Ассалаўма әлейкум!
Мен Шымбай районынан Абдимова Мийригүл!
Сораўым: Ҳалқымыздың уллы шайыры, сүйикли перзентиниң қызы болыў үлкен бахыт әлбетте! Ибрайым атамыздың қосықларының бәршеси де ҳалқымыз кеўлинен орын алған! Сол қосықларының ишинде қайсы бири сизде өзгеше ойлар, өзгеше сезимлер оятады?

Сәўбетти шөлкемлестириўшилерге рахмет!
Мен Шымбайдан Жанғабаев Азизбек, НМПИ студенти боламан!
Ассалаўма алейкум, Айжамал апа!
Атамыз Ибрайым Юсуповтың перзентлеринен көпшилик тек сизди таныйды! Не ушын басқа перзентлерин онша көрмеймиз? Шайырдың басқа перзентлери туўралы мағлыўмат берсеңиз, неше перзенти бар, олар не кәр етеди, қай жерлерде жасайды? Және, атамыздың өмирлик жолдасы бойынша да азы-кем мағлыўмат берсеңиз!...
Жуўап ушын алдыннан рахмет!

Мен Хожели районынан Пердебаева Елеонора боламан!
Сораўым: Айжамал апа, сиз өмирде қандай принцип пенен жасайсыз ҳәм бир принципке тийкарланып жасауды дурыс деп ойлайсызба?
Мен Хожели районынан Пердебаева Елеонора боламан!
Сораўым: Айжамал апа, сиз өмирде қандай принцип пенен жасайсыз ҳәм бир принципке тийкарланып жасауды дурыс деп ойлайсызба?
Ассалаўма әлейкум бәршеге!
Мен Қараөзек районынан Алланиязова Айсара боламан!
Сораўым: Айжамал апа, атамыз өмири даўамында көплеп қосықлар жазып, дөретиўшилик еткен...
Сиз де өз атаңызға арнап қосық яки шығарма жазғансызба?
Жуўап ушын рахмет!
Администраторларға айрықша рахмет!

Ҳүрметли каналымыз ағзалары!
Усының менен онлайн сәўбетимиз өз жуўмағына жетти!👏😊😇
Өзиниң қымбатлы ўақытын бөлип, сиз әзийзлер менен ғайыбана болса да сәўбетлесип, өзиниң әжайып жуўаплары менен көпшиликти қуўандырған Айжамал Юсупова апамызға шексиз миннетдаршылық билдиремиз!💐💐💐
Жақсы күнлерде, әжайып демлерде көрисип, дийдарласқанша саў-саламат болың!🙏🙏🙏
Каналымыздан узақласпаң!
"Бул жер еле зор болады!"👍👍👍

Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Каналымыз ықласбентлери ушын саўға!😊
Ибрайым Юсупов
"Мен өз тәғдириме қайыл қаламан"
Оқыған: Айжамал Юсупова
Ибрайым Юсупов
"Мен өз тәғдириме қайыл қаламан"
Оқыған: Айжамал Юсупова
🌸 Ассалаўма әлейкум ҳүрметли каналымыз ағзалары! "8-март - Ҳаял-қызлар байрамы" менен бәрше аналарымыз ҳәм апа-сиңиллеримизди шын кеўилден қутлықлаймыз!
Ҳүрметли ҳаял-қызлар! Сизлерге узақ өмир, өшпес баҳыт, беккем денсаўлық, жумысларыңызға тасқын табыслар тилеймиз!
Әўмет, баҳыт ҳәм гөззалық сизлерди ҳеш қашан тәрк етпесин! Ҳәмийше бәҳәр гүллериндей ашылып жүребергийсиз!
🌸 Ҳүрмет пенен Ибрайым Юсупов каналы администрациясы!
Каналымыз: https://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov

СЕГИЗИНШИ МАРТТАН БИР ҲӘПТЕ АЛДЫН
ЖАЗЫЛҒАН ҚОСЫҚ
🌸Кел, отыр қасыма жақынлап, жаным,
Мақул телевизорды-да ашпасаң.
Қыбырлысы питпес үйдиң, дүньяның,
Жумыс қашып кетпес, өзиң қашпасаң.
🌸Бул бир кеше болсын дем алатуғын,
Жанға тийип кетти "ўарра-ўарра" лар.
Үшинши жыйналыста отырып бүгин,
Сен туўралы жазған қосығым-да бар...
🌸Сөйле, не айтсаң-да қулағым таяр,
Ротарудың кассетасын таптың ба?
Ҳаяллар дүньясында не жаңалық бар?
Теккерейдиң соңын оқып шықтың ба?
🌸Қайғырма тапсам деп моданың бабын,
Өйтсең жыйрық түсер гүлдей жүзиңе.
Оқыўшыға болсын жазған китабым,
Барлық гонорары—тек те өзиңе...
🌸Мине, бир ҳәптеден байрам да келер,
Бул сениң байрамың,—гүллер байрамы.
Ҳәзир көп жигитлер, көп мәкемелер
Еплеп байрам өткизиўдиң ҳайраны.
🌸Қутлықлаўлар болар, дүканлар толар,
Сүтлер—очередсиз, тортлар—мазалы.
Байрам өткеннен соң тым-тырыс болар,
Тарқағандай ярмарканың базары.
🌸"Зеленстрой" бар планға шебер,
Қыс түўе, жазда-да гүл шықпас оннан.
Баку, Душанбеден келген саўдагер
Бир қәлемпир гүлди сатар үш сомнан.
🌸Шүкир ол гүлдиң-де табылғанына,
Қайсы дүкан тәўир қайсы көшеде?
Ҳәзир биз аламыз тек айтқанына,
Жарты жыл айлықсыз қалдық десе де...
🌸Бүгин қысынамыз иштен уялып,
Сөзди иске жеге алмағанлықтан.
Мәрмер сарайлар ҳәм дачалар салып,
Оңлы бала бақша салмағанлықтан.
🌸Үй ҳәм бала-шаға, мийман күтиўлер,
Ҳәммесин ҳаялдың мойнына артып,
Қонақ пенен қонақ болып кетиўлер,
Қайта қурыў сүймес бул гөне тәртип.
🌸Жақсы болар еди тыйылса бәри,
Бийдәўлетлик, ўарқ-шарқ басын жалмаса.
Саўылып жарыспақ қуўыў базары,
Өсек айтыўға-да ўақыт қалмаса.
🌸Сөз бенен ис бирлессе бул жерде-де,
Бир бағдарда шаўа бермей атларды.
Қайта қурмақ керек кеўиллерди-де,
Еркек ўәде, жалған муҳаббатларды.
🌸"Байрамымыз жоқ" деп еркек налымас,
Март киятыр десе қуўжыңласамыз.
Байрам дастүрқаны жыныс айырмас,
Саўлығыңыз ушын шалқып йошамыз...
🌸Айтсақ, толып атыр гәп етер жери.
Мейли, бүгин дем алайық жөнине,
Арзымас дүньяның сәпсетелери
Сен ўақтың хош болып бир күлгениңе.
🌸Кел отыр жаныма, сөйле бахыттан,
Муҳаббатсыз бүлбил сайраған емес.
Ҳаял-қыз шад болмай, ҳеш бир ўақытта
Ҳеш бир жерде турмыс жайнаған емес.
Ибрайым Юсупов
1987-жыл, 23-февраль.

This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Архив
Ибрайым Юсупов - Сен теберик дəргайысаң билимниң
(Əжинияз атындағы пединституттың 60 жыллығына)
Каналымыз: @ibrayim_yusupov
Ибрайым Юсупов - Сен теберик дəргайысаң билимниң
(Əжинияз атындағы пединституттың 60 жыллығына)
Каналымыз: @ibrayim_yusupov
ЖАРЫҚЛЫҚ, НАЎРЫЗДЫҢ БАЙРАМЫ КЕЛДИ
Мириўбеттиң нурын қуйып жанларға,
Жүрек шәўкилдесип, қуўантып елди,
Жарық сәўле берип атар таңларға,
Жарықлық, Наўрыздың байрамы келди.
Күн күлимлеп, ҳаўа райы жөнлесип,
Дийқанды шақырар атыз «кел» десип,
Усы бүгин күн менен түн теңлесип.
Кеўиллерге теңлик дәўраны келди.
Жаслар желкилдесип, жүзлери жайнап,
Қартлар шүкираналық инсабын ойлап,
Наўрызлық гөжелер бүлкилдеп қайнап,
Көптен күткен тойдың әнжамы келди.
Бул жаңа күн «Наўрыз» деп аталып,
Мийрим-шәпааттың нуры тутанып,
Әткөншеклер булдырыққа пәт алып,
Ақшам айқулаштың майданы келди.
Жәмәәт жәм болып, қәўми-қоғамлар,
Жеңгейлер наз етсе, күлип ағамлар,
Дәстүрханды безеп татлы тағамлар,
Сүмелекти ертип қаймағы келди.
Сазенделер сазлап жаңлатып сазын,
Шаңлақта шағласып журт қурар бәзим,
Қаўышып көрисип абысын-ажын,
Салланысып қыз ҳәм жәўаны келди.
Жәнжел дүньясында базар саўылған,
Урыс жоқ, аразлық жоқ, бәрше баўырман.
Бар адамзат шыққандай бир аўылдан,
Татыўлық мүлкиниң султаны келди.
Жақсы үмитлер жуўып кеўил ғубарын,
Дүзелгей деп арасаттың заманын,
Руўхы шад болып ата-бабаның,
Аўнап түсип жатқан хабары келди.
Ҳақтың инаяты инсан кеўлинде,
Мийрибанлық, мириўбеттиң гүлиндей,
Шан-шәўкетли Өзбекстан елинде,
Күн күлимлеп бәҳәр әйямы келди!
Жарықлық, Наўрыздың байрамы келди!
Март, 1991-жыл.

🌸 Ассалаўма әлейкум!!!
Үлкемизге кирип келген 21-март Наўрыз байрамы бәршеңизге қутлы мүбәрек болсын!
Жасарыў ҳәм жаңаланыў паслы болған бул әййамда сизлерге беккем денсаўлық, күш-ғайрат, жумысларыңызға тасқын-табыс, шаңарағыңызға аманлық тилеймиз!
Ҳәмийше аспанымыз ашық, елимиз тыныш, ҳалқымыз пәраўан болғай!
🌸 Ҳүрмет пенен канал администрациясы

«Айдынлар» фильми (Толық нусқасы)
Сизлерге де усынғымыз келди!
Каналымыз: https://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov
Сизлерге де усынғымыз келди!
Каналымыз: https://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov
#Bismillah😇
Ассалаўма әлейкум ҳүрметли каналымыз ағзалары!
Кирип келген "Рамазан" айы бәршеге қутлы мүбәрек болсын!
Елимиз тыныш, ҳалқымыз пәраўан, шаңарағыңыз аман болғай!
Ораза айында тутқан оразаңыз, ийги ислериңиз, жақсы тилеклериңиз "Алла" дәргайында қабыл болсын!
Ҳүрмет пенен: Администрация
Каналымыз - https://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov