Telegram Web Link
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Алименттен қутылыўдың нызамлы жолы бар ма? Видеоны көриң, керекли мағлыўматларды табасыз!

Алимент муғдарын азайтыў ҳаққында да сөз барады. Бул видеоны алиментли жақынларына жиберип қойың.

👉 @Karakalpak24
2025-жыл 1-июльдан баслап пенсия ҳәм компенсациялар арзасыз тайынланады

Ендигиден былай пуқараларға пенсия ҳәм компенсациялар автоматикалық тәризде, өз алдына арза талап етпестен тайынланады:
🔹 I-II топар майыплығы белгиленгенде – пенсия автоматикалық тәризде тайынланады (бас тартыў ҳуқықы сақланады);
🔹 Көриў қәбилети бойынша I топар майыплар ҳәм радиация обектлеринде хызмет еткенлерге – компенсациялар электрон мағлыўматлар тийкарында тайынланады;
🔹 Майыплық пенсиясы тайынланған ҳәм кеминде 1 жыл мийнет стажына ийе пуқаралардың пенсиясы ҳәр 2 жылда қайта есапланады.

2025-жыл 1-октябрьден пенсия төлемлери Face-ID ҳәм электрон қолтаңба арқалы әмелге асырылады.

👉 @Karakalpak24
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Самурай сөзи нени аңлататуғынын билесиз бе?

Егер сизди Японияның қатаң жаўынгерлери ҳаққында мағлыўмат алғыңыз келсе, онада YouTube'тағы Айдын каналы таярлаған видеоны тамаша етиң!

Видеода сиз самурай сөзииң мәнисин ҳәм олардың кағыйдалары нени аңлатыўын билип аласыз!

Толық видео төмендеги силтемеде!

https://youtu.be/zhh1gAVx__E?si=VwrDV8N-1u7M6eJT
❗️Қарақалпақстанға ыссы ҳаўа-райы кирип келмекте

🔹Усы жылдың 2-5-июль күнлери Өзбекстан аймағына қубладан оғада ыссы ҳаўа ағымлары кирип келиўи күтилмекте.

🔹2-июль күни республиканың арқасында, қубласында ҳәм шөл аймақларында, 3-5-июльде аймақтың үлкен бөлиминде ҳаўа температурасы 40-43 дәрежеге шекем, қублада ҳәм шөл аймақларында айырым жерлерде 44-46 дәрежеге шекем көтериледи.

🔹Республика бойынша самал тезлиги 13-18 м/с қа шекем, 3-5-июльде айырым жерлерде айырым жерлерде 20-25 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаңлар менен бақланыўы күтилмекте.

👉 @Karakalpak24
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
30-июнь — Жаслар күни мүнәсибети менен өткерилген ушырасыўда Президент параспорчы қызға үй саўға етти

Мәмлекет басшысы велоспорт бойынша Өзбекстан миллий паралимпия сайланды командасы ағзасы Фотима Саипованы турақ жай менен тәмийинлеў бойынша Ташкент ўәлаяты ҳәкими Зоир Мирзаевқа тапсырма берди.

👉 @Karakalpak24
❗️Машиналарды қуяшта қалдырмаң

Егер машинаңыз 27 градус ыссыда қалса, оның салонындағы температура еке есеге көтериледи.

Мәлим болыўынша, қуяш нурларынан пайда болған ыссылық автомобиль ишинде тез топланып, узақ ўақыт қуяш тиккелей түсетуғын жерде қалдырылған автомобильдиң салонында температура 55-60 градусқа шекем көтерилиўи мүмкин.

👉 @Karakalpak24
🏡 Orzu qilgan uyingizga ega bo‘lish vaqti keldi!

Ipoteka — bu umrboqiy qarz emas, balki o‘z uyingizda baxtli va hotirjam hayot uchun katta imkoniyat.
Tashvishlaringizni сhetda qoldiring, biz barchasini oson va tez hal qilib beramiz!

Shartlar quyidagicha:
Foiz stavkasi — 17% dan boshlab birlamchi;
Foiz stavkasi — 22.5% dan boshlab ikkilamchi;
Boshlang'ich to‘lov — 15% dan boshlab;
Muddati — 20 yilgacha.

📍 Ariza berish uchun o'zingizga yaqin bo'lgan bank ofislarimizdan biriga murojaat qiling!

Ipoteka krediti orqali birlamchi va ikkilamchi bozordan nafaqat uy-joy sotib olishingiz, shuningdek, uy-joyni ta'mirlash uchun ham ipoteka kreditlarini olishingiz mumkin.

🌐 Batafsil: hamkorbank.uz
📞 Savollaringiz bormi? Biz bilan bog'laning:
+998913071740 (Tadjiyev Ajiniyaz)
+998976547557 (Azizbek)
+998977871146 (Shoxrux)
+998906508005 (Ajiniyaz)

📱Instagram | 📱Facebook | 📺 YouTube | 🕊Bot

Реклама
Интернетте қәўипсизлик күшейеди: жаңа нызам ҳаққында нелерди билиў керек?

Соңғы жыллары интернетте зыянлы контент: жалған хабар, нәшебентлик затлар ҳәм порнография рекламасы кескин артты. Мәселен, 2024-жылы наркотик затларға байланыслы коньтент 112 есеге, порнографиялық материаллар 5 есеге көбейген. Интернет үлкейген сайын, оның қәўип-қәтерлери де артып бармақта.

Соны есапқа алып, жаңа нызам жойбары ислеп шығылды. Оның тийкарғы мақсети - пайдаланыўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм интернетти қәўипсизлеў. Нызам платформалардан зыянлы коньтентти 24 саат ишинде өшириўди, аноним каналларды тәртипке салыўды ҳәм жалған мәлимлеме тарқатыўға қарсы илаж көриўди талап етеди.

Әпиўайы пайдаланыўшы ушын бул нени анлатады? Интернетте жеке мағлыўматларыңыз жақсырақ қорғалады. Жаслар ҳәм балалар зыянлы сайтлардан сақланады. Егер кимдур сиз ҳаққында жалған ямаса кемситиўши хабар тарқаца, оның үстинен нызамлы мүрәжат етиў имканияты пайда болады.

Тыныш ҳәм қәўипсиз интернет орталығы бәршемиз ушын зәрүр. Жаңа нызам әне усы мақсетте ислеп шығылған.

👉 @Karakalpak24
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Тайынлаў

Айназаров Оразалы Мақсетбай улы - Кегейли районы ҳәкиминиң Экология ҳәм Аралбойы аймағын раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары лаўазымына тайынланды.

Тайынлаўға шекем О.Айназаров Қарақалпақстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлигиниң сектор баслығы лаўазымында жумыс алып барған.

👉 @Karakalpak24
❗️Президент мектеплериниң кириў имтиханларының биринши басқышы 6-июль күни болып өтеди.

Имтихан ўақты ҳәм мәнзили ҳаққындағы мағлыўмат талабан тәрепинен my.gov.uz ямаса ariza.piima.uz сайтларына киргизилген телефон номерлерине смс-хабарнама арқалы мәлим етиледи.

Президент мектеплерине кириў имтиханларының биринши басқышы математика пәнинен 30 тапсырма (тест түринде) өткериледи.

Талабанларға тапсырмаларды орынлаў ушын 60 минут ўақыт бериледи.

Талабанларға тапсырмаларды орынлаў ушын белгиленген ўақыттан (60 минут) тысқары, кириў имтиханының жуўаплар бетин белгилеў ушын қосымша ўақыт берилмейди.

Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятының имтиханлары Ташкент қаласында болып өтеди. Қалған аймақлардың имтиханлары өз аймақларында болады.

👉 @Karakalpak24
Жасларға бағышланған күн кең түрде белгиленбекте

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мәмлекетимиз жаслары менен ушырасыўы өткерилди. Онда мәмлекетимиздиң барлық регионларынан, соның ишинде Қарақалпақстаннан видеобайланыс арқалы жаслар қатнасты.

Ушырасыў жуўмақланғаннан соң көп миллетли халқымыздың дослық символына айланған Гиннестиң рекордлар китабына киргизилген Нөкис қаласындағы Қара үйде өз жөнелислери бойынша жоқары нәтийжелерге ерисип атырған бир топар жасларды сыйлықлаў мәресими өткерилди.

Онда бир топар белсенди жасларға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы қарары менен  «Ўатан пидайысы» ҳәм «Үмит ушқыны» көкирек белгилери тапсырылды.

👉 @Karakalpak24
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Баланың жаманы болмайды, тек ғана оларға мотивация керек - Президент

Президент Шавкат Мирзиёев барлық мәҳәлле басшыларына жаслардың тәрбиясы менен шуғылланыўды тапсырды.

👉 @Karakalpak24
2025/07/07 12:48:49
Back to Top
HTML Embed Code: