Баслық қандай жағдайларда хызметкерди жумыстан босата алмайды?

❗️Мийнет кодексиниң
163-статьясына бола, төмендеги жағдайларда жумыс бериўши хызметкерди жумыстан босата алмайды:

1) усы Кодексте ямаса басқа нызамларда көрсетилмеген тийкарлар бойынша;
2) усы Кодекстиң мийнет ҳәм жумыс тараўында кемситиўди қадаған етиўши талапты бузатуғын болса;
3) хызметкердиң ўақытша мийнетке жарамсызлық дәўиринде;
4) хызметкер мийнет дем алысында болған дәўирде;
5) хызметкер мәмлекетлик ямаса жәмийетлик миннетлемелерин орынлап атырғанлығы себепли жумыста болмаған дәўиринде;
6) хызметкер хызмет сапарында болған дәўиринде;
7) ҳәмиледар хаяллар ҳәм үш жасқа шекемги баласы бар хызметкерлер ушын белгиленген кепилликлер бузылғанда.

☝️Бирақ, егер кәрхана жабылғанда ямаса жеке исбилермен жумысын тоқтатқанда 3-7-бәнтлердеги жағдайлар бойынша хызметкерлерди босатыўға болады.

⚠️ Егер Сизди нызамға қайшы түрде босатып жиберсе ямаса басқа мийнет ҳуқықларыңыз бузылса, жасаў жериңиздеги Мийнет инспекциясына (71-200-06-00) ямаса Әдиллик бөлимине (қысқа номери 1008) ямаса прокуратураға (қысқа номери 1007) шағым етиң.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!
8👍6
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
❗️Газ насосларын қурғанларға жәрийма салынады

Инспекция газ басымын жасалма түрде арттырыў мақсетинде бундай қурылмаларды орнатыў қадаған етилгенлигин еслетип, жәрийма салынатуғынлығын билдирди.

«Умытпаң! Газ насос қурылмаларынан пайдаланыў өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына ҳәм бахытсыз ҳәдийселерге себеп болыўы мүмкин», деп ескерткен инспекция баспасөз хызмети.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!
7👍6🆒2🤔1
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
3🤔1
📊 Өзбекстан халқының саны 38 миллионнан асты

Миллий статистика комитети 2025-жыл 1-октябрь жағдайына Өзбекстанның турақлы халық санын жәриялады.

Рәсмий мағлыўматларға бола, халық саны 38 069,1 мың (38,07 млн) адамды қуpaп, бул өткен жылға салыстырғанда 1,9%ке (713,7 мың адам) көбейген.

Халықтың 51,0%и (19,4 млн) қалаларда, 49,0%и (18,7 млн) аўыллық жерлерде жасайды. Еркеклердиң саны (50,4%) ҳаялларға (49,6%) қарағанда азғана көп.

Сондай-ақ, жыл басынан берли 664,6 мың бала туўылып, 132,2 мың адам қайтыс болған.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!
6🤯2
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
4
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Енди ҳәр бир аймақта тийкарсыз қолланылған жәриймалар бойынша шағымларды қабыллайтуғын Қоңыраў-орай номерлери ислемекте:

Қарақалпақстан р. 61-225-80-11
Ташкент қаласы 95-954-30-39.
Ташкент ўәлаяты 55-902-37-79.
Самарқанд 55-707-81-13.
Сырдәрья 55-651-65-21.
Жиззах 55-151-69-35.
Бухара 55-305-29-26.
Наўайы 95-603-71-42.
Ферғана 73-241-57-15;
Андижан 74-224-40-05.
Наманган 69-210-40-48.
Сурхандәрья 76-228-55-60;
Қашқадәрья 75-221-23-26.
Хорезм 62-224-56-12.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!
7👍3😁1🤩1
⚡️TEK 24-31-Oktyabr, Xalqımızǵa Zo'r Texnikalar 99 000 sumnan ayina! 👉 Lokatsiyalar

🔻 Honor X7d (6/128) - 99 000 sumnan
🔻 Redmi Note 14 (6/128) - 99 000 sumnan
🔻 43" Smart TV (43SNR100SV) - 99 000 sumnan
🔻 KLEO 225L (BCD275W) - 99 000 sumnan
🔻 6KG LORETTO (LW6007BLDCW) - 99 000 sumnan
🔻 SHIVAKI Gaz (6400GECOGP) - 99 000 sumnan
🔻 6KG PREMIER (60F1002LINW) - 99 000 sumnan 30 ayġa*

Maģlıwmat ushın:
71 230 77 99  | Chat Aygul

Asıǵıń! tovarlar sanı sheklengen! Adres 👉 Lokatsiyalar

📍Mánzil: Nókis q, Mega Nukus, Ernazar Alakóz kóshesi, 60
📍Mánzil: Qońırat q, Mega Park, Tólegen Aybergenov kóshesi 1/A
📍Mánzil: Beruniy q, Shox Abbos Vali kóshesi (Beruniy Sawda orayınıń qarama-qarsı tárepi)
📍Mánzil: Tórtkúl rayonı, Tórtkúl rayonı, Ǵárezsizlik MPJ, Beruniy kóshesi, 66 d.
📍Mánzil: Manǵıt Ámiwdárya rayonı, Manǵit qalası, Beruniy MPJ, Qıpshaq Shax kóshesi 40-úy
📍Mánzil: Shimbay rayoni, Shaxtemir MPJ. Ibrayım Yusupov Shax kóshesi 74-úy Baǵdar: Shımbay diyqan bazarı

RASMIY KANAL | Instagram | Do'konlarimiz
4🍓2🔥1
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Айдаўшылар ушын жақсы хабар

Ендигиден былай, "Тоқтаў қадаған етилген" (3.27) ҳәм "Тоқтап турыў қадаған етилген" (3.28) жол белгилериниң әмел етиў ўақтынан тысқары ўақытларда транспорт қуралларының тоқтаўына ҳәм тоқтап турыўына руқсат етиледи.

Бул ҳаққында Жол ҳәрекети қәўипсизлиги баспа сөз хызмети хабар берди.

Бул ушын ЖҲҚХ тәрепинен усы жол белгилериниң астына олардың әмел етиў ўақты көрсетилген (мысалы, "8:00–17:30" сыяқлы) қосымша кестешелер (табличкалар) орнатылады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!
👍432
⚡️CHANGAN CS55 PLUS FOIZSIZ BO‘LIB TO‘LASHGA⚡️

Boshlang‘ich to‘lov — 30% dan
Muddat — 12 oydan 36 oygacha
Kafolat — 5 yil yoki 150 000 km
Yillik stavka - 0%

Boshlang‘ich to‘lov va to‘lov muddatiga qarab shartlar o‘zgarishi mumkin.

📞 +998555006010
📍Changan Sergeli
2🔥2
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Кәмбағал шаңарақларға кредит ажыратыў тәртиби белгиленди

Ҳүкиметтиң қарары (612-санлы, 30.09.2025-ж.) менен «Кәмбағал шаңарақлар реестри»не киргизилген шаңарақларға кредитлер ажыратыў тәртиби ҳаққында»ғы реже тастыйықланды.

☝️Толық мағлыўмат видеода

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!
7👌3🤝1
💰Енди директор фондынан дене тәрбиясы муғаллимлерине де 20% ке шекем үстеме төленеди

Ҳүкиметтиң 21.10.2025-жылдағы 662-санлы қарарына тийкар, Министрлер Кабинетиниң 823-санлы қарарына өзгерис киргизилип, өз жумысында унамлы нәтийже көрсеткен дене тәрбиясы муғаллимлери директор фондынан хошаметленеди.

💵 Бунда устеме проценти жарысларда ерисилген жеңислеринен келип шыгып белгиленеди.

☝️Толық мағлыўмат сүўретте.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!
2025/10/24 12:20:03
Back to Top
HTML Embed Code: