Telegram Web Link
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
❗️Мүддети өткен паспортларды ID-карталарға алмастырың

Ишки ислер министрлиги пуқаралардан мүддети өткен паспортларды кешиктирмей ID-карталарға алмастырыўды сорамақта.

👉 @Karakalpak24
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Балалар газетасы «Жеткиншек» жабылыўы мүмкин.

👉 @Karakalpak24
Енди оқыўды сыртқы тәлимнен күндизги тәлимге көшириў ҳәм қайта тиклеў мүмкин болады

Бүгинги күнге шекем сыртқы (арнаўлы сыртқы) билимлендириўден күндизги билимлендириўге ҳәм сыртқы (арнаўлы сыртқы) билимлендириўдиң бир билимлендириў тараўынан екинши билимлендириў тараўына оқыўын көшириў ҳәм қайта тиклеў ҳаққындағы пуқараның арзасына бийкар берилиўине тийкар болатуғын еди.

👉 @Karakalpak24
Work and Travel арқалы Германияға барған қарақалпақстанлы студентлер қыйын жағдайда қалды

Work and Travel бағдарламасы шеңберинде Германияға барған ҚМУдың 14 студенти шөлкемлестириўдеги кемшиликлер себепли мәнзилине бара алмай, жасаў орнысыз қалған.

Студентлер Франкфурт-Майн қаласында искерлик жүргизип атырған жерлеслер ҳәм Өзбекстан Бас консулханасы жәрдеминде қәўипсиз жерге жеткизилип, ыссы аўқат пенен тәмийинленген.

Жағдайды жумсатыў мақсетинде Өзбекстан Миграция агентлиги менен шерикликте ҳәр бир студент ушын күнделик қәрежетлерди қаплаўға жететуғын пул ажыратылған. Соның менен бирге, мийманханада ўақтыншалық жасаў ушын зәрүр қәрежетлер де қапланды.

Студентлерди жумыс менен тәмийинлеў процесинде қатнасқан Германияның «Nova Agency» компаниясы ўәкиллери менен өз-ара келисилип, әмелдеги мәселелер талқыланған.

Ҳәзирде Бас консулхана дипломатлары студентлерди шәртнамада көрсетилген жумыс жерине жибериў ҳәм олардың мийнет искерлигин жолға қойыў бойынша сөйлесиўлерди даўам еттирмекте.

👉 @Karakalpak24
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️“Жаслар айлығы” Қарақалпақстанда!

Нөкис қаласында өткерилген фестивалда мыңлаған жаслар заманагөй кәсиплер, шет тиллер, жасалма интеллект, китапқумарлық ҳәм интеллектуаллық ойынлар сыяқлы әҳмийетли бағдарларда бирлести.

Фестивалдың ең қызғын бөлиминде өзбек ҳәм қарақалпақ эстрадасы ўәкиллери қатнасқан шоу-концерт, жаслар ушын ҳақыйқый байрамға тән орталықты жаратты.

👉 @Karakalpak24
Мийнет дем алысы пулы қашан төлениўи керек?

Мийнет кодексиниң 233-статьясына тийкар Ҳәр жылғы мийнет дем алысы ўақты ушын ҳақы төлеў жәмәәт шәртнамасында, ишки ҳүжжетлерде ямаса мийнет шәртнамасында белгиленген мүддетлерде, бирақ дем алыс басланыўынан алдын ақырғы жумыс күнинен кешиктирмей әмелге асырылады.

Кешиксе компенсация төленеме?

Әлбетте төлениўи керек. Мийнет кодексиниң 333-статьясына тийкарланып Жумыс бериўши мийнет ҳақыны, дем алыс төлемлерин, мийнет шәртнамасы бийкар етилгендеги төлемлерди ҳәм (ямаса) хызметкерге төлениўи керек болған басқа да төлемлерди төлеў мүддетин бузған жағдайда, оларды төлеў мүддетинен кейинги күннен баслап ҳақыйқый есап-санақ етилген күнди өз ишине алған мүддетке шекем ҳәр бир кешиктирилген күн ушын Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң соль ўақытта әмелде болған қайта қаржыландырыў ставкасынан келип шыққан ҳалда процентлер (пуллы компенсация) менен бирге төлеўи шәрт.

👉 @Karakalpak24
📢 Elmakonda YANGI AKSIYA!

Assalomu alaykum azizlar! Elmakonda ajoyib yangilik — 1+1 aksiyasi boshlandi! 😍

Texnikani xarid qilasiz — ustiga sovg‘a qo‘shib beriladi!
Sovg‘alar 4 ta kategoriya bo‘yicha taqdim etiladi:

🔹 🅰️ | 🅱️ |🔠 | BONUS

🎁 BONUS bo‘limi — barchasi atigi 10.000 so‘mdan!

📦 A kategoriya (999.000 ~ 2.499.000 so‘m): xarid qiling, kartochka torting va sovg‘angizni tepa tekinga oling!

📦 B kategoriya (2.500.000 ~ 4.999.000 so‘m): kartochka orqali yutuqli sovg‘alar sizni kutmoqda!

📦 C kategoriya (5.000.000 so‘mdan ortiq): eng katta xaridlar uchun maxsus sovg‘alar tayyor! 🎉

🚀 Elmakon bilan xarid qilish bu nafaqat foydali, balki yoqimli ham!

Batafsil:
📞 71-203-1203 | Elmakon Chat

Bizning saytimiz | Do‘konlarimiz

Реклама
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Тергеўши айыпланыўшыға қандай сораўларды бериўи мүмкин емес?

1⃣Айыпты мойынлаўға мәжбүрлеўши сораўлар: Тергеўши айыпланыўшыны өз айыбын мойынлаўға мәжбүрлеўи яки басым өткериўи нызамсыз. Мәселен:
"Сен буны ислегенинди жақсы билемиз, мойынлай бер!"
"Ҳәммесин тән ал, сонда жеңилирек болады."


2⃣ Қорқытыў якт басым өткериў менен берилген сораўлар: Айыпланыўшыны қорқытыў, қәўетерге салыў яки руўхый басым астында жуўап алыў қадаған етиледи.
"Айтпасаң, аўыр жаза аласан!"
"Ҳәммесин тән алмасаң, шаңарақлық машқалалар болады."


3⃣Логикасыз яки кемситиўши сораўлар: Айыплаў, қорлаў яки айыпланыўшыны кемситиў мақсетинде берилген сораўлар нызам менен қадаған етилген.
"Сен бәрқулла өтирик сөйлейсең бе?"
"Саған исениў мүмкин емес, ақыры сен жынаятшысаң!"


4⃣ Провокациялық ҳәм шалғытыўшы сораўлар: Сораўлар анық ҳәм түсиникли болыўы керек, айыпланыўшыны шалғытыўшы тәризде сораў бериў нызамға қайшы.
"Сен ол жерде болмаған болсаң, онда не қылып жүрген едиң?"

Егер тергеўши усындай нызамсыз усыллардан пайдаланса, оның жоқары турыўшы басшысына яки бақлаўшы прокурорға жазба рәўиште шағым киргизиң.

Умытпаң, "Нызамды билмесеңиз, нызам Сизди билмейди!"

👉 @Karakalpak24
2025-жыл 1-июльдан баслап пенсия ҳәм компенсациялар арзасыз тайынланады

Ендигиден былай пуқараларға пенсия ҳәм компенсациялар автоматикалық тәризде, өз алдына арза талап етпестен тайынланады:
🔹 I-II топар майыплығы белгиленгенде – пенсия автоматикалық тәризде тайынланады (бас тартыў ҳуқықы сақланады);
🔹 Көриў қәбилети бойынша I топар майыплар ҳәм радиация обектлеринде хызмет еткенлерге – компенсациялар электрон мағлыўматлар тийкарында тайынланады;
🔹 Майыплық пенсиясы тайынланған ҳәм кеминде 1 жыл мийнет стажына ийе пуқаралардың пенсиясы ҳәр 2 жылда қайта есапланады.

2025-жыл 1-октябрьден пенсия төлемлери Face-ID ҳәм электрон қолтаңба арқалы әмелге асырылады.

👉 @Karakalpak24
Salom Card’ni endi UzPost’da ham to‘ldirish mumkin

Endi kartangizni naqd pul bilan to‘ldirish yanada qulay bo‘ldi. Qayerda bo‘lishingizdan qat’i nazar — shaharda yoki qishloqda — yaqin atrofdagi UzPost bo‘limiga kirib, kartangizga pul tushurishingiz mumkin.

Ayniqsa, yaqin atrofda bankomat va terminal bo‘lmasa yoki xodim bilan gaplashgan qulayroq bo‘lsa — bu yaxshi yechim.

Salom Card bilan quyidagilarga ega bo‘lasiz:

— hisobdagi qoldiq uchun yillik 12% keshbek;
— TBC UZ ilovasida komissiyasiz pul o‘tkazish;
— naqd pul yechishda komissiyani qaytarib olish;
— hamkorlardan keshbek.

Agar sizda hali Salom Card bo‘lmasa, uni TBC UZ ilovasida uydan chiqmasdan buyurtma berishingiz mumkin. Kartani o‘zi va yetkazib berish — bepul.

Реклама
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
❗️ҚАРАҚАЛПАҚСТАНҒА ИРИ МУҒДАРДАҒЫ НАРКОТИК ЗАТЛАР АЛЫП КЕЛГЕН ШАХС УСЛАНДЫ

Мәмлекетлик Қәўипсизлик хызметиниң (МҚХ) Хорезм ўәлаяты бойынша басқармасы тәрепинен өткерилген оператив илажда, Қарақалпақстан Республикасының Төрткүл районына 49 кг 599 гр опий затын алып киятырған, Сурхандәрья ўәлаяты Шеробод районында жасаўшы, 1990-ж. туўылған пуқараның басқарыўындағы DAF жүк машинасындағы жасырын орыннан табылған.

Бул наркотик зат Тажикстан Республикасынан контрабанда жолы менен алып келинип, келешекте Хорезм ўәлаяты аймағында сатылыўы режелестирилген.

Бул жағдай бойынша усы шахсқа жынаят иси қозғатылып, қамаққа алынған. Ҳәзирги ўақытта оның жынаят шериклерин анықлаў бойынша тергеў ҳәрекетлери даўам етпекте.

👉 @Karakalpak24
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
360° градус камералы патрул машинасы неше қағыйдабузарлықты анықлай алады?

Видеоны айдаўшы танысларыңызға жибериўди умытпаң.

👉 @Karakalpak24
❗️1 июлдан баслап паспорт ва “права”ни олиб юриш шарт эмас

1 июлдан бошлаб шахсни тасдиқловчи ҳужжатларнинг my.gov.uz порталидаги электрон шакли расман тан олинади.

Банк, нотариус, аэропорт, вокзал каби жойларда қоғоз нусхалар талаб этилмайди — телефонингиздаги расмий электрон нусха етарли бўлади.

👉 @r_kusherbayev
Шегирткелерге қарсы химиялық ислеў бериў жумыслары алып барылмақта

Қарақалпақстан Республикасы шегиртке ҳәм тут зыянкесине қарсы гүресиў хызмети қәнигелери тәрепинен шегирткелерге қарсы химиялық ислеў бериў жумыслары басланды. Жағдай қадағалаўға алынған болып, зәрүрлик болса, қосымша күшлер ҳәм техникалар жибериледи.

Егер сиз шегиртке шабылыўы менен байланыслы жағдайға дус келсеңиз, тиккелей оператив штабқа мүрәжат етиўиңизди сораймыз.

Қалалық штаб: (61)229-54-92

Районларға бириктирилген отряд баслықлары
Мойнақ районы:

(93)200-22-44,
(94)907-05-70,
(94)597-72-67,
(99)417-25-69

Қоңырат, Шоманай, Қанлыкөл, Хожели районлары
(93)775-63-00

Бозатаў, Нөкис, Кегейли, Шымбай районлары
(99)559-76-00
(99)106-02-63
(97)967-64-64

Қараөзек районы
(97)651-53-53

Тахтакөпир районы
(93)770-23-32

Елликқала, Төрткүл, Беруний районлары
(94)145-03-90

👉 @Karakalpak24
2025/07/04 03:57:30
Back to Top
HTML Embed Code: