Telegram Web Link
😢 Рамазан кетип баратыр…

🔻 Сәҳәрлик бизге таң намазына ояна алыўымызды көрсетип береди.
🔻 Тараўиҳ намазлары бизге түни бойы қиямул ләйлди орынлаўымызды көрсетип береди.
🔻 Ораза тутыў бизге нәпси қәлеўлери, шаҳўатларымызға қарсы тура алыўымызды көрсетип береди.
🔻  Рамазан айы бизиң ийманымызды ўақытша күшейтиў емес, ал бул әмеллерди ҳәр күни орынлаўға қәдирлигимизди көрсетип береди.

Өмириңди Рамазандай жасап өт, ақыретиң ҳайыт болғай!


Дерек: paziylet.uz

Байланыс👉@qqshayirbot

Канал👉
@qqshayirlar
Ассалаўма әлейкүм!

Ҳәзил ҳәм күлки күни болған 1-апрель бәршемизди қуўанышлы ўақыяларға гүўа қылғай, көзлеримиз жағымлы күлдиретуғын ҳәдийселерди көргей қулақларымыз қәлбимизге шадлық бағышлайтуғын юморға толы сөзлерди еситкей!

Бахтыяр ГЕНЖЕМУРАТОВ

Байланыс👉
@qqshayirbot

Канал👉
@qqshayirlar
1-апрель Ҳәзил ҳәм күлки күни

Кеýил көтерейик
Палға исенбе(ҳәзил)

Ой сол куни
Тустимаý тустим
Ҳақтан жанып бир муздай терге
Қоймаған соң ең жақын достым
Көрейик деп бардық палкерге.

Отыр екен ғарры мулигип
Пал ашыýға тасларын санап
Айтағойсын таýирлеý кылып...
Деген ойдан бердим мын манат.

Олай, булай өзгертип тасын
Бир жөтелип төмен қарады
Тыр-тыр қасып ақ шашлы басын
Ҳақ мойныма жаптаý жаланы.

Уйленипсең буннан сал бурын
Алған қызын бир ҳасыл екен
Қуртыпсан-ғой сен оның сорын
Деген маҳал зыңң етти шекем.

Шағалмаслик қурып ҳәр куни
Күн жибермей ишип келгенсең
Питип турған екен ай-куни
Урып, соғып ҳатте теýгенсең.

Ҳасыл екен бийшара нашар
Қалған екен сени дым суйип
Илаж қанша? Қашанғы шыдар?
Бес ай күткен түйиншигин туйип.

Тыр-тыр қасып пууласқан басын
Патия деп жайды қулашын
Бирнарсе деп әстен мингирлеп
Жыйнап алды сыйқырлы тасын.

Ата дедим...
Тилим гүрмелип
Бундай сөзлер шықты қай жақтан???
Ҳәм сорадым сонша жек көрип
Палкерликти ким ойлап тапқан?

Кимниң қызын қолай көрдиниз?
Қашан уйлендирип едиңиз?
Қапелимде ярдан айырып
Бунша иплас боларма лебиз.

Балам деди ҳеш асықпастан
Уйленерсең еле дым жассаң
Мен емес-аý менде гина жоқ
Бир алжасық кеткен ғой тастан.

Ҳақ кеýлимди қылып шыл - парше
Болмаптығой дейди хеш нарсе
Күниң менен қасымда турған
Қәне достым маған исенсе...

Ядқа туссе солқылдап жүрек
Маңлайымнан шығар муздай тер
Қыз да кетти бизден бийдарек
Көз алдымда опасыз палкер.

Мамбетшарипов Жуманазар


Байланыс👉
@qqshayirbot

Канал👉
@qqshayirlar
Тарийхый ҳүжжет

"Қарақалпақстан Республикасы Конституциясын қабыл етиў ҳаққында"ғы ҳәм "Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилген күнин ғалаба халықлық байрам деп жәриялаў ҳаққында"ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамлары

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советиниң он екинши сессиясында қабыл етилген.

Нөкис қаласы, 9-апрель 1993-жыл. № 255/XII

Гүллән халқымызды бас нызамымыз – Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенлигине 32 жыл толыўы менен
@qqshayirlar жәмәәти қутлықлайды.


Байланыс👉
@qqshayirbot

Канал👉
@qqshayirlar
Бурынғы Аўқам республикалары өз конституцияларын қашан қабыл еткен?

СССР бөлингеннен соң 15 республика ғәрезсилликке ерисип, өз конституцияларын қабыл еткен:

🇹🇲 Туркменстан — 1992-жыл 18-май;
🇪🇪 Эстония — 1992-жыл 28-июнь;
🇱🇹 Литва — 1992-жыл 2-ноябрь;
🇺🇿 Өзбекстан — 1992-жыл 8-декабрь;
🇬🇦Қарақалпақстан – 1993 жыл 9-апрель
🇰🇬 Қырғызстан — 1993-жыл 5-май;
🇱🇻 Латвия — 1993-жыл 6-июль;
🇷🇺 Россия — 1993-жыл 25-декабрь;
🇧🇾 Беларус — 1994-жыл 15-март;
🇲🇩 Молдова — 1994-жыл 27-август;
🇹🇯 Тәжикстан — 1994-жыл 6-ноябрь;
🇦🇲 Арманстан — 1995-жыл 5-июль;
🇬🇪 Грузия — 1995-жыл 24-август;
🇰🇿 Қазақстан — 1995-жыл 30-август;
🇦🇿 Əзербайжан — 1995-жыл 27-ноябрь;
🇺🇦 Украина — 1996-жыл 28-июнь.

Интернет сайытларынан алынды ҳәм аўдарма исленди.

Танысларыңызға бул хабарды жиберип қойыўды умытпаң


Байланыс👉
@qqshayirbot

Канал👉
@qqshayirlar
#қутлықлаў

     9-АПРЕЛЬ – ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ КОНСТИТУЦИЯСЫ ҚАБЫЛ ЕТИЛГЕН КҮНИНЕ БАҒЫШЛАНАДЫ.

Байланыс👉
@qqshayirbot

Канал👉
@qqshayirlar
ҚОҢСЫЛАР АРАСЫНДАҒЫ СӘЎБЕТ.

   Салмадан бир талай шығынды ағып келди. Биринши қоңсы кейингисине бел менен әсте ийтерип өткерип жиберди. Екинши қоңсы: "Қоңсы, оны ийтерип жибергенше, салмадан шығарып, суўды тазалап қоймайсыз ба? Өзиңиздиң балаларыңыз да усы суўда ойнайды ғо, бала шағаң суў алып себеди", деди.
   Биринши қоңсы: "Сиз де әсте өткерип жибериң, соның менен қутыламыз", деди. Екиншиси: "Яқ, ата-анам маған бундай тәрбия бермеген, биреўге азар бериў бул үлкен гүна", деди ҳәм салманы шығындыдан тазалап қойды.

Дерек: paziylet.uz

Байланыс👉
@qqshayirbot

Канал👉
@qqshayirlar
Ата-аналар (шайға салатуғын) қантқа уқсайды. Өмиримизди шийрин етип, өзлери ерип кетеди...

Тирилигинде қәдирине жетейик!

Байланыс👉
@qqshayirbot

Канал👉
@qqshayirlar
танго
<unknown>
ҚАРА КӨЙЛЕК ИШИНДЕ...

Әрманлыда әрман көп,
Тамсанғандай түсинде
Ол ким екен. Улмамбет,
Қара көйлек ишинде?

Не бар бала ойыңда?
Отырсаң жол бойыңда,
Үңилип ақ мойынға,
Қара көйлек ишинде.

Жигитке әдет сығалаў,
Көзиң атып жығар-аў.
Әйтеўир-ақ шығар аў,
Қара көйлек ишинде.

Не бар бала ойыңда,
Отырсаң жол бойында,
Үңилип ақ мойынға,
Қара көйлек ишинде.

И. Юсупов

(1929-ж5-май 2008-ж24-июль)

Байланыс👉
@qqshayirbot

Канал👉
@qqshayirlar
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстанды шексиз сүйиýиңиздиң себеби не?
Себеби ол биреýғой!

    Т. Қайыпбергенов.
(1929-ж 7-май 2010-ж)

Байланыс👉
@qqshayirbot

Канал👉
@qqshayirlar
ҚАРАҚАЛПАҚТЫ КӨП МАҚТАМА КӨЗИМШЕ

«Бир халық көрдим, жүреги, Көринер қабырғасынан». (Михаил Луконин)
Қарақалпақты көп мақтама көзимше, 
Қармаққа тез қабатуғын балықпан. 
Ҳәр кимниң бар әззи жери өзинше, 
Шортанымдай аңқылдақлаў халықпан.

Бул кисини көзге мақтаўдан көре, 
Пайдалырақ минин таўып сөккениң. 
«Қарақалпақ жақсы халық» дегенге, 
Бабам шешип берип кеткен шекпенин.

Жалғыз атын сойып берип қонаққа,
Жаяў қалып бул халық талай тарыққан. 
Соны айтып, мақтайғойсаң бирақта, 
Одан да зорын көрсететин халықпан.

Беглиги көп йошып кетсе бу халық, 
Дәстанларды қойдай дизип матаған.
Ҳәмме халықты қарақалпақтан шығарып, 
Өз тарийхын баслар Адам атадан...

Мийнет десе жең түринген палўандай, 
Арбаға таў тийе десең тийеген. 
Дослық десе жулдыз таўып алғандай, 
Халқымның ақ көкирегин сүйемен.

Жек көрсе ол, «жек керемен сени» деп, 
Саған барып айтпағанша тынбайды. 
Бир пул тапса, «бай деп санаң мени» деп, 
Есип жумсап қуртпағанша тынбайды.

И. Юсупов

Байланыс👉 @qqshayirbot

Канал👉 @qqshayirlar
Сырттан келген жаў жеңе алмайды, ишки жаў жаман. Өзиңнен шыққан жаў жаман, -- деп халқымыз бийкарға нақыл айтпаған.

***

Қандай қыйын жағдайда да халық, миллет өзлериниң ата мийрас жерин сүйди, оны гүллентиўдиң барлық жолларын иследи, дәўир олардың басына қандай әптадалықтың тасын жаўдырса да, мәртлик пенен көтерди, шыдады.
Халықты, миллетти қырып болыў мумкин емес, халықтың өмирин қысқартыў да мүмкин емес. Олар және бой тиклеп, ата мийрас мәканын абаданластырыў жолына түсебереди.


Төлепберген Қайыпбергенов

"Қарақалпақнама" узинди

Байланыс👉
@qqshayirbot

Канал👉
@qqshayirlar
G'azlardin Qanatinda (www.UzHits.Net)
Mahmud Nomozov
ҒАЗЛАРДЫҢ ҚАНАТЫНДА

Қыйқыўлап қуслар тағы,
Сап тартып баратыр ма?
Кеткендей жаслық шағым,
Ғазлардың қанатында.

Екеўймиз көп қыдырған,
Суўлардың жағасында.
Екеўмиз көп отырған,
Таллардың саясында,—
"Ушыраттым улымызды,
Қыз бенен баратырған.
Көзлери менде емес,
Ғазлардың қанатында.

Көклемде келер қайтып,
Бул қуслар баратырған.
Жаслық шақ қайтып келмес,
Ол солай жаратылған...

Сүйиклим, қайғыланба,
Жылларға ара турма,
Ғам-қайғың кетсин бәри,
Ғазлардың қанатында.

   И. Юсупов

Байланыс👉
@qqshayirlar

Канал👉
@qqshayirlar
Әттең, муҳаббат биреўлерге бирден-ақ үндеў белгиси болып келсе, екиншилерге сораў белгиси болып келеди....

Т.Қайыпбергенов.

"Тәнҳа өзиңе мәлим сыр".

Байланыс👉
@qqshayirbot

Канал👉
@qqshayirlar
Ассалаўма әлейкүм ҳүрметли каналымыз ағзалары!
Бүгин 5-май 2025-жыл Қарақалпақ әдебиятының байтереги, поэзия жулдызы Өзбекстан ҳəм Қарақалпақстан халқ шайыры,
Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты
Ибрайым Юсупов атамыздың туўылған күнлери, атамыздың 96 жыллығы менен бәрше каналымыз ағзаларын шын кеўилден қутлықлаймыз!


КЕШКИ ОЙЛАР

Мут дүнья, тегин ҳәзлик, марапат сөз,
Жолдан урып кетипти-аў базыларды,
Пара жеў, қосып жазыў, урлық деген,
Бәлени көмген жерден қазып алды.

И. Юсупов
1929-жыл 5 V, 2008-жыл 24-VII

Сиз мәңги қәлбимизде жасайсыз! Ибрайым ата.

Байланыс👉
@qqshayirbot

Канал👉
@qqshayirlar
Шайыр И. Юсупов "Нарцисс" қосығы арқалы нени айтпақшы болды?
Пикирлериңизди👉
@qqshayirbot 👈 қа жазып қалдырсаңыз болады.

Байланыс👉
@qqshayirbot

Канал👉
@qqshayirlar
Бүгин, 7-май 2025-жыл.

Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергеновтың туўылған күни. Усы жылы жазыўшының 96 жыллығы белгиленбекте.
ЖазыўшыТөлепберген атамыздың руўхлары шад болсын.

Байланыс👉
@qqshayirbot

Канал👉
@qqshayirlar
2025/06/27 23:47:58
Back to Top
HTML Embed Code: