Telegram Web Link
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Қарақалпақстан-Башқуртстан байланыслары жаңа басқышқа көтериледи

Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Арипов Конгрес орайы залында Башқуртстан Республикасы басшысы Радий Хабиров басшылығында Башқуртстан Республикасы ўәкиллерин қабыллады.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты.

Сөйлесиўлер даўамында Өзбекстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы аймақлары арасындағы көп тәреплеме бирге ислесиў, жақын шериклик ҳәм оларды еледе беккемлеў мәселелери сөз етилди.

Сондай-ақ, онда Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Башқуртстан Республикасы арасында дослық ҳәм шериклик қатнасықларын беккемлеў, саўда-экономикалық ҳәм басқа да бағдарларда бирге ислесиў мәселелери талқыланды.

Буннан тысқары, еки республиканың қала ҳәм районлары арасында бирге ислесиўлерди раўажландырыў, нефт-газ бойынша компаниялар арасында бирге ислесиўди жолға қойыў, Қарақалпақстан халқы ушын биринши дәрежели азық-аўқат өнимлерин жеткерип бериў бағдарында Башқуртстан аймағында бийдай, картошка ҳәм басқа да егинлерди егиў, соның менен бирге, усы республика аймағында Қарақалпақстанда жетистирилген өнимлер ушын саўда орнын ашыў ҳәм бул аймақ арқалы Россия Федерациясына Қарақалпақстанда жетистирилген мийўе-палыз өнимлери экспортын еледе арттырыў, Қарақалпақстанда биргеликте Технопарк шөлкемлестириў бойынша сөйлесиўлер алып барылды.

Сөйлесиўлер жуўмағында Қарақалпақстан ҳәм Башқуртстан Республикалары арасында көп тәреплеме бирге ислесиўлер бағдарында бир қатар әҳмийетли келисимлерге ерисилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыўға өтиў районларда қай дәрежеде әмелге асырылмақта ?…

https://qrdsm.uz/1157.html

@qrdssm
2024/06/01 03:33:50
Back to Top
HTML Embed Code: