#пара_алмаң
❗️Нөкистеги мектеп директоры орынбасары, оқытыўшысы, министрлик хызметкери ҳәм Миллий гвардия хызметкери коррупция схемасы бойынша қолға алыныпты
Нөкис қаласындағы улыўма билим бериў мектебиниң оқытыўшысы усы мектеп директорының орынбасарының тапсырмасына тийкарланып, кәсиплик сертификат алыў бойынша сынақларынан өткерип бериў есесине Шымбай районында ислейтуғын кәсиплесинен 1000 АҚШ долларын алған ўақтында МҚХ ҳәм ЖҚХД хызметкерлери тәрепинен айғақлы дәлиллер менен усланды.
Тергеўге шекемги тексериў даўамында, директор орынбасары 100 ден аслам оқытыўшыларды мәмлекетлик аттестациядан өткериў ушын ҳәр биринен 1000-1500 АҚШ доллары муғдарында пул алып, бул ҳаққында өзиниң жеке блокнотлары ҳәм қағазларында сәўлелендирип келгенлиги мәлим болды.
Сондай-ақ, бул нызамсыз иске Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң Педагоглардың билимин ҳәм маманлығын баҳалаўды шөлкемлестириў секторының бас методисти де байланыслы екенлиги анықланып, ол муғаллимлерден мәмлекетлик аттестациядан өткериўге жәрдем бериў есесине жыйналған 10450 АҚШ долларын ықтыярлы түрде тапсырды.
Соның менен бирге, оқытыўшыларды жеке тексериўден өткерместен, тест процесине мобил байланыс қураллары менен кириўине шараят жаратып берген Миллий гвардия хызметкериниң де өз ўазыйпасына суўық қанлылық пенен қатнас жасағаны мәлим болды.
Анықланыўынша, олар пара сыпатында алынған пулларды өз-ара бөлискен.
Жағдай бойынша бул шахсларға Жынаят кодексиниң 210-статьясы 2-бөлими "г" бәнти менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
🔔 Мағлыўматты жақынларыңызға тарқатың.
👉 @XALIQ_USHIN - коррупциясыз жәмийет ушын!

❤36👍28🎉3💯2👌1
✅ Анаң менен әкеңниң арасында қандай парық бар екенин билесиз бе?
– Анаң сени дүньяға келтирди.
– Әкең саған дүньяны берди.
– Анаң саған өмирди үлести.
– Әкең саған усы өмирде қалай жасаўды үйретти.
– Анаң сени аш емессең бе, хабардар болды.
– Әке ашлықтың қәдирин үйретти.
– Анаң сендеги итибар сезимин оятты.
– Әкең сендеги жуўапкершилик сезимин оятты.
– Анаң сени жығылыўдан қорғады.
– Әкең саған жығылыўдан кейин қалай турыўды үйретти.
– Анаң саған аяқта қалай жүриўди үйретти.
– Әкең саған турмыс соқпақларында қалай жүриўди үйретти.
– Анаң меҳир ҳәм гөззаллықты сәўлелендиреди.
– Әкең ҳақыйқат ҳәм шынтлықты сәўлелендиреди.
– Анаңның меҳирин туўылғаннан баслап сезесең.
– Әкеңниң меҳирин өзиң әке болғанда сезесең.
☝️Соның ушын мудамы ата-анаңды қәстерле ҳәм оларды жақсы көриўиңди оларға билдир.
🔔 Мағлыўматты жақынларыңызға тарқатың.
👉 @XALIQ_USHIN - халқымыздың уллы пазыйлетлери ушын!

👍46❤36🙏4🕊4🫡3🤗2
⚡️Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери арасындағы өткерилип атырған “Ең жақсы тәрбия орталығы” таңлаўының республика басқышы өткерилмекте
📊 Ҳәзирги ўақытта ең көп даўыс топлап киятырған ТОП-10 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери дизимин нәзериңизге усынамыз:
1. №27 (Нөкис қаласы) - 7271 даўыс
2. №60 (Нөкис қаласы) - 7120 даўыс
3. №39 (Нөкис қаласы) - 5371 даўыс
4. №14 (Шымбай районы) - 4755 даўыс
5. №11 (Шоманай районы) - 2789 даўыс
6. №12 (Қанлыкөл районы) - 2679 даўыс
7. №10 (Қанлыкөл районы) - 2367 даўыс
8. №2 (Қанлыкөл районы) - 1606 даўыс
9. №10 (Кегейли районы) - 1258 даўыс
10. №17 (Қараөзек районы) - 1165 даўыс
☝️Статистикада еле көринбеген ҳәм даўыслар саны азлаў болған мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери таңлаў жуўмағына шекем жетекшиликти қолға киргизиў имканы бар.
🎁 Таңлаўда ҳәр тәреплеме жақсы нәтийжелерди көрсетти деп табылған 3 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланады!
⏳Таңлаўдың республика басқышы 30-июнь күнине шекем даўам етеди.
✅ БАҚШАҒА ДАЎЫС БЕРИЎ

❤19👍6🎉1🤩1🤨1🤓1😎1
⚡️Бүгиннен 1-классқа қабыллаў басланады
✅ Регламентке муўапық, 1-классқа қабыллаў процесслери 2 басқышта әмелге асырылады:
✔️1-басқыш: 20-июньнан 31-июльға шекем микроаймақ шеңберинде,
✔️2-басқиш: 1-августтан 15-августқа шекем микроаймақтан сыртта.
📲 1-классқа қабыллаў процесслери Қарақалпақстанның Нөкис қаласы ҳәм Нөкис районында электрон түринде мәмлекетлик хызметлер арқалы әмелге асырылады. Басқа ўәлаятлардың районлары ҳаққында мына жерде жазылған.
⏳Бул аймақларда жасаўшы ата-аналар 20-июньнан баслап my.maktab.uz электрон платформасы арқалы дизимнен өтип, арза тапсырыўы мүмкин.
🖥 Ҳүрметли ата-аналар, видеоқолланба менен танысың, онда my.maktab.uz платформасы арқалы өзиңизге бириктирилген мектепти қалай анықлаўды билип алыўыңыз мүмкин.
❗️Мәмлекетлик хызметлер көрсетилмейтуғын аймақларда (Нөкис қаласы ҳәм Нөкис районынан басқа районларда) 1-классқа қабыл етилген оқыўшылар министрликтиң электрон системасына (adm.maktab.uz) киргизиледи.
☝️Еслетпе! "Билимлендириў ҳаққында"ғы Нызамға муўапық, балалар 7 жасқа толған жылда мектепке қабыл етиледи. Быйыл 1-классқа 2018-жылдың 31-декабрине шекем туўылған балалар қабыл етиледи.
📨 Егер сизде электрон қабыллаў процесслери бойынша сораўлар болса, 71-203-07-04, 71-203-04-03 номерлери ямаса телеграмдағы @mymaktab_uz рәсмий каналы арқалы жуўап алыўыңыз мүмкин.
📺 Арза тапсырыў бойынша видеоқолланба мына жерде.
🔔 Мағлыўматты жақынларыңызға тарқатың.
👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!

❤24👍4🆒2👨💻1
⚡️Нөкис - Ақтаў жөнелиси бойынша авиақатнаўлар басланды!
✅ Усы жылдың 3-июль сәнесинен баслап, CENTRUM AIR авиакомпаниясы тәрепинен жаңадан «Нөкис - Ақтаў – Нөкис» жөнелиси бойынша авиақатнаўлар жолға қойылды.
❗️Пәрўазлар ҳәптеде 2 күн әмелге асырылады:
☑️ Пийшемби күни:
✔️Нөкис-Ақтаў: 🛫 19:50 - 🛬21:00
✔️Ақтаў-Нөкис: 🛫22:00 – 🛬23:20
☑️ Шембиден Екшембиге өтер түни:
✔️Нөкис-Ақтаў: 🛫 01:20 - 🛬02:40
✔️Ақтаў-Нөкис: 🛫03:40 – 🛬05:00
❗️Сондай-ақ, «Нөкис-Алма ата-Нөкис» жөнелиси бойынша алдын ҳәптеде үш мәрте пәрўазлар әмелге асырылған болса, енди 3-июль сәнесинен қосымша және еки рейс жолға қойылды.
📅 Қосымша рейс пәрўаз ўақытлары:
◽️Пийшемби күни:
✔️Нөкис-Алма ата: 🛫 13:30 - 🛬15:25
✔️Алма ата-Нөкис: 🛫16:25 – 🛬18:50
◽️Шемби күни:
✓ Нөкис-Алма ата: 🛫 19:00 - 🛬20:55
✓ Алма ата-Нөкис: 🛫22:10 – 🛬00:20
☝️Авиабилетлерди рәсмий сайтлар ҳәм авиакассалар арқалы сатып алыў мүмкин.

❤38👏9🤩5👍3😇3
❗️Баланы бағшадан пул төлеместен тек 60 күнге шекем алып қалыўға болады
✅ Төмендеги жағдайларда бала бағшаға избе-из 3 күннен артық бармаған ўақты ушын төленген пул кейинги айларда төлеўде есапқа алынады, яғный күйип кетпейди:
🔸баланың яки шаңарақ ағзаларының кеселлиги себепли;
🔸карантин жағдайы себепли;
🔸ата-аналардан бириниң жумыстан (оқыўдан) бос ўақты дәўиринде ямаса басқа себеплерге көре.
❕Бунда баланың келмеген күнлери саны бир күнлик төлем суммасына көбейтиў арқалы есапланып, усы сумма кейинги айдағы төлем суммасынан алып тасланады.
🔰 Баланың бағшаға бармаған күнлери ушын төлемди кейинги айға өткериў ушын төмендеги ҳүжжетлер тийкар болады:
✔️баланың яки шаңарақ ағзаларының кеселлиги ямаса карантин жағдайы себеп болса - тийисли медицина мәкемесиниң ямаса участка шыпакериниң мағлыўматнамасы;
✔️ата-аналардан бириниң жумыстан (оқыўдан) бос ўақты дәўиринде ямаса басқа себеплер болса - ата-анасынан бириниң бағша директоры атына алдын ала жазған арзасы.
🗓 Бала бир жылда көби менен 60 күннен артық болмаған мүддетке шекем бағшаға келмеўине руқсат бериледи.
❗️Басқа барлық жағдайларда баланың бағшаға бармаған күнлери ушын төлем өндириледи.

❤20👍8👌3😢2
⚡️2026-жылдан баслап мәмлекетлик жумысқа биринши қабыл етилгенлер менен мийнет шәртнамасы дәслеп 1 жылға дүзиледи
✅ Президенттиң 19.06.2025-жылдағы Пәрманына тийкар, 2026-жыл 1-январьдан баслап:
мәмлекетлик хызметке биринши мәрте қабыл етилген мәмлекетлик хызметкерлер менен мийнет шәртнамасы дәслеп бир жыл мүддетке дүзиледи ҳәм кейин ала жумысының унамлы нәтийжелерине бола мийнет шәртнамасы белгисиз мүддетке создырылады;
✔️мәмлекетлик хызметкерлердиң лаўазымлық мийнет ҳақысы олардың жумыс тәжирийбеси, илимий ҳәм маманлық дәрежеси, нәтийжелилиги ҳәм басқа да көрсеткишлерден келип шығып, бирден-бир принцип тийкарында қәлиплестириледи.
🔔 Мағлыўматты жақынларыңызға тарқатың.
👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!
✅ Президенттиң 19.06.2025-жылдағы Пәрманына тийкар, 2026-жыл 1-январьдан баслап:
мәмлекетлик хызметке биринши мәрте қабыл етилген мәмлекетлик хызметкерлер менен мийнет шәртнамасы дәслеп бир жыл мүддетке дүзиледи ҳәм кейин ала жумысының унамлы нәтийжелерине бола мийнет шәртнамасы белгисиз мүддетке создырылады;
✔️мәмлекетлик хызметкерлердиң лаўазымлық мийнет ҳақысы олардың жумыс тәжирийбеси, илимий ҳәм маманлық дәрежеси, нәтийжелилиги ҳәм басқа да көрсеткишлерден келип шығып, бирден-бир принцип тийкарында қәлиплестириледи.
🔔 Мағлыўматты жақынларыңызға тарқатың.
👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!
❤16🤔7🤩5
⚡️Пуқаралардың сырт елде ислеген дәўирлери оның пенсияға шығыўы ушын стажына қосып есапланатуғын болды
✅ Министрлер Кабинетиниң 29.10.2024-жылдағы 714-санлы қарарына тийкар, мийнет шәртнамасы тийкарында сырт елде ислеген пуқаралар тәрепинен өткен дәўир ушын социаллық салықты (қамсызландырыў төлеми, бирден бир социаллық төлем) төмендеги муғдарларда төленгенде, жумыс стажына косып есапланады:
✔️ 2019-жыл 1-январға шекемги болған дәўир ушын ҳәр бир айға базалық есаплаў муғдарында (375 мың сумнан);
✔️ 2019-жыл 1-январдан 2019-жыл 31-декабрге шекемги аралықтаға дәўир ушын бир жылға БЕМның 4,5 есеси муғдарында (1687500 сум);
✔️ 2020-жыл 1-январдан кейинги дәўир ушын ҳәр жылға базалық есаплаў муғдарында (375 мың сумнан).
⚠️ Итибар бериң! Бул дәўирлер жумыс стажына егер пуқара сырт елде мийнет шәртнамасы тийкарында жумыс ислеген болса қосылады, ал былайынша барып аўызеки келисим менен ислеп жүрген дәўирлер стажға есапланбайды.

❤20👍5
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақлардың миллий тағамлары ҳаққында қандай мағлыўматларға ийесиз?
Олар өзи нелерди жеген деп ойлайсыз?
Егер сиз қызықлы мағлыўматларды билгиңиз келсе, онда YouTube'тағы Жәйҳун каналы ағза болың!
Себеби видеода сиз еледе толықырақ мағлыўматқа ийе боласыз!
Толық видеоны төмендеги силтемеден көриң!
https://youtu.be/FkX8ioGQSIg?si=qUcSosh4Ejs1V7jr

🔥11❤8👌3🎉1
⚡️Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери арасындағы өткерилип атырған “Ең жақсы тәрбия орталығы” таңлаўының республика басқышы өткерилмекте
📊 Ҳәзирги ўақытта ең көп даўыс топлап киятырған ТОП-10 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери дизимин нәзериңизге усынамыз:
1. №39 (Нөкис қаласы) - 8005 даўыс
2. №27 (Нөкис қаласы) - 7960 даўыс
3. №60 (Нөкис қаласы) - 7942 даўыс
4. №14 (Шымбай районы) - 4900 даўыс
5. №11 (Шоманай районы) - 3181 даўыс
6. №10 (Қанлыкөл районы) - 2948 даўыс
7. №12 (Қанлыкөл районы) - 2843 даўыс
8. №2 (Қанлыкөл районы) - 1746 даўыс
9. №10 (Кегейли районы) - 1260 даўыс
10. №17 (Қараөзек районы) - 1165 даўыс
☝️Статистикада еле көринбеген ҳәм даўыслар саны азлаў болған мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери таңлаў жуўмағына шекем жетекшиликти қолға киргизиў имканы бар.
🎁 Таңлаўда ҳәр тәреплеме жақсы нәтийжелерди көрсетти деп табылған 3 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланады!
⏳Таңлаўдың республика басқышы 30-июнь күнине шекем даўам етеди.
✅ БАҚШАҒА ДАЎЫС БЕРИЎ
📊 Ҳәзирги ўақытта ең көп даўыс топлап киятырған ТОП-10 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери дизимин нәзериңизге усынамыз:
1. №39 (Нөкис қаласы) - 8005 даўыс
2. №27 (Нөкис қаласы) - 7960 даўыс
3. №60 (Нөкис қаласы) - 7942 даўыс
4. №14 (Шымбай районы) - 4900 даўыс
5. №11 (Шоманай районы) - 3181 даўыс
6. №10 (Қанлыкөл районы) - 2948 даўыс
7. №12 (Қанлыкөл районы) - 2843 даўыс
8. №2 (Қанлыкөл районы) - 1746 даўыс
9. №10 (Кегейли районы) - 1260 даўыс
10. №17 (Қараөзек районы) - 1165 даўыс
☝️Статистикада еле көринбеген ҳәм даўыслар саны азлаў болған мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери таңлаў жуўмағына шекем жетекшиликти қолға киргизиў имканы бар.
🎁 Таңлаўда ҳәр тәреплеме жақсы нәтийжелерди көрсетти деп табылған 3 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланады!
⏳Таңлаўдың республика басқышы 30-июнь күнине шекем даўам етеди.
✅ БАҚШАҒА ДАЎЫС БЕРИЎ
❤20🤔7🎉3🆒3👏2🤩2🏆1
⚡️Мәҳәлле жетилиги ағзалары арасынан 1000 хызметкер жоқары лаўазымларға таңлаўсыз тайынланады
⚡️Президеттиң Пәрманына тийкар, потенциаллы ҳәм перспективалы басшылардың турақлы резервин тәмийинлеў мақсетинде:
а) республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымлары басшылық лаўазымларына кеминде 500 ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары басшылық лаўазымларына кеминде 1000 адамнан ибарат Миллий кадрлар резерви қәлиплестириледи;
б) мәҳәлледе жумыс алып барып, соңғы еки жыллық жумысы даўамында унамлы нәтийжелерге ерискен мәҳәлле баслығы, ҳәким жәрдемшиси, ҳаял-қызлар белсендиси, жаслар жетекшиси, социаллық хызметкер ҳәм салық инспекторларынан ибарат 1000 адамнан ибарат потенциаллы кадрлар резерви қәлиплестириледи ҳәм Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң усынысына тийкарланып лаўазымларға таңлаўсыз тайынланады;
в) мәмлекетлик хызметте талантларды раўажландырыў ҳәм ҳәр тәреплеме жетик басшы кадрларды таярлаў шеңберинде Миллий кадрлар резерви қурамына киргизилген талабанлар ислеп атырған лаўазымынан басқа мәмлекетлик уйымларға бир жылға шекемги мүддетке ўақытша хызмет сапарына, сондай-ақ, сырт мәмлекетлерге мақсетли стажировкаға жибериледи. Онда, биринши гезекте, экономиканың драйвер тараўларына үстемлик бериледи.

❤15👍13🤔3
#пара_алмаң
❗️ҚМУдың декан орынбасары пара менен усланыпты
Департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм МХХ тәрепинен өткерилген оператив илажда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң дене мәденияты факультети деканының орынбасары лаўазымынан пайдаланып, усы университеттиң студенти Ж.А.ның исенимине кирип, оны мәмлекетлик имтиханлардан өткериў есесине 2 млн. сум пул талап етип, усы пулларды өзиниң жеке кабинетинде алып атырған ўақтында усланды.
Илаж даўамында декан орынбасары М.И. усы университеттиң студентлери С.П. ҳәм басқалардан имтиханлардан өткериў ушын бир ҳәпте алдын алған 3 млн. сумды өз қәлеўи менен қайтарып берген ҳәм айғақлы дәлил сыпатында алынған.
Жағдай бойынша М.И.ға Өзбекстан Республикасы ЖКниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, ҳәзирги ўақытта дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

👍33❤28🤨5😢3
⚡️Жол ҳәрекети қағыйдасын биринши мәрте бузғанлар жәриймадан азат етиледи
📄 Олий Мажлис депутатлары тәрепинен мақулланған Нызам жойбары менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине "Ҳәкимшилик ескертиў" жаза түриниң киргизилиўи болып есапланады.
❗️Атап айтқанда, кодекс жаңа 282-статья менен толықтырылып, онда ҳәкимшилик жазалар системасына жаңа "ҳәкимшилик ескертиў" жаза шарасы киргизилмекте.
✅ Демек, айдаўшылар төмендеги қағыйдаларды биринши мәрте бузған жағдайда оларға жәрийма салынбастан ескертиў бериледи:
1) 125-статья (яғный транспорт қуралларынан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў, соның ишинде, қайыс тақпаў, техникалық тексериўден өткермеў, тийисли үскенелер менен тәмийинленбегенлик);
2) 128/1-статья, (яғный, басқарыў ўақтында телефоннан пайдаланыў);
3) 128/2-статья (яғный, басқарыў ўақтында монитордан пайдаланыў);
4) 128/6-статья (яғный, тоқтаў ямаса тоқтап туриў қағыйдаларын бузыў);
5) 135/1-статья (яғный, мәжбүрий қамсызландырыў талапларын бузыў);
6) 138-статья (пиядалар ҳәм жол ҳәрекети басқа қатнасыўшыларының жол ҳәрекети қағыйдаларын бузыўы).
❗️Ескертиў биринши мәрте ислеген шахсларға бир жылда бир мәрте қолланылыўы мүмкин.
☝️Нызам еле күшке кирмеди, қабыл етилсе, толық мағлыўмат бериледи.

❤9👍9👏3✍2👌2🤔1
⚡️Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери арасындағы өткерилип атырған “Ең жақсы тәрбия орталығы” таңлаўының республика басқышы өткерилмекте
📊 Ҳәзирги ўақытта ең көп даўыс топлап киятырған ТОП-10 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери дизимин нәзериңизге усынамыз:
1. №39 (Нөкис қаласы) - 10909 даўыс
2. №27 (Нөкис қаласы) - 8515 даўыс
3. №60 (Нөкис қаласы) - 8422 даўыс
4. №14 (Шымбай районы) - 5270 даўыс
5. №11 (Шоманай районы) - 3234 даўыс
6. №10 (Қанлыкөл районы) - 3146 даўыс
7. №12 (Қанлыкөл районы) - 3096 даўыс
8. №2 (Қанлыкөл районы) - 1767 даўыс
9. №10 (Кегейли районы) - 1266 даўыс
10. №17 (Қараөзек районы) - 1165 даўыс
☝️Статистикада еле көринбеген ҳәм даўыслар саны азлаў болған мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери таңлаў жуўмағына шекем жетекшиликти қолға киргизиў имканы бар.
🎁 Таңлаўда ҳәр тәреплеме жақсы нәтийжелерди көрсетти деп табылған 3 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланады!
⏳Таңлаўдың республика басқышы 30-июнь күнине шекем даўам етеди.
✅ БАҚШАҒА ДАЎЫС БЕРИЎ
📊 Ҳәзирги ўақытта ең көп даўыс топлап киятырған ТОП-10 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери дизимин нәзериңизге усынамыз:
1. №39 (Нөкис қаласы) - 10909 даўыс
2. №27 (Нөкис қаласы) - 8515 даўыс
3. №60 (Нөкис қаласы) - 8422 даўыс
4. №14 (Шымбай районы) - 5270 даўыс
5. №11 (Шоманай районы) - 3234 даўыс
6. №10 (Қанлыкөл районы) - 3146 даўыс
7. №12 (Қанлыкөл районы) - 3096 даўыс
8. №2 (Қанлыкөл районы) - 1767 даўыс
9. №10 (Кегейли районы) - 1266 даўыс
10. №17 (Қараөзек районы) - 1165 даўыс
☝️Статистикада еле көринбеген ҳәм даўыслар саны азлаў болған мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери таңлаў жуўмағына шекем жетекшиликти қолға киргизиў имканы бар.
🎁 Таңлаўда ҳәр тәреплеме жақсы нәтийжелерди көрсетти деп табылған 3 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланады!
⏳Таңлаўдың республика басқышы 30-июнь күнине шекем даўам етеди.
✅ БАҚШАҒА ДАЎЫС БЕРИЎ
❤19🤨4⚡3🤩3
⚡️1-ноябрьден баслап мәмлекетлик хызметкерлерге “звание” бериледи
Президенттиң 19.06.2025-жылдағы ПП-95-санлы Пәрманына тийкар, 2025-жылдың 1-ноябринен баслап мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлерине берилетуғын маманлық дәрежелери (звание) дизими тастыйықланған (сүўретте).
Маманлық дәрежесине қарап хызметкерге қосымша үстеме төленеди.
Маманлық дәрежелериниң басқа ҳуқықты қорғаў уйымларының атақларына (звание) салыстырғандағы дәрежелери де тастыйықланған (сүўретте).
Хызметкер мәмлекетлик пуқаралық хызметке өткенде алдын ислеген ҳуқықты қорғаў уйымындағы атағы есапқа алынады.
🔔 Мағлыўматты жақынларыңызға тарқатың.
👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!
Президенттиң 19.06.2025-жылдағы ПП-95-санлы Пәрманына тийкар, 2025-жылдың 1-ноябринен баслап мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлерине берилетуғын маманлық дәрежелери (звание) дизими тастыйықланған (сүўретте).
Маманлық дәрежесине қарап хызметкерге қосымша үстеме төленеди.
Маманлық дәрежелериниң басқа ҳуқықты қорғаў уйымларының атақларына (звание) салыстырғандағы дәрежелери де тастыйықланған (сүўретте).
Хызметкер мәмлекетлик пуқаралық хызметке өткенде алдын ислеген ҳуқықты қорғаў уйымындағы атағы есапқа алынады.
🔔 Мағлыўматты жақынларыңызға тарқатың.
👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!
👍71❤17🤩4🤔3
🌙 ТАТЫЎЛЫҚ СЫРЫ
Бир қалада еки қоңсы жасайтуғын еди. Биреўиниң шаңарағындағылар ҳәмме нәрседе бир-бирин айыплайтуғын, ҳеш келисе алмайтуғын, үйлеринен бақырыс-шақырыс даўыслары еситилип туратуғын еди. Екинши қоңсының үйинен болса ҳеш қандай қатты даўыс еситилмейтуғын еди. Бир күни жәнжелкеш қоңсының ҳаялы күйеўине:
- Барың, не ушын олардың урыспайтуғынының себебин билип келиң, - деди.
Кейеўи қоңсысының үйине кирип, бир мүйешке жасырынды, аңлый баслады. Үй бийкеси ыдысларды сыпырып атыр еди.
Бираздан соң телефон шыңғырлады. Ҳаял қолындағы гүзени столдың шетине қойып, телефонды алды. Ол қайтып келгенше күйеўи басқа бөлмеден шығып, абайсызда сол гүзени жерге түсирип жиберди. "Енди жәнжел болады", деп ойлады қоңсы жасырынған жеринде.
Ҳаял келип, өкиниш пенен:
- Кеширерсиз, ағасы. Мен айыплыман, ыдысты столдың шетине қойыппан, - деди.
- Яқ, не деп турсаң? - деп жуўап берди күйеўи. - Мен айыплыман. Бәрқулла асығыс жүремен, итибарсызбан.
Кейин қосып қойды:
- Ҳәй, мейли, сынса-сынар, ыдыс екен ғой!..
Жәнжелкеш қоңсы үйине келиўден-ақ ҳаялы сораўға тутты:
- Ҳее, бунша қалып кеттиңиз? Не екен?
- Не, не? Ҳеш нәрсе. Олардың екеўи де айыплы екен. Ал, бизлерде айыпкер жоқ, ҳәммемиз бәрқулла ҳақ боламыз...

❤33👍22👌3
⚡️Мәмлекетлик басқарыў уйымларындағы жыйналыслар тәртипке салынады
Президенттиң Пәрманына тийкар, республика бойынша өткерилетуғын жыйналысларды тәртипке салыў ҳәм тек ғана арнаўлы электрон платформада дизимнен өткерген ҳалда шөлкемлестириў белгиленди.
Буның ушын 2025-жыл сентябрь айына шекем жыйналысларды дизимге алыўшы платформа иске түсириледи.
2025-жыл декабрь айына шекем барлық мәмлекетлик фуқаралық хызмети уйымлары (мәмлекетлик уйымлар) усы платформаға жалғанады.
Демек, 2026-жылдан баслап барлық жыйналыслар сол электрон платформада дизимге алынғаннан соң өткерилиўи мүмкин болады.
Бул дегени платформадан дизимнен өтпеген жыйналысларды өткериў қадаған етилиўи мүмкин дегени.
Анық тәртибин платформа иске түскеннен соң каналымызда жәриялаймыз.

❤17👍14☃1
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Әлемде неше галактика бар екенин билесиз бе?
Егер сизди бул сораў қызықтырса, онда YouTube'тағы Айдын каналына таярлаған видеоны көриўди умытпаң!
Видеода сиз аспан денелери ҳаққында қызықлы мағлыўматларға ийе боласыз!
Сондай-ақ, басқа планеталарда өмир бар жоқлығын билип аласыз!
Толық видео төмендеги силтемеде!
https://youtu.be/IKdRKyVh1nY?si=VXtHT2w-3z5r3NmF

❤10