Telegram Web Link
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
BYD компаниясы дүньядағы ең үлкен кемени жаратты

Бул кеме бир ўақыттың өзинде 9200 автомобилди тасый алады. Кемениң узынлығы 219 метрди қурайды, бул дегени, оның үстинде дерлик FIFA стандартындағы еки футбол майданшасын ямаса 16 қабат автопарковка жайласады дегени.

👉 @Karakalpak24
Иранның да ядро қуралын жаратыўға ҳақысы бар — Путин

Россия Президенти Владимир Путин Россия Иранга тынышлық шәрти менен атом ядросын раўажландырыўда зәрүр жәрдем бериўге таяр екенин мәлим еткен.

Сондай-ақ, Россия басшысы Иран да көплеген мәмлекетлер сыяқлы ядролық бағдарламасын ислеп шығыў ҳәм ядролық технологиядан тыныш мақсетлерде пайдаланыў ҳуқықына ийе екенин айтып өткен.

👉 @Karakalpak24
❗️ҚМУдың декан орынбасары пара менен усланды

Департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм МҚХ тәрепинен өткерилген оператив илажда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң дене мәденияты факультети деканының орынбасары лаўазымынан пайдаланып, усы университеттиң студенти Ж.А.ның исенимине кирип, оны мәмлекетлик имтиханлардан өткериў есесине 2 млн. сум пул талап етип, усы пулларды өзиниң жеке кабинетинде алып атырған ўақтында усланды.

Илаж даўамында декан орынбасары М.И. усы университеттиң студентлери С.П. ҳәм басқалардан имтиханлардан өткериў ушын бир ҳәпте алдын алған 3 млн. сумды өз қәлеўи менен қайтарып берген ҳәм айғақлы дәлил сыпатында алынған.

Жағдай бойынша М.И.ға Өзбекстан Республикасы ЖКниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, ҳәзирги ўақытта дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

👉 @Karakalpak24
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Firibgarlarga huk!

Bahodir Jalolov yoningizda yo’qmi? Unda sizni bitta narsa himoya qila oladi — bilim.

TBC Bank Moliyaviy himoyalanish akademiyasini ishga tushirdi. Bu yerda firibgarlikni tanish va o‘zingiz hamda yaqinlaringizni himoya qilishga yordam beradigan aniq maslahatlar va hayotiy misollar bor.

Video-rolikni tomosha qiling, saytga kiring va albatta yaqinlaringizga yuboring.

Реклама
❗️Пенсия ҳәм напақалар 10 процентке асырылады

Президент пәрманына муўапық, 2025-жыл 1-июльден баслап пенсиялар ҳәм напақалар және кем тәмийинленген шаңарақларға балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем төлемлериниң муғдарлары 10 процентке арттырылады.

Бунда:
жасқа байланыслы ең кем пенсия муғдары - айына 918 000 сум етип;
майыплық пенсияларының ең аз муғдары - айына 1 012 000 сум етип;
кем тәмийинленген шаңарақларға балалар напақасының ҳәр айлық муғдары: 3 жасқа шекемги бир киши перзенти ушын - 360 000 сум, 3 жастан 18 жасқа шекемги бир перзенти ушын - 275 000 сум;
шаңарақтың екинши перзенти ушын қосымша - 165 000 сум;
шаңарақтың үшинши ҳәм оннан кейинги ҳәр бир перзенти ушын қосымша - 110 000 сум етип;
▫️кем тәмийинленген шаңарақлар ушын материаллық жәрдемниң айлық муғдары - 420 000 сум етип;
пуқараларға төленетуғын басқа да пенсиялар ҳәм напақалар муғдарлары қосымшаға муўапық белгиленди.

Мағлыўмат ушын ️2025-жыл 1-августтан баслап бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң ис ҳақысы ҳәм стипендиялар муғдары 10 процентке асырылады.

👉 @Karakalpak24
Өзбекстан 60 қа шамалас пуқарасын Ираннан евакуация қылды

Ирандағы жағдай менен байланыслы жағдайда, 60 қа шамалас өзбекстанлы пуқара Түркменстан арқалы Ўатанға қайтарылды.

Тегеран ҳәм Ашхабадтағы елшиханаларда күни-түни ислейтуғын оператив штаблар шөлкемлестирилген болып, евакуация жумыслары даўам етпекте.

👉 @Karakalpak24
Мәмлекетлик шөлкем хызметкерлериниң дене салмағы қадағаланады

2025-жыл 1-августтан баслап мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде ҳәр күни белгиленген ўақытта дене тәрбия илажлары өткериледи.

🔹 Спорт зоналары шөлкемлестириледи;
🔹 Хызметкерлерге спорт пенен шуғылланыў ушын шараятлар жаратылады;
🔹 Дене салмағы индекси турақлы өлшенип, «hrm.argos.uz» платформасына жүклеп барылады.

👉 @Karakalpak24
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Әлемде неше галактика бар екенин билесиз бе?

Егер сизди бул сораў қызықтырса, онда YouTube'тағы Айдын каналына таярлаған видеоны көриўди умытпаң!

Видеода сиз аспан денелери ҳаққында қызықлы мағлыўматларға ийе боласыз!

Сондай-ақ, басқа планеталарда өмир бар жоқлығын билип аласыз!

Толық видео төмендеги силтемеде!

https://youtu.be/IKdRKyVh1nY?si=VXtHT2w-3z5r3NmF
Қырғызстан мәмлекетинде спорттың Ушу санда түринен ер балар ҳәм қызлар арасында Халықаралық турнир болып өтти.

Онда Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасқан жерлеслеримизде жақсы нәтийжелерди қолға киргизиўге миясар болды.

Атап айтқанда Бабур Сабуров қарсыласларынан үстем келип, жеңимпазлықты қолға киргизди ҳәм алтын медальды жеңип алды.

Ал, Данияр Турсынбаев ҳәм Фазылбек Сапарбаевлар болса екинши орынды ийелеп, гүмис медаль ийесине айланды. Қызлар арасында болған беллесиўлерде болса, Шахсанем Камаладдинова сыйлы үшинши орынды ийелеп, қола медальды қолға киргизди.

👉 @Karakalpak24
❗️ДЫҚҚАТ ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!

Нөкис қаласы А.Досназаров көшеси менен Шымбай гүзары көшеси кесилиспесиндеги қағыйдабузарлықты анықлаўшы интеллектуал камерасы усы жылдың 21-июнь күнинен баслап иске түсти.

Сол себепли барлық автотранспорт басқарыўшылары жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел етиўиңизди сорап қаламыз.

👉 @Karakalpak24
Аллергия қатықтан қорқады

Тайландлы илимпазлардың атап өтиўинше, аллергиялық тәсирлениўлер биз пайдаланатуғын қатыққа кери пропорционал. Бул дегени, қанша көп қатық ишсек, сонша аз аллергияға ушыраймыз.

Демек, күнине, кеминде, бир стакан қатық ишиў аллергик кеселликлердиң алдын алыўда ең жақсы профильактика болып есапланады.

👉 @Karakalpak24
❗️АЖМ халыққа ыссы күнлерде сақлық илажларын көриўди усыныс етти

Айрықша жағдайлар министрлиги 10:00 ден 17:00 ге шекем тик қуяш нурлары астында болмаўды усыныс етти.

Сондай-ақ:
Тәбийий гезлемелерден таярланган жеңил кийимлер кийиң;
Қуяштан қорғаўшы көзәйнек тағың;
Ашшырақ демленген шай, минерал суў ҳәм түрли шербетлер ишиў усыныс етилди.

👉 @Karakalpak24
"Инстаграмңызға қарап виза беремиз!" — АҚШ визасы ушын жаңа талап жәрияланды

21-июньнан баслап АҚШтың Өзбекстандағы елшиханасы студентлер ҳәм алмасыў бағдарламалары ушын берилетуғын F, М ҳәм J түриндеги визаларға жаңа қағыйдаларды қолланбақта.

Енди виза алыў ушын арза бериўшилер соңғы 5 жылда пайдаланған барлық социаллық тармақлардағы аккаунтларын көрсетиўи шәрт. Сондай-ақ, аккаунтлардың "профили" жәмийетшиликке ашық болыўы усыныс етилмекте.

Егер мағлыўматлар толық ҳәм дурыс болмаса, виза бийкар етилиўи мүмкин.

Мағлыўмат ушын:
F виза – университет, колледж ҳәм тил курслары ушын;
М визасы – кәсиплик ҳәм техникалық оқыў курслары ушын;
J визасы – илимий ҳәм мәдений алмасыў бағдарламаларында қатнасыў ушын бериледи.

👉 @Karakalpak24
Hamkor ilovasi orqali Humo yoki Visa kartasini rasmiylashtirib, quyidagi qulayliklarga ega bo'ling:

Bank kartalarini BEPUL rasmiylashtirish;
Xalqaro pul o‘tkazmalarini qabul qilish imkoniyati;
Visa direct xizmati orqali pul o'tkazmalari;
Visa kartalaridan bank ofislarida BEPUL naqd pul yechish;
Hamkorbank Visa kartalari o'rtasida P2P BEPUL;
Ilova orqali mablag'larni oson boshqarish;
24/7 qo'llab-quvvatlash xizmati.

Hamkorbank kartasining yana bir asosiy afzalliklaridan biri:
Hatto rasmiy daromadingiz bo'lmasa ham karta orqali pul aylanmalarini amalga oshirib, kredit olish imkoniyatiga ega bo'lasiz.

BARCHA BANK PLASTIK KARTALARIDAN 30 MLN DAN YUQORI SUMMALARNI 0.5 % DAN NAQDLASHTIRIB BERADI

📥 Hamkor ilovasini hoziroq yuklab oling va bank kartalariga buyurtma bering: havola

📞 Savollaringiz bormi? Biz bilan bog'laning:
+998913071740 (Tadjiyev Ajiniyaz)
+998976547557 (Azizbek)
+998977871146 (Shoxrux)
+998906508005 (Ajiniyaz)

📱Instagram | 📱Facebook | 📺 YouTube | 🕊Bot

Реклама
❗️Израилдағы Өзбекстан пуқаралары және ескертилди

22-июнь саат 03:45 тен 23-июнь 8:00 ге шекем Израилда қәўипсизлик бойынша жаңа шеклеўлер енгизилди. Бул ҳаққында Өзбекстанның Израилдағы елшиханасының мәлимлеме хызмети хабар берди.

Хабарға бола, алдын жумыс шекленген аймақларда енди зәрүр жағдайларда ҳәрекетлениў мүмкин.
Барлық билимлендириў мәкемелери өз жумысын тоқтатқан;
Өндирис кәрханалары жабылған, тек ғана әскерий ҳәм тыныш халық мүтәжликлери ушын зәрүр болған тармақлар буған кирмейди;
Жумыс орнына барыў қадаған етиледи.

Ўатанласларымыздан және бир мәрте қәўипсизлик қағыйдаларына қатаң әмел етиў, мәмлекетте болыў ўақтында абайлылықты арттырыў ҳәм ракета атыўлары ўақтында баспаналарды таслап шықпаўы соралды.

👉 @Karakalpak24
❗️Енди мектеплерде ️сабақ қалдырып болмайды

1-сентябрьден баслап мәмлекеттеги барлық мектеплерде биометрикалық камералар орнатылады.

"Қәўипсиз мектеп" жойбары шеңберинде жаңа оқыў жылы басланғанға шекем мәмлекеттеги барлық мектеплерде биометрикалық бақлаў камералары орнатылады.

Не өзгереди?
▪️Ҳәрбир оқыўшының жүзи мектепке кириўде сканерленеди.
▪️Егер бала мектепке келмесе, ата-аналарға дәрҳал хабар жибериледи.
▪️Камералар ҳәмме нәрсени жазып алады - кешигиўлерден баслап айрықша жағдайларға шекем

👉 @Karakalpak24
Қарақалпақстан халық жазыўшысы Гүлайша Есемуратова 95 жасында қайтыс болды

Гүлайша Есемуратова 1930-жылы 18-февральда Шымбай районындағы Қасым Әўезов ижара хожалығында дүньяға келди.

Есемуратованың «Дастурқан», «Кесте» (1969), «Халмурат жүргиш» (1972), «Айдай қыз» (1980), «Арзыўлар қызым саған айтаман» (1980), «Дүўендеги дәптер», «Жийрен» (1981), «Шығарманың I-томы» (1995), «Шығарманың II-томы» (1997), «Бәри өмир ҳаққында» (III-том) (2000), «Дәўирлер нәпеси» (IV-том) (2009), Шығармаларының V-томы (2018) атамасындағы китаплары баспадан шыға баслады.

Гүлайша Есемуратова 2011-жылы «Қарақалпақстан халық жазыўшысы» атағын алды.

👉 @Karakalpak24
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Сыртқы тәлим жабылып, орнына жаңа билимлендириў формалары енгизиледи

Сыртқы тәлим формасы сапластырылады, оның орнын еки жаңа формат — "Part time" ҳәм кешки тәлим ийелейди.

🔹 "Part time" – ислейтуғынлар ушын қолайлы форма болып, бул арқалы бир күнде ҳәм ислеў, ҳәм оқыў имканияты жаратылады. тәлим ҳәм жумыс бир-бирине кесент етпестен, нәтийжели үйлестириледи.

🔹 Кешки тәлим – дәстүрий түрде кешки ўақытта алып барылады. Жумыс күни жуўмақланғаннан кейин, студентлер сабақларға қатнаса алады.

Бул өзгерислер мийнет пенен билимлендириўди бир ўақытта алып барыўды қәлеўшилер ушын және де қолайлы ҳәм нәтийжели имканият жаратады.

👉 @Karakalpak24
Rasmiy ish joyingiz yo‘qmi?
Hamkorbank oylik ish haqiga ega bo'lmagan ya'ni o‘zini-o‘zi band qilgan fuqarolarga ko‘maklashadi! Mikrokredit Plus krediti bilan rejalaringizni amalga oshiring.

💸 Miqdori — 300 mln so‘mgacha;
📆 Muddati — 5 yilgacha;
📉 Foiz stavkasi — yillik 28% dan boshlab;
🔐 Garov ta’minot uchun quyidagilardan biri talab etiladi:
- transport vositasi;
- turar yoki noturar joy.

📲 Sizga eng yaqin Hamkorbank ofisiga murojaat qiling va tezkor moliyaviy ko’makka ega bo’ling!

🌐 Batafsil: hamkorbank.uz
📞 Savollaringiz bormi? Biz bilan bog'laning:
+998913071740 (Tadjiyev Ajiniyaz)
+998976547557 (Azizbek)
+998977871146 (Shoxrux)
+998906508005 (Ajiniyaz)

📱Instagram | 📱Facebook | 📺 YouTube | 🕊Bot

Реклама
2025/06/29 19:14:06
Back to Top
HTML Embed Code: