Telegram Web Link
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🔥Kia Sonet – kundalik hayot uchun mukammal hamroh!

Ilhom baxsh etuvchi munosib avtomobilni rasmiy daromadsiz Qoraqalpog'istondagi rasmiy dilerlik markazlarimizdan harid qiling!

Manzillarimiz:
1. Nukus shahar, Beruniy ko'chasi raqamsiz uy (mo'ljal: eski Jiguli VAZ);
2. Beruniy tumani, Axubabayev ko'chasi 9-uy (mo'ljal: Beruniy tumani hokimiyati).

Siz aziz mijozlar uchun dam olish kunlarisiz 9:00 dan 20:00 ga qadar ochiqmiz.


📞 Batafsil ma’lumot +998555001331 telefon raqami orqali

Реклама
☀️ Ыссы ҳаўада өзиңизди сақлаў ушын әҳмийетли усыныслар

"Өзгидромет" мағлыўматына бола, усы ҳәптеде Өзбекстан бойлап ҳаўаның температурасы 40-44°С қа шекем көтерилиўи мүмкин.

Бундай шараятта төмендегилерге әмел етиў усыныс етиледи:

10:00 ден 17:00 ге шекем қуяшта жүрмеў, сая-салқын жерде болыў;

Пахта гезлемесинен тигилген жеңил, жарық кийимлер ҳәм бас кийим кийиў;

Қуяштан сақлаўшы көзәйнек тағыў;

Күнине кеминде 3 литр суйықлық ишиў (бирақ муздай ишимликлерден сақланың);

Душ қабыллаў ямаса бет-қолды ығал гезлеме менен сыпырып турыў;

Газленген, алкоголь ҳәм энергетик ишимликлер, кофе ҳәм майлы тағамлардан сақланың;

Қуяшта аўыр физикалық мийнет пенен шуғылланбаң - бул жүрек ҳүрижине алып келиўи мүмкин.

👉 @Karakalpak24
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
❗️«Пулыңызды көбейтип бериўшилер»ге исенбең!

Ақырғы ўақытларда пулыңызды көбейтип беремиз деп адамлардың исенимине кирип, пулларын өзлестирип алыўшылар көбейип кетти.

👉 @Karakalpak24
2025-жыл 1-июльдан баслап:
▪️Жасқа байланыслы ең кем пенсия - 918 000 сум;
▪️Mайыплық пенсиясы (минимал) - 1 012 000 сум.

Балалар напақасы:
▪️3 жасқа шекем - 360 000 сум;
▪️3-18 жас - 275 000 сум;
▪️2-перзент ушын қосымша - 165 000 сум;
▪️3 ҳәм оннан кейинги - 110 000 сум;
▪️Материаллық жәрдем (айлық) - 420 000 сум;
❗️Басқа пенсия ҳәм напақалар - арнаўлы қосымшаға муўапық белгиленеди.

2025-жыл 1-августтан:
️Бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң ис ҳақысы ҳәм стипендиялар 10% ға асырылады.

1-августтан баслап:
▪️️Ең кем айлық мийнет ҳақы - 1 271 000 сум;
▪️Базалық есаплаў муғдары (БЕМ) - 412 000 сум.

👉 @Karakalpak24
Россия Иранды қоллап-қуўатлайды - Песков

Дмитрий Песков Россия Иран менен тығыз қатнасықта екенин, Израил менен болса исенимге тийкарланған қатнасықларды даўам еттирип атырғанын мәлим етти.

Песков, сондай-ақ, Иран Россиядан жәрдем сорамағанын, бирақ Москваның Тегеранды қоллап-қуўатлайтуғыны анық екенин атап өткен.

👉 @Karakalpak24
Ертең, 20-июльдан 1-классқа қабыллаў басланады

Қабыллаў 2 басқышта болып өтеди:

1-басқыш: 20-июньнан 31-июльға шекем - микроаймақ шеңберинде;

2-басқыш: 1-августтан 15-августқа шекем - микроаймақтан тысқарыда.

1-классқа қабыллаў процеси айырым район ҳәм қалаларда электрон түрде мәмлекетлик хызметлер арқалы әмелге асырылыўы режелестирилген болып, онда ата-аналар 20-июньнан баслап my.maktab.uz электрон платформасы арқалы дизимнен өтип, арза тапсырады.

Мәмлекетлик хызметлер көрсетилмейтуғын аймақларда 1-классқа қабыл етилген оқыўшылар министрликтиң электрон системасы (adm.maktab.uz)ға киргизиледи.

❗️️Әмелдеги тәртипке бола, балалар 7 жасқа толайтуғын жылда мектепке қабыл етиледи. Быйыл 1-классқа 2018-жылдың 31-декабрьине шекем туўылған балалар қабыл етиледи.

👉 @Karakalpak24
⚡️ HAMMASI KERAK, HAMASI ARZON!
MEDIAPARK va ALIF hamkorligida 2 karra foyda! 😉

⚡️⚡️⚡️⚡️⚡️⚡️

Masalan:
🔹 Artel 12-talik Inverter konditsioneri — oyiga atigi 408 000 so‘mdan
🔹 Avalon 12-talik konditsioneri — oyiga 525 000 so‘mdan
🔹 LG sovutgichi — oyiga 605 000 so‘mdan, to'gri kelmoqda.

🔴 Undan tashqari aynan siz yashaydigan viloyatdagi MEDIAPARK'da yana ko'plab eng top brendlarning texnikalarida ham chegirmalar ketmoqda

Va eng muhimi:
💳 Boshlang‘ich to‘lovsiz, penyasiz, Alif orqali qulay muddatli to‘lov
🚛 O‘zbekiston bo‘ylab yetkazib berish — mutlaqo bepul!

Savollaringiz uchun 👉 @MEDIAPARK_SUPPORT
TelegramInstagramSite

Реклама
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Быйыл да магистратурада оқыйтуғын ҳаял-қызлардың контракт пуллары төлеп бериледи

️Квота ҳаққындағы президент бийлигинде контракт тийкарында магистратураға киретуғын студент ҳаял-қызлардың контракт пулларын төлеп бериў атап өтилген.

Контракт пуллары ҳеш қандай қайтарыў шәртлерисиз төлеп бериледи. Буның ушын:

Магистратурада оқып атырған ҳаял-қызлар ҳәр жылы 15-сентябрьге шекем өзлери оқып атырған ЖОО ректоры атына арза менен мүрәжат етеди. Бул сәнеден кешиккенлердиң коньтракти төленбейди. Талапкерлердиң арзалары жыйналып ЖОО тийисли болған министрликке жибериледи.

15-октябрьге шекем ЖООлардың ректорлары талабанлардың контракт пулларын төлеп бериў ҳаққында буйрық қабыл етеди.

Мағлыўмат ушын: магистратура ушын шет тили сертификаты мәжбүрий есапланады.

👉 @Karakalpak24
Билип қойған жақсы

❓️Электр энергиясы, тәбийғый газ, ишимлик ҳәм ыссы суў есаплағышларында насазлық анықланса, оларды оңлаў ямаса жаңасына алмастырыўға байланыслы қәрежетлер кимлердиң есабынан қапланады?

❗️️Ҳүкиметтиң 698-санлы қарары менен электр энергиясы, тәбийғый газ, ишимлик ҳәм ыссы суў есаплағышларын оңлаў ямаса жаңасына алмастырыў қәрежетлери тийислисинше аймақлық электр тармақлары кәрханалары, газ тәмийнаты шөлкемлери, суў тәмийнаты ямаса аймақлық ыссылық тәмийнаты кәрханаларының қаржылары есабынан толық қапланады.

☎️ Есаплағышлар ушын артықша қаржы өндириў сыяқлы жагдайларда 1008 ҳәм 1148 исеним телефон номерлерине қоңыраў етиң.

👉 @Karakalpak24
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Avalon konditsioneri - shunchaki texnika emas, balki yilning istalgan vaqtida sizning qulayligingizga bo‘lgan g‘amxo‘rlikdir.

✔️ Wind Free texnologiyasi — to‘g‘ridan-to‘g‘ri havo oqimisiz qulay sovitish.
✔️ Qo‘shimcha elektron isitkich — sovuq kunlarda ham yoqimli iliqlik.
✔️ Wi-Fi boshqaruvi — istalgan joydan iqlim nazorati.

Avalon — siz munosib bo‘lgan mukammallik.

Instagram | Telegram | Facebook | avalon.uz

Реклама
🔰 Ҳәзирги күнде Өзбекстан аймағында:

🔹мийнетке ҳақ төлеўдиң ең кем муғдары – 1 155 000 сўм;

🔹базалық есаплаў муғдары – 375 000 сўм;

🔹пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – 428 000 сўм;

🔹жасқа тийисли ең кем пенсия – 834 000 сўм;

🔹майыплық пенсиялары, атап айтқанда жумыс стажы толық болмаған ўақтындағы майыплық пенсиясының ең кем муғдары – 920 000 сўм;

🔹мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын майыплық напақасы ҳәм балалықтан майыплығы болған шахсларға берилетуғын напақа муғдары – 920 000 сўм;

🔹белгиленген жасқа тийисли ең кем пенсия муғдарынан (834 000 сўм)нан 920 000 сўмға шекем пенсия алыўшылардың жасқа тийисли пенсиялары муғдары – 920 000 сўм.

🔹зәрүр жумыс стажына ийе болмаған кексе жастағы пуқараларға берилетуғын напақа муғдары – 745 000 сўм;

🔹жумыс стажы толық болмаған ўақыттағы пенсиялардың ең кем муғдары қосымша төлемди есапқа алған ҳалда – 745 000 сўм.

👉 @Karakalpak24
️Вакант лаўазымларды жасырыў жуўапкершиликке себеп болады

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 229-статьясына муўапық,

🔹Бос жумыс орынларын (вакант лаўазымларды) жасырыў, бос жумыс орынлары ямаса ҳәр бир хызметкер босатып алыныўы күтилип атырғанлығы ҳаққындағы хабарды өз ўақтында усыныс етпеў, жумыс пенен тәмийинлениўге жәрдемлесиў;

🔹Мәмлекетлик қорға ажыратпаларды төлеўден бас тартыў, — лаўазымлы шахсларға базалық есаплаў муғдарының он есесинен жигирма бес есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.

👉 @Karakalpak24
🚘 Дүньядағы еӊ қымбат автомобиллердиӊ ТОП 5 рейтинги

1⃣ KOENIGSEGG CCXR TREVITA
Баҳасы – 4,8 млн доллар.
Алмастай жаркырап турыўы менен итибарды тартады. 1.004 ат күшине ийе. Оныӊ тек ғана 2 модели ислеп шығарылған.

2⃣ LAMBORGINI VENENO ROADSTER
Баҳасы – 4.5 млн доллар.

Ол күшли тезликте ҳәрекетлене алыўы, дизайны, 6,5 литрли  В12 двигательге ийе болғанлығы менен басқа автомобиллерден ажыралып турады.

3⃣ LYKAN HYPERSPORT
Баҳасы – 3.4 млн доллар.

Ол дәслеп, араб спорт автомобили сыпатында дүньяға белгили болған. Оныӊ ҳәрбир LED лампалары қымбатбаҳалы таслар менен безелген. Сондай-ақ, Абу-Даби милициялары да хызмети даўамында усы автомобильден пайдаланады.

4⃣ LIMITED EDITION BUGATTI VEYRON BY MANSORY VIVERE
Баҳасы – 3.4 млн доллар.
Ол тез ҳәрекетленетуғын автомобиллер дизиминде дәслепки орынларда турады. Бул машина 2005-жылдан берли ислеп шығарылады. Сондай-ақ, Дубай милиция хызметкерлери оннан патруль машинасы ретинде де пайдаланады.

5⃣ ASTON MARTIN VALKRYIE
Баҳасы – 3.2 млн доллар
.
Дизайны ҳәм дүзилисине қарағанда ол бәйги машиналарына уқсайды. Машинаныӊ ортаӊғы бѳлегинде В12 двигатели жайласқан.

👉 @Karakalpak24
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❗️Абайлы болың

Енди машенниклер сизди "Орайлық банк" хызметкери сыпатында алдамақшы.

Процесс төмендегише:
алдаўшы сизге телефон қылады ямаса телеграм мессенжериндеги "Орайлық банк" рәсмий каналының жалғанын ашып, соль жалған мәнзилден жасалма ҳүжжет таярлап, оны сизге жибереди. 

Ҳүжжетте белгисиз шахстың сүўрети ҳәм оның астында Орайлық банк хызметкери деп жазылғаны себепли көпшилик бул тузаққа алданып қалмақта.

👉 @Karakalpak24
1-класқа онлайн қабыллаў басланды

Электрон арзаларды my.maktab.uz платформасы ямаса my.gov.uz арқалы жибериў мүмкин.

👉 @Karakalpak24
Нөкис - Ақтаў жөнелиси бойынша авиақатнаўлар басланды!

Усы жылдың 3-июль сәнесинен баслап, CENTRUM AIR авиакомпаниясы тәрепинен жаңадан «Нөкис - Ақтаў – Нөкис» жөнелиси бойынша авиақатнаўлар жолға қойылды.

Пәрўазлар ҳәптеде 2 күн әмелге асырылады:

Пийшемби күни:

✓ Нөкис-Ақтаў: 🛫 19:50 - 🛬21:00
✓ Ақтаў-Нөкис: 🛫22:00 – 🛬23:20

Шембиден Екшембиге өтер түни:

✓ Нөкис-Ақтаў: 🛫 01:20 - 🛬02:40
✓ Ақтаў-Нөкис: 🛫03:40 – 🛬05:00

❗️Сондай-ақ, «Нөкис-Алма ата-Нөкис» жөнелиси бойынша алдын ҳәптеде үш мәрте пәрўазлар әмелге асырылған болса, енди 3-июль сәнесинен қосымша және еки рейс жолға қойылды.

Қосымша рейс пәрўаз ўақытлары:

Пийшемби күни:

✓ Нөкис-Алма ата: 🛫 13:30 - 🛬15:25
✓ Алма ата-Нөкис: 🛫16:25 – 🛬18:50

Шемби күни:

✓ Нөкис-Алма ата: 🛫 19:00 - 🛬20:55
✓ Алма ата-Нөкис: 🛫22:10 – 🛬00:20

Авиабилетлерди рәсмий сайтлар ҳәм авиакассалар арқалы сатып алыў мүмкин.

👉 @Karakalpak24
Bizning takliflarimiz:

🔻 1 mlrd so‘mgacha — naqd pul yoki kredit oluvchining hisob raqamiga;

🔻 3 mlrd so‘mgacha — shartnoma asosida sotuvchining hisob raqamiga.

🔻 Kredit muddatlari:

• Aylanma mablag‘larni to‘ldirish uchun — 36 oygacha.

• Asosiy vositalarni sotib olish uchun — 60 oygacha.

🔻Imtiyozli davr — 6 oygacha.

🔻 Foiz stavkalari: biznesingiz tahliliga ko‘ra so‘mda 24% dan boshlab,

🔻 AQSh dollarida 13% dan boshlab

🔻 Garov talablari: yuqori likvidli (ko‘chmas mulk, avtomobil) va past likvidli (sug‘urta polislari, tovar zaxiralari).

Muroajat uchun:

99891 303-77-71
99890 595-55-05
1290
Manzil: Nukus shahri, Qaraqalpaqstan ko'chasi 35A u'y


Реклама
😱 Өзиниң пышығы тислеген ҳаял қайтыс болды

Қазақстанның Қостанай ўәлаяты, Лисаковск қаласындағы жергиликли емлеўханаға аўыр жағдайдағы ҳаял келип түсти. Кеселлик белгилери де қорқынышлы. денеси қалтырап, суў ише алмайды, дене температурасы көтерилген. Оның кеселлиги шыпакерлерге бирден түсиникли болды. Ҳаял "қутырыў" кеселлигине шалынған. Бирақ, наўқасты қутқарыў имканияты болмаған. Себеби, емлеўханаға жүдә кеш келген. Нәтийжеде, наўқас ҳаял қайтыс болды.

Марҳумның айтыўынша, май айында пышығының минези кескин өзгерип, қолын тислеп алған. Бир неше ҳәптеден кейин денсаўлығы төменлей баслағанына қарамастан, ҳаял емлеўханаға мүрәжат етпеген. Бирақ, жағдайы аўырласқанынан кейин мүрәжат еткен болса да, кеш болған.

Үй пышығының қутырыўы сийрек ушырасады. Демек, пышығы далаға шығып жүретуғын болған. Нәтийжеде, кесел ҳайўан менен соқлығысып, усы кеселликке шатылған.

Қутырыў жүдә аўыр кеселлик. Егер асқынып кетсе оны емлениў мүмкин емес.

👉 @Karakalpak24
Қазақстанда электр өшиўи Өзбекстанға да тәсир етти

19-июнь күни саат 16:44 те Қазақстан Республикасындағы "Екибастуз" энергетика узелинде қолайсыз ҳаўа-райы шараяты себепли 500 кВлы электр узатыў тармағы айрықша жағдайда өшкен.

Ақыбетинде Орайлық Азия бирден-бир энергетика системасында, соның ишинде, Өзбекстанда да частотаның түсиўлери бақланған. Бул ҳаққында Энергетика министрлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.

Сол күнниң өзинде электр жеткерип бериў линиясындағы насазлық сапластырылып, тутыныўшылар тәмийнаты тикленген.

Буннан тысқары, усы жылы 18-июнь күни Қырғызстанда да еки саат даўамында электр үзилиўи бақланған. Дерекке бола, буған "техникалық машқалалар" себеп болған. Үзилис ўақтында тек ғана турақ жай имаратлары емес, ал бақшалар, мектеплер, миллионға шамалас халық ҳәм миллий парламент те электр тәмийнатысыз қалған.

👉 @Karakalpak24
2025/06/30 07:00:18
Back to Top
HTML Embed Code: