип атырғаныңызды көрип сизлерге өз миннетдаршылығымды билдирип, хақыйқый Аязый әуладларының бар екенлигиниң және бир мәрте гууасы болдым.


Шайыр Ибрайым Юсуповқа

“Пайғамбар шайырсаң” йошы кәрамат,
Тириде айтылсын мақтаў – марапат,
Президент алғысы шексиз шарапат!
Ал, бизни әпиў ет, Ибрайым аға.

Неге керек иштегини жасырыў,
Артық болмас аяғыңа бас урыў,
Шәкирт болып шалғайыңа асылыў,
Биз ушын мәртебе Ибрайым аға.

“Баҳа берсе” берсин үлкен алымлар,
Сени баҳалаўға мениң жолым тар,
Елиниң елшиси үлкен шайырлар,
Халқ ықласы – баҳаң Ибрайым аға.

Билмегенлер айтар: “Бул бир бийталап”
Жары жолда ер – турманын арқалап,
Биреўди күткендей арқаға қарап,
Нәйлаж кетип барар...Ибрайым аға.

“Үмит талын” егип жайдың қасына,
Еле қатнап жүрсең қәбир басына,
“Жалғызлық саясы” елиў жасыңа -
Көп салқынлық салды Ибрайым аға.


Хүрмет пенен Шымбай районы 37-санлы мектептиң оқыушысы хәм Өзбекстан жаслар ауқамы Шымбай районлық Сәрдарлар Кеңеси ауқам сәрдари
НУРСУЛТАН НУРНИЯЗОВ
2000-jılları anam, Qaraqalpaqstan televideniesi aǵa jurnalisti, búgingi kúnde napaqadatı veteran
B. Nurnazarova menen jurnalist
Z. Ábdirahmanovanıń uzatılıw toyına barǵan edik.

Usı kúni meniń ómirlik qaharmanım Ibrayım ata Yusupovtı ushıratıp qalǵan edik.

Sálem bergenimnen soń, ısıq júzleri kúlimlep, kishipeyillik penen qolımdı qattı qısıp, "sálem bergen baladan jaman adam shıqpaydı" degen edi.

Sondaǵı teberik máwritler qálbimde mángi saqlanıp qalǵan.

Qolımnan kelgenshe jaman adam bolmawǵa umtılıp jasaymız.

Meniń qaharmanım, qálbimniń kóp bólimin iyelegen, qaraqalpaq poeziya áleminiń sultanı I. Yusupovtıń 91 jıllıq torqalı toyı menen shın kewilden barlıq xalqımızdı qutlıqlaymız!

Shańaraq aǵzalarına qutlı kewil sózlerimdi jollayman.

Húrmet penen Gúlzada Óteniyazova
2025/06/30 19:17:50
Back to Top
HTML Embed Code: