Telegram Web Link
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Ақшолпан Аманияз🫂
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Уй алыудың қыйынлығы болмады (руухый) Алғаннан кейинги сәубетлер шаршатты.!!
Рәхмет әзийзлер.! Қууанышлыман.! Барыңызға шукир.! Алла та’ала хәр бир шаңараққа басына пана, кеуилине тынышлық инәм етсин.!
Бәрше нәресте өз уйинде, шадлықта кәмалға жетиу несийп етсин.!
Уатансыз болмағай хеш бенде.!
Азима Усенова | Қосықлар Топламы
ALYONMEDIA
Азима Усенова💋
Rashid Xojasov - Qosiqlar toplami #2
KHAN PRO LIVE
Уйде свет жоқ.! Қосық еситип отырайық.! Рашид аға.! Балалығымның дауысы-ғой.!
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Әзийзлер.! Дигирман шоу YOUTUBE платформасына салыныпты. Улкен сахнадағы бәрше жаслардың талантына баха берип қоллап қууатлайсыз деген умиттемен.! Сизлердиң берер жигериңиз әлбетте әхмийетли.

https://youtu.be/L7tGjU6TBMU?si=aKwBDAPblHrGXpZa
Forwarded from NII Jaslar awqamı (Даулетбек Жумабекович Жанабаев)
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
💬 "CORRECT PRONUNCIATION" joybarı 1-sanı

▪️Nókis innovaciyalıq institutı jaslar awqamı baslanǵısh shólkemi baslaması bolǵan CORRECT PRONUNCIATION joybarınıń 1-sanı miymanı Jaslar awqamı baslanǵısh shólkemi jetekshisi Janabayev Dauletbek Jumabekovich boldı.

💬"CORRECT PRONUNCIATION" joybarınıń maqseti Ingliz tilindegi sózlerdiń durıs oqılıwın kórsetip beriw arqalı, jaslardıń shet tili boyınsha sawatxanlıǵın arttırıw bolıp tabıladı.

👧🏻Baslawshı: Jaslar awqamı baslanǵısh shólkemi koordinatorı Shirin Oraqbaeva


💭KEYINGI SANÍNDA INSTITUTÍMÍZDAN KIMDI MIYMANDA KÓRGIŃIZ KELEDI KOMMENTARIYADA BELGILEP KETIŃ!

🔽Bizge qosılıń🔽
@nii_jaslari
Кеўилге Жол🪁
💬 "CORRECT PRONUNCIATION" joybarı 1-sanı ▪️Nókis innovaciyalıq institutı jaslar awqamı baslanǵısh shólkemi baslaması bolǵan CORRECT PRONUNCIATION joybarınıń 1-sanı miymanı Jaslar awqamı baslanǵısh shólkemi jetekshisi Janabayev Dauletbek Jumabekovich boldı.…
Жаным сиңлим.! Шийринтайым.! Қандай әжәйып ертип ойнатқан укелериң, қууанышлы жетискенликлерге ериссе.! Тил билсе.! Мақтанып қалдым.! Сизлерге де мақтанып атырман ал.! Шыдайсыз😍☺️
Хат келди.!
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Үзилмеген үмит

( Заманласым тилинен...)

Мәўсимлер алмасып, қағып қанатын,
Жыллар етегинде жаслық баратыр,
Өзгеге билдирмей , иштен туңилип,
Бос бесикте толы арзыўлар жатыр.

Жылап оянаман, ақшам қыйналып,
Кеўлимде дәртлерим қалды жыйналып,
Пырқылдап оятып аламан сени,
Ал сен терис қарап жаттың ойланып...

Талай ақшамларда , мен сени куүтим,
Унсиз сабырымның етегин туттым,
Ал, сен қараңғыда, түтин арасы,
Шылым менен бирге, қайғыңды жуттың...

Жөнсиз, гейде маған өкпе артасаң,
Болмаған нәрсеге даўды тартасаң,
Жаратқанның жазған жазмышы болса,
Дуняның бир кемин кимге айтасаң?..

Үзип умит жибин кетсем не пайда?
Кетпеймен, көремен, барын маңлайда,
Тилерим-арманлы қосығым болып,
Хәййиуим қалмағай мәңги таңлайда...

Мукаррама Оразбаева..
2021.12.08
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
- Негизи айтылған, билдирилген, бөлисилген сезимлерге қарағанда,
Айтылмай, тамақта бир жутым силекей болып жутылған сезимлер ең ауыры, ең ашшысы, ең жанды ауыртатуғыны.!

Сериялдан кейинги кеширмелер…

https://www.tg-me.com/keuylge_zhol
***

Бүркит демең, диң аспанға таласпайын,
Майдан күшлиники, ким қалар, пал ашпайын,
Кисиде кетсин мейли сол бираз пайым,
Маған арқа сүйемең!

Жақынласаң көп дослар бүгин жырақлар,
Пүтинленбес ушыға қыйқым қурақлар,
Жаныңды жеп барар "бирақ"лар-ә, "бирақ"лар,
Маған арқа сүйемең.

Менмен санаң, сораўлар қалса жуўапсыз,
Қалайын тап сизлерден келер саўапсыз,
Биз, ақыры, ең атақлы бийталаппыз!
Маған арқа сүйемең!

Бүгин не деп мин тақсаң еркиң өзиңде,
Өсек сөзиң өрбийди басқан изимде,
Өзимди сүйер арқа керек гезинде,
Маған арқа сүйемең...


А. Дарменов,
20.11.2022.


@Allayar_Darmenov
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Ажыраспаңлар.!
Сизлер маған бир шаңарақ қарызсыз.!

Авторы хәм оқыған
Мукаррама Оразбаева
2024.1-июнь🌈
Бөпетай Турсынайға жәрдем группасы.! Қолдан келгенше жәрдемлесейик.!
Ажыраспаңлар.

Автор;Мукаррама Оразбаева
1-июнь 2024 ж. Нөкис.

Мен баламан, бир қайғының гуўасы,
Жәбирлеген ата-ана гүнасы,
Бир бирине суўық болған қос  тәғдир,
Жылымады ҳәтте кеўил ханасы.
Ойламады ҳеш болмаса баласын.

Бир тәрепте, анажаным қәстерлим,
Турмыс мушы бузған оның әпшерин,
Еки автор тыңламастан бир бирин,
Шыжбайлаған кеўилимниң дәптерин,
Көз жасымның сыясынан ҳәриплери.

Анажаным орамалын таслады,
Жалғызлық қосығын айта баслады,
Дат-бийрат боп мен әкемниң уйинен,
Кете алмай көзлеримди жасладым.
Қара бултқа толып кетти аспаным.

Анажаным, ғәмгун тартты жүзлери,
Ҳәсиретли ҳәййиўиниң сөзлери,
Бала кеўилим ықласынан айрылды,
Жаўызлық нышанын көрди көзлерим.
Тәғдир емес, қыйнар өзи- өзлерин

Көз шырымын алмай гейде таң атты,
Жыллы төсегимде тоңаман қатты,
Әкежаным сени жүдә сағынып,
Суўретиңнен излеп жоқ мухаббатты.
Тири жетимлигим кеўилиме батты.

Кел әкежан. "Жибермеймен кетпе"- де,
"Шаңарақтан айра қайғы шекпе"- де,
Өзиң сайлап алған қәлбиң бийкесин,
"Турмыс жолын бирге тартып, епле"- де.
"Мен сизлерди жибермеймен кетпе"- де!

Алланың буйрығы менен таныссыз,
Бир пүтинсиз лекин журек алыссыз,
Менменликти емес мени сайлаңлар,
Сизлер маған бир шаңарақ қарызсыз.
Маған бахытлы балалықты қарызсыз.!!
Еркебұлан Тоқтар - Бізде ше? | Серік Ибрагимов
Serik Ibragimov
Басқаларда мухаббат бар, бахыт бар, бир бирине уақыт бар, ал бизде ше.?!

🙃
2024/06/07 06:22:05
Back to Top
HTML Embed Code: