Telegram Web Link
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қурбан - Хайыт мүбәрек !

Ҳүрмет пенен Гүлайым Каньязова.

Каналға ағза болыў: @hoja_uz
👍147🙏3
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Жәҳән футбол чемпионатына хош келдиң Өзбекстан !

Каналға ағза болыў: @hoja_uz
👍19😭159😁6👏3😇1
#Bayram_qutlıqlawı

🕌Assalawma áleykum, Qádirli doslar! Qurban hayıtı múbárek bolsın!

Qurban Hayıtı bayramı  elimizge tınıshlıq, mol ırısqı-nesibe, shańaraqlarıńızǵa baxıt- ıǵbal, qut-bereket alıp kelsin.


| Telegram | Instagram | YouTube | Facebook |
👍5
Өзбекстан  халқына жеңис мүбәрек!

Рахмет, ел байрағын желбиреткенлер,
Тебиси дуньяны дубирлеткенлер,
Усағын түсирмей намыс ҳәм ардың,
Халқымның журегин елжиреткенлер!

Футбол- ер  жигиттиң намыс айлаўы,
Күш- қуўат , руўх, жигер йоштың қайнаўы,
Арадан отыз төрт жыл өткен пайытта,
Бугин  қолға тийди жеңис байрағы.

Журек қуўаныштан қанатлап соқты,
..Жәҳән чемпионат..ең бийик шоққы,
Арға шапқан ердиң әрманы жоқты,
Өзбекстан халқына  жеңис мубәрек!!!

Туўды желбиреткен он бир тулпарым!
Бир тәнге айланған алғыр сунқарым!
Бир команда -- Өзбекстан болдыңыз,
Табыслар көз айдын көзи қуңқарым!

Ҳайтымыз  ҳайтларға  уласып кетти,
Дослық гүлшанлары гүл ашып кетти,
Жылқысы таўға шығып Өзбекстанның,
Кеўиллер жети қат аспанға жетти.

Ең алдыңғы сапта турса  жарасар,
Гуресте, бокста ким  бар таласар?!,
Арқасында ғамхор Президенти бар,
Путкил дунья ҳәўес пенен қарасар.

Кишипейил, қолы көксинде турған,
Жақсы нийет, жақсы иске қол урған,
Ҳақтың да , ҳақ елге бүйири бурған,
Өзбекстан халқына жеңис  мубәрек!

Гулистан Даўлетова.

Қарақалпақстан халық шайыры.

5 июнь   2025 жыл.

Каналға ағза болыў: @hoja_uz
👍27🤔94🔥3💔3👏2🥰1
Húrmetli bilimlendiriw taraw pidayıları, áziz oqıwshı-jaslar, qádirli ata-analar!

Sizlerdi bárshemiz ushın áziz hám ullı bolǵan Qurban hayıtı - miyrim-shápáát, keńpeyillik, jaqsılıq hám saqawat tımsalı bolǵan áyyam menen qızǵın qutlıqlayman!

Ata-babalarımızdan miyras bolıp kiyatırǵan bul qutlı bayram elimizde óz-ara tatıwlıq hám awızbirshilikti, adamgershilik hám keńpeyillikti bekkemlewge xızmet etpekte. Ásirese, jas áwladtı milliy hám ruwxıy qádiriyatlar ruwxında tárbiyalaw, olardı miyrim-shápáát, húrmet-izzetke úyretiwde bunday áyyamlardıń áhmiyeti sheksiz.

Xalqımız ásirler dawamında bul ullı kúndi óz-ara mehir hám adamgershilik sezimleri menen kútip alıp, onı saltanatlı túrde belgilep keledi. Búgingi tınısh hám abadan kúnlerimiz - hár bir watanlasımızdıń qushaǵında jaqsı niyetler hám dóretiwshilik ruwxın jáne de bekkemlemekte.

Usı qutlı kúnde barlıq kásipleslerime, ustaz hám muǵallimlerge, perzentlerimizge ilim jolında miynetlerinde úlken tabıslar, bársheńizge tınıshlıq, baxıt hám qut-bereket dawamlı bolıwın tileymen.

Qurban hayıtı múbárek bolsın!

Kojabaeva Gúlistan Talasbaevna
Qaraqalpaqstan Respublikası Mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw ministri

Hurmatli ta’lim sohasi fidoyilari, aziz o‘quvchi-yoshlar, qadrli ota-onalar!

Sizlarni barchamiz uchun aziz va ulug‘ bo‘lgan Qurbon hayiti - mehr-oqibat, bag‘rikenglik, ezgulik va saxovat timsoli bo‘lgan ayyom bilan chin qalbimdan tabriklayman!

Ajdodlarimizdan meros bo‘lib kelayotgan ushbu qutlug‘ bayram yurtimizda o‘zaro ahillik va hamjihatlikni, insonparvarlik va bag‘rikenglikni mustahkamlashga xizmat qilmoqda. Ayniqsa, yosh avlodni milliy va ma’naviy qadriyatlar ruhida tarbiyalash, ularni mehr-oqibat, hurmat-ehtiromga o‘rgatishda bunday ayyomlarning ahamiyati beqiyos.

Xalqimiz asrlar davomida bu ulug‘ kunni o‘zaro mehr va muruvvat tuyg‘ulari bilan kutib olib, uni tantanali ravishda nishonlab keladi. Bugungi tinch va farovon kunlarimiz - har bir yurtdoshimiz quchog‘ida ezgu niyatlar va bunyodkorlik ruhini yanada mustahkamlamoqda.

Ushbu qutlug‘ ayyomda barcha hamkasblarimga, ustoz va murabbiylarga, farzandlarimizga ilm yo‘lidagi mehnatlarida ulkan zafarlar, barchangizga tinchlik-xotirjamlik, baxtu saodat va fayzu baraka tilayman.

Qurbon hayiti muborak bo‘lsin!

Kojabaeva Gulistan Talasbaevna
Qoraqalpog‘iston Respublikasi Maktabgacha va maktab ta’lim vaziri
👍74
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
👆бар!..
.бәрибир жоллама қолда!

Каналға ағза болыў: @hoja_uz
👍23🤔52🥰1
"Биз - Күшлимиз!" проекти.

Әзийз қәдирданлар, жәрдемиңизге мүтәжбыз!

Узакбаев Мийирбек 16.08.2016 жыл
Гемофилия Б тури менен қан кеселиги менен наўкас, ҳәзирги кунде Фактор 9 уколын сатып алып атыр, ҳәр бир данасын +- 2 миллион сўмга алынады.
Бул уколдан 10 дана алады айма - ай аягы исип, денеси көгерип, тиси, мурны канаса оннанда көп Фактор 9 қәжет болады.
Көп қарызланып калды.
Гепатит С кеселиги менен 1жылдан бери гүресип киятыр.
Ташкентге 6 айдан анализ тапсырады.
Узакбаев Мийирбек
Анасы
Узакбаева Гулмира
Тел: +77 214 99 96
"9860 0824 7011 8009 "

Мийирбек,көпшилик Мэйфу деп таныр баламыз бүгин анасы менен Ташкентке жол алды. Анализлерин тапсырыўға. Анасының қолында еплеп жыйнаған қаржысы бар...неше күнге жетеди билмеймиз, бирақ анализ тапсырылмаса болмайтуғын болғаннан соң аллаға тәўекел жол жүрип баратыр.
Әзийз жүреги ийманға толы ўатанласлар, Қурбан - Хайыт байрамында ихсаныңызды аямай Мийирбек (Мэйфу) баламызға жәрдем бериңлер, өтиниш!...Аллаҳ разы болсын!

Каналға ағза болыў: @hoja_uz
51🙏6
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Сиңлим, буған пикир жазыўымның өзи гуна...

Каналға ағза болыў:@hoja_uz
👍1259🤔7
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#рубрика_жол_жөнекей

Жол ҳәкимияттыки.
Буны қалай түсиндиресиз Укс Совмин?

Каналға ағза болыў:@hoja_uz
👍76😁365😢2
⚡️Барлық мәмлекетлик хызметкерлердиң айлықларын есаплаў тәртиби бирдей болады, фондлардан төленетуғын үстемелер бийкар етиледи

❗️Министрлер Кабинетиниң 08.04.2025-жылдағы 210-санлы қарарына тийкар, барлық мәмлекетлик хызметкерлерге бирден-бир айлық төлемлерди енгизиў, фондлардан төленетуғын үстемелерди бийкар етиў бойынша норматив-ҳуқықый ҳүжжет жойбары 2025-жыл сентябрьге шекем Ҳүкиметке киргизилиўи керек.

Буннан тысқары, жәриймалар, мәмлекетлик бажылар ҳәм мәжбүрий жыйымлар есабынан қәлиплестирилетуғын шөлкемлердиң бюджеттен тысқары қорлары қысқартылады.

https://www.tg-me.com/maman_advokat
👍1913🤔6😢32😁1🤨1
🔸«Jaslar hawazı» festivalınıń finalında 4 qaraqalpaqstanlı jas jeńimpaz boldı

🔸Qızǵın bellesiwlerge bay túrde bolıp ótken «Jaslar hawazı» festivalınıń final basqıshı óz juwmaǵına jetti. Onda qaraqalpaqstanlı jaslar da óz talantların kórsetip, joqarı nátiyjelerge eristi. Atap aytqanda:

🔺 «Opera» baǵdarında —
Aqılbek Piyazov sıylı 1-orın (23-30 jas);
🔺 «Estrada» baǵdarında —
Asemay Urakova 1-orın (10-15 jas);
🔺 «Milliy atqarıwshılıq» baǵdarında — Inayat Bazarov 1-orın (23-30);
🔺 «Baqsıshılıq» baǵdarında — Zulxumar Eliubayeva 3-orın (16-22 jas) jeńimpazı boldı.


🔺🔺🔺🔺🔺🔺🔺🔺🔺🔺🔺🔺🔺🔺


🔸«Yoshlar ovozi» festivalining finalida 4 nafar qoraqalpog‘istonlik yosh g‘olib bo‘ldi

🔸Qizg‘in bellashuvlarga boy tarzda o‘tgan «Yoshlar ovozi» festivalining final bosqichi o‘z yakuniga yetdi. Unda qoraqalpog‘istonlik yoshlar ham o‘z iqtidorlarini namoyish etib, yuqori natijalarga erishdi. Xususan:

🔺 «Opera» yo‘nalishida —
Aqilbek Piyazov faxrli 1-o‘rin (23-30 yosh);
🔺 «Estrada» yo‘nalishida —
Asemay Urakova 1-o‘rin (10-15 yosh);
🔺 «Milliy ijrochilik» yo‘nalishida — Inoyat Bazarov 1-o‘rin (23-30);
🔺 «Baxshichilik» yo‘nalishida — Zulxumor Eliubayeva 3-o‘rin (16-22 yosh) g‘olibi bo‘ldi.



Biziń betlerimiz: || Bizning sahifalarimiz:
🕊Telegram | 📱Instagram | 📺YouTube | 📱Facebook
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍276
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
УЯТ УЯТ УЯТ ❗️❗️❗️

(кейинги постда оқың :👇
👇)
😢718🤔5👍4🐳1
Бул бизлер ушын МАСҚАРАШЫЛЫҚ

Шет елден келген саяхатшылар шығындыңды (мусор) жыйнап жүр !!!
Миллет қай жағдайда жоқ болады !?
Биринши - ана тилин жойытса;
Екинши - миллий мийрасын яки өз мәдениятын жойытса ;
(Бул мениң жеке пикирим)
Бул видеоны түсирген адам,мардыйып рахмет айтып атыр, мен көрип уялдым. Елимиз, жеримиз ушын уялдым ! Бизлер бүлдирмегенимизде, бул саяхатшылар жыйнамас еди!
Және бир мәрте қайталайман Мәдений мийрас басқармасы "комада"!
Жер жәҳәнге белгили "Кемелер қәбиристаны" мендеги мағлыўматқа бола 2 гектар жери менен ҚР Мәдений мийрас басқармасына тийисли. Бирақ бул кемелерди қорғаў бойынша "0" жумыс исленип атыр. Кемелерди антикоррозия қапламасы менен қаплап, оларды шет ел саяхатшылары ушын төлемли қылғанында, бир кемеден сыртын айналы қаплама ислегенде болар еди. Бул кемелердиң үстине шығыўдың алды алынған болар еди!
Санкт - Петербургта Нева дәрьясында 1917жылдан берли "Аврора" муэей крейсери тур,ҳәр жылы ремонтланады. Бизде ше?
Өзимиздиң миллий мәдений байлығымыз шет елдеги саяхатшыларға керектей, "диванда" отырып рахмет айтамыз "диванный тамашагөймиз". Тилимизди, миллий мәдений байлығымызды жоғалтсақ, өзимизди өзимиз жоқ қылған боламыз, сырттан келетуғын жаўдың кереги жоқ !
ҚР Мәдений мийрас басқармасының немқурайдылығы ашынарлы жағдай болып тур. Арал теңизимизди СССР дәўиринде партократиялық дизим жоқ қылды деймиз. Аралымыздан қалған естелик кемелерди бийпарўалық жоқ қылып атыр емеспе !? Бәрибир тәбият жоқ етеди деп қол қаўсырып отырғанымыз қәншелли дурыс? Келешек әўладқа "Кемелер қәбирстанын" бизлердиң бийпарўалығымыз (!) деймтзбе !?

Ҳүрметли ҚР Жоқарғы Кеңеси Баслығы А. Орынбаев !

Миллий мәдений мийраслармызды қара үй, миллий қобызымыз, жанкүйерлик пенен жәҳәнге танытып жүрген ислериңизди пүткил қарақалпақстанлылар жақсы биледи !


ҚР Мәдений мийрас басқармасын искер кадрлар менен алмастырмасаңыз кейинги жағында бул саяхатшылар шығынды жыйнаў емес, сол кемелерди сақлап қалыў ушын жанкүйдирери анық !

P.s. Қарақалпақстандағы ең жоқарғы лаўазымға мүрәжәәт етиўге мәжбүрмиз, себеби бул каналда Мәдений мийрас басқармасы ҳаққында бир неше постларға тийисли тараў басшылары үнсизлик позициясында.

Каналға ағза болыў:@hoja_uz
69👏23👍10😢6🤔5
2025/07/14 00:34:05
Back to Top
HTML Embed Code: