Яд етер ҳәр бир урпағың
(Тилеўмурат Қаниязовтың естелигине)
Айбатың зор арыслан едиң, шер едиң
Ҳәр бир жанға хош мүләйим ер едиң,
Сийрек ушырасады сендей даналар,
Шоқтай болып бир айырықша дөредиң.
Кеше ғана жайнап турған гүл едиң,
Аўырса да,саўалар, деп жүр едим,
Аўыр наўқас баспалатты кем - кемнен,
Тыңламастан көпшиликтиң тилегин.
Келген сырқас өрмекшидей аў жайып,
Жаттың кем - кем жапырақтай сарғайып,
Өлим деген тәбияттың буйрығы,
Егер ўақтың жеткен болса қартайып.
Жуп - жағадан тутып әжел жеттиңбе,
Тилеўмурат арамыздан кеттиңбе !
Ташкенттиде узақсынып жүр едик,
Япырмай, бул кетти ғой, деп көп күнге.
Халық сүйген жигит сирә тек емес,
Саған арнап не жазсамда көп емес,
Бир том етип жазар едим китапты,
Әттең, бирақ өмириңе сеп емес.
Кеттиң достым, келмес узақ сапарға,
Енди қайтып көринбейсең қатарда,
Кеткен адам егер қайтып келгенде,
Қурбанияз жер астында жатарма?!
Гүлиң солып көп жуўлатты қуйқамды,
Жылаў менен өткердим мен бир таңды,
Не болса да жүрегимди басаман,
Көрип Бердақ, Тилеўнияз, Султанды !
Т. Жумамуратов.
20 - май. 1961 жыл.
Каналға ағза болыў:@hoja_uz
(Тилеўмурат Қаниязовтың естелигине)
Айбатың зор арыслан едиң, шер едиң
Ҳәр бир жанға хош мүләйим ер едиң,
Сийрек ушырасады сендей даналар,
Шоқтай болып бир айырықша дөредиң.
Кеше ғана жайнап турған гүл едиң,
Аўырса да,саўалар, деп жүр едим,
Аўыр наўқас баспалатты кем - кемнен,
Тыңламастан көпшиликтиң тилегин.
Келген сырқас өрмекшидей аў жайып,
Жаттың кем - кем жапырақтай сарғайып,
Өлим деген тәбияттың буйрығы,
Егер ўақтың жеткен болса қартайып.
Жуп - жағадан тутып әжел жеттиңбе,
Тилеўмурат арамыздан кеттиңбе !
Ташкенттиде узақсынып жүр едик,
Япырмай, бул кетти ғой, деп көп күнге.
Халық сүйген жигит сирә тек емес,
Саған арнап не жазсамда көп емес,
Бир том етип жазар едим китапты,
Әттең, бирақ өмириңе сеп емес.
Кеттиң достым, келмес узақ сапарға,
Енди қайтып көринбейсең қатарда,
Кеткен адам егер қайтып келгенде,
Қурбанияз жер астында жатарма?!
Гүлиң солып көп жуўлатты қуйқамды,
Жылаў менен өткердим мен бир таңды,
Не болса да жүрегимди басаман,
Көрип Бердақ, Тилеўнияз, Султанды !
Т. Жумамуратов.
20 - май. 1961 жыл.
Каналға ағза болыў:@hoja_uz
❤29👍20🔥5👏1😢1
Дыққат дағаза!
Жақында социаллық тармақларда денсаўлықты сақлаў тараўындағы медицина мәкемелеринде бюджет қаржылары есабынан берилетуғын дәри-дәрмақлардың жетиспеўшилиги, тез жәрдем автомашиналарының оғада аз екенлиги бойынша сын материал жәрияланған еди.
Усы берилген мағлыўмат бойынша 18-июнь күни жуўапкер мәкеме басшылары қатнасыўында Республикалық тез медициналық жәрдем орайы Қарақалпақстан филиалының мәжилислер залында журналист ҳәм блогерлер ушын ашық сәўбет өткерилетуғынлығын жәриялаймыз.
Ашық сәўбетте медицина мәкемелериниң дәри-дәрмақлар менен тәмийинлениўиниң бүгинги жағдайы, сондай-ақ, автотранспортлар менен тәмийинлениўи, наўқаслар ушын жаратылған шараятлар ҳаққында сөз етиледи.
Басланыў ўақты: 2025-жыл 18-июнь саат 10:00 де.
Байланыс ушын телефон номери: +99897 508 51 15
Мәнзил: Нөкис қаласы, Фидокор көшеси 3 А -жай.
Республикалық тез медициналық жәрдем орайы Қарақалпақстан филиалының мәжилислер залы
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
мәлимлеме хызмети
Telegram | Instagram | Facebook |Website | YouTube

Ҳүрметли журналист ҳәм блогерлер!
Сизлерди министрлик админстрациясы ҳәм жуўапкерлер қатнасыўында өткерилетуғын ашық сәўбетке мирәт етемиз.
Басланыў ўақты: 2025-жыл 18-июнь саат 10:00 де.
Байланыс ушын телефон номери: +99897 508 51 15
Мәнзил: Нөкис қаласы, Фидокор көшеси 3 А -жай.
Республикалық тез медициналық жәрдем орайы Қарақалпақстан филиалының мәжилислер залы
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
мәлимлеме хызмети
Telegram | Instagram | Facebook |Website | YouTube
Telegram
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң рәсмий телеграм каналы — www.tg-me.com/qrdssm
Министрликтиң мурәжатлерди қабыллаў рәсмий телеграм бот каналы
(телеграм бот @qrdsmbot ) 24/7
YouTube www.youtube.com/@qrdssm

❤11👏4
❗️Жинсини ўзгартирган фуқароларга янги ҳуқуқ: исм, фамилия ва шарифни алмаштириш мумкин бўлди
Фуқаролик ҳолати қайдлари қоидаларига ўзгаришлар киритилди.
Вазирлар Маҳкамасининг 2023 йил 20 октябрдаги 550-сон қарорига 3-илова сифатида тасдиқланган Фуқаролик ҳолати далолатномаларини қайд этиш қоидаларига бир қатор муҳим ўзгартиш ва қўшимчалар киритилди.
Энди шахс жинсини ўзгартирганда, исм, фамилия ва шарифини ҳам ўзгартириш имконияти яратилди.
Шунингдек, жинсини ўзгартирган фуқаролар энди исм, фамилия ва отасининг исмини ҳам ўзгартириши мумкин.
Бу ўзгариш тиббиёт муассасасининг расмий хулосаси асосида амалга оширилади. Масалан, Дилшод исмини бемалол Дилшода деб ўзгартириш мумкин.
👉 @r_kusherbayev

😭23😢3❤2🤔2
Канал ботымызға жоллаў:
"Men Shimbay rayoni Baxitli APJ SHÚYT awili turgʻini NIETULLAEV KEUNIMJAY bolaman.
Meniñ murajatim sonnan ibarat yagʻniy awilimiz SHÚYT awili asfalttan 3 km qashiq bolgʻanligʻi sebepli awilimizgʻa 2024-jili oktyabr ayinda 51 mashina JPIS bir jerge úyip tógildi biraq bul JPIS ti joldi úyip jayip berilmedi . Sol sebepli Shimbay rayoni hákimligine birneshe márte múrájáát etip awilimiz turgʻinlari menen birgelikte bardiq. Biraq bul múrájáátimiz kórip shigʻilmadi .
Jawin shashin jagʻdaylari bolsa awilimizgʻa tez jardem mashinalari uliwma kiralmaydi ham jas nárestelerimiz nawqaslansa asfaltqa piyada shigʻiwga májbúr bolamiz .
Sonliqtan Shimbay hákimligi tárepinen korip shigilmaganligi sebepli sizlerge múrájáát qiliwgʻa májbúr boldiq. Bul múrájáátim jerde qaymaydi degen úmittemen ham bul múrájáátima járdem beriwiñizdi soranaman. Aldinnan raxmet Baxitli APJ SHÚYT awili túrgʻini NIETULLAEV KEUNIMJAY.
+99899 076 -45-74"
Бул жоллаўдағы щпс үйип қойыпты дегенге исенсек, щпстың обалын айтса деген жерине келип тур.
Сиз не дейсиз буған Шымбай районы ҳәкими А. Тажетдинов ?
Жоллаўды үйренип мүнәсибет билдиресиз деген үмиттемиз!

❤18😢6
Депутатлар Ҳәкимшилик кодекске айдаўшыға жәрийма ямаса басқа да аўыр ақыбетлер келтирип шығармайтуғын, социаллық қәўиплилиги аз болған жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғаны ушын ескертиў түриндеги жазаны киргизиўди мақуллады.
Жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғаны ушын ескертиўди жылына тек ғана бир мәрте алты статья бойынша алыў мүмкин болады:
- транспорт қуралынан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў;
- автомобиль айдаў ўақтында телефондан пайдаланыў;
- автомобиль айдаў
ўақтында телефондан пайдаланыў;
- автомобиль айдаў ўақтында видео монитор (дисплей) ди көриў;
- тоқтаў ямаса тоқтап турыў қағыйдаларын бузыў;
- ЖС иелериниң пуқаралық жуўапкершилигин қамсызландырыў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери талапларын бузыў;
- пиядалар тәрепинен жол ҳәрекетиниң бузылыўы.

❤8👍3
Кем тәмийинленген шаңарақлардың перзентлерине улыўма билим бериў пәнлери, мәлимлеме технологиялары, кәсип-өнер бағдарлары бойынша ҳәр бир дөгерек, сондай-ақ, мектептеги қосымша сабақлар ушын қәрежетлердиң 80 процентине шекемги бөлеги қаплап бериледи, төлемлерди 16-июньнан баслап Социаллық хызметлер орайы арқалы алыўға болады
Каналға ағза болыў:@hoja_uz
Каналға ағза болыў:@hoja_uz
Самарқанд наны рәсмий қорғалатуғын географиялық белгиге ийе болды, әдиллик министри Самарқанд ўәлаяты ҳәкимине гуўалық тапсырды, бурын Марғылан атласы, Қоқанд пышағы, Ғиждуўан шашлыги, Ғузор тандыр гөши ҳәм Чиял яқна гөши усындай статусқа ийе болған еди.
Өзбекстанда "Тухум-барак" тағамы географиялық объект ретинде дизимнен өткерилди: бул дәстүрий тағамның ҳуқықый қорғалыўын тәмийинлеў, сапасы ҳәм абырайын сақлаў, сондай-ақ, Хорезмниң регионаллық бренди сыпатында үгит-нәсиятлаўға жәрдем бериўи режелестирилген.
Әндижан тақыясы географиялық көрсеткиш ретинде дизимнен өткерилди, бул оның келип шығыўын анықлаўға, сапасы ҳәм мәдений қунының ҳуқықый жақтан қорғалыўын тәмийинлеўге жәрдем береди.

❤7
Hoja.uz️
Самарқанд наны рәсмий қорғалатуғын географиялық белгиге ийе болды, әдиллик министри Самарқанд ўәлаяты ҳәкимине гуўалық тапсырды, бурын Марғылан атласы, Қоқанд пышағы, Ғиждуўан шашлыги, Ғузор тандыр гөши ҳәм Чиял яқна гөши усындай статусқа ийе болған еди. …
#рубрика_Усыныс
Усыныс
Республикамызда ҳәр бир ўәләят тек өзине тән тағам, кийим, безеклерди географиялық көрсеткиш ретинде дизимнен өткерип атырған екен.
Бизлерде дүньяға танылып атырған миллий тағамымыз "Жүўери гүртик" ҳәм тек Қарақалпақстанда тандырға жүўери унынан жабылатуғын зағара нанымызды географиялық көрсеткиш ретинде Әдиллик министрлигинее дизимнен өткерсек деген усынысым бар.

👍211👏15❤10🔥5❤🔥2🫡2
📚📚📚 ТӨРТЛИКЛЕР 📚📚📚
📚📚📚
Акылгөйлик қылма ҳеш бир адамға,
Ис жүзинде өрнек көрсет оданда.
«Акылыңды басыңа жақ» деген –ғой,
Ата-баба баяғы бир заманда.
📚📚📚
Түссеңдағы ҳәзир қайсы гүзарға,
Барлық жоллар апарады базарға.
Сөзиң қарыйдарсыз қалмасын шайыр,
Бул жағында есиңде тут жазарда.
📚📚📚
Дүзиў жүр, адамлар сеннен қашпасын,
Көзге түссең мурты жыбырласпасын.
«Пенсияға қашан кетер екен?!» деп,
Бирге ислеўшилер сыбырласпасын.
📚📚📚
Набада кимгедур жақсылық етсең,
Зыяны жоқ оны умытып кетсең.
Ким саған жақсылық қылса бирақ та,
Оны есте сақла сен хәмме ўақта
📚📚📚
Афандиниң өлген екен ешеги,
Басын жолға қыстырыпты деседи.
«Бунең?» десе, айтты: «Көрип ешеклер,
Ешеклигин қойып, жөнге түседи…»
📚📚📚
Өз үйиңде конағыңның көзинше.
Пышығыңа «пыш» деп жүрме, өзиңше.
Хан қызындай кеўли нәзик қонағың,
Сәл нәрседен сетем алар сезинсе.
📚📚📚
Адамлар бар: өзимшиллик бийлейди,
«Өзим» десе, басқаларға иймейди.
Садағаң кетейин, Саадий айтқан-ғой:
«Өзин сүйген өзгелерди сүймейди».
📚📚📚
Туўып өскен елин сүйе алмады ол,
Оны жек көриўден уялмады ол.
Көшип барған ели буны жатырқап,
Ҳеш жерди «Ўатаным» дей алмады ол.
📚📚📚
Улт айырғыш болсаң улус жақтырмас,
Ис түскенде хызметиңе тақ турмас.
Ак кеўилиңнен араласып жасасаң,
Алаламас, қанатлыға қақтырмас.
📚📚📚
«Наўайы, Бердақ, мудам халықтың аўызында…
Деп налыды шайыр. Жубатып сонда,
«тамыр таныслық-ғой-деди бир жорам,
-Оларда таныс көп . ҳәмме заманда…»
📚📚📚
«Ақылды ақмақтан үйрен» дегенге,
Биреўин ушыраттым, ийни келгенде.
Ол айтты: «Шайырлық деген өзи не ?
Жумыс-пумыс таппадыңба өзиңе?!...»
ИБРАЙЫМ ЮСУПОВ
♻️♻️♻️ https://www.tg-me.com/berdaq_muzeyi

👍32❤13👏1
Forwarded from Joqarǵı Keńes.uz
Дыққат, Дағаза!
Қоңырат районы аймағында самал электр станциясын қурыў жойбары бойынша бар болған бос жумыс орынлары көргизбеси өткерилиўи режелестирилген.
Онда «ACWA Power» жойбары шеңберинде бас кесип алып ислеўши «HDEC» компаниясы Қарақалпақстан Республикасында самал электр станцияларын қурыў ҳәм иске түсириў жойбары шеңберинде жергиликли пуқараларды төмендеги жумыс орынлары бойынша бирге ислесиўге шақырады:
Жәми жумыс орынлары 2294
1. Врач 8 орын (инглис тилин билиў ҳәмде стаж талап етиледи);
2. Мийирбийке 16 (инглис тилин билиў ҳәмде стаж талап етиледи);
3. Инженер электрик 20;
4. Инженер қурылысшы 30;
5. Администратор 40(инглис тилин билиў ҳәмде стаж талап етиледи);
6. Аўдармашы 50;
7. Тазалаўшылар (уборщики) 50;
8. Асхана хызметкери (рабочий кухни) 50;
9. Жәмийетшилик пенен байланыс бойынша қәниге 50;
10. Қәӯипсизлик ҳәм қоршаған орталықты қорғаӯ бойынша инженер 80;
11. Қараӯыллар (охранники)100 (инглис тилин билиў ҳәмде стаж талап етиледи);
12. Механизаторлар, айдаӯшылар, арнаўлы техника операторлары 200;
13. Автомобиль айдаўшылары 300;
14. Ҳәр қыйлы бағдардағы исшилер (рабочие разных специальностей) 1300 орын.
Еслетпе! Айырым маманлықлар бойынша жумыс стажы, тил билиў дәрежеси менен байланыслы арнаўлы талаплар бар.
Егер сиз жаңа жумыс орынларына жайласыўды ҳәм бул бойынша толығырақ мағлыўмат алыўды қәлесеңиз усы жылдың 21-июнь күни саат 09:00 де шахсыңызды тастыйықлаўшы ҳүжжетлериңиз бенен келип, хабарласыўыңызды сораймыз.
Мәнзил: Нөкис қаласы, И.Каримов көшеси, номерсиз жай, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы имараты (бағдар: Министрлер Кеңеси имараты жанында)
Локация
—
Диққат, Эълон!
Қўнғирот тумани ҳудудида шамол электр станциясини қуриш лойиҳаси бўйича мавжуд бўш иш ўринлари кўргазмаси ўтказилиши режалаштирилган.
Унда «ACWA Power» лойиҳаси доирасида бош пудратчи «HDEC» компанияси Қорақалпоғистон Республикасида шамол электр станцияларини қуриш ва ишга тушириш лойиҳаси доирасида маҳаллий фуқароларни қуйидаги иш ўринлари бўйича ҳамкорлик қилишга чақиради:
Жами иш ўринлари 2294 та.
1. Шифокор 8 ўрин (инглис тилини билиш ҳамда стаж талаб этилади);
2. Ҳамшира 16 (инглис тилини билиш ҳамда стаж талаб этилади);
3. Муҳандис электрик 20;
4. Муҳандис қурувчи 30;
5. Администратор 40(инглис тилини билиш ҳамда стаж талаб этилади);
6. Таржимон 50;
7. Тозаловчилар (уборщики) 50;
8. Ошхона хизматчиси (рабочий кухни) 50;
9. Жамоатчилик билан алоқа бўйича мутахассис 50;
10. Хавфсизлик ва атроф-муҳитни муҳофаза қилиш бўйича муҳандис 80;
11. Қоровуллар (охранники) 100 (инглис тилини билиш ҳамда стаж талаб этилади);
12. Механизаторлар, ҳайдовчилар, махсус техника операторлари 200;
13. Автомобиль ҳайдовчилари 300;
14. Ҳар хил йўналишдаги ишчилар (рабочие разных специальностей) 1300 ўрин.
Эслатма! Айрим мутахассисликлар бўйича иш стажи, тил билиш даражаси билан боғлиқ махсус талаблар мавжуд.
Агар сиз янги иш ўринларига жойлашишни ва бу бўйича батафсил маълумот олишни хоҳласангиз жорий йилнинг 21 июнь куни соат 09:00 да шахсингизни тасдиқловчи ҳужжатларингиз билан келиб, мурожаат қилишингизни сўраймиз.
Манзил: Нукус шаҳри, И.Каримов кўчаси, рақамсиз уй, Ўзбекистон Савдо-саноат палатаси Қорақалпоғистон Республикаси бошқармаси биноси (мўлжал: Вазирлар Кенгаши биноси ёнида)
Локация
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube

❤16👍4
Қарақалпақстанда муғаллимлерди мәмлекетлик аттестациядан өткериў ушын пара алған шахслар усланды
Нөкис қаласындағы улыўма билим бериў мектебиниң оқытыўшысы усы мектептеги директор орынбасарының тапсырмасына муўапық, кәсиплик сертификат алыў бойынша сынақларынан өткерип бериў ушын Шымбай районында ислейтуғын кәсиплесинен 1000 АҚШ долларын алған ўақтында МҚХ ҳәм Прокуратура департаменти хызметкерлери тәрепинен айғақлы дәлиллер менен усланды.
Тергеўге шекемги тексериў даўамында, директор орынбасары 100 ден аслам оқытыўшыларды мәмлекетлик аттестациядан өткериў ушын ҳәр биринен 1000-1500 АҚШ доллары муғдарында пул алып, бул ҳаққында өзиниң жеке блокнотлары ҳәм қағазларында сәўлелендирип келгенлиги мәлим болды.
Сондай-ақ, бул нызамсыз иске Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлигиниң Педагоглардың билимин ҳәм маманлығын баҳалаўды шөлкемлестириў секторының бас методистиниң де байланысы бар екенлиги анықланып, ол муғаллимлерден мәмлекетлик аттестациядан өткериўге жәрдем бериў есесине жыйналған 10 450 АҚШ долларын ықтыярлы түрде тапсырған.
Соның менен бирге, оқытыўшыларды жеке көриктен өткерместен, тест процесине уялы байланыс қураллары менен кириўине шараят жаратып берген Миллий гвардия хызметкериниң де өз ўазыйпасына немқурайдылық пенен қатнас жасағаны мәлим болды.
Анықланыўынша, олар пара сыпатында алынған пулларды өз-ара бөлискен.
Жағдай бойынша бул шахсларға Жынаят кодексиниң 210-статьясы 2-бөлими «г» бәнти менен жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар

👍27❤14😁11