Telegram Web Link
Forwarded from Дилафруз
Бир булбилсен айтыс багын жайнаткан
Канша журеклерди ортеп кайнаткан
Тууылган кун кутлы болсын ал ага
Бир сауер яр тауылгайда аймактан

Кымбат созлер журегинде лаулаган
Хам ширели бунша неге гаулаган
Бой сынына ылайыклы минезин
Акыл парасатын гулдей жайнаган

Айтыс курдым ауыр женил созлерден
Аман болгыл тил хам жаман козлерден
Нур тарайды кулимлеген козлерден
Тууылган кун кутлы болсын ал ага

Касибиннин маманысан белгили
Ишки сарайыннын бунша кенлиги
Бир созлерим дуссыз жане кемлиги
Тууылган Кун кутлы болсын агамай

Ассалаума алейкум
Жане Бир марте кутлы болсын омир жасыныз узак болгай

Дилафруз
Узакбергенова
19 062024
Ойшылга.

Ойшыл деген сайын ойланасанба,
Денин саума,есерсенау шамамда.
Гаррыбай боп негип журсен уйленбей,
Гарезсизлик жай парахат заманда.

Коринип тур кырктында тобеси,
Бул Ойшылдын жокпа нарсе женгеси.
Тураклайма куннен-кунге осиуде,
Калын малга жетпей журме тенгеси.

Жаманга кыймайман Ойшылым жаксы,
Усы жылы тауылгайда кыз баксы.
Бирин косык жазып, бириниз айтып.
Дуньяга танытын Каракалпакты.

Тууылган кун Мубарек Ойшылым.🤍
Forwarded from Айдын 🎯
СЕНИ КӨРМЕЙ, ҚАЙДА КӨЗИ ҚЫЗЛАРДЫҢ

Жарасымлы қəдди қəумет, бойың да,
Тек жасайды романтика ойыңда,
Келин керек, таяр лекин тойың да,
Сени көрмей, көзи қайда қызлардың?

Қолдан келер шайырлық хəм драма,
Комедия, трагедия, қурама,
Сени шетлеп, өзгеге жүз бурама?
Сени көрмей, көзи қайда қызлардың?

Сап жигити Шымбайский ауылдың,
Дийхан, пири жамбылша хəм қауынның,
Өзеги сен - қуйын менен дауылдың,
Сени көрмей, көзи қайда қызлардың?

Шийрин тилли, сөзлеринде майы бар,
Тақ емесдур, "сүйген яр" да пайы бар,
Маңлайында жарық жулдыз, айы бар,
Сени көрмей, көзи қайда қызлардың?

Хəр нəрсениң шегарасы, "хəй"и бар,
Жеңгеңиздиң қутлықлауға ғайы бар,
Торты менен қойыу қара шайы бар,
Қызғанышын оятыуға қызлардың. 😊

Ойшыл қəйним, тууылған күниң менен қутлықлайман, ең жақсы тилеклер менен карталы кишең Айдын🎯🥰 🌹🎂🎊🎁
Forwarded from ...
Илхам перисине дизиң шөгесең
Қәлемиң арқалы дәртиң төгесең
Ырысыңа несийбең қат қат жамалған
Айтысымда бийик турған төбесең!


Хурметли Нийетулла Жангелдиев бауырымыз туылған куниниз кутлы болсын, ден саулығыныз күшли болсын, бахыт куаныш тәрк етпесин! Басыңызға бахыт қусы қонып үбирли шүбирли болып 90, 100 жасларга шыгып жургейсиз!
Дөретиушилик табыс тилеймен! 🎂🎂🎂🥳🥳🥳👏👏👏
Гуландам Жумамуратова
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Макош Аллиярова рахмет! Төбем көкке жетти
ШЫМБАЙЛИ ДОСТИМ
Ниетуллаға

Жаздың ыссы кунлеринде,
Тууылыпди Ниетулла.
Қәлем алған кунлеримде,
Таныдим мен Ниетулла.

Шымбайдиң зор жигитисең,
Неге қызлар қарамаған.
Аты шыққан шайырисаң,
Қосықларда сараланған.

Тәбриклеп мен өтсем егер,
Қосық қилип битсем егер.
Қоллариннан тутсам егер,
Қосықларим дурленеди.

Қудай берген жасын жасап,
Откейсизда асын асап.
Қууанышти корип мудам,
Жургейсизда кулип достим.

Дастурханиң жийилмасин,
Қабақлариң уйылмесин.
Мийман уйден безилмесин,
Толы болсин қонақларға.

Барно Ҳаётбахш
20 06 2024 20:23.

Кеш болсада тууылған куниң менен тәбриклеймен достим.
Audio
сөзи: Ниетулла Жангелдиев

🎼 намасы: Қуўат Әметов

🎤 атқарған: Жаңабай Утепов

@oyshil_qosiqlari
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Қосығымыз Нью-Йорк көшелеринде
#азғана_юмор

Ушырасыўға шықсаң қызбала биринши аяқ кийимиңе қарайды.
Сонлықтан жигитлер ҳәмме ўақыт таза аяқ кийимде жүриўи керек! - Дейди корзинкадағы ерлер аяқ кийимин сатыўшы апа
☺️☺️☺️

@oyshil_qosiqlari
«Талантлылар мектеби»не мәрҳамат!

Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы биргеликте жаңа «Талантлылар мектеби» жойбарын жолға қоймақта.

Жойбар шеңберинде белгили шайыр-жазыўшылар тәрепинен шеберлик сабақлары өтиледи. Жас қәлем ийелериниң дөретпелери тыңланып, жол-жоба бериледи.

Жойбар шеңбериндеги бундай семинарлар ҳәр ай сайын бир мәрте болып өтиўи режелестирилген.

Жойбардың дәслепки семинары 9-январь күни саат 11:00де болып өтеди.

Әдебиятқа ықлас қойған бәршени «Талантлылар мектеби»нде күтип қаламыз.

Мәнзил: Нөкис қаласы, Жаслар орайы.
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан телевидениеси "ДИЙДАР НЕСИП" көрсетиўинде мийманда болдық

@oyshil_qosiqlari
Ҳайранлық

Мейли кетсем тентек саналып
Бул бослығым, яки шалалық
Саған жалған, маған жаңалық
Қайта ашық болған қусайман

Ҳәзил билип, алыспай әлпиң
Наразы да боларсаң бәлким
Беглик жойтқан бурынғы қәлпин
Сезимлерди қалай тусайман?!

Шырайыңның көзим гүўасы
Аңсыз урды ышқы дуўасы
Маған қалсын мейли гүнасы
Пайда бермес енди пушайман

Уятлыман қасыңда турып
Бурыс жолға кеткеним кирип
Мен достыңа қызығып жүрип
Сени сүйип қалған қусайман

Жангелдиев Ниетулла (ойшыл)

17.04.2025ж
@oyshil_qosiqlari
Әттең-дә!...

Тыныш қыял боран таўып тосыннан
Кем, кем мәнис қашты кеўил-қошымнан
Сәўги десем, мәзи жолдан қосылған
Өзимниң алдамшы ойым екен-дә!

Нәмәлим дәрт мәкан басып ишиме
Сүлдериң айланды жақын кисиме
Ақшамлары уйқы бермей түсиме
Кирип жүрген сәрўи бойың екен-дә!

Нәзеримди тартып көзде қарағың
Жанға ҳазар ушын тутқан жарағың
Аңсап мухаббеттиң ләззет шарабын
Үзилмеген бизиң мойын екен-дә!

Қайда кетти бизге әўмет ярлығы?!
Албыратар ақыл бийқарарлығы
Енди билсем бул ислердиң бәрлығы
Тәғдир маған қылған ойын екен-дә!

Тентек ақыл түстен кейин енгенде
Қуўаныппан ышқы жолын бергенге
Ашықлығым айтаман деп келгенде
Әттең... Бүгин сениң тойың екен-дә!

Жангелдиев Ниетулла (ойшыл)

03.05.2025ж
@oyshil_qosiqlari
Дөретиўшиликте жаңалық.
Устазларға рахмет ҳәм алғысларым шексиз!
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Жақсы күннен естелик ушын
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Ертең «Талантлылар мектеби» жойбарының гезектеги семинары болып өтеди

Усы жылдың 12-май күни саат 10:00 де Нөкис қаласындағы Жаслар орайы имаратында ҳәр ай сайын өткерилип киятырған «Талантлылар мектеби» жойбарының гезектеги семинары болып өтеди. Онда белгили шайыр, аўдармашы Сағынбай Ибрагимов мийман болыўы күтилмекте.

Қосық жазыўға уқыплы барлық жасларды ҳәм әдебият шайдаларын семинарда күтип қаламыз!

@SSirgabaeva
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Биз сизди кастингте күтип қаламыз!

Мәнзил:
Шымбай районы Мәденият сарайы

ўақты:
24-май
саат 10:00 де
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
21-июль күни саат 19:00де сизди Қараөзек районы Мәденият орайында концертте күтемиз!
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
24-июль саат 19:00 де сизди Шымбай районы мәденият орайында концертте күтемиз!
2025/10/19 01:26:09
Back to Top
HTML Embed Code: