Telegram Web Link
#спорт
#5000_қәдем

Қараөзекшилер саламат турмыс тәрепдары

Бүгин Қараөзек районында «Саламат турмыс ушын» жойбары шеңбериндеги спорт илажы райондағы 4 сектор басшылары, жаслар ислери агентлиги районлық бөлими, мәкеме кәрхана басшылары менен нураныйлардың қатнасыўында өткерилди.
Онда илаж қатнасыўшылары узақ аралыққа жүриў менен физикалық шынығыўлар алып барды.
Әлбетте бундай таңғы шынығыўларды әмелге асырыў инсанды саламат болыўға ҳәм басқаларға өрнек болыўға шақырады.

Спорт илажлары районда ҳәр күни даўам етип атыр.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети


@qrdssm
#Тайынлаў

Шымбай районы медицина бирлеспеси баслығы тайынланды.

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң арнаўлы буйрығына тийкар,
Абдраманов Дауытбай Максетбаевич Шымбай районы медицина бирлеспеси баслығы лаўазымына тайынланды.

Усы кунге шекем ол, Шымбай районы медицина бирлеспеси баслығы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшысы болып жумыс ислеп келген.


Қарақалпақстан Республикасы
Денсаўлықты сақлаў министрлиги
мәлимлеме хызмети


@qrdssm
#Тайынлаў

Қараөзек районы медицина бирлеспеси баслығы тайынланды.

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң арнаўлы буйрығына тийкар,
Тажимуратов Айбек Жалғасбаевич Қараөзек районы медицина бирлеспеси баслығы лаўазымына тайынланды.

Усы кунге шекем ол, Нөкис қаласындағы 10 санлы шаңарақ шыпакерлик поликлиникасы баслығы болып жумыс ислеп келген.


Қарақалпақстан Республикасы
Денсаўлықты сақлаў министрлиги
мәлимлеме хызмети


@qrdssm
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
❗️❗️Xosh xabar!

Saniyatariya-epidemiologiya komitetiniń 90 jıllıǵı munásibeti menen bir qatar kásipleslerimiz "Ózbekstan Respublikası Densawlıqtı saqlaw aǵlası" kókirek belgisi menen sıylıqlandı:

1. Bisenbaeva Tamara Djumabaevna - Saniyatariya-epidemiologiyalıq tınıshlıq hám jámiyet salamatlıǵı komitetiniń Qaraqalaqstan Respublikası basqarması shólkemlestiriwshi qadaǵalaw hám málimleme tallaw bólimi baslıǵı

2.Tajibaeva Gulshad Davletbaevna - Saniytariya-epidemiologiyalıq tınıshlıq hám jámiyet salamatlıǵı komitetiniń Ámiwdárya rayonı bólimi Epidemiologiya hám immunoprofilaktika bólimi baslıǵı


Kásipleslerimizdi jetiskenligi menen Qaraqalpaqstan Respublikası Saniytariya-epidemiologiyalıq tınıshlıq hám jámiyet salamatlıǵı basqarması jámááti atınan qızǵın qutlıqlap, aldaǵı jumıslarında tabıslar tileymiz!

@qqses
🏥 Ҳүрметли пуқаралар  денсаўлығыӊызда қандайда өзгерис сезип-үй шәраятында өзбасымшалық пенен дәри-дәрмақлар қабыллаўдан өзиӊизди сақлаӊ.Себеби бундай жағдайлар себепли, инсан саламатлығы аўыр жағдайға түсип атыр.Сонлықтан шыпакер мәсләҳәтисиз дәри-дармақ ямаса уколлардан пайдаланбаӊ.
Сизиӊ саламатлығыӊыз биз ушын кәдирли !

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети


https://youtube.com/watch?v=42HBBnayWvU&si=YEuBO3kjHapyxxpi
“Ағла мийирбийке-2024” таӊлаўыныӊ Республика басқышы болып өтти

https://qrdsm.uz/1058.html

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети
2024/05/16 12:45:13
Back to Top
HTML Embed Code: