Telegram Web Link
#Asıǵıs

ÚLKEN ShEGIRMELER - Lokaciyalar

❗️Tek Búginnen! idea'da Kondicionerler hám Xolodilnikler -50% ke shekem ÚLKEN ShEGIRMEDE

❗️- 50% 🔻 ARCTIC 12" (2AW12HE) - 398 000 199 000 sumnan
❗️- 40% 🔻 SITRONIC 12" (A4JIRID1) - 499 000 299 400 sumnan
❗️- 50% 🔻 INDESIT 210L (125A) - 299 000 149 500 sumnan
❗️- 50% 🔻 LORETTO 211L (220I/DF-BL) - 349 000 174 500 sumnan
❗️- 40% 🔻 PREMIER 261L (261TFD/W) - 329 000 197 400 sumnan
❗️- 40% 🔻 KLEO 290L (UCR365I) - 399 000 239 400 sumnan
❗️- 40% 🔻 LORETTO 317L (330INFBL) - 619 000 371 400 sumnan 24 ayǵa*

☑️ Baslanǵısh tólem - JOQ
☑️ Kepiller kerek emes - JOQ


Asıǵıń! Akciya tek 30-iyunǵa shekem múddetli tólemge ámel etedi hám tovarlar sanı sheklengen!

Maģlıwmat ushın:
71 230 77 99 

📍Mánzil: Nókis q, Mega Nukus, Ernazar Alakóz kóshesi, 60
📍Mánzil: Qońırat q, Mega Park, Tólegen Aybergenov kóshesi 1/A
📍Mánzil: Beruniy q, Shox Abbos Vali kóshesi (Beruniy Sawda orayi qarama-qarsı tárepi)
📍Mánzil: Tórtkúl rayonı, Ǵárezsizlik MFY, Beruniy kóshesi, 66 d.
📍Mánzil: Ámiwdárya rayonı, Beruniy MFY, Qipchoq guzari 40 -úy
📍Mánzil: Shimbay rayoni, Shaxtemir MPJ. Ibrayi'm Yusupov Shax kóshesi 74-úy Baǵdar: Shimbay diyxan bazari
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Енди кеминде 250 метр алдында “радар” деген “знак” болмаған радарлар “нарушение” түсириўге ҳақы жоқ

❗️Ендигиден былай турақлы бир жерге орнатылған радар болама яки көшпели (мобил комплекс) радар болама, ҳәмме радарлардан кеминде 250 метр алдын “Радар” деген белги болыўы шәрт.

☝️Бундай белги болмаған жерде радарға түскен айдаўшылар ол жәрийманы бийкарлатыўға толық ҳақы бар.

Сондай жағдай жүз бергенде айдаўшы жәрийманы бийкарлатыў ушын мына жерде көрсетилген тәртипте Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасына арза бериўи керек.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!
🔥CHERY Tiggo 7 Pro - 3 йилга фоизсиз бўлиб тўлаш имконияти билан!

Энг яхши шартларда замонавий ва қулай кроссовер харид қилинг:

Муддат: 36 ойгача
Бошланғич тўлов: 30% дан бошланади
Йиллик ставка: 0%

🎁 Тест-драйвдан ўтинг ва совғаларга эга бўлинг!

Tiggo 7 Pro - бу услуб, куч ва байрамона қулай шартлар!

Batafsil ma’lumot uchun telefon:
+998555000955
⚡️Район (қала) мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимлери хызметкерлерине 200% ке шекем үстеме ҳәм материаллық жәрдем төленеди

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң 2025-жыл 29-майдағы 170-санлы буйрығы менен Район (қала) мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимлери жанында юридикалық шахс статусына ийе болмаған Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи хызметкерлерин хошаметлеў қоры қаржыларын қәлиплестириў ҳәм олардан пайдаланыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланған.

💰 Бул режеге тийкар, район (қала) мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимлери хызметкерлерине муғдарларда төмендеги үстеме, хошаметлеў ҳәм материаллық жәрдемлер төленеди:

белсенди хызметкерлерге лаўазым окладының (базалық тариф ставкасының) 100% не шекем үстеме;

юбилей ҳәм байрам күнлери мүнәсибети менен лаўазым окладының (базалық тариф ставкасының) 200% не шекем сыйлық (мукофот);

– лаўазым окладының (базалық тариф ставкасының) 100% не шекем материаллық жәрдем.

☝️Материаллық жәрдем хызметкерлерге жоқарыдағы сүўретте көрсетилген жағдайларда тайынланыўы мүмкин.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!
#пара_алмаң
⚡️ҚМУдың офис менеджери студенттиң “НБ”ларын жабыў ҳәм имтиханнан өткерип бериў ушын 2,5 млн сум алғанда қолға алыныпты
 

Департаменттиң Шоманай районлық бөлими, МҚХ ҚРБ ҳәм ҚР ИИМ тәрепинен өткерилген гезектеги оператив илаж даўамында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң офис менеджери А.Н. хызмет лаўазымынан пайдаланған ҳалда пуқара П.Қ.ның исенимине кирип, жоқары лаўазымдағы басшылар арқалы оны бир миллион сум есабынан бир ҳәпте даўамында оқыўға келмегени ушын, сондай-ақ, бир ярым миллион сум есабынан имтиханлардан өткерип бериўди ўәде етип, Нөкис қаласы Ш.Абдиров көшеси бойында жәми еки ярым миллион сум пулды алып атырған ўақтында айғақлы дәлиллер менен жынаят үстинде қолға алынды.

Жағдай бойынша А.Н.ға Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, ҳәзирги ўақытта дәслепки тергеў, сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!
❗️10-июльден баслап Россияда ислеўши мигрантлар ушын имтихан шәртлери қыйынластырылады

Россияда жумыс ислеў ҳәм жасаў рухсатнамасын алыў ушын арза берген сырт ел пуқаралары ушын имтиханларда тыңлаў ҳәм сөйлеў тапсырмаларын орынлаў талаплары өзгереди, деп хабар берди "Интерфакс".

Атап айтқанда, жумыс ислеў ушын рухсатнама ямаса патент алыў ушын имтиханда тыңлаў тапсырмаларының саны көбейтилди. Енди екеўиниң орнына төрт сондай тапсырма болады. Имтиханнан табыслы өтиў ушын "Тыңлаў" бөлиминде топланыўы керек болған мәжбүрий балларды белгилеў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Тыңлаў ҳәм сөйлеў бөлимлери ушын да мәжбүрий баллар орнатылды, олар ўақытша жасаў ушын рухсатнама ямаса Россияда жасаў ушын рухсатнама алыў бойынша имтиханнан табыслы өтиў ушын топланыўы керек.

Буннан тысқары, имтиханларды өткериў бойынша тапсырмалар саны еки есеге арттырылады.

Жаңа талапларға муўапық имтихан өткериў 2025-жыл 10-июльден басланады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️ Сенатор алименттиң ең кем муғдарын көбейтиўди усыныс етпекте

Сенаторлар алименттиң ең кем муғдары (306 075 сўм) минимал тутыныў қәрежетлери муғдарынан 2 есе кем екенлигин сынға алды.

Соны есапқа алған ҳалда алимент муғдарын баланың жасы ҳәм барлық мүтәжликлеринен келип шығып қайта қарап шығыў бойынша нызамшылыққа тийисли өзгерис киргизиў кереклиги билдирилди.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!
#ҳикмет
🕯️Шофёрға да, жумысшыға да, сипсекешке де күле шырай менен қара.

Бәлким, олардың айлығы телефоныңның баҳасына ямаса бир шийше әтириңе жетпеўи мүмкин.

Жаман мәмилең менен олардың қайғысын арттырма. Әжайып минез-қулқың менен жоқары мәртебеге көтерил.

Себеби, Аллаҳтың алдында ҳәммемиз теңбиз!

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - халықтың жоқары пазыйлетлери ушын!
2025/06/27 02:04:00
Back to Top
HTML Embed Code: