❗️ ҚР Экология министрлигиниң ҳаял-қызлары «Дослық» каналы бойында «пикник» шөлкемлестирди

Қарақалпақстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлигиндеги ҳаял-қызларға «Дослық» каналы дем алыў орайы бойында «Пикник мәденияты» илажы шөлкемлестирилди.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Нөкисте «пикник» шөлкемлестирсеңиз жәрийма төлеўиңиз мүмкин

Хабарыңыз бар, ҳәзир ғана Қарақалпақстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлигиндеги ҳаял-қызларға «Дослық» каналы дем алыў орайы бойында «Пикник мәденияты» илажы шөлкемлестирилгени ҳаққында хабар берген едик.

Буннан алдын Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры актёры Алишер Акимов тәрепинен бул орында «пикник» шөлкемлестирмеўди үгитлеўши ҳәм ол өз гезегинде жәриймаға себеп болатуғыны айтылған видео жәрияланған еди.

«KRuz.uz» жоқарыдағы жағдай бойынша тийисли шөлкемлерден рәсмий мағлыўмат күтип қалады.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
❗️Метан газдиң «потолок баҳасы» 3 750 сомға шекем көтериледи

2024-жыл 25-май күни Министрлер Кабинетиниң «метан» газ ушын белгиленген ең жоқары усақлап сатыў баҳасының әмел етиў мүддетин созыў нәзерде тутылған қарары қабыл етилген.

Оған бола, автомобиллерге газ толтырыў компрессор шақапшаларында тәбийғый газди сатыўда оның ең жоқары усақлап сатыў баҳасы 2024-жыл 1-августқа шекем бир куб метр ушын 3750 сом етип белгиленбекте.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
📊 «Ең үлгили ЖОО басшысы» сораўнамасының статистикасы

27-май, саат 18:00 жағдайына бола, ең көп даўыс пенен биринши орынды және Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры Ахмед Реймов талабанлығы ийелемекте. Оннан кейинги орынларда Нөкис инновациялық институты ректоры Анвар Аъзамов ҳәм Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры ў.ў.а Қувондиқ Қодиров талабанлығы бармақта.

ЖООлары ректорлары ушын даўыс бериў статистикасы избе-излигинде (кейинги орынларда) дерлик өзгерис бақланбай атыр. Тек бириншилик ушын талабанлар арасында ғана орын алмасыў жағдайлары ушыраспақта.

Еслетип өтемиз, сиз өз талабаныңызға усы жылдың 31-май күни саат 20:00 ге шекем даўыс бериўиңиз мүмкин. Жеңимпазлар «KRuz.uz»дың арнаўлы эксклюзив саўғасы менен сыйлықланады.

Даўыс бериў: @JOO_basshilari_bot
🏦HEMIS бағдарламасына жалғанбаған меншикли ЖООлардың студентлерине тәлим кредити берилмейди

Жаңа оқыў жылынан баслап, тәлим кредити:

➡️ жоқары билимлендириў шөлкемлери студентлери ушын - студентлер ҳаққындағы мағлыўматлар kontrakt.edu.uz мәлимлеме системасы ҳәм “Жоқары билимлендириў процесслерин басқарыў” (HEMIS) информация системасында бар болғанда;

➡️ профессионал билимлендириў шөлкемлери оқыўшылары ушын - оқыўшылар ҳаққындағы мағлыўматлар prof.edu.uz мәлимлеме системасында бар болғанда ажратылады.

Өзиниң программалық тәмийнатына ийе болған жоқары ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлери тәлим кредитин алыў ушын Жоқары билимлендириў, илим ва инновациялар министрлигиниң тийисли мәлимлеме системаларына өзиниң мәлимлеме системасын интеграция етиўи ямаса олардан пайдаланыўы мәжбүрий есапланады.

Басқаша айтқанда, меншикли ҳәм мәмлекетлик емес ЖООларының системасы "HEMIS" ке жалғанбаған болса, бул ЖОО студентлерине тәлим кредити ажыратылмайды.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❗️Ендигиден былай тәлим кредити тек ғана күндизги тәлимде оқып атырған студентлерге бериледи

Сондай-ақ, енди екинши ҳәм одан жоқары курс студентлери ушын пәнлерди өзлестириўдиң орташа көрсеткиши “3” ден төмен болған жағдайда тәлим кредити төлемли-контракт суммасының көби менен 80 проценти муғдарында ажратылады

(“Социаллық қорғаўдың бирден-бир рэестри”не киргизилген шаңарақлардың перзентлеринен тысқары).

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
❗️Өзлестириўи төмен студентлерге тәлим кредити студент контракттың 20 процентин төлеген жағдайда ғана ажыратылады

Президенттиң Пәрманына тийкар, жоқары оқыў орынларының 2 ҳәм оннан жоқарғы курс студентлериниң пәнлерди өзлестириў көрсеткиши (grade point average) «3» тен пәс болған жағдайда контракт суммасының көби менен 80% муғдарында ажыратылады.

☝️Бунда кредит контракт суммасының дәслепки 20 проценти студент тәрепинен төленгеннен кейин ажыратылады.

🔔 Постты студентлер ҳәм абитуриентлерге тарқатың.

#

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Батумиға төрт адамлық шаңарақлық тур $1645! 👩‍👩‍👧‍👧

Locas'тан шекленген усыныс — Қара теңиз жағасында супер баҳада әжайып дем алыс! Шаңарағыңыз бенен Батумидиң әжайып тәбият көринислери, таза теңизи ҳәм гөззал тәбиятынан заўықланып, ўақыт өткериң.

📅 Тур сәнеси: 04.06 - 11.06

💸 Тур баҳасы: бир шаңараққа 1645 $дан
(2 үлкенлер + 12 жасқа шекемги 2 бала)

Тур баҳасына төмендегилер киритилген:
✈️ Туўрыдан-туўры ушыў;
🏨 Мийманханада жасаў;
🚌 Трансфер;
🩺 Медициналық қамсызландырыў.

📌 Басқа турлар ҳаққында мағлыўмат усы жерде

787777377| Телеграм: @LocasTourbot
®
📊 «Ең үлгили ЖОО басшысы» сораўнамасының статистикасы

28-май, саат 13:20 жағдайына бола, ең көп даўыс пенен биринши орынды Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры Ахмед Реймов талабанлығы ийелемекте. Оннан кейинги орынларда Нөкис инновациялық институты ректоры Анвар Аъзамов ҳәм Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры ў.ў.а Қувондиқ Қодиров талабанлығы бармақта.

Еслетип өтемиз, сиз өз талабаныңызға усы жылдың 31-май күни саат 20:00 ге шекем даўыс бериўиңиз мүмкин. Жеңимпазлар «KRuz.uz»дың арнаўлы эксклюзив саўғасы менен сыйлықланады.

Даўыс бериў: @JOO_basshilari_bot
Енди биреўди қастан урып, жеңил жарақат жеткергенлер жынайый жуўапкершиликке тартылмайды

Депутатлар Жынаят кодексине ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске жаңа өзгерислер киргизиў бойынша нызам жойбарын қарап шықпақта.

Онда денсаўлықтың қысқа мүддетке жаманласыўына ямаса мийнет қәбилетиниң онша узақ болмаған мүддетке жоғалып кетиўине алып келмеген қастан денеге жеңил зиян жеткериў менен байланыслы жынайый қылмысты жынайый жаза қурамынан шығарып, оны ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық категориясына өткериў усыныс етилмекте.

Әпиўайы етип түсиндиргенде, жәбирлениўши аўыр жарақат алмаса, аяқта турып, биймәлел оқыўына ҳәм ямаса басқа жумысына бара алса, жуўапкер ҳәкимшилик жаза алады.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
💡Суўды дурыс ишиў арқалы да узақ өмир көриў мүмкин

Жас өтиўи менен организмдеги суў муғдары азайып барады ҳәм бул қан, лимфалардың қойыўласыўы, тери булшық етлери ҳәм буўынлардағы аўырсыныў белгилери пайда болыўына алып келеди. Оның алдын алыў ушын организмди ығалландырыў, суйықлық пенен тойындырыў, суў ишиў керек.

Организм суўды азанда 40° жыллы жағдайда ишиўди талап етеди. Себеби муздай суўды асқазан алдын ысытып, кейин өткерип жибереди. Организмге түскен суў ҳәм басқа азықлық затларды қыздырыў бүйреклер қуўатлылығы есабынан әмелге асырылады, сол себепли муздай суў ишиў усыныс етилмейди. Сондай-ақ таңғы ўақытта ишилген жыллы суў зәҳәрли элементлерди, асқазанда сиңбей қалған аўқат қалдықларын жуўады ҳәм жуўан ишек искерлигине унамлы тәсир көрсетеди.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Суўды қашан ишиў керек?

Турғаннан кейин, аўқаттан, уйқылаўдан ҳәм душқа түсиўден алдын ишилген суў да организмге унамлы тәсир көрсетиўи мүмкин.

Жоқарыдағы видеода бул ўақытта ишилген суў неге жәрдем бериўи түсиндирилген.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
📊СОРАЎНАМА ЖУЎМАҚЛАНЫЎЫНА 3️⃣ КҮН ҚАЛДЫ

28-май, саат 20:20 жағдайына бола, ең көп даўыс пенен биринши орынды Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры Ахмед Реймов талабанлығы ийелемекте. Оннан кейинги орынларда Нөкис инновациялық институты ректоры Анвар Аъзамов ҳәм Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры ў.ў.а Қувондиқ Қодиров талабанлығы бармақта.

Еслетип өтемиз, сиз өз талабаныңызға усы жылдың 31-май күни саат 20:00 ге шекем даўыс бериўиңиз мүмкин. Жеңимпазлар «KRuz.uz»дың арнаўлы эксклюзив саўғасы менен сыйлықланады.

Даўыс бериў: @JOO_basshilari_bot
2024/05/28 20:09:45
Back to Top
HTML Embed Code: