Telegram Web Link
Rasmiy ish joyingiz yo‘qmi?
Hamkorbank oylik ish haqiga ega bo'lmagan ya'ni o‘zini-o‘zi band qilgan fuqarolarga ko‘maklashadi! Mikrokredit Plus krediti bilan rejalaringizni amalga oshiring.

💸 Miqdori — 300 mln so‘mgacha;
📆 Muddati — 5 yilgacha;
📉 Foiz stavkasi — yillik 28% dan boshlab;
🔐 Garov ta’minot uchun quyidagilardan biri talab etiladi:
- transport vositasi;
- turar yoki noturar joy.

📲 Sizga eng yaqin Hamkorbank ofisiga murojaat qiling va tezkor moliyaviy ko’makka ega bo’ling!

🌐 Batafsil: hamkorbank.uz
📞 Savollaringiz bormi? Biz bilan bog'laning:
+998913071740 (Tadjiyev Ajiniyaz)
+998976547557 (Azizbek)
+998977871146 (Shoxrux)
+998906508005 (Ajiniyaz)

📱Instagram | 📱Facebook | 📺 YouTube | 🕊Bot

Реклама
Илон Маск Россиядан сиясий баспана сорады

Америкалы исбилермен Илон Маск Россиядан сиясий баспана сораған. Бул ҳаққында Мәмлекетлик Дума спикериниң орынбасары Владислав Даванков мәлим етти.

«Мениңше, Маск қәтеликке жол қойған, бирақ бул қәтелерди кешире билиў керек. Егер бул әмелге аспайтуғын болса, биз оны бәрқулла күтемиз» — Даванков.

👉 @Karakalpak24
Мәс ҳалда автомашина басқарғанлық ушын жаза күшейтилди

Бурын мәс ҳалда автомашина басқарғаны ушын:
1 жыл 6 айдан 3 жылға шекем айдаўшылық ҳуқықынан айырылып,
25 есе муғдарында жәрийма белгиленген еди.

Ҳәзир болса — 3 жыл мүддетке автомобильди басқарыў ҳуқықынан айырылып, ️базалық есаплаў муғдарының 40 есеси муғдарында жәрийма салыўға себеп болады

👉 @Karakalpak24
Тергеўши айыпланыўшыға қандай сораўларды бериўи мүмкин емес?

1⃣Айыпты мойынлаўға мәжбүрлеўши сораўлар: Тергеўши айыпланыўшыны өз айыбын мойынлаўға мәжбүрлеўи яки басым өткериўи нызамсыз. Мәселен:
"Сен буны ислегенинди жақсы билемиз, мойынлай бер!"
"Ҳәммесин тән ал, сонда жеңилирек болады."


2⃣ Қорқытыў якт басым өткериў менен берилген сораўлар: Айыпланыўшыны қорқытыў, қәўетерге салыў яки руўхый басым астында жуўап алыў қадаған етиледи.
"Айтпасаң, аўыр жаза аласан!"
"Ҳәммесин тән алмасаң, шаңарақлық машқалалар болады."


3⃣Логикасыз яки кемситиўши сораўлар: Айыплаў, қорлаў яки айыпланыўшыны кемситиў мақсетинде берилген сораўлар нызам менен қадаған етилген.
"Сен бәрқулла өтирик сөйлейсең бе?"
"Саған исениў мүмкин емес, ақыры сен жынаятшысаң!"


4⃣ Провокациялық ҳәм шалғытыўшы сораўлар: Сораўлар анық ҳәм түсиникли болыўы керек, айыпланыўшыны шалғытыўшы тәризде сораў бериў нызамға қайшы.
"Сен ол жерде болмаған болсаң, онда не қылып жүрген едиң?"

Егер тергеўши усындай нызамсыз усыллардан пайдаланса, оның жоқары турыўшы басшысына яки бақлаўшы прокурорға жазба рәўиште шағым киргизиң.

Умытпаң, "Нызамды билмесеңиз, нызам Сизди билмейди!"

👉 @Karakalpak24
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
🔥 Ярмарка вакансий в Каракалпакстане — идёт набор в международную компанию ACWA Power! 🔥

Хотите стать частью лидера в области возобновляемых источников энергии и построить карьеру в одной из самых перспективных компаний? Не упустите свой шанс!

Встретьтесь с представителями ACWA Power, узнайте об открытых вакансиях и возможностях для профессионального роста в проектах Каракалпакстана.

📌 Владение английским языком — обязательное условие для участия!

Приходите и сделайте первый шаг к успешной международной карьере!

📍 Локация: Здание Управления Торгово-промышленной палаты Узбекистана по Республике Каракалпакстан
📍 Город: Нукус
📅 Дата: 21 июня 2025 года
🕒 Время: с 10:00 до 16:00

🔗 Подробнее об актуальных вакансиях — присоединяйтесь: @careersacwapower
❗️️️️Енди айырым жол қағыйдаларын бузғанлық ушын бир мәртелик ескертиў бериледи

Бул нәзерде тутылған нызам жойбары депутатлар тәрепинен биринши оқыўда қабыл етилди, деп хабар береди ӨзА.

Жаңа нызамға бола, қәўипсизлик ременин тақпаў, телефондан пайдаланыў, техникалық тексериўден өткермеў сыяқлы қағыйдабузарлықлар ушын айдаўшыға жылына бир мәрте ескертиў бериледи.

Жәрийма болса тек ғана тәкирар жағдайда қолланылады.

Соның менен бирге, егер қағыйдабузарлық камера ямаса радар арқалы дизимге алынған болса ҳәм қарар бир айдан кеш шығарылған болса, жәрийма бийкар етиледи.

👉 @Karakalpak24
️Супер-контракт ушын тәлим кредит ажыратып атырған банклер дизими

🔹ӨзМиллийбанк — 1344
Бакалавриатқа қабыл етилген студентлер ушын:
36 ай мүддетке жыллық 22% ставкада;
60 ай мүддетке жыллық 24% ставкада;
▪️ Муғдар: Шәртнама тийкарында.

🔸Магистратураға оқыўға қабыл етилген студентлерге:
36 ай мүддетке жыллық 22% ставкада;
▪️ Муғдары - Шәртнамага тийкарланып

🔹 ӨзСҚБ — 1180
12 ай мүддетке жыллық 25% ставкада;
36 ай мүддетке жыллық 26% ставкада;
▪️ Муғдары - 200 млн сумға шекем

👉 @Karakalpak24!
🚖Yandex. Taksi aydawshıları ushın arnawlı usınıs!
💰Ózińizge jańa mashina satıp alıw ushın 15 millionliq shegirme!

Ne ushın bizdi tańlaw kerek:
• Avtomobil satıp alıwda 15 mln ģa shekem shegirme
•Takside islew ushın sáykes keletuǵın modellerdiń keń tańlawı
•Paydalı shártlerde bolıp -bolıp tólew múmkinshiligi
•Hújjetlerdi tez rásmiylestiriw hám satıp alınǵan zattıń barlıq basqıshlarında qollap-quwatlaw

Shegirmeni qanday alıw múmkin:

1. Yandex. Taksi aydawshılıq gúwalıǵın usınıs etiń yamasa qosımshadaǵı jaǵdayıńızdı tastıyıqlang
2. Ózińizge unaǵan avtomobildi saylań
3. Satıp alınǵan zattı rásmiylestiriń hám 15 mln chegirmeni alıń

Toliq maģliwmat ushin salonimizģa keliń, yamasa tomendegi nomerlerge qońiraw qiliń.

📍Adres: Utepov koshesi 31/1 (orientir: Kvadrat park)
📞Telefon: +998551060101/ +998771840101

Реклама
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
❗️Мойнақ районында мектеп оқыўшылары тәрепинен сейилде топар болып ҳәрекетленген автотранспорт басқарыўшыларына тийисли тәртипте шара көрилди.

👉 @Karakalpak24
Өзбекстанда ҳәмелдарлар ҳәр жылы IQ тест тапсырады. Ақылдан азса дәрҳал жумыстан босатылады

Ендигиден былай мәмлекетлик хызметкер болыў ушын тек ғана диплом жетерли емес. Талабанларды аўыр сынақлар күтпекте:

• IQ дәрежесин аниқлаўшы тест,
• Низамшылық, Өзбекстан тарийхы, шет тиллери бойинша билимлерди тексериў,
• Психологиялық диагностика ҳәм улуўма ерудиция.

Буннан тысқары, мәмлекетлик хызметкерлер менен 1 жылдан артық мүддетке мийнет шәртнамасы дүзилмейди. Олар ҳәр жылы ҳадаллық ҳәм пикирлеў қәбилети бойынша қайта тексериўден өтеди.

👉 @Karakalpak24
❗️Енди мектеплерде ️сабақ қалдырып болмайды

1-сентябрьден баслап мәмлекеттеги барлық мектеплерде биометрикалық камералар орнатылады.

"Қәўипсиз мектеп" жойбары шеңберинде жаңа оқыў жылы басланғанға шекем мәмлекеттеги барлық мектеплерде биометрикалық бақлаў камералары орнатылады.

Не өзгереди?
▪️Ҳәрбир оқыўшының жүзи мектепке кириўде сканерленеди.
▪️Егер бала мектепке келмесе, ата-аналарға дәрҳал хабар жибериледи.
▪️Камералар ҳәмме нәрсени жазып алады - кешигиўлерден баслап айрықша жағдайларға шекем

👉 @Karakalpak24
🦠Өзбекстанда балалар арасында жаңа вирус тарқалды ма? Санэпидкомитет түсиник берди

Соңғы күнлерде ҳәр қыйлы социаллық тармақларда жас балалар арасында жаңа вирус тарқалғаны ҳаққында хабарлар тарқалмақта.

Qalampir.uz жағдайға анықлық киргизиў мақсетинде Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлықты ҳәм жәмийетшилик саламатлығы комитети менен байланысты.

Мәлим етилиўинше, коксаки адамлар талқылағандай жаңа вирус емес, керисинше пүткил дүняда әллеқашан бар вирус есапланады.

👉 @Karakalpak24
🏡 Orzu qilgan uyingizga ega bo‘lish vaqti keldi!

Ipoteka — bu umrboqiy qarz emas, balki o‘z uyingizda baxtli va hotirjam hayot uchun katta imkoniyat.
Tashvishlaringizni сhetda qoldiring, biz barchasini oson va tez hal qilib beramiz!

Shartlar quyidagicha:
Foiz stavkasi — 17% dan boshlab birlamchi;
Foiz stavkasi — 22.5% dan boshlab ikkilamchi;
Boshlang'ich to‘lov — 15% dan boshlab;
Muddati — 20 yilgacha.

📍 Ariza berish uchun o'zingizga yaqin bo'lgan bank ofislarimizdan biriga murojaat qiling!

Ipoteka krediti orqali birlamchi va ikkilamchi bozordan nafaqat uy-joy sotib olishingiz, shuningdek, uy-joyni ta'mirlash uchun ham ipoteka kreditlarini olishingiz mumkin.

🌐 Batafsil: hamkorbank.uz
📞 Savollaringiz bormi? Biz bilan bog'laning:
+998913071740 (Tadjiyev Ajiniyaz)
+998976547557 (Azizbek)
+998977871146 (Shoxrux)
+998906508005 (Ajiniyaz)

📱Instagram | 📱Facebook | 📺 YouTube | 🕊Bot

Реклама
❗️Шегиртке қадағалаўда: аймақларда химиялық гүрес даўам етпекте

19-июнь жағдайына бола:

875 мың 87 гектарда мониторинг алып барылды.
515 мың 830 гектарда шегиртке тарқалғаны анықланды.
507 мың 181 гектарда химиялық гүрес илажлары өткерилди.

️Тийкарғы илажлар Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Бухара, Наўайы, Сырдәря, Ташкент ўәлаятларында даўам етпекте.

Жоқарыда атап өтилген аймақларда сексеўил бүкир шегирткесине қарсы химиялық қайта ислеўлер алып барылмақта.

Қашқадәря, Сурхандәря, Самарқанд, Жиззақ, Әндижан, Наманган, Ферғана ўәлаятларында тийкарғы ошақлар сапластырылды.

Шегиртке ҳәм тут гүбелегине қарсы гүресиў хызмети 24/7 режиминде жумыс алып бармақта. Ерте таңда ҳәм кешки ўақытта химиялық гүрес алып барылып, күндиз мониторинг өткерилиўи жолға қойылған.

️Мүрәжатлар 1288 яки 712021000 телефон номерлери арқалы күни-түни қабыл етилмекте. Химиялық қайта ислеўлер алып барылыўы ҳәм препаратлар бийпул.

👉 @Karakalpak24
🚨 1-августтан баслап жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғанлық ушын жәриймалар муғдары артады

️2025-жыл 1-август сәнесинен баслап Базалық есаплаў муғдары (БЕМ) 412 000 сум етип белгиленди. Сол себепли жәриймалар муғдары да артады:

Ремени тақпаў – 206 000 сум;
Техник көриксиз, медициналық топламысыз ҳәрекетлениў – 206 000 сум;
Ҳүжжетсиз айдаў – 412 000 сум;
Қамсызландырыў ҳүжжетисиз транспорт басқарыў – 412 000 сум;
Қызыл шырақта өтиў – 824 000 сум;
Нызамсыз парковка – 824 000 сўм;
Мәмлекетлик номерсиз автотранспорт басқарыў – 1 854 000 сум;
Тезликти +20 км/сааттан асырыў – 412 000 сум;
Тезликти +20-40 км/сааттан асырыў – 1 854 000 сум;
Тезликти 40 км/сааттан артық асырыў – 3 378 400 сўм;
Қарама-қарсы жолда ҳәрекетлениў – 3 749 200 сўм;
Мәс ҳалда транспорт басқарыў – 9 377 000 сум + 3 жылға шекем айдаўшылық ҳуқықынан айырыў;
Рухсатсыз кузовқа рең бериў (плёнка) – 9 377 000 сўм.

❗️Еслетпе: Жәриймалар базалық есаплаў муғдарына байланыслы, 1-августтан баслап БЕМ 412 000 сўм болады.

Дерек: Нызамшылық

👉 @Karakalpak24
Uy yoki ofisingiz uchun Televizor xarid qilmoqchimisiz? 🚀

Elmakonda Avalon, Shivaki va Xiaomi televizorlari eng qulay narxlarda va 1+1 aksiya doirasida qo'shimcha sovg'alar bilan!

Oyiga 160 900 so'mdan boshlab muddatli to'lov yoki to'liq naqdga xarid qilishga ulgurib qoling! 🥰

Batafsil:
📞 71-203-1203 | Elmakon Chat

Bizning saytimiz | Do‘konlarimiz

Реклама
Рәсмий жумыс орны болмаған пуқараларға да кредит алыў имканияты ашылмақта

2025-жыл 23-июньнан баслап Өзбекстанда "Алтернатив скоринг" системасы енгизиледи.

Бул система арқалы рәсмий дәраматы жоқ пуқаралардың финанслық тәртиби төмендеги нормальар тийкарында баҳаланады:
▪️ ақырғы 12 айда банк карталары арқалы әмелге асырылған төлемлер;
▪️ коммунал хызметлер ушын төлемлер;
▪️ Мәжбүрий орынлаў бюросы мағлыўматлары.

️Банклер әне усы мағлыўматлар тийкарында кредит бериў ямаса бийкарлаў ҳаққында қарар қабыл етеди.

Яғный, рәсмий жумыс орнына ие болмаған, бирақ төлем тәртиби жақсы болған пуқаралар да енди кредит алыў имканиятына ие болады!

👉 @Karakalpak24
Қарақалпақстанның төрт районында туризм комплексин шөлкемлестириў ушын субсидия ажыратылады

Қарақалпақстан Республикасының Әмиўдәрья, Мойнақ, Тахтакөпир ҳәм Елликқала районларында зиплайн хызметлери ҳәм канатлы парк (тайпарк) экстремал туризм комплекси шөлкемлестирилиўи режелестирилмекте.

Қарар менен:

– таўлы ҳәм шөл аймақларында улыўма аралығы 200 метрден кем болмаған зиплайн экстремал туризм комплексин шөлкемлестириў қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў ушын 100 миллион сум;

– таўлы ҳәм шөл аймақларында 150 кв метрден кем болмаған канатлы парк (тайпарк) экстремал туризм комплексин шөлкемлестириў қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў ушын 80 миллион сум муғдарында бир мәртелик субсидия ажыратылады.

Таўлы ҳәм шөл аймақларында зиплайн ҳәм канатлы парк (тайпарк) экстремал туризм комплексин шөлкемлестирген исбилерменлик субъектлерине ажыратылатуғын субсидия Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги жанындағы Туризм комитетиниң Туризмди қоллап-қуўатлаў қоры қаржылары есабынан қаржыландырылады.

👉 @Karakalpak24
2025/06/30 00:51:14
Back to Top
HTML Embed Code: