Telegram Web Link
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
❗️Нақ пулда турақ жай сатыў ҳәм сатып алыўға шек қойылады — Салық комитети баслығы орынбасары

Енди мүлк операциялары банк арқалы рәсмийлестириледи. Бул бойынша президент қарарының жойбары ислеп шығылған.

👉 @Karakalpak24
Рәсмий мағлыўмат

Социаллық тармақларда үйге көшпели бассейн орнатып суў толтырғанлар жәриймаға тартылады деген хабарлар тарқалмақта.

Суў басқармасының түсиндириўинше, биймәлел үйге бассейн орнатып пайдаланыў мүмкин, тек қана суўды урлап толтырғанлық ушын жаза бар.

👉 @Karakalpak24
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
30 — ИЮНЬ ЖАСЛАР КҮНИ

👉 @Karakalpak24
Мал гөши арзанлаўы күтилмекте: Өзбекстан Монголиядан 2 мың тонна гөш сатып алады

Өзбекстан Монголиядан 2000 тонна ҳалал ат ҳәм қозы гөшиниң биринши партиясын сатып алыўға разы болған.

Бул ҳаққында Монголия Азық-аўқат, аўыл хожалығы ҳәм жеңил санаат министри Енхбаяр Жадамба ҳәм Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министриниң орынбасары Илзат Қосимов арасындағы ушырасыўда келисип алынған.

👉 @Karakalpak24
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Omadli iyun tugamoqda, bugun oxirgi imkoniyat!

🔥 Siz hali ham UZTELECOMdan katta yutuqli o‘yinning bir qismi bo‘lishingiz mumkin!

🎁 Bosh sovrin — zamonaviy KIA CARNIVAL avtomobili!
Yana: iPhone 16, iPad mini, LG Smart TV — barchasi real imkoniyat!

Qatnashish juda oson: 1–30 iyun kunlari tarifingizni (mobil aloqa, uy interneti yoki telefoni) o‘z vaqtida to‘lang — va siz avtomatik tarzda ishtirokchisiz!

👍 G‘oliblar Instagramdagi @uztelecomuz profili jonli efirida randomayzer orqali aniqlanadi.

Реклама
Оқыўға кире алмаған мектеп питкериўшилери «Жаслар бизнеси» бағдарламасы тийкарында жумыс пенен тәмийинленеди

Оқыўға кире алмаған мектеп питкериўшилери және техникум ҳәм жоқары оқыў орынларын тамамлап атырған студентлерди бәнт етиў бойынша 2 айрықша бағдарлама қабыл етилди.

Усы мақсетте 300 миллион доллар ажыратылды. «Жаслар бизнеси» бағдарламасы шеңберинде 100 мың жаслар, «Келешекке қәдем» арқалы 140 мың жоқары оқыў орны питкериўшиси дәраматлы жумыс пенен тәмийинленеди.

👉 @Karakalpak24
Енди мектеп оқыўшылары ушын 100 млрд сум ажыратылады

Оқыўшылар ушын «Шеберлик ҳәм бизнес сааты» енгизилип, олардың идеясын стартапқа айландырыўға 100 миллиард сум грант ажыратылады.

Жоқары оқыў орынлары арасында да стартаплар бойынша ҳәр жылы «Ең жақсы креатив идея» таңлаўы өткерилип, жеңимпазларға жоқары оқыў орны қорынан 300 миллион сумға шекем грант бериледи.

Стартапты прототиплестириў ҳәм сынақтан өткериў ушын «RnD» орайы ашылып, «Startap-ekspo» көргизбесинде көрсетиледи.

👉 @Karakalpak24
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
‼️DIQQAT JAŃALÍQ‼️
Milliy
sertifikat ala almasańız 100% Shartnama boyinsha vznoslari toliqlay qaytarilip beriledi.
Toliq maġliwmat shartnamada kòrsetiledi.
Milliy sertifikat Matematika kursi
5-6 ay
Milliy sertifikat Fizika kursi
4-5 ay
Nolden Matematika hàm Fizika kurslar 2 ay keyin Milliy sertifikat kurs taza gruppaga aylanadi.
Milliy sertifikatdan +A;A;+B hàm Attestatsiyadan 86 ball ushin.
2025-jil Oktyabr hàm Dekabr ayi ushin qabillaw baslandi.
Eger Milliy sertifikatdan
+A alġan barliq ustazlar hám oqiwshilardiń Milliy sertifikat test ushin tòleġen Tòlemleri qaytarilip beriledi
🗒️1-5 IyuL sánesinen sabaqlar baslanadi orinlar sani sheklenġen
1️⃣Matematika hàm Fizikadan
Oktyabr ayinda Milliy sertifikat 100% alatuġin gruppalar ashilip atir
Hàptelik test boladi
ùtis 100 000 swm
Repetitor. Bekbauliev Anvar
Telegram topar:
@nukus_mat_fizik
☎️Tel:
99-957-78-79
Mánzil: Ernazar alakòz kóshesi 55-jay. Baģdar: SAG gilem dúkaniniň arqa tárepi, 3-poliklinika. (Orayliq bazarģa jaqín)


Реклама
❓️1-июльдан баслап нызамшылығында нелер өзгереди?

Пенсия ҳәм напақалардың муғдарлары, сондай-ақ, балалар напақасы ҳәмде кем тәмийинленген шаңарақларға ажыратылатуғын материаллық жәрдем 10 процентке арттырылады.

Соның менен бирге төмендегилер белгиленди:

жасқа байланыслы пенсияның ең аз муғдары - айына 918 мың сум;
майыплық пенсиясының ең аз муғдары - айына 1 миллион 12 мың сум;
кем тәмийинленген шаңарақларға балалар напақасы айына: 3 жасқа шекемги ҳәр бир киши бала ушын - 360 мың сум, 3 жастан 18 жасқа шекемги ҳәр бир бала ушын - 275 мың сум, екинши бала ушын қосымша - 165 мың сум, үшинши ҳәм оннан кейинги ҳәр бир бала ушын - 110 мың сум.
3 жасқа шекемги ҳәр бир киши бала ушын - 360 мың сум;
3 жастан 18 жасқа шекемги ҳәр бир бала ушын - 275 мың сум.
екинши бала ушын қосымша - 165 мың сум,
үшинши ҳәм оннан кейинги ҳәр бир бала ушын - 110 мың сум;
кем тәмийинленген шаңарақларға материаллық жәрдем - айына 420 мың сум;
пенсияны есаплаўдың базалық муғдары - айына 471 мың сум.

Дерек: Нызамшылық

👉 @Karakalpak24
❗️Пенсия ҳәм напақалар 10 процентке асырылады

Президент пәрманына муўапық, 2025-жыл 1-июльден баслап пенсиялар ҳәм напақалар және кем тәмийинленген шаңарақларға балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем төлемлериниң муғдарлары 10 процентке арттырылады.

Бунда:
жасқа байланыслы ең кем пенсия муғдары - айына 918 000 сум етип;
майыплық пенсияларының ең аз муғдары - айына 1 012 000 сум етип;
кем тәмийинленген шаңарақларға балалар напақасының ҳәр айлық муғдары: 3 жасқа шекемги бир киши перзенти ушын - 360 000 сум, 3 жастан 18 жасқа шекемги бир перзенти ушын - 275 000 сум;
шаңарақтың екинши перзенти ушын қосымша - 165 000 сум;
шаңарақтың үшинши ҳәм оннан кейинги ҳәр бир перзенти ушын қосымша - 110 000 сум етип;
▫️кем тәмийинленген шаңарақлар ушын материаллық жәрдемниң айлық муғдары - 420 000 сум етип;
пуқараларға төленетуғын басқа да пенсиялар ҳәм напақалар муғдарлары қосымшаға муўапық белгиленди.

Мағлыўмат ушын ️2025-жыл 1-августтан баслап бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң ис ҳақысы ҳәм стипендиялар муғдары 10 процентке асырылады.

👉 @Karakalpak24
UzAuto Motors‘тың сап пайдасы кескин азайды

UzAuto Motors АЖ 2025-жылдың январь-март айларын өз ишине алған биринши шерек ушын финанслық есабатын жәриялады. Есабатта келтирилиўинше, компания усы дәўирде 637,5 миллиард сум сап пайда көрген.

Бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда сезилерли дәрежеде аз - 2024-жылдың биринши шерегинде компания дерлик 1,3 триллион сум сап пайда көрген.

Салыстырмалы таллаўға бола, сап пайдадағы жыллық төменлеў 102,9 процентти қурап, бул еки еседен көбирек азайыўды аңлатады.

Буннан тысқары, компанияның улыўма түсимлери де қысқарған. 2025-жылдың биринши шерегинде түсим 9,7 триллион сумды қурап, өткен жылға салыстырғанда 17 процентке азайған. Өзине түсер баҳасы да 12,5 процентке қысқарған болса да, бул рентабеллик дәрежесиниң төменлеўин тоқтата алмаған. Нәтийжеде, компанияның рентабеллик дәрежеси 20,4 проценттен 16 процентке шекем төменлеген.

Соның менен бирге, компанияның қәрежетлери дерлик өзгермеген ҳәм 1 триллион сум әтирапында сақланып қалған.

👉 @Karakalpak24
❗️Өзбекстанда суўдан пайдаланыў қағыйдалары бузылғаны ҳаққында фото ҳәм видео жибергенлер хошаметленеди

Ҳүкимет қарарына бола, суў тараўындағы ҳуқықбузарлықты фото/видеоға алып, 48 саат ишинде v-nadzor.gov.uz сайтына жиберген пуқаралар хошаметленеди.

Видеода: ҳуқықбузарлық жағдайы, мәнзил, сәне, ўақыт ҳәм (егер болса) шахс ҳаққында мағлыўмат болыўы керек. Видео 120 секундтан аспаўы керек.

Материаллар 10 күн ишинде көрип шығылады. Қағыйдабузарға алдын ескертиў, қайталанса - жәрийма.

Жәрийманың 25% видеоны жиберген шахсқа 15 күн ишинде сыйлық сыпатында төлеп бериледи.

👉 @Karakalpak24
2025-жыл 1-июльдан баслап:
▪️Жасқа байланыслы ең кем пенсия - 918 000 сум;
▪️Mайыплық пенсиясы (минимал) - 1 012 000 сум.

Балалар напақасы:
▪️3 жасқа шекем - 360 000 сум;
▪️3-18 жас - 275 000 сум;
▪️2-перзент ушын қосымша - 165 000 сум;
▪️3 ҳәм оннан кейинги - 110 000 сум;
▪️Материаллық жәрдем (айлық) - 420 000 сум;
❗️Басқа пенсия ҳәм напақалар - арнаўлы қосымшаға муўапық белгиленеди.

2025-жыл 1-августтан:
️Бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң ис ҳақысы ҳәм стипендиялар 10% ға асырылады.

1-августтан баслап:
▪️️Ең кем айлық мийнет ҳақы - 1 271 000 сум;
▪️Базалық есаплаў муғдары (БЕМ) - 412 000 сум.

👉 @Karakalpak24
30-июнь — Жаслар күни мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманына бола, бир қатар Қарақалпақстанлы жаслар сыйлықланды

🎖 «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы менен

Хожабеков Батырбек Жолмурзаевич ─ Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасы әскерий бөлими спорт топарының инструкторы (Қарақалпақстан Республикасы)

👉 @Karakalpak24
  💳 "Express-МИКРОҚАРЗ"

Муғдары
30-100 млн.сўмға шекем.
Мүддети 12-60 айға шекем
Жыллық пайызы 26-30%
Рәсмий дәрамат талап етилмейди.
Гиреў (залог) талап етиледи.

Гиреўге автомашина ҳәмде натурар көшпес мүлк имаратлары қабыл етиледи.

🔸Мысал ретинде;
60 ай мүддетке алынған микроқарз ушын аннуитет график тийкарында ҳәр айлық төлеми👇

50 млн.сўм   ➡️ 1 617 670 сўм
60 млн.сўм   ➡️ 1 941 204 сўм
70 млн.сўм   ➡️ 2 264 738 сўм
80 млн.сўм   ➡️  2 588 272 сўм
90 млн.сўм   ➡️  2 911 806 сўм
100 млн.сўм ➡️ 3 235 340 сўм

Мәнзил: Нөкис қаласы, Қарақалпақстан көшеси 2-үй.
АКБ "Микрокредитбанк" имараты

Мағлыўмат ушын телефонлар:
+99891373-89-90
+99890422-44-22

❗️Кредит бойынша қызықтырған сораўларыңызға жоқарыда көрсетилген телефон рақамларына байланысыў яки👉 
@mkb_bank_nukus_bot телеграм каналына сораў жоллаў арқалы жуўап алыўыңыз мүмкин.

Реклама
2025/07/07 21:55:34
Back to Top
HTML Embed Code: