#сырласыу
САХИБЖАМАЛ
Теңиздей - терең, тынық көринген,
Үзиндидей бир шийрин өмирден,
Сүйиўди үйреткен көзлериңе,
Жүрегим әлле қашан жеңилген.
НИЕТУЛЛА
Урланған нәзериңди байқағаным
Билмейсең сезимимди шайқағанын
Айтайын қалай ғана?! Көзлериңе
Баққанда мениң кеўлим жай табарын
САХИБЖАМАЛ
Сап сезимниң сәўлеси түскендей,
Тигилиў мүмкин емес сескенбей.
Меҳри бар, қәҳри бар көзлериңе,
Ишки дүньям жыйналып көшкендей.
НИЕТУЛЛА
Қорқаман әтираптан, ырымлыдай
Тек ғана бунда аңлар сырым Қудай
Жүрегим қыз дегеннен гүмансырар
Сезимим емес ҳәзир, бурынғыдай
САХБЖАМАЛ
Ядлатыпсаң сағыныш қосығын,
Ышқы деген сыр емес жасырын.
Мен шынтлап ашықпан көзлериңе,
Нешелигин билмей-ақ жасыңның.
НИЕТУЛЛА
Сағыныш қосығына қуштар денең
Исиң жоқ қыялыңнан тыслар менен
Сол қосық... Бир қатарын меннен есит
"Мени де жалғызлықтан қутқар!" деген
САХИБЖАМАЛ
Мухаббаттың қызығыда сонда
Ушырастырмас тәғдир деген жолда
Кеўилим ант етсин көзлериңе,
Ал, сен кеўлиме бийпәрўа болма...
НИЕТУЛЛА
Ойларсаң - "мынаў қандай жигит болды?!"
Қәдеми танымаса үмит, жолды
Бәри бир тентексымақ бул санама
Опасыз ўәде дәрти сиңип болды
САХИБЖАМАЛ
Ерсидей түйилер қосығым, сөзим,
Хеш жалғыз қалмаппан дәртлерсиз өзим...
Биринши ирет тәшуишлерсиз қалып,
Жүрегиме жасауды үйреткен көзиң.
НИЕТУЛЛА
Әпиў ет!... Мен баяғы гүнәкәрың
Сынап көр, болса қанша сынатарың
Жақында айтып салсам ҳайран қалма
Өзиңди сеннен бетер унатарым
САХИБЖАМАЛ
Көп жыладым кеулимдеги кем ушын,
Сен қайтардың жүзлеримниң күлгишин,
Бирге аман жүрсек аспан астында,
Өмир гөззал! -екен мен хәм сен ушын.
НИЕТУЛЛА
Сүйдик деп ышқы жолын басқалы биз
Ашықлар тилиндеги дәстанымыз
Бахытқа жетисемиз ойлағандай
Жулдызы күлип кеўил аспанымыз
@SSirgabaeva
@oyshil_qosiqlari
САХИБЖАМАЛ
Теңиздей - терең, тынық көринген,
Үзиндидей бир шийрин өмирден,
Сүйиўди үйреткен көзлериңе,
Жүрегим әлле қашан жеңилген.
НИЕТУЛЛА
Урланған нәзериңди байқағаным
Билмейсең сезимимди шайқағанын
Айтайын қалай ғана?! Көзлериңе
Баққанда мениң кеўлим жай табарын
САХИБЖАМАЛ
Сап сезимниң сәўлеси түскендей,
Тигилиў мүмкин емес сескенбей.
Меҳри бар, қәҳри бар көзлериңе,
Ишки дүньям жыйналып көшкендей.
НИЕТУЛЛА
Қорқаман әтираптан, ырымлыдай
Тек ғана бунда аңлар сырым Қудай
Жүрегим қыз дегеннен гүмансырар
Сезимим емес ҳәзир, бурынғыдай
САХБЖАМАЛ
Ядлатыпсаң сағыныш қосығын,
Ышқы деген сыр емес жасырын.
Мен шынтлап ашықпан көзлериңе,
Нешелигин билмей-ақ жасыңның.
НИЕТУЛЛА
Сағыныш қосығына қуштар денең
Исиң жоқ қыялыңнан тыслар менен
Сол қосық... Бир қатарын меннен есит
"Мени де жалғызлықтан қутқар!" деген
САХИБЖАМАЛ
Мухаббаттың қызығыда сонда
Ушырастырмас тәғдир деген жолда
Кеўилим ант етсин көзлериңе,
Ал, сен кеўлиме бийпәрўа болма...
НИЕТУЛЛА
Ойларсаң - "мынаў қандай жигит болды?!"
Қәдеми танымаса үмит, жолды
Бәри бир тентексымақ бул санама
Опасыз ўәде дәрти сиңип болды
САХИБЖАМАЛ
Ерсидей түйилер қосығым, сөзим,
Хеш жалғыз қалмаппан дәртлерсиз өзим...
Биринши ирет тәшуишлерсиз қалып,
Жүрегиме жасауды үйреткен көзиң.
НИЕТУЛЛА
Әпиў ет!... Мен баяғы гүнәкәрың
Сынап көр, болса қанша сынатарың
Жақында айтып салсам ҳайран қалма
Өзиңди сеннен бетер унатарым
САХИБЖАМАЛ
Көп жыладым кеулимдеги кем ушын,
Сен қайтардың жүзлеримниң күлгишин,
Бирге аман жүрсек аспан астында,
Өмир гөззал! -екен мен хәм сен ушын.
НИЕТУЛЛА
Сүйдик деп ышқы жолын басқалы биз
Ашықлар тилиндеги дәстанымыз
Бахытқа жетисемиз ойлағандай
Жулдызы күлип кеўил аспанымыз
@SSirgabaeva
@oyshil_qosiqlari
Өзиң бар кеулиме қыларсаң жәбир,
Тауды хайран етер сендеги сабыр.
Хәммени куйдирген қосықларыма,
Бир сениң журегиң өртенбей атыр.
Қандай адамсаң?
(С. Айтмуратова)
ХАБАР АЛАРСАҢ?!
Жыллар жылжымақта бир-бирин қуўып
Жүрмиз әндийшеге сабырлар туўып
Ышқының излери қалса бийбелги
Кеттимекен деппен арамыз суўып
Шүкир... Амансаң!...
Мухаббеттен кеўил кең бүлгин сарай
Мәжбүрлеп үмитти сөндирдим талай
Қайта тутандырып қызарған шоқты
Мени ҳазарыңа көндирдиң қалай?!
Отта жағарсаң
Аўа мен сүйемен, ҳасла гүмансыз
Саған айтар сөзим ишимде сансыз
Бийпәрўа тыңлаўың батар аяздай
Көз қарасың суўық, сезимиң жансыз
Сондай жанансаң
Ышқыны қапласа гүмандай геўгим
Обалы бар шығар сағындым деўдиң
Бир күн сәўбетимиз келисип қалар
"Жылтыр ўәдели"ден босаса кеўлиң
Хабар аларсаң?! ...
Жангелдиев Ниетулла (ойшыл)
2.12.2022ж
@oyshil_qosiqlari
Тауды хайран етер сендеги сабыр.
Хәммени куйдирген қосықларыма,
Бир сениң журегиң өртенбей атыр.
Қандай адамсаң?
(С. Айтмуратова)
ХАБАР АЛАРСАҢ?!
Жыллар жылжымақта бир-бирин қуўып
Жүрмиз әндийшеге сабырлар туўып
Ышқының излери қалса бийбелги
Кеттимекен деппен арамыз суўып
Шүкир... Амансаң!...
Мухаббеттен кеўил кең бүлгин сарай
Мәжбүрлеп үмитти сөндирдим талай
Қайта тутандырып қызарған шоқты
Мени ҳазарыңа көндирдиң қалай?!
Отта жағарсаң
Аўа мен сүйемен, ҳасла гүмансыз
Саған айтар сөзим ишимде сансыз
Бийпәрўа тыңлаўың батар аяздай
Көз қарасың суўық, сезимиң жансыз
Сондай жанансаң
Ышқыны қапласа гүмандай геўгим
Обалы бар шығар сағындым деўдиң
Бир күн сәўбетимиз келисип қалар
"Жылтыр ўәдели"ден босаса кеўлиң
Хабар аларсаң?! ...
Жангелдиев Ниетулла (ойшыл)
2.12.2022ж
@oyshil_qosiqlari
ДЫҚҚАТ, ДЫҚҚАТ, ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!!!
2023-жылдың 13-ноябри күни саат 10:00 де Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамының мәжилислер залында Әбдиқадир Қайыповтың 60 жыллық юбилейине бағышланған мақалалар жыйнағы "КӨП ҚЫРЛЫ ТАЛАНТ ИЙЕСИ", қосықлар топламы "ШАЙЫРЛЫҚ МЕКТЕБИН ЖАРАТҚАН УСТАЗ" атамаларындағы китаплардың таныстырыў мәресими болып өтеди.
СОЛ КҮНИ ӘБДИҚАДИР ҚАЙЫПОВТЫҢ ҚӘЛЕМИНЕН ДӨРЕГЕН КИТАПЛАРДЫҢ ЯРМАРКАСЫ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛЕДИ.
ШАЙЫР, ЖАЗЫЎШЫ, ПУБЛИЦИСТ АҒАМЫЗДЫҢ ДӨРЕТИЎШИЛИГИНЕ ҚЫЗЫҒЫЎШЫЛАР УШЫН БУЛ ҮЛКЕН ИМКАНИЯТ.
ПАЙДАЛАНЫП ҚАЛЫҢ.

Forwarded from Jas dóretiwshiler (Аllayar Darmenov)
#Мирәтнама
СИЗДЕН МИЙРАС БОЛЫП ЖАҚСЫЛЫҚ ҚАЛСЫН!
Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаров 70 жаста!
Ҳүрметли әдебият шайдалары!
Сизлерди 7-ноябрь, саат 11:00 де Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында көпшилик жас дөретиўшилердиң устазы, Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаровтың 70 жасқа толыў мүнәсибети менен болып өтетуғын "Сизден мийрас болып жақсылық қалсын" атлы салтанатлы саз-сәўбет байрам кешесине мирәт етемиз.
Ҳүрмет пенен,
Жас дөретиўшилер клубы жәмәәти.

Forwarded from "Жаратылыс" (Aygúl Qosımbetova)
Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги VII том болып баспадан шықты. Бул томлықта Қарақалпақ халқының фольклорлық мийрасынан үлгилер, жыраўлардың термелери, әдебияттың қәлиплесиўи менен бугинги кунге шекемги барлық дөретпелерден мысаллар алынып VII томлыққа жыйналған.
Ең қуўанышлысы II, III томға Жас дөретиўшилердиң (Б.Сарыбаев, Н.Жангелдиев, Н.Караматдинова, Б.Жолдасбаев, М. Оразбаева, A.Қойлыбаев, А.Дәрменов, М.Қартбаева, Қ.Бабаныязов, С.Айтмуратова, А.Смайлов, Г.Айтмуратова ) дөретпелери мысал ретинде берилипти. Солардың қатарында өзимниң де қосық қатарларым бар екен.
Қандай бахыт...
Усы сөзликти дүзиўшилерден бири Э.Оразымбетоваға айрықша миннетдаршылық билдиремен.
Оған тийисли бөлим толығы менен жаслар поэзиясына, айрықша Қарақалпақ айтыс каналындағы айтыскерлердиң дөретиўшилигине арналған .
Сөзликти дүзиўде қатнасқан редколлегия ағзаларына, дүзиўшилерге мың алғыс.
Бул сөзлик Қарақалпақ тил билимине, Қарақалпақ әдебияты ушын, Қарақалпақ халқы ушын өлмес мийрас болары анық.
@sheginisten

This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Премьера жүдә әжайып өтти
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Елимизге белгили устаз драматург
Оразбай Әбдирахманов өзиниң баҳалы пикирлерин, ақыл-кеңеслерин берип өтти
Оразбай Әбдирахманов өзиниң баҳалы пикирлерин, ақыл-кеңеслерин берип өтти
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Бизге драматургияның сырларын үйретип киятырған устазымыз
Хожанов Жаббарберген аға
Хожанов Жаббарберген аға
Мениң қәдирдан группам
Драматургия қәнийгелиги 3-курс студентлери
Драматургия қәнийгелиги 3-курс студентлери
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
"Нәпси бәлеси" спектакли премьерасы