Telegram Web Link
Нызамшылықта жасларға берилген айырым жеңилликлер

▫️Мүддетли әскерий хызметти өтеген ҳәм контракт бойынша оқып атырған жәмийетлик белсенди студентлерге контракт суммасының 35 проценти төлеп бериледи.

▫️Контракт тийкарында оқып атырған студентлерге тәлим кредити бериледи.

▫️«Жаслар дәптери»не киргизилгенлердиң имканияты шекленген шаңарақ ағзаларына дәри-дәрмақ, майыплық арбашалары, еситиў аппаратлары ҳәм ортопедикалық өнимлер сатып алыўы ушын БЕМның 5 есеси (1 млн 650 мың сум) муғдарында жәрдем көрсетиледи.

▫️Майыплығы болған жасларға оқыў, жасаў ҳәм трансторт қәрежетлерин қаплаў ушын БЕМның 50 есесине шекемги (16 млн 500 мың сум) муғдарда субсидия ажыратылады.

▫️Мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына кириўде ең жоқары балл топлаған 200 жас ушын Президент гранты енгизилген.

▫️Мәҳәлледеги
жаслар жетекшилери усынысы тийкарында 13 түрдеги жәрдем бериледи.

▫️Айырым
жаслар ЖООна оқыўға қабыл етиўде тест сынаўларында қатнасыў ушын өндирилетуғын төлемлерден азат етиледи.

▫️«Өтмишке саяхат» бағдарламасы шеңберинде «Жаслар дәптери»не киргизилгенлер мәмлекетлик музейлерге бийпул киргизиледи.

▫️
Сырт елдеги жас ўатанласларымыздың министрлик, мәкемелер ҳәм шөлкемлерде жумыс ислеўи ушын шараятлар жаратылады.

👉 @Karakalpak24
⚡️ Yangi Mahalla turar joy majmuasida super aksiya: kvadrat metri atigi 499$!

🏡 Mavjud kvartira variantlari:
• 26 m² — atigi 13 000$
• 43 m² (2 xonali) — 21 500$

Qulay to‘lov shartlari:

📌 Eng zo’r narx — 1 m² uchun 499$ (faqat 100% to‘lov asosida). Foydali investitsiya izlayotganlar uchun ideal tanlov!

📌 Gibrid to‘lov: boshlang‘ich to‘lov — 63 mln so‘mdan boshlab, qolgan summa 48 oygacha bo‘lib-bo‘lib to‘lanadi.

Afzalliklar:
— Zamonaviy uy rejalari
— Yashil hudud, avtoturargohlar, bolalar maydonchalari
— Maktablar, bog‘chalar va savdo markazlari
— Barcha uylar — Toshkent shahrida!

🏗️ Qurilish bosqichi:
— Barcha uylar faol qurilmoqda
— Qurilish yakuni: 2027-yil

📍 Toshkent shahri, Yangihayot tumani

☎️ 20 011 11 11
Yangi Mahalla

Реклама
Мектеп директорының қызы оның орынбасары болып ислеўи мүмкин бе?

Өз-ара жақын ағайинлер бир шөлкемде ислеўи қадаған етиледи. Бул ҳаққында Мийнет кодексиниң 121-статьясында нәзерде тутылған. Оған бола:

Өз-ара жақын ағайин ямаса қуда тәрептен ағайин болған шахслар (ата-ана, аға-ини, апалы-сиңли, перзентлер, ерли-зайып, сондай-ақ, ерли-зайыптың ата-анасы, ағасы ямаса иниси, апасы ямаса сиңлиси және перзентлери) бир мәмлекетлик шөлкемде бирге хызмет етиўи мүмкин емес.

Бунда олардың бирге хызмет етиўи олардан биреўиниң екиншисине тиккелей бағыныўына ямаса оның қадағалаўы астында болыўына байланыслы болғанда қадаған етиледи.

Бирақ бул қағыйда қолланылмайтуғын жағдайлар да бар.

Яғный
, Министрлер Кабинетиниң тийисли қарарына муўапық, барлық оқыў ҳәм тәрбия мәкемелериндеги педагог хызметкерлер, оқытыўшылар, библиографлар ҳәм китапханашылар ушын бул қағыйда әмел етпейди.

Бул дегени, мектеп директорының жақын ағайинлери, мысалы өмирлик жолдасы, баласы, қызы мектепте педагог хызметкер, оқытыўшы, библиограф ямаса китапханашы болып ислеўи мүмкин.

Жуўмақ етип айтатуғын болсақ, мектеп директорының қызы тап сол мектепте оның орынбасары болып ислей алмайды.

👉 @Karakalpak24
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Исенимнама арқалы берген машина сырт елде сатып жиберилмекте

Өзбекстанда автомобиллерди исеним хаты тийкарында шегарадан алып шығып, сырт елде сатып жибериў жағдайлары анықланбақта.

Бажыхана комитети ўатанласларымызды сергекликке шақырады - жеке машинаныңызды исеним хаты арқалы берсеңиз ақыбетлери ушын жуўапкершилик сизде қалыўы мүмкин.

👉 @Karakalpak24
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Нөкис қаласында жаңа, заманагөй 5 жулдызлы мийманхана ҳәм конгресс-холл комплекси қурылысы басланды

Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақсанда исбилерменликти еледе қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бойынша және бир әҳмийетли пәрман қабыл етилген еди.

Усы пәрманға тийкар Нөкис қаласы орайында 78 млн. доллар инвестиция қаржылары тийкарында заманагөй 5 жулдызлы мийманхана ҳәм конгресс-холл комплекси, 22 қабатлы 2 турақ жай, сондай-ақ, саўда комлпекси қурылыўы белгиленген болып, бүгинги күнде қурылыс жумыслары баслап жиберилген.

👉 @Karakalpak24
Rasmiy ish joyingiz yo‘qmi?
Hamkorbank oylik ish haqiga ega bo'lmagan ya'ni o‘zini-o‘zi band qilgan fuqarolarga ko‘maklashadi! Mikrokredit Plus krediti bilan rejalaringizni amalga oshiring.

💸 Miqdori — 300 mln so‘mgacha;
📆 Muddati — 5 yilgacha;
📉 Foiz stavkasi — yillik 28% dan boshlab;
🔐 Garov ta’minot uchun quyidagilardan biri talab etiladi:
- transport vositasi;
- turar yoki noturar joy.

📲 Sizga eng yaqin Hamkorbank ofisiga murojaat qiling va tezkor moliyaviy ko’makka ega bo’ling!

🌐 Batafsil: hamkorbank.uz
📞 Savollaringiz bormi? Biz bilan bog'laning:
+998913071740 (Tadjiyev Ajiniyaz)
+998976547557 (Azizbek)
+998977871146 (Shoxrux)
+998906508005 (Ajiniyaz)

📱Instagram | 📱Facebook | 📺 YouTube | 🕊Bot

Реклама
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
❗️12 процент дәрамат салығын онлайн қайтарып алыў усылы ҳаққында

«Контракт»тан 12 процент дәрамат салығын қайтарып алыў ушын салық уйымларына бармастан, «my3.soliq.uz» арқалы шәртнама ҳәм төлем ҳүжжетлерин бириктирген ҳалда декларация жибериў мүмкин.

«Салық декларацияларын жибериў» электрон хызметиниң жаңа версиясында пайдаланыўшының ис ҳақысы ҳәм басқа дәраматлары ҳаққындағы мағлыўматлар автоматластырылған түрде қәлиплеседи.

Физикалық тәреплердиң төмендегилер ушын бағдарланған дәраматларынан 12 процент муғдарындағы дәрамат салығын аралықтан қайтарып алыў мүмкин:

контракт;
мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери;
ипотека кредитлери.

👉 @Karakalpak24
Кредитке кепил болған шахслар кепилликти бийкарласа болама?

Көпшилик ойлайды, кредитке кепиллик шәртнамасын дүзгеннен кейин, оны бийкарлаў мүмкин ҳәм аңсат. Бирақ тийкарында бундай емес. Кепиллик қарыздар мәжбүриятлары бойынша кепилде де мәжбүрият жүзеге келтиреди. Нызамшылыққа көре шәртнаманы бир тәреплеме бийкар қылыў, яғный кепилликтен бир тәреплеме ўаз кешиўге жол қойылмайды. Мәселен, кепил шәртнама дүзгеннен кейин жумысынан айрылса, кесел болып қалса, қарыздар (кредит алған танысы) менен урысып қалсада кепиллик өз күшинде қала береди.

Кепиллик шәртнамасын өзгертириў яки бийкар қылыў ушын банк пенен келисиў керек болады, банк болса ҳешқашан өз тәмийнаты зиянына ҳәрекет қылмайды. Кепиллик қашан кредит қарызы толық төленгенде, қарыз мәжбүрияты басқа шахсқа өткизилгенде яки кепиллик мүддети өтип болғаннан кейин тамамланады. Және бир жолы кепилликти алмастырыўды сорап банкке мүрәжат қылыў, егер тәреплер келисе алса кепилди басқа сондай шахсқа алмастырыў мүмкин.

Юрист Ауезбеков

👉 @Karakalpak24
⚡️Айырым ҳаял-қызларға жоқары оқыў орынларына оқыўға кириўде усыныс бериледи

📃 Министрлер Кабинетиниң 402-санлы қарары менен тастыйықланған критерияға тийкарланып,

  Мүтәж шаңарақлардағы ҳаял-қызларға жоқары оқыў орынларына кириўде мәмлекетлик грант тийкарындағы қабыллаў шеңбериндеги таңлаўда қатнасыў ушын усыныс бериледи.

❗️Усыныс төмендеги өлшемлер тийкарында бериледи:

🟢 кем тәмийинленген шаңарақлардағы ҳаял-қызлар;

🟢 толық болмаған шаңарақларда тәрбияланып атырған, яғный, әкеси ямаса анасы яки олардың екеўи де дүньядан өткен социаллық қорғаўға мүтәж қызлар;

🟢 өмирлик жолдасы дүньядан өткен, ержетпеген перзентлерин жалғыз тәрбиялап атырған социаллық қорғаўға мүтәж ҳаяллар;

🟢 майыплығы болған перзенти бар мүтәж шаңараклардағы ҳаял-қызлар;

🟢 2 ҳәм оннан да көп перзентин тәрбиялап атырған, жақынларынан бөлек (ижарада) жасап атырған жалғыз ҳаяллардың қыз перзентлери;

🟢 ата-анасынан бири яки хәр екеўи де I яки II топар майыбы болған мүтәж шаңарақлардағы ҳаял-қызлар.

❗️Усыныс алыў ушын қала ҳәм районлық мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлимлерине электрон формада мүрәжат етиледи.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

👉 @Karakalpak24
🏥GULNAZ MED DIAGNOSTIC клиникасы организмди қуртлардан тазалаў бойынша медициналық хызметлерин усыныс етеди.

📄Қурт кеселлигиниң БЕЛГИЛЕРИ:
✔️Теридеги ақ дағлар; ✔️Колит ҳәм диярея; ✔️Аллергиялық кеселликлер; ✔️Киндик әтирапы аўырыўы; ✔️Тырнақ шайнаў ҳәм шаш түсиўи; ✔️Ҳәдден тыс азып яки семирип кетиў; ✔️Түнде тисин ғышырлатыў; ✔️Көзлерди пирпиретиў;✔️Анал тесиги әтирапи қышыўы ҳ.т.б.

Баҳасы 3 күнге: 7-жасға шекем- 285 000 сўм. 7-жастан үлкенлерге -330 000 сўм.

Жумыс ўақты: 09:00-12:00, 16:00-18:00.

🌍Мәнзил: Нөкис қаласы, Е.Алакөз көшеси, 81-уй. Бағдар: Мега Нукус саўда орайы.
Телефон: +998973543377 яки +998956013377

Телеграм Инстаграм

Реклама
🧑‍🏫 Педагоглардың жумысына араласқанлар 15 суткаға шекем қамаққа алыныўы мүмкин

🔰 Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 197-5-статьясына тийкар, билимлендириў шөлкеминиң педагог хызметкердиң кәсиплик жумысына оқыўшылардың (студентлердиң) билимин дурыс ҳәм объектив баҳалаўына тәсир етиў арқалы нызамсыз түрде араласыў ямаса оның хызмет ўазыйпаларын орынлаўына тосқынлық етиў пуқараларға БЕМниң 7 есесинен (2,3 млн сум) 10 есесине (3,3 млн сум) шекем, ал лаўазымлы шахсларға (мәселен, директорға) БЕМниң 10 есесинен (3,3 млн сум) 15 есесине (4,9 млн сум) жәрийма салыўға себеп болады.

⚠️ Егер бундай ҳуқықбузарлық усы статья бойынша жаза қолланылғаннан кейин сол адам тәрепинен бир жылдың ишинде және исленсе, онда пуқараға – БЕМниң 10 есесинен (3,3 млн сум) 15 есесине (4,9 млн сум) шекем жәрийма, ал лаўазымлы шахсларға БЕМниң 15 есесинен (4,9 млн сум) 20 есесине (6,6 млн сум) жәрийма салыўға ямаса 15 суткаға шекем ҳәкимшилик қамаққа алыўға себеп болады.

👉 @Karakalpak24
❗️Өзбекстанда аномал ыссы ҳаўа райы бақланыўы күтилмекте

Қубладан кирип киятырған ыссы ҳаўа ағымлары себепли:

▪️ 16-17-июнь - Қарақалпақстан ҳәм Хорезмде 40-42°;
▪️ 17-19-июнь - қалған аймақларда 40-42°,
▪️ Қубла ҳәм шөл аймақларда айырым жерлерде 43-44° қа шекем ыссы болады.

Самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң бақланыўы мүмкин.

👉 @Karakalpak24
10 777 ZZZ мәмлекетлик номерин 1 млрд 638 млн 281,5 мың сумға сатылды.

Бул дерлик 130 мың доллар дегени.

👉 @Karakalpak24
Енди қәтелик тийкарында жазылған ҳәм айдаўшылардың наразылығына себеп болған жәриймаларды жасалма интеллект көрип шығады

Ишки ислер министрлигиниң мәлим етиўинше, Өзбекстанда Жол ҳәрекети хызметкерлери жол қойған қәтелер себепли наразылық билдирилген ҳәкимшилик жумыслар енди жасалма интеллект жәрдеминде талықланады.

Жаңа системада ҳәдийселер қурылмалар арқалы қабыл етилип, "жасыл," "сары" ҳәм "қызыл" категорияларға ажыратылады ҳәм автоматикалық қарар қабыл етиледи.

👉 @Karakalpak24
Лицензияны Ташкент қаласынан алған айдаўшылар ғана Таксишилик етиўи мүмкин

Транспорт министри Илҳом Маҳкамовтың сөзлерине бола, таксилерге тек ғана өзиниң ўәлаятында ислеў бойынша талап қойылмайды. Ўәлаят номерине ие таксист Ташкентте де такси жумысын алып барыў бойынша лицензия алыўы мүмкин.

Тек ғана бир шәрти, бирден артық аймақта такси ислетиў ушын лицензия берилмейди. Ташкентке лицензия алған такси айдаўшысы басқа жерде такси ислеў ушын лицензия ала алмайды.

👉 @Karakalpak24
АҚШта орташа ис ҳақы қанша?

🍽 Ыдыс жуўыўшы ҳәм үй тазалаўшы — 2300$;
🪚 Қурылыстағы жумысшылар — 2800$;
🚗 Шофёр — 2700$;
📞 Хаткер — 3100$;
📦 Жүк тасыўшы — 3200$;
👩‍⚕️ Мийирбийке — 3500$;
👩‍🍳 Аспаз — 4000$;
👮‍♂️ Милиция — 4900$;
👩‍🚒 Өрт өшириўши — 4000$;
👨‍💼 Оқытыўшы — 6200$;
👨‍💻 Программист — 9200$;
🏠 Инжинер — 10200$;
🧑🏼‍⚖️ Адвокат — 10500$;
🦷 Стоматолог — 13000$;
👨‍⚕️ Шыпакер — 15700$;
🩺 Терапевт — 9500$;
💡 Электрик — 4300$;
🚛 Жүк машинасы айдаўшысы — 7000$.

👉 @Karakalpak24
Россия Израил ҳәм Иран арасындағы "кескинлесиўден" қәўетерде - Дмитрий Песков

Оның сөзлерине бола, Владимир Путин ўақыялардың раўажланыўын турақлы түрде бақлап бармақта ҳәм ҳәр саатта есабат алып тур.

Соның менен бирге, жағдайға Қытай, Түркия, Беларус ҳәм Саудия Арабстаны да мүнәсибет билдирди.

️Қытай СИМ Израил соққылары аўыр ақыбетлерге алып келиўи мүмкин екенлигинен қатты қәўетер билдирди.

️Түркия Сыртқы ислер министрлиги бул ҳүжимлерди "провокация" деп баҳалады.

️Беларус Израил ҳәм Иран арасындағы әскерий кескинликтиң жаңа басқышы ҳәм тыныш халық, соның ишинде, балалар қайтыс болып атырғаны ҳаққындағы хабарлардан терең қәўетер билдирди.

Саудия Арабстаны болса Израил ҳәрекетлерин кескин қаралады.

👉 @Karakalpak24
❗️Такси айдаўшылары ушын аймақлық шеклеўлер бийкар етилди

Енди такси айдаўшысы лицензия талабында көрсеткен аймақта ҳеш қандай шеклеўлерсиз жумыс алып барыўы мүмкин.

Транспорт министрлиги мәлимлеме хызметиниң хабарына бола, Президенттиң ПҚ-78-санлы қарары ҳәм Министрлер Кабинетиниң 200-санлы қарарлары тийкарында төмендеги тәртип енгизилди:

Лицензия айдаўшы таңлаған аймақ бойынша бериледи (транспорт қуралы қай жерде дизимнен өткенине қарамастан);

Айдаўшы таңлаған аймақта ҳәм оған тутас аймақларда (Қарақалпақстан, ўәлаятлар, Ташкент қаласы) еркин жумыс алып барыўы мүмкин;

Автомобил номери қайсы аймақта дизимнен өткени әҳмиетке ие емес.

Қарар күшке киргеннен берли 5 196 шахс басқа аймақта ислеў ҳуқықын беретуғын лицензия алған.

👉 @Karakalpak24
❗️Өзбекстанның Израилдағы елшиханасы усы мәмлекетте жасап атырған Өзбекстан пуқараларына мүрәжат етти

Израилдағы қыйын жағдайды есапқа алған ҳалда, Өзбекстанның Тел-Авивтеги елшиханасы усы мәмлекетте жасап атырған пуқараларға қәўипсизлик илажларын көриўди усыныс етти.

Елшихана ракета атыўлары ўақтында баспаналарды таслап шықпаў, зәрүрлик болмаса көшеге ҳәм кеўил ашар орынларға бармаўға шақырды.

Елшихана коньсуллық бөлими телефонлары:
03-672- 2466.
03-672-2371.
03-758-5075
03-758-5076.

Айрықша жағдайлар ушын:
+972 54 485 1397

👉 @Karakalpak24
Hamkor ilovasi orqali Humo yoki Visa kartasini rasmiylashtirib, quyidagi qulayliklarga ega bo'ling:

Bank kartalarini BEPUL rasmiylashtirish;
Xalqaro pul o‘tkazmalarini qabul qilish imkoniyati;
Visa direct xizmati orqali pul o'tkazmalari;
Visa kartalaridan bank ofislarida BEPUL naqd pul yechish;
Hamkorbank Visa kartalari o'rtasida P2P BEPUL;
Ilova orqali mablag'larni oson boshqarish;
24/7 qo'llab-quvvatlash xizmati.

Hamkorbank kartasining yana bir asosiy afzalliklaridan biri:
Hatto rasmiy daromadingiz bo'lmasa ham karta orqali pul aylanmalarini amalga oshirib, kredit olish imkoniyatiga ega bo'lasiz.

BARCHA BANK PLASTIK KARTALARIDAN 30 MLN DAN YUQORI SUMMALARNI 0.5 % DAN NAQDLASHTIRIB BERADI

📥 Hamkor ilovasini hoziroq yuklab oling va bank kartalariga buyurtma bering: havola

📞 Savollaringiz bormi? Biz bilan bog'laning:
+998913071740 (Tadjiyev Ajiniyaz)
+998976547557 (Azizbek)
+998977871146 (Shoxrux)
+998906508005 (Ajiniyaz)

📱Instagram | 📱Facebook | 📺 YouTube | 🕊Bot

Реклама
2025/07/03 14:56:30
Back to Top
HTML Embed Code: